Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ЖАҢА ФОРМАДАҒЫ СОРАЎ-ЖУЎАПЛЫ ЖУМБАҚЛАР (JAŃA FORMADAǴI SORAW-JUWAPLI JUMBAQLAR)

Дүньяда ең аўыр нәрсе не?
От
Дүньяда тамырсыз зат не?
Тас
Қанатсыз ушқан зат не?
Жел
Қоян неге секиреди?
Жүре алмағанлықтан
Мал неге жатады?
Отыра алмағанлықтан
Ийт неге үреди?
Сөйлей алмағанлықтан
Патша кимге бас ийеди?
Шаш тәрезге
Дүньяда ең ашшы нәрсе не?
Қайғы
Татлыдан татлы қандай зат?
Уйқы
Дүньяда бир зат бар, ҳәр ким оған мүтәж,
Ҳәр ким сорайды, бирақ, гейбиреўлер ғана оны тутады?
Кеңес
Дүньяда пулға таптырмайтуғын қай зат?
Жоғалтқан ўақыт
Аўқатсыз жүретуғын не?
Саат


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: АДАМҒА БАЙЛАНЫСЛЫ ДӨРЕГЕН ЖУМБАҚЛАР
Алдынғы бөлимге қайтыў: МУЗЫКА ӘСБАПЛАРЫ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.