ҲӘР ҚЫЙЛЫ УЛЫЎМА ЖУМБАҚЛАР (HÁR QIYLI ULIWMA JUMBAQLAR)
Дәрьяның аржағында жалғыз жайын,
Ол жайын аўзын ашса он сегиз шортан тайын,
Далаға шығып кетип «раҳим етип»,
Шабақтың жыйнап берер күлли майын.
Ол жайын аўзын ашса он сегиз шортан тайын,
Далаға шығып кетип «раҳим етип»,
Шабақтың жыйнап берер күлли майын.
Жайын – музаппат ҳәким, он сегиз шортан – он сегиз болыс, шабақ – пуқара халық, күлли майы – салық
Төрт тулға бир нәрсеге басын иймек,
Болмаса төрт тулғаның егер бири,
Шәртине келиспейди таўып бермек.
Күши бар қәҳәрленсе жан шыдатпас,
Адамзат қуўат берген айрықша бөлек.
Болмаса төрт тулғаның егер бири,
Шәртине келиспейди таўып бермек.
Күши бар қәҳәрленсе жан шыдатпас,
Адамзат қуўат берген айрықша бөлек.
Мәмлекет ҳәм оның төрт шәрти: 1 – ақшасы, 2 – армиясы, 3 – класы, 4 – сиясаты
Өңгерип сынбасымды шықтым жолға,
Мингеним өмиримше озған жорға,
Жанымдағы жолдасым жаман еди-аў,
Бийабырай етпегей иркип жолда.
Мингеним өмиримше озған жорға,
Жанымдағы жолдасым жаман еди-аў,
Бийабырай етпегей иркип жолда.
Сынбас – ҳақыйқатлық, жорға – кеўил, жаман жолдас – әзезил шайтан
Жигирма үйрек, отыз ғаз,
Ушып жүрди пыр-пырлап,
Тамға таяқ сүйедим,
Отызда бестен сыр-сырлап.
Қырым деген шәҳәрдиң,
Ортасында қырқ булақ,
Бәйбишени байға көндирдим,
Ақыл менен тур-турлап.
Алпыс қасқыр аналы,
Онын қасты қой қырмақ.
Ушып жүрди пыр-пырлап,
Тамға таяқ сүйедим,
Отызда бестен сыр-сырлап.
Қырым деген шәҳәрдиң,
Ортасында қырқ булақ,
Бәйбишени байға көндирдим,
Ақыл менен тур-турлап.
Алпыс қасқыр аналы,
Онын қасты қой қырмақ.
Жигирма үйрек, отыз ғаз – адамның усы жаслардағы үйректей сулыўлығы, отыз бестен сыр-сырлап – усы жасларға шекем өнердиң ҳәр қыйлы әлўан түрлерин ийелеўи, қырқ булақ – бәйбишени байға көндирдим, алпыс қасқыр – адамның усы жаста ақылы әбден толысып, дана болып, ел басқарыўы, қайырқом болғанлығы
Бир шенеўли, бир шенеўсиз.
Бир белдеўли, бир белдеўсиз,
Бир аўнамас, бир гүйсемес,
Бир путсиз, бир сүтсиз.
Бир белдеўли, бир белдеўсиз,
Бир аўнамас, бир гүйсемес,
Бир путсиз, бир сүтсиз.
Шенеўли – жер, Шенеўсиз – аспан, Белдеўли – үй, Белдеўсиз – гөш, Аўнамас – тасбақа, Гүйсемес – жылан, Путсыз – балық, Сүстиз – қус
Барып едим жоқ екен,
Айтып едим бараман деди,
Келгени ғой келмегени,
Келмегенде келер еди.
Айтып едим бараман деди,
Келгени ғой келмегени,
Келмегенде келер еди.
Мерекеге шақырылған қыздын әке-шешеси қыдырып кеткен жағынан келип, жибермей қалғынлығын шақыртыўшы баланын астарлы етип жумбақлағаны
– Бизден бир шымшық қашты.
– Нешик?
– Қырық қулағы қырық жеринен тесик.
– Неше улы бар, неше қызы бар?
– Үш улы бар, еки қызы бар, ерли-зайып екеўи.
II түри:
– Бизден бир шымшық қашты.
– Нешик?
– Он қулағы оттай тесик.
– Неше улы бар, неше қызы бир?
– Бир қызы бар, еки улы бар, ерли-зайып екеўи.
– Аўылдама, қаладама?
– Айтыўшы аўылда я қалада деп бағдар силтейди.
– Нешик?
– Қырық қулағы қырық жеринен тесик.
– Неше улы бар, неше қызы бар?
– Үш улы бар, еки қызы бар, ерли-зайып екеўи.
II түри:
– Бизден бир шымшық қашты.
– Нешик?
– Он қулағы оттай тесик.
– Неше улы бар, неше қызы бир?
– Бир қызы бар, еки улы бар, ерли-зайып екеўи.
– Аўылдама, қаладама?
– Айтыўшы аўылда я қалада деп бағдар силтейди.
Еслетпе: Жумбақты шешиўши қоңсыларынан баслап аўылдағы яки қаладағы танысларының семьясын бирме-бир көз алдына келтиреди. Ақырында тапса «пәленшениң үйи» деп жуўап береди
Уллы мәртебели Хийўаның ханы,
Сизге қурбан болсын бәршениң жаны,
Бир жигит қалыпты қызыр шөлинде,
Бес жигит жиберип алдырын оны.
Сизге қурбан болсын бәршениң жаны,
Бир жигит қалыпты қызыр шөлинде,
Бес жигит жиберип алдырын оны.
Ханнын шет елден келген мийманларды күтип зияпат берип атырған ўақтында сақалына бир гүриш жабысып турғанын бир ўәзири көрип, соны алып таслаўға ханға жумбақ етип айтқаны
Бир жигит бир қызды мингестирип киятыр екен, сонда алдынан бир жигит шығып «Мына қызды алып қашып киятырсаңба?» – дейди.
Сонда қыз:
– Ҳәй-ҳәй жигит, ҳәй жигит,
Абайлап сөйле сен жигит,
Бул жигиттиң қайын енеси,
Мениң анамның қудағайы,
Сонда мен неси боламан дейди,
Сонда қыз:
– Ҳәй-ҳәй жигит, ҳәй жигит,
Абайлап сөйле сен жигит,
Бул жигиттиң қайын енеси,
Мениң анамның қудағайы,
Сонда мен неси боламан дейди,
Жигиттиң қарындасы
Бир қой бир қасқырды ҳәм бир баў бедени бирин-бирине жегизбей бир қайықта дәрьяның аржағына алып өтип бер?
Әдеп қасқыр менен бедени апарып арғы жаққа бедени таслап, қойды алып қайтады, соң қасқырдың өзин әкеледи, изинен қойды алып өтеди
Тоқсан өгизди тоғыз қораға тақтан қамап бер.
Сонша өгизге бир падашысы болмай ма, қосып қамаймыз деп жуўап береди, болмаса дурыс шықпайды
Бир ғаз ушып киятырып, қайраўда отырған ғазларға қарап:
– Ассалаўма әлейкум жүз ғаз, – дейди. Сонда қайраўда отырған ғазлар:
– Жоқ кеширесиз, биз жүз емеспиз, жүз болыў ушын бизлерге тағы усындай, және оның жартысындай, және оның жартысындай ғаз қосылса ҳәм сениң өзиң қосылсаң, сонда жүз боламыз, – дейди.
– Ассалаўма әлейкум жүз ғаз, – дейди. Сонда қайраўда отырған ғазлар:
– Жоқ кеширесиз, биз жүз емеспиз, жүз болыў ушын бизлерге тағы усындай, және оның жартысындай, және оның жартысындай ғаз қосылса ҳәм сениң өзиң қосылсаң, сонда жүз боламыз, – дейди.
36 ғаз
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: СОВЕТ ДӘЎИРИНДЕ ДӨРЕГЕН ЖУМБАҚЛАР
Алдынғы бөлимге қайтыў: САЗ ӘСБАПЛАРЫНА БАЙЛАНЫСЛЫ ДӨРЕГЕН ЖУМБАҚЛАР
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: