БУЙЫМЛАР (BUYIMLAR)
Қутыда 75 басы бар,
Шақмақтан тасы бар,
Адамзатқа жүдә керек,
Арзан ғана баҳасы бар.
Шақмақтан тасы бар,
Адамзатқа жүдә керек,
Арзан ғана баҳасы бар.
Шырпы
Бир ағаш таўып алдым базар жайдан,
Қарасам сүйреткиси қарағайдан,
Қолынан ҳәр кимлердиң келе бермес,
Илажын ислеген жан қалай тапқан.
Қарасам сүйреткиси қарағайдан,
Қолынан ҳәр кимлердиң келе бермес,
Илажын ислеген жан қалай тапқан.
Шырпы
Елли еки тасы бар,
Еки жақлап ашылар,
Халыққа күтә пайдалы зат,
Жүдә арзан баҳасы бар.
Еки жақлап ашылар,
Халыққа күтә пайдалы зат,
Жүдә арзан баҳасы бар.
Шырпы
Кишкене қуты керекли,
Иши толы терекли,
Табылар ошақ басынан,
Бир нәрсеге себепли.
Иши толы терекли,
Табылар ошақ басынан,
Бир нәрсеге себепли.
Шырпы
Ақ қалпағы басында,
Ҳәмме отыр қасында.
Ҳәмме отыр қасында.
Шыра
Ай менен күндей,
Ҳәммеге бирдей.
Ҳәммеге бирдей.
Шыра
Орыстың тастан салған қаласы бар,
Ишинде алтын айдар баласы бар.
Ишинде алтын айдар баласы бар.
Шырпы
Түрин көрсең қанттай ақ,
Дәмин татсаң палдай зат,
Чайға салсаң ерийди,
Бир түйири қалмай тап.
Дәмин татсаң палдай зат,
Чайға салсаң ерийди,
Бир түйири қалмай тап.
Қант
Сондай халыққа кереги,
Аўқатыңа, наныңа,
Салсаң маза береди.
Аўқатыңа, наныңа,
Салсаң маза береди.
Дуз
Қақпақлы ыдыс жай ғана,
Көп асады пайдаға,
Қайнаған суў ишинде,
Суўымас бир күн қойса да.
Көп асады пайдаға,
Қайнаған суў ишинде,
Суўымас бир күн қойса да.
Термос
Қабатта қабат,
Үстинде қабақ,
Турады шайыңның,
Ыссылығын сақлап.
Үстинде қабақ,
Турады шайыңның,
Ыссылығын сақлап.
Термос
Самовар қайнаса,
Нар тумсық кең қарын,
Қалпаң қулақ бир киси,
Хызметке болар тайын.
Шөллеп келгенде,
«Суўсыныңнан» берер пайын.
Нар тумсық кең қарын,
Қалпаң қулақ бир киси,
Хызметке болар тайын.
Шөллеп келгенде,
«Суўсыныңнан» берер пайын.
Шайнек
Азанда, түсте ҳәм кеште,
Тумсығынан суў ағар,
Азғана ғана шөп салсаң,
Ишинде тап ҳәз табар.
Тумсығынан суў ағар,
Азғана ғана шөп салсаң,
Ишинде тап ҳәз табар.
Шайнек
Аўзы үстинде,
Сым қулақлы,
Турып-ақ үй ишинде,
Күнде суў сорайды.
Сым қулақлы,
Турып-ақ үй ишинде,
Күнде суў сорайды.
Шелек
Тез жейди, көп шайнайды,
Өзи тоймай кисиге бермейди.
Өзи тоймай кисиге бермейди.
Қазан
Бес жигитке бас болып,
Қарыйдарға асаттым,
Асатсамда аш қалдым.
Қарыйдарға асаттым,
Асатсамда аш қалдым.
Қол-бармақлар
Бир қыз көрдим ҳасылзат,
Көкирегинде сызған хат,
Қыз да жүкли бола ма,
Дос-душпанға болып мат.
Көкирегинде сызған хат,
Қыз да жүкли бола ма,
Дос-душпанға болып мат.
Сандық
Тула бойы жалаңаш,
Салған кийим түйип тур,
Ийеси кетсе қасынан,
Көринген жанды қаўып тур.
