Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

САЗ ӘСБАПЛАРЫНА БАЙЛАНЫСЛЫ ДӨРЕГЕН ЖУМБАҚЛАР (SAZ ÁSBAPLARINA BAYLANISLI DÓREGEN JUMBAQLAR)

Он ойылмалы.
Он еки байламалы,
Жалғыз жайламалы,
Қос қулақлы,
Жалғыз туяқлы.
Дуўтар
Қарны қабақтай,
Путы табақтай,
Тийип кетсе жылайды,
Жылағаны елге унайды.
Дуўтар
Еки қулақ, бир басы бар,
Ҳәр шетинде таңбасы бар,
Жолға салып айдағанда,
Түрли-түрли жорғасы бар.
Дуўтар
Үш қазық, еки жип, тоғыз ноқта,
Теңселип тербетеди шешен соқса,
Шешен тил сезге жүйрик болған менен,
Пайдасыз индемейди адам жоқта.
Дуўтар
Қәсекенниң мойны узын, қурсағы жуўан,
Беллерин түрме менен орап буўған,
Қазанын көркем етип тастан ойған,
Шығарып бир тесиктен малын сойған.
Текшесин шоты менен дүзетсин деп,
Биреўин бий, биреўин ханы қойған.
Төрт қазық еки жели он төрт ноқта,
Жәҳанды жай әйлеген адам соқса.
Қос қазық, еки жип, он еки ноқта,
Ҳаўазы жағымлы тиллери шийрин,
Бирақ индемейди ҳеш адам жоқта.
Дуўтар
Төрт қазық ҳәр арасы еки ели,
Он еки ноқта,
Сөйлейди шежиредей адам соқса.
Дуўтар
Ушын-ушын ураман,
Ушынан тартып ураман,
Сапырғаным сайрайман,
Сабы өзимниң қолымда.
Қобыз
Он еки белдеў еки жип,
Еки кемешек бир тиршек.
Дуўтар
Еки қулақлы,
Он еки аяқлы,
Еки шешекли.
Дуўтар
Жансызға жаратыпты еки қулақ,
Аңласаң еки арасы күтә узақ,
Оларда шеберликтиң бир белгиси,
Қойыпты сулыўлыққа белин қынап.
Дуўтар
Қарасам еки қулақ, бир басы бар,
Тартылған он бес жерден таңбасы бар,
Үстине тилин билген минип алса,
Тиймейтуғын еки аяқлы жорғасы бар.
Дуўтар
Тийсең тийеди, тиймесең индемейди.
Дуўтар
Он еки аяқлы,
Еки қулақлы.
Дуўтар
Бир жағы жиңишке, бир жағы жуўан,
Қос қазық, еки жип, он еки ноқта,
Ҳаўазы жағымлы, тиллери шийрин,
Бирақ индемейди ҳеш киси жоқта.
Дуўтар
Он еки белдеў, еки арқан,
Еки қазық бир бақан.
Дуўтар
Бир қыз көрдим хасыл зат,
Көкирегинде сызған хат,
Орай таслап белбеўин,
Он еки жерден байлаған.
Дуўтар
Дүлдүлдиң еки қулақ, бир басы бар,
Дүлдүлдиң он еки жерден таңбасы бар,
Дүлдүлди жолға салып жибергенде,
Ҳәр қыйлы шайқатылған жорғасы бар.
Дуўтар


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ҲӘР ҚЫЙЛЫ УЛЫЎМА ЖУМБАҚЛАР
Алдынғы бөлимге қайтыў: ҮЙ-РУЗЫГЕРШИЛИККЕ БАЙЛАНЫСЛЫ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.