Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

«Шонтық шайыр» ушын монолог (1997-жылдың жаңа жылына арнап жазылды) («Shontıq shayır» ushın monolog (1997-jıldıń jańa jılına arnap jazıldı))

Ағайинлер, хабарыңыз бар, бир-еки жылдан бери мениң абырайым ямана өсип кетти ғо. Автобусқа минсем кондуктор пул алмайды, қалаға барсам насыбайпурышлар еки атым насыбайға дейин ешейин береди. «Шонтық шайыр, ата ғо, илҳам келер» дейди. Ешейин болғаннан кейин адам атлап өте алмайды екенсең-әй! Мына қымбатшылықта ол-әм аўқатқа сеп болатуғын шығар деп, атып жүрмен. Жартысы ишиме де кетеди. Мут болғаны соң не зыяны бар оның!

Енди мениң усы абырайымды шонтық емеспен деп жүрген ырас шайырлар қызғанатуғын қусайды. Жүрген жерде мени гәп етеди дейди. Үйдеги қатын айтып келеди-аў! Көре алмайды дә! Мениң болса абырайым өсип баратыр. О-о бир жағы Саранша, бир жағы Саманбай, тап қум аўылға дейин кетти ә, аэропорттың астындағы соны қызғанады. Үстимнен жазайын десе баяғы СССР жоқ, оның үстине қағаз-әм жоғ-аў, шалғайына жаза ма? Әй, яқшы, дедим, мен-әм буларды оқып көрейин деп, үйде сатып алып, бетин ашпай қойған китапларымды қарасам, масқарашылық. Мынаң қараң:

Қаратаўдың төбесине шығып қара бир,

Гүл қыстырып шекесине қызлар баратыр!

Пах, қосық болғаныңа! Адамлар қызлардың шекесиндеги гүлди көремен деп Қара таўға минип жүре ме? Оннанша жерде қасына барып сорағанда не қылады:

«Айнанайын, мына шекеңдеги гүлди қәйерден алдың, дачадан урладың ба, я теплицадан ба?» Өзи сирә дә сатып алмайды, қымбат. Соны ойланбай жазады дә! Қаратаўдың төбесине минер миш! Ҳим! Өзим екинши этаждағы үйиме шығыўға еринип, төмендеги байы жоқ қатынның үйинен, шай ишип қайтаман. Қара таў деген қайда.

Тағы бир қосыққа қараң:

Суў бойында турғанымда,

Қосық айтып жаңлатқан!

Пай жаңлатқан екен-ә! Қудықтың қасынан өтеғойыпты дә!

Сап дүзисип жаўынгерлер

Өте берди тусымнан

Сол қатардан шығып жигит,

Келди, мениң қасыма!

Қараса! Армияның қарасын көрмеген еркек адам жазған! Қатардан шығып көр, рә-әс, командир нәл қағылған гарзовой менен еки жамбастың ортасына илдирсин! Бабасырың далаға шығып кетпесе маған кел.

Жаңағы жигит сөйтип шелектен аўзын басып суў ишипти. Сөйтип жөнине кете берсе болады ғо, о, қудайдан тапқыр! «Қулағына тепкен» бизиң аўылдағы қыздың:

Суўың қандай палдан татлы!

Суў өмирде де палдан мазалы болмайды! Инанбасаңыз мына Дәрбент колхозының адамларынан сорап көриң, пал ҳәрре бағатуғын.

Суўың қандай палдан татлы,

Ишип мийрим қанды мениң,

Мөлдиреген қара көзиң,

Жүрегимнен алды орын.

О, жүрегиңе талма кесел келгир! Қыз-әм жүдә өтпей отырған ғарры қыз болыўы керек. Жаңағы сөзге-ақ ерип кетип, жырбаң етип қалтасынан орамал шығарып береди. Оннан-әм жақсырақ сөз айтқанда не қылар еди! Айым, күним, сулыўым, гүлим десе-я! Онда былбырап босасыйып, шалқасына таслайды екен дә!

Орамалды алды дағы,

Қарап нағыс кестесине,

Бул дослықтың болсын шәрти,

Деп хошласты кетеринде.

Пах, дос екен-ә! Қыз бенен жигиттиң арасында дослықтың қандай болатуғынын билесиз ғой, о-о изи тамаша болады.

Әне, ырас шайырман деп жүргенлердиң қосығы.

Соларды оқып отырып күйип кеттим ғо, жыртып- жыртып таслайын деп турсам тағы бир қосық алдымнан шығып тур. «Мен де соны күткен соң», Ҳе, сеннен басқа тағы ким күтиў керек? Керек болса күте бер. Я усы отырған бәримиз барып күтип турайық па? Ендиги қатарларына қараса: Қыз теңиздиң бойына барған дә!

Сол ўақытта бир мотор

Тоқтады келип тусыма, дейди

бир гүжирейген домалақ мотор, патыр-патыр етип келийип, қыздың қасына келип пыш-пыш-пыш деп өшип тоқтай қойған.

Мотордан шығып бир жигит

Келе берди қасыма

Қараң, мотордан шыққан! Қайсы поршенниң арасынан шықты екен! Қып-қызыл болып шыққан шығар-ә!

Бул-әм келип қыздың «қулағына теўеди», бурын-әм теўип жүрген. Кейин айтады, давай моторға минип покатаемся! Бул-әм сорқайнаған зорға турған екен, сәккирип моторға минип алады.

Дәрҳал миндим моторға

Менде соны күткен соң,

дейди.

Қайнап турған моторға минип алады екеўи, ўәй-ўәй, еки жамбасы шашлик болған шығар-ә.

Әне, усындай, ырас шайырман деп жүргенлердиң қосығы! Ә, қолыңнан келмесе қойдә! Қосықты бизлер жазамыз, бизлер! Ҳим, мәселен:

Быйыл қар дурыслап жаўмай қалды,

Қатын азанда сыйырды саўмай қалды,

Елиўге шыққанда балалы болып-ем,

Ол-әм қоңсыдан аўмай қалды.


Күннен-күнге қымбатлайды газимиз,

Соннан кейин қаяқтан болсын ҳәзимиз,

Я ортаға пысқытып жыңғыл жағып,

Дөгереклеп отырайық па бәримиз?


Бул не, десең аўзыңа былш еттирип «базар» дейди,

Пулың жетпесе қаладан затты аз ал дейди,

Жүўернемек балалар буны түсине ме,

Папа, сникерс деген шоколад «мазалы» дейди.


Свет-әм күнде турады жыпылықлап,

Электросетке жалынамыз қыпылықлап,

Тақыятаста мазут жоқ, газ жоқ дейди,

Әйтеўир гилең сондай сыпырық гәп.


Дослар, не болса да жаңа жыл қутлы болсын,

Сыйыры жоқтың ешкиси сүтли болсын,

Дастүрханыңыз мудамы тойға жайылып,

Бәриңиздиң ҳаялың жүкли болсын.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Ойын
Алдынғы бөлимге қайтыў: Ақыллы бөдене (ертек)
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.