Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ҮЙ-РУЗЫГЕРШИЛИККЕ БАЙЛАНЫСЛЫ (ÚY-RUZIGERShÍLÍKKE BAYLANISLI)

Қара сыйырым қарап тур,
Қызыл сыйырым жалап тур.
Қазан, от
Қара бийем қалт етти,
Қабырғасы жалт етти.
Қазан, от
Қараша бий атланса,
Бала-шаға қуўанар.
Қазан
Өзи биреў, қулағы төртеў.
Қазан
Қара өгизди қызыл өгиз жалайды.
Қазан, от
Қарабай ағам аттан түсти,
Балалары жуўырып келди.
Қазан-табақ
Ҳәкке үйде отыр,
Қуйрығы зыят тур.
Қазан, шөмиш
Мен бир жумбақ айтайын табасаң ба,
Таппасаң тамашаға қаласаң ба?
Дәрьяның ортасында бир қус отыр,
Қуйрығы дәрьяның жағасында.
Керсен, шөмиш
Қараңғы үйде керсен жатыр.
Қазан
Жылқының жол бермейди қара көги,
Үйинде қарақалпақтың үш қызы бар,
Мурнына өткерилген әребеги.
Темир ошақ
Керегениң басында,
Ғалы қоржын.
Тутқыш
Еки басы жудырықтай,
Ортасы қылтырықтай.
Тутқыш
Жумбағымның жүзи қара,
Таппағанның бети қара.
Көсеў
Арқаңа миндим қан болдым,
Қапыға келдим қул болдым,
Отқа жандым күл болдым.
Отын
Қара қойым суўға кетти,
Қуйрығы шубалаң етти.
Шәңгил қабақ
Кишкене ғана мешел,
Сүңгип барып суў ишер.
Қасық
Ҳәкке уяда,
Қуйрығы қыяда.
Самар, қасық
Қарны үлкен ғарға бойлы қара кемпир,
Қойыппан жойылса егер,
Бес кисини оған кепил.
Ет пенен нан жемейди,
Суў ишеди, өзи сондай кесир.
Қуман
От басында қара кемпир,
Төркини орыс, өзи жесир,
Сүт ишпейди, суў ишеди,
Өзи соныңдай кесир.
Қуман
Адам жоқ, үй бар.
Қуман
От басында омпайған,
Көкириги томпайған.
Қуман
От басында тәўкешик.
Қуман
От басында отырған қарны жуўан қара кемпир,
Май берсем де жемейди, ет берсем де жемейди,
Суўдан бөтен қөреги жоқ сондай кесир,
Бир жаққа басы аўып кетпесин деп,
Сыртынан бес кисини қойдым кепил.
Қуман
Қарны үлкен, ғарға бойлы қара кемпир,
Кемпирдиң өзи жесир, төркини орыс,
Кемпирдиң жесирлигинен барды қәўпим,
Сыртынан бес кисини қойдым кепил.
Қуман
Асты жез, үсти гүмбез,
Бир адамға пүтин затты,
Оны соққан муқыятлап,
Хийўадағы азаматты.
Қуман
Алтын табақ, гүмис табақ,
Қара инген, ақ бота,
Азан менен келеди,
Анасы менен бирге ойнап.
Шайнек-кесе
Кишкене ғана ақ тана,
Мүйизим бар деп мақтана.
Шайнек
Кишкене улы бар,
Кирген-шыққан сүйеди.
Кесе
Аналары текшеден түссе,
Балалары жуўырып келеди.
Шайнек-кесе
Тақ-тақ етеди,
Теңиндей жерди алады.
Кесе
Асты жез, үсти гүмбез,
Бир адамға пүтин,
Еки адамға аз,
Оны соққан хийўалы саз.
Дүмше
Биреўге пүтин,
Екеўге жарты.
Дүмше
Өзек емес, сай емес,
Суў ағады жылғадан,
Өз-өзинен турады,
Зорыққан аттай ҳарыған.
Самовар
Ишине қарасаң көмирден қара,
Сыртына қарасаң алтыннан сары.
Самовар
Көрдим бир кәрамат расында.
Қалпағы бар басында,
Уллы-киши жыйылса,
Отырар екен жазылып,
Айналысьш қасында.
