Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ОҚЫЎ-БИЛИМ ТУЎРАЛЫ (OQIW-BÍLÍM TUWRALI)

Әпиўайы жай қарасаң,
Жети жаста барасаң,
Ишинде турли жемис бар
Талап етсен аласаң.
Мектеп
Ғәрежетсиз киресең,
Ғәзийне алып шығасан.
Мектеп
Бәрҳа ақ қағаздан жүреди,
Оның иси бардам менен,
Аўзы да жоқ, тили де жоқ,
Сөйлесер адам менен.
Хат
Тоғайға барған биреў,
Отын шапқан биреў,
Ҳасылынан қыз жасап,
Күйеўге берген биреў.
Хат жазып жибериў, оқыў
Қырық бири де баҳадыр,
Солардан «а» дегени,
Ҳәммесине командир,
Ғаррымысаң, жаспысаң,
Бизди билсең пайда дер.
Алфавит
Бир нәрсе бар сыялы,
Алдында оның қыялы.
Хат
Сыйырда бар, атта жоқ,
Сорпада бар, етте жоқ.
«с» ҳәрипи
Таўда бар, шырада жоқ,
Суўда бар, жылғада жоқ,
Ҳаўызда бар, сайда жоқ,
Қаўғада бар, жипте жоқ,
Түтинде жоқ, пуўда бар.
«ў» ҳәрипи
Кеўилине шашып нур,
Ҳәр қағазы сөйлеп тур.
Китап
Үйде бар тилсиз муғаллим,
Оннан мен тәлим аламан.
Китап
Билимниң ағар булағы,
Көп айнасы нуры бар,
Қатара жолдан турады,
Жолында көз тутылар.
Китап
Мениң бир жандай достым бар,
Көп сөз айтар өзиме,
Достымның айтқан сөзлери,
Елеслейди көзиме.
Китап
Көп нәрсени билетуғын,
Сөзге шебер бир киси бар,
Оның айнадай бетинен,
Излегениң табылар.
Газета
Төрт аўзы бар дөңгелек,
Оқыўшыға дым керек,
Қәўиптен сени қорғайды,
Пухталап оны сақласаң,
Ҳеш ўақыт қапа қылмайды.
«Жеткиншек» газетасы
Айнадан көргендей,
Жаныңда турғандай.
Газета
Төрт бет айна қарасаң,
Ҳәр күни қолға аласаң,
Үңилип дүнья жүзине,
Бәрине көз саласаң.
Газета
Ийрек-ийрек изи бар,
Суў тамызсаң сызылар,
Егер суўы болмаса,
Жүрсе де изи жоқ болар.
Xат-ручка
Елимниң бир баласы,
Балалардың санасы.
Муғаллим
Бәд ақшамда бир ай бар,
Жер жүзинде бир ай бар,
Айдың атын ай билмес,
Ортасында ушып жүрген,
Қанаты гүмис қунай бар.
Почта
Шәкирт туўе устазлар,
Даўысына бағынар,
Каникулда балалар,
Даўысын оның сағынар.
Звонок
Алтын ылашық ишинде,
Жийрен айғыр киснейди,
Жез сарайым ишинде,
Жездемниң аты киснейди.
Қоңыраў
Ким екенимди менсиз-ақ,
Айтып турған ҳәммеге,
Қәне қараң балалар,
Сизлерде де бар ма ол.
Пионер галстуги
Узындур, қысқадур төгеди яшын.
Авторучка
Өзи арық, басы жарық,
Жүрген изи көп ҳәрип.
Ручка
Сүйем бойлы ақ терек,
Оқыўшыға көп керек,
Қағаз бар жерде олда бар,
Еткен иси бир демек.
Қәлем
Өзи бир қарыс,
Тили мың қарыс.
Қалем
Ақ жолға түсип,
Әсте жорғалар.
Ручка-қағаз
Бар екен дүньяның бир дереги,
Адамға ақыл қосыўға бар кереги,
Ишинде бир өзиниң 8 сала,
Олардың 98 дөнгелеги.
Есап-шот
Қолымда бир айна бар, дөп-дөңгелек,
Адасқанға жол силтеп берер дерек,
Еки тисли тиси менен төрт бағытты,
Керек десең болғаны таўып берер.
Компас
Бабаның тоны жүз жамаў.
Глобус
Бир нәрсе бетинде жоқ ой менен қыр,
Өзиниң орайынан айналып тур,
Асықпай зейин салып қарасаңлар,
Келбети жер жүзиниң көринип тур.
Глобус
Ғарбыздай нәрсе тутқалы,
Күтә жеңил бул тағы,
Бир бойына сыйып тур,
Жер жүзиниң гүлләни.
Глобус
Жамаўы бар, жүйи жоқ,
Қаласы бар, үйи жоқ.
Карта
Теңизинде суўы жоқ,
Қаласында жайы жоқ,
Тоғайының талы жоқ.
Карта
Дәрьясы барда суўы жоқ,
Шәҳәри бар да, ели жоқ,
Егер барып сорасаң,
Жасыратуғын сыры жоқ.
Карта
Қара тақырда ақ қоян секирер
Тахта-пор
Өзи қара, сөзи ақ.
Тахта-пор
Қантқа уқсар реңи,
Ҳәр класстың «қәлеми».
Пор
Тазалықты сүйеди,
Өзи патас жүреди.
Дәскийир


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ТЕХНИКА ҲӘМ БАЙЛАНЫС ТУЎРАЛЫ
Алдынғы бөлимге қайтыў: ҲАЙЎАНАТ ДҮНЬЯСЫНА БАЙЛАНЫСЛЫ ЖУМБАҚЛАР
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.