Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ТЕХНИКА ҲӘМ БАЙЛАНЫС ТУЎРАЛЫ (TEXNÍKA HÁM BAYLANIS TUWRALI)

Қуйысы бар, жиби жоқ,
Турар өзи тым-тырыс,
Қулағы бар бир ғана,
Бурсаң оннан шығар сес,
Сениң менен сөйлесер,
Сөйлеген сөзи дуп-дурыс.
Телефон
Келмейди көзге көринип,
Береди хабар билинип,
Бармасына болмайды,
Отырсаң да еринип.
Телефон
Дыррыў-дыррыў етеди,
Бир секундта Москваға жетеди.
Телефон
Қатар-қатар ғазнайды,
Биринен-бири озбайды,
Ботасы өлген ингендей,
Күни-түни азнайды.
Телефонның столбасы
Жабанда бар көп ағаш,
Қалалар менен хабарлас,
Көгермейди ол ағаш.
Телефон ағашы
Жап бойында көп ағаш,
Көгермейди сол ағаш,
Арғы жағын сорасаң,
Астарханға шамалас.
Телефонның столбасы
Көрип турсам бир нәрсе шырылдайды,
Ишинде бир нәрселер былдырлайды.
Телефон
Қанша узақтан сөйлесе де,
Үйимде еситилип турады.
Радио
Болмаса да радио-приемник,
Қосық айтып саз шертилип,
Сүйсинерлик сөз айтқан,
Болса да қандай көринис,
Айтпай өзин көрсеткен.
Телевизор
Ушырасады дым сийрек,
Үй хожалық ишинде,
Тилсим айна сыяқлы,
Көрсетер адам жүзинде,
Сөйлегениң ҳәр күни,
Еситесең қызығып,
Театрдың, киноның,
Ислерин де ҳәр күнги,
Орынлайды бир өзи.
Телевизор
Бир айнаға жәҳан сыйған.
Телевизор
Кишкене ғана өзи,
Маңлайында көзи,
Көрсе айнытпай сизди,
Салар келбетиңизди.
Фотоаппарат
Үйимде бар бир адам,
Өзин көзим көрмейди,
Түрли жаңалық ислерден,
Ҳәр күни хабар береди.
Радио
Көринбейди тили,
Ҳәр бир үйдиң бүлбүли.
Радио
Даўысы күтә нағышлы,
Адамдай болып сөйлейди,
Жаңалықты айтады,
Есит оны бил дейди,
Жаўын менен шашынның,
Болар ўақтын айтады,
Намаға түрли дөндирер,
Қим буны ойлап таба алар.
Радио
Бир мүйеште сөйлейди,
Саз шертеди жырлайды,
Ҳәмме оның сөзинен,
Дүнья жүзи тыңлайды.
Радио
Адам емес тили бар,
Ҳәр бир үйден табылар,
Үй емес жалғыз турғаны,
Көшеден де табылар.
Радио
Турады жайдың үстинде,
Алысқа көз салғандай,
Радио сөйлемес,
Турса оған жалғанбай.
Антенна
Ақыллы екен ағадай,
Бийикте өзи турады,
Билмеген сырын гейбиреў,
Мынаў не деп сорайды.
– Ашса көзин үш рет,
Айтқаны екен үш сөзин,
– Тоқта, күт, жүре бер
Қызыл көзин ашқанда,
Аяғыңды баспа алға
Сары көзин ашқанда,
Дыққат бөлме басқаға
Жасыл көзин ашқанда,
Өте бер жолдан жасқанба.
Светофор
Еки аяқлы өгиз,
Маңлайында қос мүйиз.
Велосипед
Жаны аяқта,
Жүреги қолда,
Қуўаты жерде.
Велосипед
Еки аяқлы, бир баслы,
Жуўырады дым қатты.
Велосипед
Еки аяқлы жәниўар,
Жаны жоқ жүрген изи бар,
Зәңгиси бар, жүўенсиз.
Айылы жоқ, ери бар.
Велосипед
Бурасаң қулағын,
Ағызады булағын.
Крант
Темир көзли суў булақ,
Жөнсиз ақпас бул бирақ,
Толып қалар шелегиң,
Жиберсең аўзын бир бурап.
Крант
Беллен-беллен, беллен ат,
Бели узын қара ат,
Таўды-тасты билмеген,
Бул не деген қудирет.
Поезд
Үйрек емес, ғаз емес,
Балық емес суўдағы,
Өзи жүзиў биледи,
Ғореги май менен көмир,
Жуўабын ким биледи?
Пароход
Тап-тап, тап атым,
Табаны жалпақ қояным,
Үйирине жиберсем киснемес,
Беде салсам тислемес.
От арба
Арыслан ақырды,
Балаларын шақырды.
Заводтың гудоги
Ат десем ат емес,
Аяғы жоқ, аўқат жемес,
Бензин болса толы,
Алып ушады болып жолы.
Автомашина
Арбасы бар, аты жоқ,
Тартар бирақ жаны жоқ,
Тутқасына қолың тийсе,
Аттан да озып кетеди.
Автомашина
Көп жүрсе де ҳарымас,
Соғып турса жүреги,
Узақ жолға қалыспас,
Төрт аяғы тиреги.
Автомобиль
Төрт аяқлы, еки көзли,
Өзи жансыз жүреди,
От пенен майдан жеми бар,
Полат қалай жүреги.
Автомобиль
Тетиги қолда,
Жүрсеңиз жолда,
Қос қулақ,
Бир арысқа бекиткен,
Қос ағайин,
Биреўи қашады,
Биреўи қуўады.
Бириниң изин,
Бири басады,
Жуўырып та жетпейди,
Озып та кетпейди,
Жеткерсең майын,
Ол да жорға турған,
Исине тайын.
Мотоцикл
Жалғыз көзи жанады,
Мингенниң мийри қанады.
Мотоцикл
Тыр-тыр етип тырнағы менен жер жыртады.
Трактор
Қуўаты бар, ақылы жоқ,
Геўдеси бар, жаны жоқ.
Трактор
Ход алады гүрилдеп,
Жер қорқады дирилдеп,
Атызға төгин төгеди,
Шигитти өзи себеди.
Сепкен жерин бирлейди,
Шаршаўыңды билмейди.
Пышқысы бар күтә өткир,
Тамырын шөптиң кеседи,
Қарықта жара береди,
Пахтаны жақсы тереди,
Уқыплы қандай иске де,
Ийни талмас күшке де,
Май менен суў ишеди,
Қыйынлықты шешеди.
Буны ойлап тапқанға,
Дийқанлар рахмет деседи.
Универсал
Адамдай пахта тереди,
Өнимди жақсы береди,
Жүз кисиге бир өзи,
Бәсме-бәске келеди.
Қанарына толтырып,
Ҳәр барғанда үйеди,
Не екенин усыннан,
Тапқышлар ойлап биледи.
Пахта теретуғын машина
Тумсығы үлкен тис екен,
Жүк көтерип тур екен,
Көтер десең болғаны,
Әл ҳаўаға тиреген.
Подъемный кран
Жақында пайда болған қус,
Жердиң жүзин шолған қус,
Бизин елде ержетип,
Айдан хабар алған қус.
Жер жолдасы
Куба менен Москваның арасын,
Жүйрикликтен бес минутлық жол еткен,
Өзи «тилсим» бир көрсетер қарасын,
Самолет па, қус па екен, бул не екен?
Космос корабли
Ойласаңыз дүньяда,
Әжайып бир нәрсе бар,
Қаршығадай ҳалықлап,
Ушып қайтты аспанға.
Космос корабли
Атқан оқтан озады,
Дүньяның бәрин гезеди.