Самовар
От шығып төбесинен неғып отыр,
Аўзынан жыйнағаны ағып отыр,
Қолында ашырқаған биреў менен,
Тамызбай бир келиншек қағып отыр.
Самовар
Көринер анадайдан сары болып,
Қайнайды от пенен суў жары болып,
Ерте сәске болғанда суў ишеди,
Кәрўанның жез буўдағы нары болып.
Самовар
Өзи сары, өзи гүрилдеп тур,
Мойнын бурып турған сүтли сыйыр.
Самовар
Сарысы алтыннан сәре,
Иши көмирден қара.
Аўзына кирип-шығады,
Жарық бас бала.
Самовар, әтешкүр
Түйениң табанындай табаны бар,
Шошқаның қурқылдайды қабанындай,
Басындағы айдарын тартып қалсаң,
Мурнынан қара қаны ағып турар.
Самовар
Бир зат бар сыпайыны бағып турған,
Басы бар, аяғы жоқ, нағып турған,
Бойына ишкен асы тарамайды,
Аўзынан қара қаны ағып турған
Самовар
Сары ағаштан сорайып,
Ишине жаққан қалайым.
От пенен суў бир жерде,
Табылып тур ҳәрдайым.
Самовар
Бир зат көрдим аты дуў,
Иши отта, сырты суў.
Самовар
Аласа теректен қар жуўар.
Елгезер
Келин шекесинен қақты,
Ишиндегиси ақты.
Елгезер
Тақ-тақ етеди,
Астынан кәрўан өтеди.
Елгезер
Кишкене ғана аўан,
Асты толы боран.
Елгезер
Асты боран, үсти ошақ.
Елгезер
Бир сақсақта еки қулақ.
Қайшы
Әмир болып ҳүким етсең,
Ўәзир болып бөлип берер.
Қайшы
Шөпшегим шөпшек,
Алтын әткөншек,
Жети қыздың алмасы,
Елеге шекем келиншек.
Қуўыршақ
Бизиң үйде бир киси,
Аўзында бар қырық тиси.
Қоржын
Қырық қулағы бар,
Еки аўзы бар.
Қоржын
Жылт-жылт еткен бәзирген,
Дуйым журтты ол гезген.
Теңге
Жылт-жылт еткен қызарған,
Ел арасын қыдырған.
Тийин
Кишкене ғана минтас,
Тартып урсан сынбас.
Тийин
Кишкене ғана безер,
Дуйым журтты гезер.
Теңге
Бир қысым қамыс,
Ҳәммеге таныс.
Пул
Аттан бийик, ийттен аласа.
Ер
Тептим, терекке шықтым,
Уштым, ушпаққа шықтым.
Ердиң зәңгиси
Тептим таўға шықтым.
Ердиң зәңгиси
Тап-тап, тап еттим,
Там басына миндим.
Ер, зәңги
Узын еди кестим,
Жуўан еди жондым,
Қудай бундай қылар ма,
Қуйрыққа қайым болар ма.
Ер
Кишкене ғана бойы бар,
Ҳәр нәрсе қылар ойы бар.
Ийне
Жылт етти жылғаға түсти.
Ийне
Ҳәммеге тон тигеди,
Өзи жалаңаш.
Өзи жиңишке,
Кекили узын.
Ийне
Кишкене ғана минаўар,
Ол минаўар жоқ болса,
Дуйым журтты тул етер.
Ийне
Жылт-жылт етеди,
Жуўырып өтеди.
Ийне
Қылтанақтай бир нәрсе ийретилген.
Мойнында узын шылбыр сүйретилген.
Ийне-сабақ
Кишкене ғана бойы бар,
Қулаш-қулаш шашбаўы бар.
Ийне
Өзи бир, бул дүньяның кишкенеси,
Өзиниң әпиўайы түскенеси,
Тамам исти питкергиш,
Және бар изинде сүйреткиши.
Ийне-сабақ
Мийттей баслы, мын кезли.
Оймақ
Кишкене ғана торғайды,
Өзи адамды алдайды.
Оймақ
Қара таўық қақырлайды,
Қанатлары сақырлайды.
Қайшы
Алты аяғы бар,
Талдан таяғы бар,
Арқасында қуйрығы бар,
Турмыстың көрсеткен буйрығы бар.
Тәрези
Дигирман-дигирман тас көрдим,
Шақмақтан тас көрдим.
Шыра
Қумған-қумған, аўзын жумған,
Жалғыз көзи қуртлаған.
Шыра
Күндиз өли, түнде тири.
Узын қуйрық саўысқан,
Бир көлдиң суўын таўысқан.
Қуйы, шелек
Өзи дәннен туўылған,
Бели қысып буўылған,
Үй ишинде сыпырық,
Алдына түсип жуўырған.
Сипсе
Белин буўар қылтыйып,
Үйде турар тылтыйып.
Сипсе
Жалпақ бетли батыр,
Белин буўып жатыр.
Сипсе
Онда барып ондай болдым,
Мунда келип мундай болдым,
Белин буўған қулдай болдым.
Сипсе
Қаранғы үйде бели байлы қул жатыр.
Сипсе
Қабырғасы барда, қаны жоқ.
Аўзы бар да, жаны жоқ.
Себет
Иши тоқ, көленкеси жоқ.
Ура
Аўзы аспанда,
Иши паспанда.
Ура
Қараңғы үйде қабан гүркирейди.
Дигирман
Арқасында аўзы бар,
Тумсығында көзи бар.
Дигирман
Гүйсеп турған тас көрдим,
Суўсыз пискен ас көрдим.
Дигирман, қаўын
Сырғаўылдай бойы бар,
Тостаған сыяр қойны бар,
Төбесинде айдары,
Алқымына байланар.
Дигирман-тартқыш
Гүңгирлектиң астында,
Көзи қызыл ийт жатыр.
Дигирман
Үйге барсаң ырылдайды,
Қапталынан шаңы зырылдайды.
Дигирман
Қырда қайрайман көрдим,
Суўда сулайман көрдим,
Қайнап пискен тас көрдим,
Дузсыз пискен ас көрдим.
Қасқыр, дигирман, балық, сүт
Қаранғы үйде жолбарыс,
Адам тийсе гүркирер.
Дигирман
Гүңгиректиң астында,
Көзи қызыл ийт жатыр,
Жақынласаң ырылдайды.
Дигирман
Арқасында аўзы бар,
Ортасында мәни бар,
Жетик шайыр болсаң,
Усы гәптен хабар бер.
Дигирман
Әкеси аўзын ашты,
Баласы теўип қашты.
Кели-келсап
Жумбағымның жубы жоқ,
Жупбийке тоқал үйде жоқ.
Кели-келсап
Аўзы бар да, тиси жоқ,
Оны урмаған киси жоқ.
Кели-келсап
Аўзы толы әламат,
Иши қызыл бәламат,
Түнде бардым урлыққа,
Алып қайттым күн шыға.
Тандыр
Үсти пүтин, иши түтин.
Тандыр
Ап етип алысты,
Еки ерни қабысты.
Арша
Төрде төртеў отыр төремен деп,
Есикте екеў отыр қудайдың не солғанын, көремен деп.
Төрдеги төртеў – сандықтың төрт туяғы, есиктеги екеў – босаға-табалдырық
Төрт аяғы бар,
Төбелеседи жүреди.
Сандық
Арқасы күнге тиймеген,
Баўыры жерге тиймеген.
Сандық
Ишинде адам жатпайды,
Суўға салса батпайды,
Ишине салған затларды,
Аман-есен сақлайды.
Сандық
Аспаннан асылған,
Жерден қазылған,
Тарам-тарам тамырдан,
Тахта болып жазылған.
Қозақ
Қараңғы үйде қарны жарық қул жатыр.
Қозақ
Асты шетен, үсти шетен,
Ортасынан жуўырып өтен.
Қозақ-мәки
Қосақлап серпе бердим,
Изинен жорта бердим.
Өрмек
Еккен-еккен, еккен жумбақ,
Еки етегин түрген жумбақ,
Қақтың суўын ишкен жумбақ,
Қазалыға барған жумбақ,
Адайдың қызы айтқан жумбақ,
Табынның қызы шешкен жумбақ.
Пахтаның тоқылып, бөз болыўы
Жыл жыпырда жүн жыпыр,
Ислей берсең жарасар,
Еки жағын қайырып,
Қаға берсең жарасар.
Өрмек
Арман отыр ләйлә-па,
Берман отыр ләйлә-па,
Көлеңкеси гүмистен,
Күлип отыр ләйлә-па.
Өрмек
Қулағы жоқ, мурны жоқ,
Бул қалай тас.
Оң жағына алып қамшысын,
Жолаўшының атындай жорғалап ас.
Уршық
Ақ күшигим жуўыра-жуўыра буўаз болды.
Уршық
Мен бир жумбақ айтайын табасаң ба,
Ақ қаланы айналып шабасаң ба?
Ийик
Шаршамас кемпир көрдим жалғыз аяқ,
Аўзына тислеп алыпты жиптен таяқ,
Жүрген сайын белбеўин қабатлайды,
Оған берген гөззаллықты аямай-ақ.
Уршық
Доғалай бас,
Қулағы жоқ, мурны жоқ,
Бул қалай бас,
Он жағына алып қамшылап,
Жолаўшының атындай,
Жорғалай бас.
Уршық
Кишкене ғана бойы бар,
Пырылдап аспанға ушар,
Мамықтан кийген тоны бар,
Шалқайып жүрип суў ишер.
Шығыршық
Тышқан жүгин артына шашты.
Шығыршық
Аяғы барды бир қарий,
Жүзи барды бир қарий,
Қарнынан буршақ шашар,
Бул пәрий,
От-жесе де суў ишпейди,
Реңлери сап-сарый.
Шығыршық
Қошқар шақлы, қоян даўыслы,
Жегени қаймағы,
Туўғаны буршағы,
Мәткәрим деген қуршаңқы.
Шығыршық
Ақ түйем шөгип атыр,
Қумалағын төгип атыр.
Шығыршық
Зуў-зуў етер жуўан қус,
Бели байлы жаўан қус.
Шарық
Гүў-гүў етер,
Қарны тойса жумалап кетер.
Шарық-ийик
Зуў-зуў зуўан қуш,
Бели байлы ҳаўан қуш,
Әттең сенин жүрисиқ,
Узыннан-узақ желисиң.
Шарық
Өзи дәннен туўған,
Мойнын қысып буўған.
Суўқабақ
Узын жолдық соқпағы,
Былғарыдан тоқпағы,
Айдай мекен бесеўи,
Темирден екен көсеўи.
Гүби, шелек, атлаў, пискек
Бир нәрсе бар теңкейген,
Аўзын ашып аңқайған,
Аңқайғанды сабап тур,
Басы үлкен паңқайған,
Қапталында бар екен,
Оннан гөре тар екен,
Паррық бас пенен ғыррық бас,
Оны сабап тур екен.
Гүби, шелек, атлаў, пискек
Өзинин ярым қадақ салмағы бар,
Бойында жүзден аслам қармағы бар,
Салғаннан тийген жерин жулып алар,
Сөйтсе де адамзаттан ғәрези бар.
Орақ
Қара сыйырым қалт етти,
Қабырғасы жалт етти.
Орақ-пишен
Өзи бүкир,
Барлық көлди бир өзи таўысады,
Көлден келип,
Бийталап дем алады.
Орақ
Алдын атлар, кейин шайнар.
Шалғы
Еки беккем тиси бар,
Дым пайдалы иси бар,
Уста исинде қолланар,
Беккем тутып қолға алар.
Атаўыз
Жансыз шабады,
Жанлы урады.
Балта
Елиў аяқлы, еки қулақлы,
Салады елиў аяқ пенен,
Қара тыңнан жалғыз жолды.
Жарғы
Қатарма-қатар, шынжырма қатар,
Жаз айланар, қыста жатар.
Шығыр
Бир нәрсе-өзи жалғыз, жоқ денеси,
Адамға ақыл қосса бар кереги,
Жайлайды жазы-қысы қатты ағарды,
Бар екен сексен сегиз дөңгелеги.
Шығыр
Қырық гез оқ,
Кегейден садақ,
Қырық дуўадақ,
Бир салмадан суў ишеди.
Шығыр
Оғы жайыўлы гиресли,
Үш баслы, алты кезли,
Он аяқлы бир тисли.
Қос айдаған адам
Мың қойды бир шыбық пенен айдадым.
Пәки-шаш
Тоқалақ терек басында,
Тоқлы қошқар ойнайды.
Бас-пәки
Келте бабам,
Там басынан отын таслайды.
Пәки
Ана аўылдың буўрасы,
Мына аўылдьщ буўрасы,
Желбирейди шуўдасы.
Пәки
Төрде пышық жатыр,
Қуйрығын қысып жатыр.
Пәки
Арман отыр ләйли апа,
Берман отыр ләйли апа,
Сәўлеси бар гүмистен,
Жайнап отыр ләйли апа.
Айна
Анаў үйдиң буўдасы,
Мынаў үйдиң буўдасы,
Орала келер шуўдасы.
Сабынның көбиги
Аяғы жоқ, басы жоқ,
Кийимнен басқа асы жоқ,
Сабын
Дүньяда бир ҳасыл зат белин буўған,
Өзи де жеркенбайди ҳарам суўдан,
Жаны жоқ, геўдесинде болған менен,
Қалмайды журт жыйылған уллы тойдан.
Ләген
Есик бетте бүкир терек,
Гүреспеге адам керек.
Ийин ағаш
Басқан жери бармақтай,
Атлаған жери атандай.
Ҳаса таяқ
Күндиз ҳәр жерде жүреди,
Кеште бир жерде турады.
Ҳаса таяқ
Барады, барады,
Оймақтай орны қалады.
Ҳаса таяқ
Еки қулақлы, бир таяқлы.
Бақан
Өзи биреў, көзи алтаў.
Терезе
Қошқар мүйиз қодалақ,
Турған жерден тайсалмас.
Жай
Узын терек саясы жоқ.
Көше
Тамға таяқ сүйедим.
Зәңги
Бизде бир әйдарҳа бар көрмейсең бе,
Төрт көзи әйдарҳаның төбесинде,
Сүйеги пәрше-пәрше толып атыр,
Жаны жоқ қайырылыўға денесинде.
Қара үй
Төрт қабыртқа,
Отыз омыртқа,
Бәрин услап турған бир омыртқа.
Үй
Ол недур аўзы қаны,
Көрсең көресең дарыны,
Ол адамды тири жутқан,
Көринбес исте сағымы,
Терисин сойып алса,
Тарам-тарам болар,
Сирә ақпас қаны.
Қара үй
Кенегес кесе қонады,
Манғыт баса қонады.
Үй
Өзинин аўзы бир, сексен бес басы,
Бәнти алтаў он тоққыз жасы,
Көзи төбесинде жоқ болар қасы.
Қара үй
Сүйеги бөлек-бөлек жоқдур жаны,
Терисин сыйырып алсан шықпас қаны,
Адамды тирилей жутар.
Қара үй
Өзи жүкли,
Сырты бекли.
Қара үй
Аспанда алпыс кемпир ат ертлейди,
Жерде жетпис кемпир жер тислейди.
Қара үй, кереге-уўық
Отыз омыртқа, қырық қабыртқа,
Бәрин жыйнап турған бир аўыз омыртқа.
Қара үй
Узын-узын ўақыя,
Оннан да узын ўақыя,
Төбесинде тур тақыя.
Қара үй
Буўын-буўын буўазақ,
Буўыннан да көл узақ,
Ата кийик териси,
Алпыс қошқар мүйизи.
Алты қанат үй
Қатар-қатар турысқан,
Белине белбеў буўысқан.
Уўық
Шым-шытыр шийдей қотыр.
Керегениң көги
Ай қушақта туў қушақ,
Қушақласаң бир қушақ.
Кереге
Алпыс адым ала аяқ,
Жетпис адым жел аяқ.
Алпыс – керегениң шабақшасы, жетпис – уўық
Елимизде екен де егеде едик,
Ақсақаллы бек едик,
Қырылдық қыспаққа түстик,
Үш жерден дузаққа түстик.
Уўық
Бир нәрсе өзи жансыз жоқ дегени,
Адамға ақыл қосса бар кереги,
Улының аты есиркане мәрдана,
Шешесиниң аты жанаман кемпир,
Әскесиниң аты дурман бәңги.
Үйдиң басқуры, шийи, шаңарағы
Алақандай теңгеге,
Алпыс кене жабысқан.
Шаңарақ, уўық
Ийрек-ийрек, ийрек жумбақ,
Ийренлесип жүрген жумбақ,
Тәбиятқа тартқан жумбақ,
Талтаңласып жүрген жумбақ.
Қара үйдиң уўығы, дизбеси
Бизде бир байдың қызы едик,
Бизлерди дизип кетти,
Төрт жерден шандып кетти.
