Қорқынышлы үш күн (Qorqınıshlı úsh kún)
Арадан бир жылдай ўақыт өтти. Жолбарыс ҳаққындағы болған ўақыя да умыт болып кетти. Жаздың ыссы күнлериниң биринде аўылға үлкен ғалаўыт түсти. Бир жолбарыс күнбатардағы тоғай беттеги соқпақ жол менен тиккелей аўылға бет алып киятыр десип, адамлар кими там басына, кими төлеге жасырынып, кими жуўан тереклерге минип жанын қорғап атыр.
«Жығылған гүреске тоймас» дегендей, дәрҳал үйге кире сала мылтығыма асылсам, қорғасынлап оқлаған бир де оғым жоқ екен. Ишим уўдай ашыды.
Жолбарыс пенен шошқаны майда пытыра оқ пенен атыўға мүмкин емес, оған ҳәлеклениўге болмайды. Соның ушын мылтығымды тартып урдым да далаға шықтым, неде болса жолбарыстың бет алыс бағдарын билгим келди.
Аўыл арасы ығысқан адам. Тап аўыл арасы бир апатқа ушырағандай. Ийтлер қаңсылап адамларға тығылысады. Жолбарыс ийтлерге өш деген менен ийттиң ийелери ийтлерин қарғап, қуўып жүр.
Мен жолбарыстың алдынан шықтым. Ол аўылға жүз қәдемдей жерде киятыр екен. Жолбарыс аўылдың уў-шуў даўысынан, ийтлердиң қаңсылап үргенинен ҳеш сескенетуғын емес.
Басын төмен салып әсте-ақырын киятыр. Узақтан сақпан менен оған қарсы атылған кесеклер де шыбын шаққандай көринбейди.
Жолбарыс туп-туўры аўыл ортасына кирди. Аўыл ортасы үш танап жердей майданлық еди. Майданлықтың күншығар шетирегинде байдың бийик етип салған мал қорасы бар еди. Жолбарыс аўылды бир аралап шықты да сол қораға кирди: қайтып шықпады.
Адамлар сол паналаған жеринен үйине кирмеди. Тура берди. Кеште пададан қайтқан маллар, қой-ешкилер аўылға әкелинбеди. Усы аўҳалда аўыл үш күн удайына дағдарыста болды, жолбарыс та аўылдан шығып кетпеди. Адамлар оның жанына барыў түўе аўылдан шығарыўға үйине кирип-шығыўға қорықты.
Мен жақын аўыллардан зорға дегенде бес-алты оқлық ғана қорғасын таўып мылтығымды оқлап алдым. Енди қалай да жолбарыстың қандай аўҳалда екенин билгим келди.
Узақтан дәрўазаның алды бетинен барластырсам, ҳешнәрсениң саңлағы көринбейди. Еки-үш жигит пенен бийик зәңги әкелип, қораның оң тәрепине қойып әсте минип басымды көринер көринбес етип, сығалап қарасам, жолбарыс қораның арғы сол тәрепинде алдыңғы еки аяғын көсилип, ийегин созып аяқларының үстине қойып жатқан екен. Дым қозғалмай узақ жатыўына қарағанда көзи жумыўлы болса керек.
Оны қораның аўзынан кирип атыў күтә қәўипли, ал турған жеримнен ата бериўге узақлық етип, оқ қалпал тийе ме ямаса оқ ҳәлсиреп барып тийип өлтирмес деген ой болды. Және қарсы алды болғаннан соң гөзлеп атырғаныңда көзин ашып жибере ме, әлле қәйтеди.
Ақырында қораның арқа тәрепинен ярым аршындай жерден жолбарысты нышынлап атқандай саңлақ еттим.
Адамлардың көпшилиги мениң тилегимде. Тек гейпаралар ғана «Бул бала бир бәлеге ушыратпаса болар еди. Өзиниң кесирин бизлерге де тийгизеди ғой, жолбарыс деген күтә ашыўлы нәрсе деп гүңкилдести». Мен өзиме үйреншикли тәўекелиме сыйындым да мылтықты тесиктен өткерип гөзлеўге киристим.
Қулақ шекең усы емес пе деп берип жибергеним, жолбарыс төрт аршындай жоқары секирип түсип, шыр-гүбелек айнала бергенде екинши оқ пенен берип жибергеним жолбарыс қулады. Сеспей қатты билемен. Ҳеш қозғалмады.
Жайлық пенен мылтығымды суўырып алып ийниме салдым. Адамлар жолбарыстың өлгенин көрмесе де бизлердиң дем алыўымыздан сезип, орынларынан турып, өрип бизлерге қарап жүрди. Ҳәммемиз жолбарыстың қасына бардық. Жолбарыс растан да сеспей қатқан екен. Дәслепки атқаным басынан, соңғы атқаным өкпе-жүректен тийипти.
Адамлардың күтә ўақты хош болды. Мени әййем замандағы өткен Арық мергенниң иниси Шәбик мерген екениң рас екен дести.
Үш күннен берли үйлерине кире алмай, ас татпай, далада жипсиз байланған халық үйлерине кирди. Мениң тум-тусымнан сансыз рахметлер жаўды. Бул мәртебе мени күтә ҳәллендирди, аңшылыққа ықласымды бурынғыдан да бетер күшейтти.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Жолбарыс тырнағында
Алдынғы бөлимге қайтыў: Жолбарыс аўлаўға дәслепки шығыўым
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: