Сөз басы (Sóz bası)
Аңшылық дүньядағы ең қызық талаплардың бири. Буны жақсы көриўим, қумартыўым сонша – аңшылықтың қумары нағыз тутқанда аш болғанымды умытып кетемен. Егер биреў: пәлен жерде қырғаўыл, қоян көп екен, жалғызақ шошқалар, сүриў-сүриў кийиклер бар екен, үйрек, ғазлар сондай көп екен десе болғаны, сол жерге жеткенимше тахатым шыдамайды. Егер сол жерге барыў ушын арада дәрья болса секирип, бийик таў болса атлап, теңиз болса жүзип өтким келеди. Көз жетпес узақ болса қанат байлап ушқым келеди. Буны лап деп түсинбеңлер, шын кеўлим ҳәм расым.
Бул аңшылықтың қумарынан, өлим деген менен де талай сапар көрисип қайттым. Небир жабайы жыртқыш ҳайўанлардың тырнағында, арсылдаған аўзында өзим менен өзим тирилигимде хошласқан ўақытларым болды.
Мен сонда қорқақлықтың зыян екенин анық сездим. Қорықпасаң сабырлы, мәрт болыўда, ҳешнәрседен қорықпаўды, қарсыласқан жаўыңды жеңип шығыўды ойлайды екенсең. Сонлықтан да ата-баба:
«Талап етсең талпынып,
Ҳәрнәрсеге жетесең,
Қандай қыйын өткелден,
Ҳәмелин таўып өтесең.
Мәртлик түби муратты,
Дегениңе жетесең.
Тәўекел түби қайықты,
Минесең де өтесең,
Қайғы түби туңғыйық,
Батасаң да кетесең».
деп айтып кеткен.
Аң аўлаўға дәслепки шыққанымда қорыққан күнлерим де болды. Қорыққанлығымнан ҳаўлығып, алдымнан өткен жалғызақларды атпақ түўе ийнимнен мылтығымды ала алмай қалған күнлерим есимде.
Жаздың күни буўдай қорыққа барғанымда атызға падалылар дүркиресип келгенде, шертектен түсип оларды үркитиў түўе, даўысымды да шығаралмай, демимди зорға алып жатқаным есимнен шыққан емес.
«Қорқақты көп қуўаласаң батыр болады» дегендей мен де соңын ала ҳәр истиң тәсилине түсине басладым. Рети келгенде буққы таслап аттым, гези келгенде алыстым, пайты келгенде ҳайўанлар менен сөйлестим.
Боянның арасына барып, қораз-қырғаўыл болып шақырғанымда, тум-тусым қырғаўылға, аўылдың шетиндеги жаптың ишине түсип шағал болып улығанымда тум-тусым шағалға ямаса майданда жыңғыл арасындағы ойпаўыт жерде турып қоян болып быйқылдағанымда тум-тусымның бәри қоянға толып қалады.
Сол себептен усы ўақытқа шекем алдырмадым, талмадым. Арық мергенниң иниси Шәбик мерген аталып елатымда киятырман.
Сөйтип, сизлерге жолбарысты қалай аўлағаным, оның тырнағынан қалай қутылғаным ҳәм олар менен қалай дос болғаным ҳаққында азғана сөз етип берейин. Буған көп адамлар: бул өтирик, бундай да лап болыппа, ҳеш итималы жоқ деп таңланар. Бирақ, булар нақ өз қара басымнан өткерген аўҳал болғанлықтан, мен ҳасла шубҳаланбаймен, айта беремен.
Оның ушын кеширерсиз.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Жолбарыс аўлаўға дәслепки шығыўым
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: