Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

КИЙИМ-КЕНШЕК, АЎҚАТ ТУЎРАЛЫ ДӨРЕГЕН ЖУМБАҚЛАР (KÍYÍM-KENShEK, AWQAT TUWRALI DÓREGEN JUMBAQLAR)

Ин аўзында дигиршек
Әребек
Менин апамның он қойы бар,
Биреўи байлаўлы, басқасы байлаўсыз.
Жүзик, бармақлар
Өзи жаны жоқдур,
Жанлыны тутар,
Қолы, аяғы жоқдур,
Беккемлеп турар,
Көзлери гүмис,
Қабырғасында жез бенен мыс.
Жүзик
Көк көйлекке ғоз қойдым.
Жүзик
Қанымның белбеўи белине жетпейди.
Билезик
Қора аўызында дигерши
Әребек
Арман отыр ләпийпа,
Берман отыр ләпийпа,
Көлеңкеси гүмистен,
Күлип отыр ләпийпа.
Айна
Қарап турсан өзине,
Сүўрет түсер жүзине,
Ол сүўретиң усайды,
Тап ҳәзирги сыйқыңа
Айна
Кишкене ғана дөнгелек,
Кишкене ғана болса да,
Ол адамнан бийигирек,
Малақай
Бир ағаштың басында,
Бир ҳасыл қыз отырар,
Бүгин тағы турмаса,
Кетемен деп асығар.
Көйлек
Ерте турдым, еки айыр жолға түстим.
Шалбар
Бир гүди жантақ,
Ишине кирип қоз болдым.
Постын
Жети қой бир қозыны,
Мың бөриден қутқарды.
Адам, постын
Бес балаға бир қора.
Қолғап
Бес бармағы бар, тырнағы жоқ
Қолғап
Сырты ақ, иши қызыл,
Мурты бар, өкшеси темир.
Бәйкеми етик, нәли
Бир туўысқан еки жигит,
Бойлары дизден, қалмайды бизден,
Сақлайды қардан, муздан.
Етик
Кеште қысыр,
Күндиз буўаз.
Етик
Азан менен турған, келтирип кийген.
Етик
Үлкен үй,
Үлкен үйдиң ишинде кишкене үй,
Кишкене үйдиң ишинде Муртаза бай.
Етик, шылғаў, аяқ
Басы қайқы, баўыры тартық.
Шарық, тыштабан
Ертеден турдым,
Бет-қолымды жуўдым,
Еки қулағын услап,
Аяғыма урдым.
Мәси
Барады, барады,
Аўзы анқайып қалады.
Геўиш
Кете береди, кете береди,
Барған жерде аўзы ашылып қалады.
Геўиш
Адай-адай, адай жумбақ,
Адай қызын алған жумбақ,
Шүйит қызы шешкен жумбақ.
Сәўкеле
Сылдыр-сылдыр кисеним,
Сылдырайды кисеним,
Қулағында қулпы жоқ,
Тутқасында зуплы жоқ,
Жарасықлы кисеним.
Сәўкеле
Түнде жайылған,
Азанда жыйылған.
Көрпе-төсек
Мин-мин минаўар,
Ол минаўар жоқ болса,
Журттың бәри қайғырар.
Көрпе-төсек
Аяғы жоқ, қолы жоқ,
Көйлеги көк, қарны тоқ.
Көпшик
Жай-жай тостаған,
Жаўырыны ала тостаған,
Ший-ший тостаған,
Шымыр ала тостаған.
Қаршын
Жатса жабадай,
Турса түйедей.
Пещехана
Ақ үйим бар,
Есиги де жоқ, айнасы да жоқ.
Пещехана
Сырты тоқ, ишинде зат жоқ.
Пещехана
Жайса көлдей,
Жыйса тендей.
Шатыр
Жумалатсам жаны жоқ,
Баўызласам қаны жоқ.
Қамыр
Қотыр түйе күлге аўнайды.
Көмеш, гүлше
Бир қойым бар турып семиреди.
Қамыр
Қуда бала қудыққа түсти,
Қулақлары жалпайып шықты.
Бөрек
Ары ләп-ләп, бери ләп-ләп,
Сенге салып кийиз қаплап.
Бөрек
Қазанға салып қайнаттым,
Гилемге салып жайнаттым,
Урып-урып қасқа еттим,
Қабығынан босаттым.
Сөк
Үйимде бар бир сақый,
Турады ошақ басында,
Керегинше аласаң,
Отырып онын қасында.
Дастурхан
Қаранғы үйде қан уйысар.
Қатық
Кишкене ғана мүширип,
Беглерди аттан түсирип.
Шылым
Иргез-иргез, бойы бир гез,
Шақырса келмес, пияда жүрмес.
Қор-қор шылым
Сылдыр суйық суў емес,
Ишсен шөлин қандырар,
Ақ болса да қар емесю
Шубат
Емен-емен, емен екен,
Еменнен де бир ағаш озық екен,
Сорпасы ҳадал, ети ҳарам екен.
Шай, шәмбе


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ХАТ САЎАТҚА БАЙЛАНЫСЛЫ ЖУМБАҚЛАР
Алдынғы бөлимге қайтыў: АДАМНЫҢ МҮШЕЛЕРИ ҲӘМ КЕЙИПЛЕРИ ТУЎРАЛЫ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.