Жолбарыс аўлаўға дәслепки шығыўым (Jolbarıs awlawǵa dáslepki shıǵıwım)
Сентябрь айларының бир күнлери дайым басыўда гүзлик буўдай егип жүрип, жолбарыс көргенлигин, түни менен қорқып, жата алмай шығатуғынлығын айтып жиберипти. Жийеним келип маған бир-еки күн жолдас болсын, – депти.
Буны еситип туратуғын мен бе! Дәрҳал атқа ер салыўға асықтым, сонша аңшылық етип жүрип, жолбарысты аўлап көрмегеним мени әбден қызықтырды. Жолбарыстың дүньяда ең күшли, ашыўшақ, жыртқыш ҳайўан екени мени қәўиплендирмеди.
Мылтық дәримди әнжамлап, атыма минип шаўып отырдым. Ҳәдемей-ақ жетип бардым. Дайымнан:
– Жолбарысты аўлама, зая боласаң, ол күтә ашыўлы, кекли, ызалы ҳайўан, туқымқурт етеди, сәл жерде қазаң жетер. «Тек жүрген, тоқ жүрер» – деген сөзлериниң бәрин қабыл алмадым.
Қорқақ ябы шелектен де үркеди.
«Әжел жетсе төсектен де түртеди», – деген үйреншикли қосығымды айтып, жолбарыстың изин излеп, тоғайға сиңип кеттим.
Дайым пақыр шырлаўы менен қала берди.
Көп узамай-ақ жолбарыстың изин таптым. Жолбарыстың изин бурын көргеним бар еди.
Пышықтың изиниң пишиминде, үлкенлиги бота тайлақтың изиндей үлкен болады. Тоғайдағы орпаң боздағы изи ап-анық болып жатыр екен. Мен де қуўалап отырдым.
Сайдан сай, бүктен бүк қоймай қалың тоғайды жаңырып жүрип киятырман. Алдымнан жолбарыс түўе, қаңғырған күшик те шықпады. Қатты ызам келди, жолбарыстың изинен де жаңылдым.
Күн нәзерин батыўға бурды. Бүгинги үмитимди үзип, мылтығымды ийниме салып, қосық айтып киятырман.
Бир мәҳәлде гелек қара таллардың тусына бара бергенимде, маңлайымның алдынан жылдырымдай секирип бир нәрсе өтти. Қарасам, жолбарыс. Мылтығымды ала-сала изинен бир рет көширгенимде оң тәрепимнен келип, ийнимнен тислеп ылақтырғанын бир-ақ билдим. Сонда өзимди бултқа араластым ба, жарты жағым жолбарыстың аўзында кетти ме екен деп едим.
Бир мәҳәлде есимди жыйып қарасам, әтирап тастай қараңғы, тула бойым даладай қан. Жуўан қара талдың геллегинде жыбырлаған шақалардың үстинде шалқамнан жатыр екенмен. Өзимди тиклеп қозғалайын десем, оң жағым қозғалтпайды. Сол қолымды таянып тиклене бергенимде, жерден гүркиреген жолбарыстың даўысын еситтим. Жерге қараўыма үлгермей-ақ гүркиреген даўысқа араласып топырақ жаўды. Оннан соң көзимди жумып, қозғалмастан жата бериўге мәжбүр болдым. Сөйтип жатып, көзим уйқыға кетипти.
Азанда – әй, тур, – деп таяқ пенен түрткен даўыслардан оянып қарасам, күн жаңа шығып киятыр екен. Ғаўырласқан адамлар, арбалы пишен тасып жүрген жақын аўылдың адамлары екен. Қуўанып кетсем де, ашыўлы жолбарыс есиме түсип пишеншилерге:
– Жолбарыс қайда? – деппен. Олар ҳайран қалысып, әтирапына қарасты, ҳешнәрсе көринбегеннен соң мениң менен ҳәзиллести де, мени түсирип алыўға киристи. Жолбарыс болса, әллеқашан кетип қалған екен.
Пишеншилер от жағып, мени жылытып, жараларымды таңды. Басымнан кешкен ўақыяларды пишеншилерге айтқанымда, олар:
– Япырмай бала, тас-тастан қалған екенсең, сен бахытлы екенсең, – дести.
Олар менен жазылысып чай ишип, жолбарыс ҳаққында олардың ертеклерин тыңлап, ўақты хошлық пенен тарқастық.
* * *
Ийнимниң жарасы еле питпей атыр. Он күннен бермаған дайымның қасындаман. Ағам, анам қапа болар деп үйге хабар бергенимиз жоқ.
Ишим пискени былай турсын, аңсызлық етип жолбарыстан усыншама хорлық көргеним ыза, кегимди қайнатады. Қолым жазылса болар, сол жолбарыстан өшимди алмай тири жүрмеспен, деп тисленемен. Мениң бахтыма қарсы қолымның жарасының да питпей атырғаны.
Неше сапар қолымның қозғалтпаўына қарамай-ақ мылтығымды алып жолбарысты излеп кетпекши болғанымда, дайым урысып, зор тәўелле етип, мени басылдырған еди. Ол әстелик пенен:
– Өжетлик те керек, ҳәрнәрсе өз ўақтында, өз жайында болса күтә жақсы болады, сол ўақытта ислериңди ислемегеннен соң, енди шыдаў керек! – деди, мен оннан бетер ызаланып, және мылтығыма асылып, кетпекши бола бергенимде, дайым қолымнан мылтығымды алып қойды. Бир күни ол:
– Қызбалық ете бергенше, истиң өнетуғынын ойла, усы қызбалығың болса, ертең тәўир болып, жолбарыстың соңына түскениң менен де ҳешнәрсе питкере алмайсаң. Ойланып ис етпек керек! – деди. Сөйтти де ол қойнынан дәстелери узын, ушы орақтай тик қайтарылып сапланған еки жүзли өткир үш пышақты шығарды да:
– Бул жолбарысты ҳийле менен услап өлтирмесек, тегинликте услатпайды! – деди күлимлеп, пухталық пенен.
Мениң денемде қуўаныш пайда болды. Дайымды буннан бурын жаман көрсем де ҳәзир көзиме күтә ысық көрине баслады. Ҳақыйқатында ол мени шақырғанда жолбарыстан қорқып шақырмағанын сезетуғын едим. Ал, бирақ ол мени жолбарысты аўлаў ушын келди деп те ойламаған еди. Тек өзине ес болыў, ермек болыў ушын келди ғой деп ойлаған еди.
Мен оған жақынлап сөзин тыңладым.
– Мен бул пышақларды жолбарысты услаў ушын дүзеттирген едим. Усы пышақлар менен жолбарысты услаймыз ҳәм өлтиремиз! – деп дайым сөзин даўам етти.
– Мылтық пенен өлтире алмай жүргенде, пышақлар менен қалай өлтиремиз? – дедим. Ол: – Жүр, ҳәзир тоғайда жолбарыстың жүретуғын жерине барайық, соннан соң өлтириўдиң жолын өзиң көресең, – деди. Мен қуўаныўым менен оның изине ердим. Қолымның аўырғаны да билинбей кетти.
Бизлер тоғайдың қамыслық аралас шетлерине келип бул жерде жолбарыстың тум-тусқа кеткен излерине жолықтық. Шатлықтың арасы менен кеткен тар соқпақтағы изге түстик. Соқпақ тар ҳәм аяқ басарға жери жоқ, барлығы шат. Бир жерге келгенде тоқтадық. Дайым исине киристи. Мен сығалап қарап турман.
Ол соқпақтағы шатты тығыңқырап, ортасынан бир жерин аяқ басыўға қолайластырып қойды. Сөйтип, еки пышақты еки жаққа, биреўин қақ ортасына шалқасына қойып, үшеўиниң де сабының ушын тийдирип жақынлатып қойды. Сапларының беллериндеги илмешектен шаттың ирилерине беккем етип байлады. Сөйтти де маған қарап:
– Әне, енди усы жерден жолбарыс өткей деп тилек тилейбер. Егер өтсе, мына саплардың ушынан пәт пенен бир басса болғаны, еки жақтағы пышақ еки бүйирден, ортадағы пышақ қарыннан шаншылады. Жолбарыс қара күшке салып, бирден алға умтылады. Бүйирден яки қарыннан бир кесип өтсе болғаны, ишек қарны ақтарылып, жолбарыс көп узамай өледи. Түсиникли ме? – деп күлип, мениң мурнымнан шертти.
Мен: – күтә түсиникли, дедим. Буннан соң қосына қайттық.
Мен күнде еки-үш рет барып тексерип турдым. Төртинши күни барып, көргенде пышақлардың ушында қаны бар. Ортаңғы пышақта жолбарыстың азмаз жүни де бар. Пышақлардың бир нәрсе илгенин сездим де изине түсип отырдым. Жол бойы қан. Еки жүз қәдемдей жерге барғанда жолбарыстың ишек қарны ақтарылып атыр екен. Өзи алға умтылыўы менен өлипти.
Мен жуўырыўым менен келип, дайымды шақырып, апарып көрсеттим. Ол күлимсиреп:
– Мине, жолбарысты усылай ҳийле менен услаў керек! – деди.
Мен дайыма күтә ырзалық билдирдим.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Қорқынышлы үш күн
Алдынғы бөлимге қайтыў: Сөз басы
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: