Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

МУЗЫКА ӘСБАПЛАРЫ (MUZIKA ÁSBAPLARI)

Қатлам-қатлам қарны бар,
Бели сулыў бир илгек,
Пружинадай созылар,
Қутыдай болып көринген,
Баўы бар еки жағында,
Сәдеплер қатар тағылған,
Шебери шертсе даўысы,
Жай алады жаныңнан.
Аккордеон
Подносы бар, наны жоқ,
Қосық айтар жаны жоқ.
Патефон
Ғаз мойынлы қара басы бар,
Саз-сәўбетли намасы бар,
Адам деўге шамасы бар,
Билсең буның мәниси бар.
Патефон
Көп жеринен байланған,
Ишин шадлық жайлаған,
Ҳаслы ағаш болса да,
Қытықласаң сайраған.
Дуўтар
Бойы бир тутам,
Белбаўы қырықтан,
Аўызы урадай,
Қулағы сырғаўылдай.
Балалайка
Иши боп-бос,
Даўысы жер жарады.
Барабан
Жанлы-жансызды қыйнайды,
Жансыз шыңғырып жылайды,
Жылағаны бизге унайды.
Барабан


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ЖАҢА ФОРМАДАҒЫ СОРАЎ-ЖУЎАПЛЫ ЖУМБАҚЛАР
Алдынғы бөлимге қайтыў: БУЙЫМЛАР
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.