Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ХАТ САЎАТҚА БАЙЛАНЫСЛЫ ЖУМБАҚЛАР (XAT SAWATQA BAYLANISLI JUMBAQLAR)

Узын-узын, узын жол,
Ушына шыққан бармекен?
Түби терен қара суў,
Түбине жеткен бармекен?
Түбине жетип бул суўдың
Қанып ишкен бармекен?
оқыў
Бәрҳа ақ жолдан жүреди,
Оның иси бардан менен,
Аўзы да жоқ, тиси де жоқ,
Сөйлесер адам менен.
Хат
Аяғы жоқ жүреди,
Аўзы жоқ сөйлейди.
Хат
Аяғы жоқ алыстан келеди,
Өзине сәлем береди.
Xат
Қолы менен соғады,
Аўзы менен урады.
Xат
Әжайып зат бар тили жоқ,
Сөйлегенде мини жоқ.
Xат
Жери ақ, туқымы қара,
Егер, тили менен орар.
Хат
Ақ жерде қара тары,
Пуқталап шашқан адам,
Тез орады.
Хат
Тур-тур етеди,
Түркистанға жетеди.
Хат
Аяғы жоқ жүреди,
Өзи алыстан келеди,
Аўзы жоқ сөйлейди,
Жақыннан хабар береди.
Хат
Бир дәрья бар дәмин татқан хор болмас,
Тармағы көп, еркин жүзсең дым терең,
Суўы шийрин ишсен мийриң қанады,
Қарағанда көз жетпейди ени кең.
Билим
Бир дәрья дәмин татқан хор болмас,
Тармағы көп еркин жүзсең таўсылмас.
Билим
Жийрен тулпар желгенде,
Табанынан тер тамар,
Аққан тери тамаша,
Қар үстине жол салар.
Сыясаўыт-қәлем
Аўзы биреў, тили екеў, жаны жоқ,
Оның дизген излериниң саны жоқ.
Қәлем
Бир сандық бар өзгеше,
Қолыңа алып жүресең,
Ишин ашып қарасаң,
Турмыс сырын билесең.
Китап
Ақ жер аштым,
Қара бийдай шаштым.
Қағаз-жазыў
Қеўлиме шашып нур,
Ҳәр қағазы сөйлеп тур.
Китап
Қабат-қабат қатлама,
Есиң болса таслама.
Китап
Тили бар да, үни жоқ,
Тилин адам түсинген,
Жаны бар да, қаны жоқ,
Сөйлеп турган ишинен.
Китап
Терек емес жапырақлы,
Көйлек емес етекли,
Адам емес сөйлейди,
Түрли нама жырлайды.
Китап
Ҳәр бир күн мың қәдем,
Сегиз қырлы бир таўды,
Көтерип қашар бир адам,
Китап
Бир қусым бар, жаны жоқ
Қанаты бар, пәри жоқ,
Адам менен сөйлесер,
Ақылы бар да жаны жоқ.
Китап
Қардың үсти ғағырлық,
Муздың үсти дағырлық,
Түйе жүн төсек,
Оны таппаған есек.
Китап
Дигирман-дигирман тасы бар,
Алтын ердиң басы бар,
Оны билген адамның,
Жүз жигирма жасы бар.
Китап
Ети ақ, туқымы қара.
Китап, ҳәриплер
Өзи жиңишке болса да,
Қушағын кеңнен ашады,
Қушағына кирген сайын,
Кеўлиң сениң тасады.
Китап
Жаҳанда бир нәрсе бар аўзы жабық,
Ашылар мезгилинде баўырын жазып,
Үйинде толып атырған ғәзийнеси бар,
Ҳүрметлеп пайдаланар билген халық.
Китап
Мениң жандай достым бар,
Көп сөз айтар өзиме,
Достымның айтқан сөзлери,
Елеслейди көзиме.
Китап
Ол недүрким зәрре-зәрре кән болур,
Туқымы ондек1, мийўасы шондек2 болур,
Ағзи бирдур, тили икки, жаны йоқ,
Онын жүрген излеринин саны йоқ,
Буў жумбаққа тушмәгән қайран болур.
{ 1ондек – азғана, 2шондек – көп }
Ручка-қәлем


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ҲАЙЎАНАТ ДҮНЬЯСЫНА БАЙЛАНЫСЛЫ ДӨРЕГЕН ЖУМБАҚЛАР
Алдынғы бөлимге қайтыў: КИЙИМ-КЕНШЕК, АЎҚАТ ТУЎРАЛЫ ДӨРЕГЕН ЖУМБАҚЛАР
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.