Салған кийим түйип тур,
Ийеси кетсе қасынан,
Көринген жанды қаўып тур.
Сандық
Там басында түңликсиз отаў.
Моржа
Қысымласаң бир қысым,
Жазсаң кетер ҳәррийип,
Төбемизде жүрсе де,
Болмас оны биз кийип.
Жазсаң кетер ҳәррийип,
Төбемизде жүрсе де,
Болмас оны биз кийип.
Зонтик
Тамырсыз өскен бир терек,
Аўырлығы жоқ, бир шөрек,
Өзи де елге керек,
Толып атыр шақасы,
Қойыпты шөпке илдирип.
Аўырлығы жоқ, бир шөрек,
Өзи де елге керек,
Толып атыр шақасы,
Қойыпты шөпке илдирип.
Зонтик
Көзи де жоқ, қулағы да жоқ,
Өзи соқырды жетелер.
Өзи соқырды жетелер.
Ҳаса-таяқ
Аяққа беккем байладым,
Музға зырғып ойнадым,
Қызық екен бул өзи,
Ойнаўға ҳеш тоймадым.
Музға зырғып ойнадым,
Қызық екен бул өзи,
Ойнаўға ҳеш тоймадым.
Коньки
Болмайды онда бийик-ой,
Өзи тегис майданша,
Турады ол үш-төрт ай,
Ыссы келип қалғанша,
Күнде турып балалар,
Түрли ойын ойнайды,
Бирин-бири қуўалап,
Қызығына тоймайды.
Егер оңлы билмесең,
Жығыласаң дүрс етип.
Көрип қойса бир бала,
Күледи саған мырс етип.
Усыны сен ойлап тап,
Басқалардан сорама,
Еситип қойсақ таптым деп,
Оннан тапқан бола ма.
Өзи тегис майданша,
Турады ол үш-төрт ай,
Ыссы келип қалғанша,
Күнде турып балалар,
Түрли ойын ойнайды,
Бирин-бири қуўалап,
Қызығына тоймайды.
Егер оңлы билмесең,
Жығыласаң дүрс етип.
Көрип қойса бир бала,
Күледи саған мырс етип.
Усыны сен ойлап тап,
Басқалардан сорама,
Еситип қойсақ таптым деп,
Оннан тапқан бола ма.
Коньки
Жолдас етсең өзине,
Тастырады күшиңди,
Ғайрат қосып ғайратқа,
Жеңилтеди исиңди.
Тастырады күшиңди,
Ғайрат қосып ғайратқа,
Жеңилтеди исиңди.
Спорт
Доп-домалақ, домалақ,
Түсип кетсе қолымнан,
Бир орында турыў жоқ,
Кетер өзи жумалап,
Бере ғойсам үкеме,
Асыр салып ойнайды,
Оны көрген балалар,
Ойнайық деп қоймайды.
Түсип кетсе қолымнан,
Бир орында турыў жоқ,
Кетер өзи жумалап,
Бере ғойсам үкеме,
Асыр салып ойнайды,
Оны көрген балалар,
Ойнайық деп қоймайды.
Топ
Өзи бир зат домалақ,
Тийсең кетер жумалап,
Болмаса да жазығы,
Жүрер баллар қуўалап.
Тийсең кетер жумалап,
Болмаса да жазығы,
Жүрер баллар қуўалап.
Топ
Аяқ-қолсыз домалақ,
Ылақтырсаң жумалап,
Тамашаға батасаң,
Шаршағанда қуўалап,
Ол не өзи айтып бер,
Услап ал да қайтып бер.
Ылақтырсаң жумалап,
Тамашаға батасаң,
Шаршағанда қуўалап,
Ол не өзи айтып бер,
Услап ал да қайтып бер.
Топ
Тық-тық етип бәрҳама,
Узақ күнге тынбайды,
Шаршадым деп айтпас ҳеш,
Сирә бир дем алмайды.
Узақ күнге тынбайды,
Шаршадым деп айтпас ҳеш,
Сирә бир дем алмайды.
Саат
Уақытты өлшейди,
Еш адамнан сорамай,
Тилиңди алмайды,
Тетигин бурамай.
Еш адамнан сорамай,
Тилиңди алмайды,
Тетигин бурамай.
Саат
Тықылдасып барады,
Ағасы менен иниси,
Қуўдаласып жүреди,
Биринен соң бириси.
