Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

АДАМҒА БАЙЛАНЫСЛЫ ДӨРЕГЕН ЖУМБАҚЛАР (ADAMǴA BAYLANISLI DÓREGEN JUMBAQLAR)

Қазанда писпес,
Табаққа түспес,
Оны татпас адам болмас.
Ананың сүти
Еккени танап, жерге жалғыз бийдай,
Биреўдиң қойып кеткен аманатын,
Бергенде турады екен көзи қыймай.
Адамның жаны
Еки баслы, алты аяқлы,
Бир қуйрықлы, еки қоллы,
Атқа минген адам
Алты аяқлы, еки жанлы,
Екеўи де аңлы,
Екеўи бирге жол алды.
Атқа минген адам
Ата-анамның берген жүзигин,
Отқа салсам да жанбайды,
Көмсем тотықпайды.
Адамның аты
Жумабийке жупбийке,
Жоғалған затларың түўел,
Излемесен таппайсан.
Жумбақ
Отқа салсаң жанбайды,
Суўға салсаң батпайды,
Жерге көмсең ширимейди,
Билесен бе ол не еди?
Ҳақыйқатлық
Октябрьде туўылған,
Киндик қаны жуўылған,
Шөлкемлескен халқы бар
Төрт ҳәриптен турады,
Парахатшылық ураны.
СССР
Ҳәр ким өткен бир көпир,
Биреўлерге кең көпир,
Биреўлерге тар көпир.
Дүнья
Бабам шыққан көк төбе,
Биреўлерге мәртебе,
Биреўлерге зар төбе.
Дүнья
Қуры жүрсе былайша,
Ҳеш нәрсени кеспейди,
Силтесеңлер жек көрип,
Алмастан төмен кеспейди,
Тилкимлейди таслайды.
Бирақ адам баласы,
Оннан ҳасла өлмейди,
Өлимнен кем көрмейди.
Адамның тили
Толық денеси,
Дуйым күш ийеси,
Салпаў қулақ, қора да,
Сәл нәрседен алданады,
Балтасыз, пышақсыз,
Сындырады адамды,
Достына бас ийип,
Хызметшидей жүгин тасыйды.
Тил
Өзи сүйексиз,
Қалай бүксең де бүкленеди.
Тил
Тий десем тиймейди,
Тийме десем тийеди.
Ерин
Аш десең ашылады,
Жап десең жабылады.
Аўыз
Қызыл сандық ишинде,
Көк ала саат жыңғырлар.
Аўыз, тил
Аўқат жеўдиң қуралы,
Өзи аўызда турады.
Тис
Дүньяда ең ашшы да, душшы да не?
Сөз
Биреўи сайрап тур,
Екеўи тыңлап тур,
Екеўи қарап тур.
Тил, қулақ, көз
Арман шабар қараша ат,
Берман шабар қараша ат,
Тал түбинде тынық суў,
Парлап шабар қараша ат.
Қөздиң қарашығы
Еки ағайинли ашық,
Бир биринен қашық.
Көз
Сулыў қыз есик ашты,
Шашбаўы сыртқа қашты.
Көз, кирпик
Кишкене ғана тостаған,
Дүнья жүзине баслаған.
Көз
Еки ала қус зыяда,
Өмирликте уяда,
Ондай қус жоқ қымбатлы,
Адамзат ушын дүньяда.
Көз
Тамға таяқ сүйедим.
Шашбаў
Бир тесикте пүткил дүнья.
Қулақ
Әдети сол бирдейги,
Еситеди, көрмейди,
Оннан бөтен кәри жоқ,
Басқа исиңди билмейди.
Қулақ
Айры жолдан еки ат киятыр.
Мурын
Туўысқан еки ана бар,
Екеўин де он бала,
Ҳәр биринин аты бар,
Өз исине мәрдана.
Бармақлар
Он бүркит, отыз аққуў, көлде жатқан,
Лашынның ҳийле менен дәмин татқан,
Телегей теңиз болып шайқалса да,
Бийдайық жемин таўып ушпай атқан.
Он бармақ, аўыз, тил
Еки жеңгей суўға баратыр,
Биринен-бири озып баратыр
Аяқлар
Еки теке тик турар,
Ийтерип жиберсең көшип кете берер.
Аяқлар


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ӨСИМЛИКЛЕРГЕ БАЙЛАНЫСЛЫ ДӨРЕГЕН ЖУМБАҚЛАР
Алдынғы бөлимге қайтыў: ЖАҢА ФОРМАДАҒЫ СОРАЎ-ЖУЎАПЛЫ ЖУМБАҚЛАР
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.