Ракета
Жигирма төрт ай жүрип,
Қырқып тоқып өрмегин,
Талай қыйын жоллардың,
Басып өткен дөңбегин,
Жасаўшыға рахмет,
Баҳалаймыз еңбегин.
Жер жолдаслары
Ҳә демей-ақ бултқа жетер.
Самолет
Күн төбеге келгенде болады түс,
Гезегин жаздырмайды жаз бенен қыс.
Қәҳәрленсе жер жүзин тез айналған,
Қанаты елиў аршын бир жалғыз қус.
Самолет
Булттан да ары-кетеди,
Узақты жақын етеди.
Самолет
Жүз адамды көтерип,
Қус та оған жетпейди,
Ҳаўада ушар кәрамат,
Дөреткен оны адамзат,
АҚШ тан бизге он саат,
Аралықты түсер нақ,
Ойланып көрши балалар,
Бул не болар, қандай зат?
Самолет
Бир қус шықты ядтан,
Қалайша пайда болған,
Қандай заттан,
Ушса қанат қақпайды,
Лашын бүркит қуслардан,
Тайсалып ҳеш қашпайды.
Самолет
Қус емес, қанаты бар,
Бүркиттен зор айбаты бар,
Ушса лашын жете алмас,
Талмас үлкен қанаты бар.
Самолет
Бир қус көрдим ҳаўада,
Қанатын қақпас қияда,
Күтә жүйрик дүньяда,
Шаршаўыңды билмеген,
Қалама-қала қатнайды.
Самолет
Қус сыяқлы қус емес,
Сырғып ушқан бийикке,
Қанаты бар қақпайды,
Ушса да қанша бийикке.
Самолет
Тас төбеде шатырым,
Аштым алты шақырым,
Жерге түсип жайнадым.
Парашют
Ошағы бар, морысы жоқ,
Шоғы бар, күйеси жоқ.
Электр плитасы
Көринбестен ағады,
Шыраны да жағады.
Электр тогы
Үйге сым менен киреди,
Қараңғыны қуўады.
Электр тогы
Шарт етсе,
Жалт етер.
Электр лампочкасы
Жулдызындай турмыстың,
Хызметинде күндиз-түн,
Тетиги қолда жанғызасаң,
Сөнгизгиң келсе сөнгизесең.
Лампочка
Басында қалпағы бар,
Қалпағы да жарасар,
Өзи болса домалақ,
Қарасаң көзиң қамасар.
Қараңғыда дым керек,
Гилти оннан бир бөлек,
Шырасыз китап оқыйсаң,
Айтып берши сен Көмек.
Сыртқа қойылатуғын лампочка
Дүньяда бир нәрсе бар арық керек,
Болса да арық керек ҳәмме шерик,
Басында еки қатар мүйизи бар,
Турады илим менен барып-келип.
Электр тогы
Лампа майсыз жанады,
Жан рәҳәт табады,
Умытасаң шыраны,
Аўқатты да асады,
Чайнекти де басады,
Отынсыз питер жумысың,
Тракторды да жүргизер,
Пароходты да жүргизер,
Трамвайды да зырлатып,
Қүдиретин көргизер.
Электр тогы
Майы жоқ, жарығы бар,
Ийиси жоқ, ыссысы бар.
Электр тогы
Басында қалпағы бар,
Қалпағы да жарасар,
Өзи болса домалақ,
Қарасаң көзиң қамасар.
Қараңғыда дым керек,
Гилти оннан бир бөлек,
Шырасыз китап оқыйсаң,
Айтып бериң не демек.
Лампочка
Таўық деўге пәри жоқ,
Аяқ, көз, қанаты жоқ,
Мың-мыңлап шығарар шөже,
Соны табың жан шеше.
Инкубатор


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: БУЙЫМЛАР
Алдынғы бөлимге қайтыў: ОҚЫЎ-БИЛИМ ТУЎРАЛЫ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.