Ағасы менен иниси,
Қуўдаласып жүреди,
Биринен соң бириси.
Саат
Өзи қалта сааттай,
Көрсетпес бирақ ўақытты,
Елпилдеген еки тил,
Көрсетип турар бағытты.
Көрсетпес бирақ ўақытты,
Елпилдеген еки тил,
Көрсетип турар бағытты.
Компас
Жүреди тық-тық,
Етеди шық-шық,
Сақлаңыз есте,
Күтә керекли исте.
Етеди шық-шық,
Сақлаңыз есте,
Күтә керекли исте.
Саат
Тық-тық еткен бәрҳама,
Узақ күнге тынбайды,
Шаршадым деп айтпас ҳеш.
Узақ күнге тынбайды,
Шаршадым деп айтпас ҳеш.
Саат
Қағып таслап таңлайын,
Билгенинше сөйлейди,
Келгенинше тилиниң,
Тоқтамастан жүреди,
Жеткенинше ҳалының,
Мезгилден хабар береди.
Билгенинше сөйлейди,
Келгенинше тилиниң,
Тоқтамастан жүреди,
Жеткенинше ҳалының,
Мезгилден хабар береди.
Саат
Сирә бир дем алмайды,
Ақылы жоқ, жаны бар.
Ақылы жоқ, жаны бар.
Саат
Қара таўық ғанқылдайды,
Қанатлары шаңқылдайды.
Қанатлары шаңқылдайды.
Тигиў машинасы
Төрт аўзы бар дөңгелек,
Адамзатқа дым керек,
Суўықтан сени қорғайды,
Пуқталап оны сақласаң,
Ҳеш ўақыт қапа қылмайды.
Адамзатқа дым керек,
Суўықтан сени қорғайды,
Пуқталап оны сақласаң,
Ҳеш ўақыт қапа қылмайды.
Илгек
Көзлери бар дөңгелек,
Қатар турар өңирде,
Кийимиңди қаўсырып,
Тоңдырмайды өмирде.
Қатар турар өңирде,
Кийимиңди қаўсырып,
Тоңдырмайды өмирде.
Сәдеп-илгек
Жүз мың ашығы бар,
Ҳәммеси қарыйдар.
Ҳәммеси қарыйдар.
Пул
Пәп-пәкене төрт мүйеш,
Өлшеп ғана тигилген,
Услайтуғын баўы бар,
Өзине беккем бүгилген,
Айтыңлар ол не болар?
Өлшеп ғана тигилген,
Услайтуғын баўы бар,
Өзине беккем бүгилген,
Айтыңлар ол не болар?
Сумка
Емес оннан үй қуры,
Өзи темир қийқымы,
Иске салған ўақтында,
Шубатылған қуйрығы.
Өзи темир қийқымы,
Иске салған ўақтында,
Шубатылған қуйрығы.
Ийне
Тентек-тентек, тентегим,
Жалғыз көзли болсаң да,
Тар соқпақтан өтесең,
Пайдалансам өзиңди,
Адамзатқа пайдалы,
Ис питкерип кетесең.
Жалғыз көзли болсаң да,
Тар соқпақтан өтесең,
Пайдалансам өзиңди,
Адамзатқа пайдалы,
Ис питкерип кетесең.
Ийне
Бир көзли кемпир,
Көйлегине гүл тигеди.
Көйлегине гүл тигеди.
Ийне
Көк таўдың басы жарық.
Ийне
Қара атлы нашар,
Ақ атлыны қуўар.
Ақ атлыны қуўар.
Ийне-сабақ
Өзи кеўил ашады,
Суўға салсаң қашады.
Суўға салсаң қашады.
Сабын
Ығаллап усласаң,
Қолыңда турмайды,
Оның менен жуўсаң,
Кийимде кир қалмайды.
Қолыңда турмайды,
Оның менен жуўсаң,
Кийимде кир қалмайды.
Сабын
Тазалыққа дым керек,
Қарнын толтыр пайдалан,
Сораған менен бермейди,
Түсинбейди түртпесең.
Қарнын толтыр пайдалан,
Сораған менен бермейди,
Түсинбейди түртпесең.
Умывальник
Есик бетте биреў тур,
Узақ күнге талмайды,
Қай ўақытта келсең де,
Оннан кеўлиң қалмайды.