Кереге
Әкеси баласын көтереди.
Баласы қурашын көтереди.
Кереге, уўық, шанарақ
Азанда кетер қайқайып,
Кеште келер еңкейип.
Түңлик
Узын-узын яқыя,
Оннан да узын яқыя,
Басында бар тақыя.
Түңлик, шанарақ
Жона берген неси екен,
Еки жағын берик услап,
Ийе берген неси екен,
Еки басын қаймалап,
Таўлай берген неси екен,
Аўзы-басы қыйсаңлап,
Таслай берген неси екен.
Үйдиң тези
Қаратаўдың басында,
Қара бий деген қус отыр,
Қанатына муз қатып,
Қайырыла алмай ол отыр.
Үйдиң үзиги
Таў үстинде төрт шыбық,
Төртеўи де тең шыбық.
Түңликтиң баўлары
Тоқсан кирпик,
Төрт көзге бәнт болған.
Уўық, шаңарақ
Үй айналдырып қан шаштым.
Қызыл басқур
Бир қуйыдан қырық қой суў ишип атыр.
Уўық
Қырық қулан бир суўаттан суў ишеди.
Шаңарақ, уўық
Азанда турдым, алып урдым.
Үйдиң есиги
Қара сыйырдың қарны жалпақ.
Үйдин ергенеги
Өзи бир қамыс, ҳәммеге таныс.
Есик
Есикте еки адам отыр өлемен деп,
Қапталда еки адам тур төремен деп.
Маңлайша, табалдырық, босаға
Ана аўылдың жылқысы,
Мына аўылдың жалқысы,
Төбеге шығып қағысар.
Ший тоқыйтуғын аўырық
Өгиз байлар едик,
Көлдиң бойын жайлар едик,
Қырылдық, қыспаққа түстик,
Отыз еки дузаққа түстик.
Ший
Келте бәйбише үй бағады.
Қулып
Алыстан шыңғыр-шыңғыр,
Жақыннан көрсең бир темир.
Зулып
Кишкене қыз, қолында биз.
Қулып, гилт
Алыстан ғаңғыр-шуңғыр,
Жақыннан бураў темир.
Гилт
Үй бағарлық бир ийт бар,
Индемейди, үрмейди,
Рухсатсыз ол ийттен,
Ҳеш ким үйге кирмейди.
Қулып
От жемейди, суў ишпейди,
Ыссылаймайды, суўыққа тоңбайды,
Барлық нәрсени бир өзи қорғайды.
Қулып
Ел жатты, қәлекең тийегин узатты,
Зулып
Кишкене ғана жүўернемек,
Үйди бағып турады.
Қулып
Танқаларлық бир ийт бар,
Үй бағады, үрмейди,
Аяғы жоқ жүрмейди.
Көмешигине тықсан сөйлейди,
Адамның тилин билмейди,
Хабарласпай ол ийтке,
Ҳешким үйге кирмейди.
Қулып, зулып
Ақ күшигим аңқ етти,
Даўысы Хийўаға жетти.
Мылтық
Өмир-өмир, өмирден,
Жаққан оты көмирден,
Зумиран деген бир қус бар,
Омыртқасы темирден.
Мылтық
Шырқ етти, шыңғырып кетти.
Мылтық
Жылт-жылт етер,
Жалмап кетер.
Оқ
Теке мүйиз, балық көз,
Жалын қусады.
Мылтық
Дәрьяның аржағында,
Бүркит отыр.
Қанатын ушайын деп қомлап отыр.
Мылтық
Бели бүкир, алысқа түкир.
Мылтық
Таў тарс етти,
Күн гүрс етти,
Жылғадағы жылқы үркти,
Тоғайдағы түлки үркти.
Мылтық
Бели қайқы,
Жоны тартық,
Силтеп қалсаң,
Бөлип артып.
Қылыш
Биринде жатыр бес бөри,
Биреўинде ҳеш бөри,
Салып қалса қайтпайды,
Қара тастан тислери.
Ҳәр секирген жерлери,
Көзиңнен жеңил көшеди.
Бесатар
Кишкене ғана тостаған,
Қула шөлге тастаған.
Қақпан
Шаңарақлы, түңликли,
Ширенип жатқан бир муңлы,
Тийе гөрме бәлеге,
Тийип кетсен ырғыпты.
Қақпан
Бир ийтим бар қабаған,
Алқымына кийиз жамаған.
Қақпан
Саҳрада бир айдарҳа бар буғып жатқан,
Оятқан өз жанынан қаза тапқан.
Қақпан
Тири келип өлиден ас сорайды,
Өли келип тирини буўып алды.
Қақпан
Бир жансыз бир жанлының жанын алған.
Қақпан
Бир жанлы бир жансыздың жанын алған,
Алып кетип сол жайда орны қалған.
Қақпан
Өзи батыр, жолда жатыр.
Қақпан
Айтып мен бир жумбақ саған тәсийн,
Қояйын аўзын ашып жерге басын,
Қудайдан күни-түни тилек тилеп,
Жатады аспанға қарап аўзын ашып.
Қақпан
Ақылы бар, басы жоқ,
Аўзы бар, денеси жоқ,
Қолы бар, аяғы жоқ.
Қақпан
Жәҳәнниң қүдиретине қылдым қуллық,
Қояман еки жағын талға байлап.
Қасына жан мақлуқат барса услар,
Тиккелеп қабатынан тийсе келип.
Аў
Арқансыз жүк артаман қубыл ингенге,
Аўзында бир тиси жоқ қубыл ийекке,
Жеримнен ўәде еткен табылсын деп,
Кетемен байлап таслап бир тал шөпке.
Қайық
Көшерсиз, дигершиксиз телек арба,
Айдасаң зыта берер сайдан-сайға.
Кеме
Жүрсе изи жоқ, баўызласа қаны жоқ.
Кеме
Дәрья жағасында, терек шақасында,
Қусларда бир қус көрдим.
Аўзы арқасында.
Кеме
Тап-тап, тап басқа,
Табаны жалпақ, сур қасқа,
Үйирге қоссаң киснемес,
Шөптиң басын тислемес.
Кеме
Табаны жалпақ сур жорға,
Шабысын көрсең сал жолға.
Шана
Изи бар, адымы жоқ аяғының,
Тиймейди ушы жерге таяғының.
Ҳайўанға еки қолын артып алып,
Ыңыранып үнин салар баяғының.
Арба
Ербегей де сербегей,
Ҳәргиз үйге кирмегей.
Арба
Ийрегей де ийрегей,
Есиктен үйге кирмегей.
Арба
Жүргенде шақалақлап күледи,
Турғанда үндемейди.
Телек арба
Еки арқаным бар,
Жыйнап алалмадым.
Арбаның изи
Дүньяда еки аяқлы бир қуш бар,
Ҳәр аяқта он сегизде қанаты,
Қайғырады арқасында бир киси.
Арба
Ереди анам изиме,
Мингизип алып ишине,
Есиндеме мингениң,
Одағайлап жүргениң,
Сен де миндиң ойлап көр.
Адақ арба
Ҳәр жағында он секкизден пәри бар,
Ортасында адам сыяр жаны бар,
Арба
Дүбир-дүбир төртеў,
Дигершиги бесеў,
Жуўан ағаш екеў,
Шабан ағаш жап-жалғыз.
Арбаны еки адам гүпшеклеп аттың тартып баратырғандағы көриниси
Узын-узын, узын ший,
Ушы қайдан табылар.
Жол
Узын-узын, узын жип,
Ушы қайдан табылар.
Жип
Бир узын көрдим бир уяда,
Оннан узын етпейди бул дүньяда.
Жол
Бәдер кетериси жоқ,
Жетерине түби жоқ.
Жол
Бир жылан жердиң жүзин аралаған,
Изинен жуўырып жетип баралмаған.
Жол
Узын терек, саясы жоқ
Жол
Атасы палўан,
Анасы жорға,
Баласы ойыншы,
Қызы қосықшы.
Көпир, суў, балық, бақа
Жолға тесек, еткенге есек.
Көпир


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: САЗ ӘСБАПЛАРЫНА БАЙЛАНЫСЛЫ ДӨРЕГЕН ЖУМБАҚЛАР
Алдынғы бөлимге қайтыў: УСЛАП-ТУТҚАН ЗАТЛАРҒА БАЙЛАНЫСЛЫ ДӨРЕГЕН ЖУМБАҚЛАР
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.