Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

АДАМНЫҢ МҮШЕЛЕРИ ҲӘМ КЕЙИПЛЕРИ ТУЎРАЛЫ (ADAMNIŃ MÚShELERÍ HÁM KEYÍPLERÍ TUWRALI)

Жүрген жери мереке
Адам
Таппас, таппас, таппас жумбақ,
Таналы сыйырға бермес жумбақ,
Қызлар келсе қыймас жумбақ,
Қызыл алтынға бермес жумбақ.
Адамнын жаны
Ашылмаған урада,
Пишилмеген тон жатыр.
Адамның жаны
Күшлиден күшсиздиң ҳүкими зор.
Бала
Азанда төрт аяқлап,
Түсте еки аяқлап,
Кеште үш аяқлап жүреди.
Адамның туўылғанынан қартайғанға шекемги дәўири
Бели бүкирейген,
Қулағы тикирейген.
Ғарры
Ийрим-ийрим, йирим жумбақ,
Ийримлесип келер жумбақ.
Адамның өмири
Туўылыўдан адамзат,
Бирге жасап келеди,
Дүньяда өзи қымбат зат,
Ҳәммени теңдей кереди.
Өмир
Минар-минар минарлар,
Ақсуңқар қус келди деп,
Асыранды ғазлар жыйналар.
Қыз күйеўлеген жигит
Ақ гүләнгир, гүләнгир,
Аяғынан тусалғыр,
Көк гүләнгир, гүләнгир,
Көкирегинен байланғыр.
Бесиктеги бала
Бир көшенин басында,
Тилла ердин қасында,
Буны тапқан жигитлер,
Жүз жигирма яшында.
Ақыл
Түйдим түпкирге тасладым.
Ақыл
Таўдан бийик, теңизден терең.
Қыял
Таўдан бәлент,
Сайдан терең.
Ақыл
Бир жибим бар қайда узатсам да,
Сол заматта жетеди.
Кеўил
Гүлдир шәменниң саласы,
Тиедур аўыздын қаласы,
Отыз еки мәйектен,
Қырық еки жөже шығады.
Сөз
Шақырғанға жабысқан.
Адамнын аты
Даладан сес келди,
Есемурат ағам сескенди.
Адамның аты
Базардан табылмайды,
Тәрезиге тартылмайды,
Өзи палдан да татлы,
Бирақ оны жеп болмайды.
Уйқы
Сабан минип сай кештим,
Саясын көрмедим,
Қызыл мақпал тон кийдим,
Қызығын көрмедим.
Түс
Анаў турған нақ төбе,
Нақ тебенин бержағы қалың қамыс,
Қалың камыс бержағы жарық жулдыз,
Ол жарық жулдыз бержағы тышқан тонлы,
Тышқан тонлы бержағы түбир қудық.
Адамның басы, шашы, көз, мурын, аўыз
Алты аяқлы, төрт кезли,
Еки аўызлы бир сөзли,
Сайыр етип ол гезеди,
Жүрген жери сәўбетли.
Атқа минген адам
Әўден, әўденниң үсти дүўден,
Дүўденниң үсти шырақ,
Шырақтың үстинде қыяқ,
Қыяқтың үстинде майдан,
Майданның үстинде қонақ.
Аўыз, мурын, қас, маңлай, шаш
Мардан, марданның үстинде қордан,
Қорданның үсти шыра,
Шыраның үсти қәлем,
Қәлемниң үсти тоғай.
Аўыз, мурын, көз, қас, шаш
Ҳәй яранлар, ярыў-дослар,
Дүньяда болды әжайып қуслар,
Басы буўдай, бели қамыс, түби асқабақ.
Басы буўдай – адамның жаслығы, белиқамыс – орта жаслығы, түби асқабақ – ғаррылығы
Бел, белдиң аржағы ел,
Елдиң аржағында тақыр көл,
Тақыр көлдиң аржағы көламан тоғай,
Тоғайдың аржағында қоңыз.
Бас, аўыз, шаш, бийт
Бир таўдың басында еки лашын,
Көрмейди қанша ушса да таўдың басын.
Бас, кирпик
Таў басында бай терек,
Бай терекке суў керек.
Адамның басы, шашы
Арман Шабар, қараша ат,
Берман шабар қараша ат,
Тал түбинде тынық суў,
Ҳарлап шабар қараша ат.
Көздиң қарашығы
Кишкене ғана тостаған қатық,
Уйыған ең ҳасыл гәўҳарға батып.
Көз
Кишкене ғана қараша.
Турған жери тамаша,
Бир заматта жер жүзин,
Алады шарлап караса.
Көз
Кишкене ғана пәтирим,
Жер жүзине жетерим.
Көз
Бир таўдың еки сақшысы,
Еки тыңшысы, отыз еки ләшкери бар.
Көз, қулақ, тис
Еки бала аяқласып атыр,
Тура сала таяқласып атыр.
Кирпик
Табақ толы сары шопақ,
Ҳәддиң болса бирин шақ.
Көз
Узын қайыр, узын қайыр,
Узын қайыр астында қара қайыр,
Қара қайыр астында жылпылдаўык,
Жылпылдаўық астында пысылдаўық,
Пысылдаўық астында тақылдаўық.
Шаш, кез, қас, мурын, тил
Наўқарағай путақсыз.
Шаш
Мың қойды бир шыбық пенен айдадым.
Шаш, пәки
Мың қойым суўға кетти,
Шопаны қуўып кетти.
Шаш, пәки
Томпайған менен төбе емес,
Қарайған менен көк емес,
Айналасы көк шалғын,
Мал жейтуғын шөп емес.
Шаш
Түби бир, шақасы мың.
Аттың қуйрығы
Қара таўым қарлы болды,
Бир жаўса кетпейтуғын зерли болды.
Шаштың ағарыўы
Оның шаққанлығы шымшықтан бетер,
Аспанға атқанда оқтан тез өтер,
Барлық заттың шамаларын болжаған,
Ҳеш бир зат жоқ оннан тезлиги етер.
Көз
Қустан ушқыр тезлиги,
Бес жүз жыллық аспанға,
Бирден жетер.
Ақыл менен ойланып қарасаң,
Жылдамлықтан нәрсе жоқ,
Оннан өтер.
Көз
Арман шап та, берман шап,
Тал түбине келгенде,
Тайып кетти қараша ат.
Көздиң қарашығы
Тақыя толы шанғалақ.
Көз
Кишкене ғана қараша,
Турған жери тамаша,
Бир секундта жер жүзин,
Алады шарлап қараса.
Көз
Қара суўда суўат жоқ,
Қалың талда путақ жоқ.
Көз, кирпик
Еки ағайин ҳеш айрылып турмайды,
Қанша ушса да бирин бири көрмейди.
Көз
Дуз шелекте турантай ойнайды.
Көз
Биз-биз, биз едик,
Отыз еки қыз едик,
Бир тахтаға дизилдик,
Бирим-бирим үзилдик.
Тис
Бир мәйектен отыз шөже шығады.
30 тис
Ура, ураның дөгереги сора.
Аўыз, мурт, сақал
Айдын көлде алтын тас,
Аў салсаң да алынбас.
Тис
Ақырдың иши толы мәйек.
Тис
Қалай, қалай тас қойдым,
Жийрен атты бос қойдым.
Тил, тис
Он бүркит, отыз ақ қуў көлде жатқан,
Ол ақ қуў ҳәр нәрсениң дәмин татқан.
Отыз тис, он бармақ
Бир таўда мәкан еткен отыз бөри,
Қасында он жигити хызметкери.
Адамның отыз тиси, он бармағы
Ҳәмме ўақыт аўзымда,
Ҳеш жута алмадым.
Тил
Еки ошаққа бир көсеў
Жақ, тил
Ҳаўыз үстинде еки булақ,
Булақ үстинде еки шырақ.
Аўыз, мурын, көз
Жол-жол жатыр, жол жатыр,
Жол үстинде пул жатыр,
Ақ қаланын ишинде,
Адамзатқа керекли,
Алтыннан бийик,
Яғлы бәрли жан жатыр.
Тил
Жар басында жарты сыпыра.
Қулақ
Үлкен қара үй, кишкене қара үй,
Ортасында Муртаза бий.
Ерин-тил, бастың еки жағы
Жол-жол жатыр, жол жатыр,
Жол үстинде қул жатыр,
Сонша қулдын ишинде,
Абылай деген ер жатыр.
Кегирдек, тис-тил
Ғаўдыр-ғаўдыр жарғағымды,
Қартайғанша көрмедим.
Қулақ
Гүўдир-саўдыр қарағым,
Қартайғанша жарадың.
Қулақ
Басында жалғыз таўдың бир бай терек,
Путағы ийилмейди төмен қарап,
Айғырдың үйириндей үйирилсе де,
Есабын таба алмайды адам санап.
Сақал-мурт
Дүмпейген менен дүң емес,
Айналасы көк шалғын.
Мал жейтуғын шөп емес.
Сақал-мурт
Ҳә дийдилер, дедилер,
Дийдиләрниң үйине,
Уры түсти дийдилер,
Бес ләшкерди жиберип,
Қуўып шықты дийдиләр.
Мурын, бес бармақ
Ағып келди еки өзек,
Қағып салды бес еркек.
Мурын, бармақлар
Бир ошақта бес кесеў.
Аўыз, бес бармақ
Ақ күшигим арбадан секирип түсти.
Түкирик
Егиз қозым сүйексиз.
Еки емшек
Тақыр жерде тай туяқ.
Киндик
Еки анадан он бала,
Ҳәр қайсысының аты бар.
Бармақлар
Ағайинли он,
Кийингени еки тон.
Бармақлар менен қолғап
Белдеўде бес бийе,
Бесеўи де қулынлы,
Қулынлары қара ала,
Қуйрықлары сары ала.
Бес бармақ
Он қолында он жүзик,
Он шығырмай,
Буны тапқан киси алады,
Пул шығармай.
Тырнақ
Бири үлкен, бири киши,
Туўысқан бирге бес киси.
Бармақлар
Бир анада бес бала
Қол, бармақлар
Кесеўимниң басы ақ гүмис.
Бармақ, тырнақ
Он еркек дуз арқалап жүр.
Бармақ, тырнақ
Бес жанлы бир жансызға мингеседи.
Бес бармақ
Бирге жатып бирге турар,
Озыўға бирден умтылар,
Екеўи мәңги жарысып,
Көрмеген еле қалысып.
Аяқлар
Сүйек те емес, ет те емес.
Ол денеге питеди.
Өссе алып турмасан.
Үлкен зыян етеди.
Тырнақ


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: КИЙИМ-КЕНШЕК, АЎҚАТ ТУЎРАЛЫ ДӨРЕГЕН ЖУМБАҚЛАР
Алдынғы бөлимге қайтыў: АДАМҒА БАЙЛАНЫСЛЫ ДӨРЕГЕН ЖУМБАҚЛАР
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.