Узақ күнге талмайды,
Қай ўақытта келсең де,
Оннан кеўлиң қалмайды.
Умывальник
Жасы киши болса да,
Хызмет етер мудамы,
Үйиңиздиң ишинде,
Ақ көкирек адамы.
Хызмет етер мудамы,
Үйиңиздиң ишинде,
Ақ көкирек адамы.
Умывальник
Бир қапталда оррыйған,
Қуйымшағы зоррыйған.
Қуйымшағы зоррыйған.
Умывальник
Есик бетте биреў тур,
Узақ күнге талмайды,
Қай ўақытта қәлесең,
Оннан кеўлиң қалмайды.
Жасы киши болсаң да,
Хызмет етер мудамы,
Үйиңиздиң ишиниң,
Ақ көкирек адамы.
Узақ күнге талмайды,
Қай ўақытта қәлесең,
Оннан кеўлиң қалмайды.
Жасы киши болсаң да,
Хызмет етер мудамы,
Үйиңиздиң ишиниң,
Ақ көкирек адамы.
Умывальник
Бир қарасаң көресең,
Тазалықты билесең.
Тазалықты билесең.
Айна
Кишкене ғана мүлде,
Маған қарап күлди.
Маған қарап күлди.
Айна
Өзи минайым,
Иси әлпайым,
Бет-қол жуўсаң,
Қулашын ашып,
Болады тайын,
Терлесең өзиң,
Ол да терлейди,
Бир өкиниши,
Бирге жүрмайди.
Иси әлпайым,
Бет-қол жуўсаң,
Қулашын ашып,
Болады тайын,
Терлесең өзиң,
Ол да терлейди,
Бир өкиниши,
Бирге жүрмайди.
Айна
Алдына барсаң көресең,
Айнытпастан өзиңди,
Ол да қалар ермеклеп,
Егер қыссаң көзиңди.
Айнытпастан өзиңди,
Ол да қалар ермеклеп,
Егер қыссаң көзиңди.
Айна
Сен урсаң ол да урады,
Бирақ ортада шийше сынады.
Бирақ ортада шийше сынады.
Айна
Тиси көп тислейди.
Тарақ
Аўзы жоқ, тиси көп,
Майсалықта иси көп.
Майсалықта иси көп.
Тарақ
Тақта-тақта,
Муз иреңде,
Қарсылық етпейди,
Нур иреңге.
Муз иреңде,
Қарсылық етпейди,
Нур иреңге.
Терезе
Қыдырмайды, жүрмейди,
Үйимде бар бир жолдас,
Қанша хызмет етсе де,
Ҳеш оған алғыс айтылмас.
Үйимде бар бир жолдас,
Қанша хызмет етсе де,
Ҳеш оған алғыс айтылмас.
Кийим илдиргиш
Унатқан сүйип ҳәр киси,
Жүреди алып қасына,
Себеби оның ҳәр тиси,
Пайдалы адам басына.
Жүреди алып қасына,
Себеби оның ҳәр тиси,
Пайдалы адам басына.
Тарақ
Азан менен турдым,
Тоғыртқаға кирдим.
Тоғыртқаға кирдим.
Көйлек
Өзи жумсақ, жап-жалпақ,
Хызмет ислер жумалап.
Хызмет ислер жумалап.
Көпшик
Бойы да бир, ени де бир,
Ҳәммеде де болады,
Бети-қолың кир болса,
Қатты қапа болады.
Ҳәммеде де болады,
Бети-қолың кир болса,
Қатты қапа болады.
Бет орамал
Түнде аш, күндиз тоқ.
Етик
Азанда тиктим де,
Кеште сөктим.
Кеште сөктим.
Ботинка
Баўыры кирпи тикендей,
Бирақ тегис арқасы,
Егер үстиң шаң болса,
Нағыз соның устасы.
Бирақ тегис арқасы,
Егер үстиң шаң болса,
Нағыз соның устасы.
Щетка
Күндиз иззетте,
Ақшам хызметте.
Ақшам хызметте.
Көрпе-төсек
Ийри-ийри изи бар,
Арман-берман жүреди,
Әҳмийетли иси бар,
Бөрене де тиледи,
Қосық айтар сырылдап,
Ағашларды ол тырнап.
Арман-берман жүреди,
Әҳмийетли иси бар,
Бөрене де тиледи,
Қосық айтар сырылдап,
Ағашларды ол тырнап.
Жарғы
Бәлекей келип назланды,
Ағаш түбин жалмады.
Ағаш түбин жалмады.
Балта
Тоғайға барса үйге қараған,
Үйге қайтса тоғайға қараған.
Үйге қайтса тоғайға қараған.
Белге қыстырылған балта
Төрт аяқлы, тал таяқлы,
Ҳеш нәрседен қорқар емес,
Әлле неди бул қаяқлы?
Ҳеш нәрседен қорқар емес,
Әлле неди бул қаяқлы?
Жаба
Уўқаласам мәс болар,
Шамал тийсе пәс болар.
Шамал тийсе пәс болар.
Сабынның көбиги
Өзи дәннен туўылған,
Бели қысып буўылған,
Үй ишинде сыпырық,
Алдына түсип жуўырған.
Бели қысып буўылған,
Үй ишинде сыпырық,
Алдына түсип жуўырған.
Сипсе
Төрт мүйешли жумсақ емес,
Аўырлығы онша емес,
Басыңды қойып жатпасаң,
Сирә кеўлиң кеншимес.
Аўырлығы онша емес,
Басыңды қойып жатпасаң,
Сирә кеўлиң кеншимес.
Пешехана
Төрт аяқлы,
Үсти торлы,
Онда жатқанлар,
Адамның зоры.
Үсти торлы,
Онда жатқанлар,
Адамның зоры.
Кәт
Төрт аяқлы,
Еки баслы,
Бир қурсақлы.
Еки баслы,
Бир қурсақлы.
Кәт
Кишкене ғана айнасыз,
Қурылмайды пайдасыз,
Салмағы жоқ, дым оңай,
Қурылмайды пайдасыз,
Салмағы жоқ, дым оңай,
Пешехана
Әкетсең де қайда сиз,
Үстинде сетки,
Жатқан адамлар,
Жақсы екен депти.
Үстинде сетки,
Жатқан адамлар,
Жақсы екен депти.
Кәт
Аяғы бар, жүрмейди,
Арқасы бар, жатпайды.
Арқасы бар, жатпайды.
Орынлық
Екиге екини қоссаң төрт болады,
Биреўи-биреўине сеп болады.
Тийкарғы үйлесими табылмаса,
Жансыз зат жанлы затты жеп болады.
Биреўи-биреўине сеп болады.
Тийкарғы үйлесими табылмаса,
Жансыз зат жанлы затты жеп болады.
Көзәйнек
Тахта-тахта муз реңде,
Орны төриңде,
Қарсылық етпейди,
Нурға реңге.
Орны төриңде,
Қарсылық етпейди,
Нурға реңге.
Әйнек
Иши қуўыс, сырты тас,
Ишинен көринер ас.
Ишинен көринер ас.
Шийше
Өзлигинен асқа бармайды,
Бөрек яки мантыны,
Онысыз ҳеш ким алмайды,
Ал борщ яки гөжеде,
Қолдан сирә қалмайды.
Бөрек яки мантыны,
Онысыз ҳеш ким алмайды,
Ал борщ яки гөжеде,
Қолдан сирә қалмайды.
Қасық
Узын қайыс созылған,
Белиме буўсам келмейди.
Белиме буўсам келмейди.
Жол
Суў үстинде көсилип жатар,
Бирақ суўдан ише алмас,
Бизди аржаққа өткерер,
Бирақ өзи көше алмас.
Бирақ суўдан ише алмас,
Бизди аржаққа өткерер,
Бирақ өзи көше алмас.
Көпир
Шыңқ етти,
Шапшып кетти.
Шапшып кетти.
Оқ
Өзи үйде, орны төрде,
Алсаң жалт етер,
Тақсаң шалт етер.
Алсаң жалт етер,
Тақсаң шалт етер.
Қылыш
Жегени темир,
Қусқаны от.
Қусқаны от.
Мылтық
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: МУЗЫКА ӘСБАПЛАРЫ
Алдынғы бөлимге қайтыў: ТЕХНИКА ҲӘМ БАЙЛАНЫС ТУЎРАЛЫ
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: