ҲАЙЎАНАТ ДҮНЬЯСЫНА БАЙЛАНЫСЛЫ ЖУМБАҚЛАР (HAYWANAT DÚNYaSINA BAYLANISLI JUMBAQLAR)
Ғаррыдай ақ мурты бар,
Жыллы постын ийнинде,
Ойланып көриң балалар,
Бар шығар мүмкин үйиңде.
Ийттей болып үрмейди,
Майданда көп жүрмейди,
Көзин жумып сықылдап,
Қурылдайды пырылдап,
Тойдырып алып тамағын,
Жатқаны оның қурылдап.
Жыллы постын ийнинде,
Ойланып көриң балалар,
Бар шығар мүмкин үйиңде.
Ийттей болып үрмейди,
Майданда көп жүрмейди,
Көзин жумып сықылдап,
Қурылдайды пырылдап,
Тойдырып алып тамағын,
Жатқаны оның қурылдап.
Пышық
Жигирма найзасы бар,
Адамға тийгизер пайдасы бар,
Ийесинен адасып қалса да,
Өзин асырайтуғын ҳийлеси бар.
Адамға тийгизер пайдасы бар,
Ийесинен адасып қалса да,
Өзин асырайтуғын ҳийлеси бар.
Пышық
От басында бақа шайнек.
Пышық
Бир ҳайўан бар есикте,
Қараўыллық кәсипте,
Танысларын қыйнамас,
Танымасын сыйламас,
Дәпинип аўзын ашады,
Қарсылассаң қашады.
Умтылар тағы бақырып,
Туқымласын шақырып,
Шуўласып дабыл қағады,
Далада мал да бағады,
Үйренискен адамы,
Онын досты мудамы,
Ҳадал хызмет етеди,
Кеўилине жетеди.
Қараўыллық кәсипте,
Танысларын қыйнамас,
Танымасын сыйламас,
Дәпинип аўзын ашады,
Қарсылассаң қашады.
Умтылар тағы бақырып,
Туқымласын шақырып,
Шуўласып дабыл қағады,
Далада мал да бағады,
Үйренискен адамы,
Онын досты мудамы,
Ҳадал хызмет етеди,
Кеўилине жетеди.
Ийт
Төрт таяғы бар,
Сегиз туяғы бар,
Узын қамшысы бар,
Төрт булағы бар,
Қос найзасы бар,
Адамға пайдасы бар.
Сегиз туяғы бар,
Узын қамшысы бар,
Төрт булағы бар,
Қос найзасы бар,
Адамға пайдасы бар.
Сыйыр
Анасы елли жамаў,
Баласы қырық жамаў.
Баласы қырық жамаў.
Сыйырдың аласы
Жарасықлы жалы бар,
Самалдан жүйрик жәниўар,
Дәртке даўа сүти бар,
Бул қандай мал таўып ал.
Самалдан жүйрик жәниўар,
Дәртке даўа сүти бар,
Бул қандай мал таўып ал.
Бийе
Маў-маў басқан, маў басқан,
Аяқларын жай басқан,
Денесинде толы күш,
Ислейтуғыны пайдалы ис.
Аяқларын жай басқан,
Денесинде толы күш,
Ислейтуғыны пайдалы ис.
Түйе
Сақалы бар ақылы жоқ.
Ешки
Күн ортада күн батқан,
Үш ай шилледе муз қатқан.
Үш ай шилледе муз қатқан.
Қатық
Қоян қулақлы,
Ат туяқлы.
Ат туяқлы.
Ешек
Бир мақлуқ бар көрдиңиз,
Ҳәм семиргиш өрбигиш,
Он, он бестен туўмаса,
Гәп емес, оған еки-үш.
Ҳәм семиргиш өрбигиш,
Он, он бестен туўмаса,
Гәп емес, оған еки-үш.
Шошқа
Бир жери де аўырмас,
Бирақ мәңги ынқылдар.
Бирақ мәңги ынқылдар.
Доңыз
Аша туяқлы,
Ешки сыяқлы,
Жүйрик жәниўар,
Мәканы шөлде,
Шәшмели көлде.
Ешки сыяқлы,
Жүйрик жәниўар,
Мәканы шөлде,
Шәшмели көлде.
Кийик
Саҳра дүзде жасаған,
Күтә үркек қашаған,
Айнымаған келбети,
Тап ешкиге усаған.
Күтә үркек қашаған,
Айнымаған келбети,
Тап ешкиге усаған.
Кийик
Ғашыр туяқлы,
Ат сыяқлы,
Жонлары тарғыл,
Асаў екен жәниўар.
Ат сыяқлы,
Жонлары тарғыл,
Асаў екен жәниўар.
Қулан
Өзи қайшы қулақлы,
Териси мамық шумақлы,
Сетем алса ҳайт қойған,
Мәканы жоқ турақлы.
Териси мамық шумақлы,
Сетем алса ҳайт қойған,
Мәканы жоқ турақлы.
Қоян
Қыйық көзли,
Мамық жүнли,
Бота еринли,
Ешки қуйрықлы,
Белгисин басқа айтпайман,
Өседи екен үй менен дүзде,
Таўып алшы қәне?
Мамық жүнли,
Бота еринли,
Ешки қуйрықлы,
Белгисин басқа айтпайман,
Өседи екен үй менен дүзде,
Таўып алшы қәне?
Қоян
Қылыш көзли,
Мамық жүнли,
Бота еринли,
Ешки қуйрықлы...
Өсетуғын үйде,
Өсетуғын дүзде,
Қандай аң балалар.
Мамық жүнли,
Бота еринли,
Ешки қуйрықлы...
Өсетуғын үйде,
Өсетуғын дүзде,
Қандай аң балалар.
Қоян
Қыста қардай ағардым,
Жазда жердей жаңғырдым
Тысырлы сезсем секеңлеп,
Сайдан-сайға шабарман.
Татлы тамақ екен деп,
Геширди қайдан табарман.
Жазда жердей жаңғырдым
Тысырлы сезсем секеңлеп,
Сайдан-сайға шабарман.
Татлы тамақ екен деп,
Геширди қайдан табарман.
Қоян
Мәканы тоғай көл екен,
Жүретуғын жери шөл екен,
Күшлилигин соннан бил,
Шығарып суўдан жайынды,
Алып бийени, қулатты түйени.
Жүретуғын жери шөл екен,
Күшлилигин соннан бил,
Шығарып суўдан жайынды,
Алып бийени, қулатты түйени.
Жолбарыс
Толық денели,
Әжайып күш ийеси,
Салпаң қулақ,
Сәл нәрседен қорқады,
Балтасыз, пышақсыз, .
Сындырады дарақты,
Досларына бас ийип,
Қуллардай жүгин тасыйды.
Әжайып күш ийеси,
Салпаң қулақ,
Сәл нәрседен қорқады,
Балтасыз, пышақсыз, .
Сындырады дарақты,
Досларына бас ийип,
Қуллардай жүгин тасыйды.
Пил
Асқан жаўыз,
Ийт аўыз,
Түлки қуйрық,
Өзи жүйрик,
Жақынласа қораға,
Бөрибасарың жатпайды,
Атам кирпик кақпайды.
Ийт аўыз,
Түлки қуйрық,
Өзи жүйрик,
Жақынласа қораға,
Бөрибасарың жатпайды,
Атам кирпик кақпайды.
Қасқыр
Еки туўылып, бир өледи.
Қус
Ерте турады, жар шақырады.
Қораз
Жанлыдан жансыз туўады,
Жансыздан жанлы шығады.
Жансыздан жанлы шығады.
Мәйек, таўық
Басы тарақ, қуйрығы орақ.
Қораз
Болсадағы қанаты,
Билмеймен неге ушпайды,
Жайсаң екен жүриси,
Қолдағы қустың ириси.
Билмеймен неге ушпайды,
Жайсаң екен жүриси,
Қолдағы қустың ириси.
Түйетаўық
Жерден бийик, көктен пәс,
Дизилисип өтеди,
Бир мәўсимниң келгенин,
Хабар етип кетеди.
Қатарласып дизилип,
«Л» ҳәрипин салады,
Сол ўақыт шаққан болсаң,
Санаўға да болады.
Дизилисип өтеди,
Бир мәўсимниң келгенин,
Хабар етип кетеди.
Қатарласып дизилип,
«Л» ҳәрипин салады,
Сол ўақыт шаққан болсаң,
Санаўға да болады.
Тырна
Геўдеси шалқақ келеди,
Тумсығы жалпақ келеди,
Суўда шалқып жүзеди,
Қырда аңлап жүреди.
Тумсығы жалпақ келеди,
Суўда шалқып жүзеди,
Қырда аңлап жүреди.
Үйрек
Аяғы қара ғарғадай,
Басы қызыл алмадай,
Мойны ала, төси ақ,
Айқышланған торқадай,
Шубар жумсақ шапаны,
Көл менен теңиз мәканы,
Ғарқылдап жазда күледи,
Қыста узақ сапары.
Басы қызыл алмадай,
Мойны ала, төси ақ,
Айқышланған торқадай,
Шубар жумсақ шапаны,
Көл менен теңиз мәканы,
Ғарқылдап жазда күледи,
Қыста узақ сапары.
Үйрек
Шабақтай суўда ойнаған,
Ыссы жақты жайлаған.
Ыссы жақты жайлаған.
Үйрек
Бақша-бақша жайлаўда,
Жалықпайды сайраўға,
Көнликпейди көп аса,
Бөденедей байлаўға.
Жалықпайды сайраўға,
Көнликпейди көп аса,
Бөденедей байлаўға.
Бүлбүл
Күни-түни ол бирақ,
Шайқалған жорға турып-ақ,
Ҳаўазым мениң жақсы деп,
Ҳәмме қусқа мақтанады,
Сайраўдан шөлде сақланады.
Шайқалған жорға турып-ақ,
Ҳаўазым мениң жақсы деп,
Ҳәмме қусқа мақтанады,
Сайраўдан шөлде сақланады.
Бүлбүл
Күни-түни ол бирақ,
Шайқалған бағда турып-ақ,
Ҳаўазым мениң жақсы деп
Ҳәмме қусқа мақтанады,
Тыңлаўшысы болмаса,
Сайраўдан ол сақланады.
Шайқалған бағда турып-ақ,
Ҳаўазым мениң жақсы деп
Ҳәмме қусқа мақтанады,
Тыңлаўшысы болмаса,
Сайраўдан ол сақланады.
Бүлбүл
Кип-кишкене қус екен,
Көркем сулыў түс екен.
Қанатлының шебери,
Қарап турсаң усы екен.
Көркем сулыў түс екен.
Қанатлының шебери,
Қарап турсаң усы екен.
Қырғаўыл
Бәҳәрде қуслар келгенде,
Қонаққа бизге келеди,
Төбеден орын алады,
Шығарыў ушын палапан,
Шеберлеп уя салады.
Кетсеңиз басқа жақларға,
Қошласып узатып салады.
Қонаққа бизге келеди,
Төбеден орын алады,
Шығарыў ушын палапан,
Шеберлеп уя салады.
Кетсеңиз басқа жақларға,
Қошласып узатып салады.
Қарлығаш
Қармақтай еки аяғы,
Тумсығында таяғы,
Төбесинде гүли бар,
Ала бажақ түри бар,
Көп шырлайды бәҳәрде,
Қосық айтқан мәҳәлде,
Жүзи төмен турады,
Басын екшеп урады.
Тумсығында таяғы,
Төбесинде гүли бар,
Ала бажақ түри бар,
Көп шырлайды бәҳәрде,
Қосық айтқан мәҳәлде,
Жүзи төмен турады,
Басын екшеп урады.
Өпепек
Басында бар айдары,
Елеўсиз қус жайдары,
Сары ала қанаты бар,
Шығады бәҳәр айлары,
Қосық айтса айталмайды,
Өз атынан басқаны.
Усы ўаққа шекем жоқ,
Жаңадан бир сөз қосқаны.
Елеўсиз қус жайдары,
Сары ала қанаты бар,
Шығады бәҳәр айлары,
Қосық айтса айталмайды,
Өз атынан басқаны.
Усы ўаққа шекем жоқ,
Жаңадан бир сөз қосқаны.
Әтшөк
Бәҳәрде бир қус сес берер,
Егис ўақтын ескерер,
Егис етип болған соң,
Индемеўди хош көрер.
Егис ўақтын ескерер,
Егис етип болған соң,
Индемеўди хош көрер.
Әтшөк
Бәҳәрде қуслар келгенде,
Ол келмейди қатарға,
Бир келбетлик сөз жазып,
Атлыққа қоссаң «ға» жалғаў,
Қыста келер қатарға.
Ол келмейди қатарға,
Бир келбетлик сөз жазып,
Атлыққа қоссаң «ға» жалғаў,
Қыста келер қатарға.
Ала ғарға
Қәлемейди ыссыны,
Келеди тек те қыс күни,
Суўық қәйтип тақ турсын,
Үстинде ала постыны.
Келеди тек те қыс күни,
Суўық қәйтип тақ турсын,
Үстинде ала постыны.
Ала ғарға
Әпиўайы бир қус бар,
Ала қанат үйрек бас,
Тақылдатып тумсығын,
Жүреди екен жәниўар,
Қумырысқа, қуртқа болып қас.
Ала қанат үйрек бас,
Тақылдатып тумсығын,
Жүреди екен жәниўар,
Қумырысқа, қуртқа болып қас.
Тоқылдаўық
Қанаты бар, пәри жоқ,
Болады еки қулағы,
Гөне тамның жарығынан,
Тек ғана кеште шығады.
Болады еки қулағы,
Гөне тамның жарығынан,
Тек ғана кеште шығады.
Жарғанат
Жолсыз жерде ыз-ыздың уясы,
Аўқат бермей семиртеди.
Аўқат бермей семиртеди.
Ҳәрре
Ҳәр тәрепке ушады,
Гүл пөпегин қушады,
Күни менен тапқанын
Бир ыдысқа қосады.
Гүл пөпегин қушады,
Күни менен тапқанын
Бир ыдысқа қосады.
Пал ҳәрреси
Самолет-қанатлы,
Жаз келсе дүзер салтанатты.
Жаз келсе дүзер салтанатты.
Ийнелик
Қусқа мегзес ушқаны,
Тазалықтың душпаны,
Өмир сүреди бул жәнлик,
Қыс айынан тысқары.
Тазалықтың душпаны,
Өмир сүреди бул жәнлик,
Қыс айынан тысқары.
Шыбын
Ҳайўанаттың жаны бар,
Қанатлыдан таўып ал,
Қанатлыдан таўып ал,
Сона
Уя салған бутқа,
Гүбелек пе, қурт па?
Қурт болса да бәрҳа,
Кереги бар ғой журтқа.
Гүбелек пе, қурт па?
Қурт болса да бәрҳа,
Кереги бар ғой журтқа.
Наўқан қурт
Ҳәммеге белли жәниўар,
Жейтуғын бир талы бар,
Соның менен тойынып,
Үстине жипек оранар.
Жейтуғын бир талы бар,
Соның менен тойынып,
Үстине жипек оранар.
Наўқан қурт
Өзи кишкентай аппақ,
Жарып жиберсен шатақ,
Писирсен тамақ.
Жарып жиберсен шатақ,
Писирсен тамақ.
Мәйек
Писирсең аўқат болады
Писирмесең қус болады.
Писирмесең қус болады.
Мәйек
Аўзы питеў ақ отаў,
Аўзы-мурны жоқ отаў.
Аўзы-мурны жоқ отаў.
Мәйек
Сабын жағып қонғандай,
Сыпқанап қолда турмайды
Қанаты бар жүреди,
Суўда өмир сүреди.
Сыпқанап қолда турмайды
Қанаты бар жүреди,
Суўда өмир сүреди.
Балық
Басы бар да, шашы жоқ,
Көзи бар да қасы жоқ.
Көзи бар да қасы жоқ.
Балық
Жар бойында Юсуп отыр,
Еки ийнин қасып отыр.
Еки ийнин қасып отыр.
Бақа
Тек сулыўлық көзинде,
Сықылы жоқ өзинде,
Жазда шаўқым салады,
Шалшық суўдың жүзинде.
Сықылы жоқ өзинде,
Жазда шаўқым салады,
Шалшық суўдың жүзинде.
Қурбақа
Тастай екен жүреги,
Жайлап басып жүреди,
Қурғақта да, таўда да,
Еркин өмир сүреди.
Жайлап басып жүреди,
Қурғақта да, таўда да,
Еркин өмир сүреди.
Тасбақа
Палыз егининиң жаўы,
Оған ҳеш кимниң жоқ даўы,
Топылған душпанына,
Найзасын тығып алады.
Оған ҳеш кимниң жоқ даўы,
Топылған душпанына,
Найзасын тығып алады.
Кирпитикен
Тикенекли денеси,
Әжеп тәўир елеси,
Селтең болса биреўден,
Топ болады ол неси?
Әжеп тәўир елеси,
Селтең болса биреўден,
Топ болады ол неси?
Кирпитикен
Қара қоңыр бедеў ат,
Бели қайқы гүрен ат,
Таўда шапса тоймаған,
Жел қуйрығын шайнаған.
Бели қайқы гүрен ат,
Таўда шапса тоймаған,
Жел қуйрығын шайнаған.
Қумырысқа
Үскини жаман,
Тарбыйған түри,
Өзи шаққан,
Уўлының бири,
Биреўи шақса,
Болмайсаң тири.
Тарбыйған түри,
Өзи шаққан,
Уўлының бири,
Биреўи шақса,
Болмайсаң тири.
Шаян
Қулағы жоқ, көзи бар,
Еситеди даўысты,
Қурғақ жерде изи бар,
Суўда изин таўысқан.
Еситеди даўысты,
Қурғақ жерде изи бар,
Суўда изин таўысқан.
Жылан
Қулағы жоқ, көзи бар,
Аяғы жоқ, изи бар,
Ийреңлеп жүрген геўдеси,
Жер бетинен сызылар.
Аяғы жоқ, изи бар,
Ийреңлеп жүрген геўдеси,
Жер бетинен сызылар.
Жылан
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ОҚЫЎ-БИЛИМ ТУЎРАЛЫ
Алдынғы бөлимге қайтыў: ТӘБИЯТҚА БАЙЛАНЫСЛЫ ДӨРЕГЕН ЖУМБАҚЛАР
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: