Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Ақыллы бөдене (ертек) (Aqıllı bódene (ertek))

Тоғайлар патшасы Арыслан, бир күни алдына Айыўды шақырып алыпты.

— Усы қараған тоғайлардың бирине төрелик етесиз, — депти оған.

— Әпиў етесиз, мен төре бола алмайман, — депти Айыў.

— Неге?

— Себеплери бар.

— Айтың себеплерин!

— Тақаллусин сорамасаңыз айтайын, — депти Айыў басын ийип. Арыслан патшалық тахтының дөгерегинде арман-берман жүрипти де:

— Мейли, айтың — депти қәҳәр менен.

— Төре бола алмаслығымның биринши себеби, ҳаялымның пейли-ықпалы буған сәйкес келмейди.

— Болғаны ма?

— Яқ. Екинши себеби — тоғайымыздың қәўли-қағыйдаларын ҳүрмет қыламан.

— Хош?

— Үшинши себеби — мениң үрим-путақларым көп.

— Тағы қандай себеплериңиз бар?

— Ең кейинги себебим, — ден саўлығым жақсы.

Тоғайлар патшасы Айыўға руқсат берип жиберипти де, сол заматтың өзинде барлық ақылгөйлерин алдына шақырыпты. Ақылгөйлери узақ ойласыпты, лекин, Айыў айтқан баҳананың мәнисин түсиндире алмапты.

— Бизиң мәсләҳәтимизден шетте қалған ким бар? — депти Арыслан қәҳәрленип.

— Тақсыр, бир қасық қанымнан кешсеңиз айтаман, — депти Түлки еки бүгилип.

— Айт!

— Гөҳиқап таўының етегинде қырық жыллық ғарры жигилдик бар. Соның түбинде Сарышунақ деген ғарры бөдене жасайды. Бул гәптиң тақаллусин бир айтса сол айта алады.

Арыслан көзди ашып-жумғанша Гөҳиқап таўының етегиндеги Сарышунақ бөденени алдырыпты.

— Айыў айтқан гәптиң тақаллусин бәлким сен түсиндирип берерсең! — депти Арыслан.

— Әжеп болады, патшайым! — депти Бөдене тәжим етип, — Лекин, еки шәртим бар.

— Ол қандай шәрт?

— Мен бул гәптиң тақаллусин тәнҳә өзиңизге айтаман. Екинши шәртим набада мениң гәпим кеўлиңизге мәлел келтирсе, бир қасық қанымнан кешиң.

Арыслан оған сөз берипти.

— Айыў төрениң — ҳаялымның пейли-ықпалы сәйкес келмейди, — дегени, «ҳаялымның, қолы таза, ол ҳеш кимнен ҳеш нәрсе алмайды. Ол ҳеш нәрсе алмаса, мен сизге беретуғынымды қаяқтан таўаман?» дегени.

— Хош, екинши себебиниң тақаллуси не?

— Тоғайымыздың қәўли-қағыйдаларын ҳүрмет қыламан, — дегени төрелер бар жерде қәўли-қағыйда бузылмай турмайды, мени ол жолға ийтермең дегени болады тақсыр!

— Үшиншисин айт.

— Мениң үрим-путақларым көп, депти Айыў. Бул демеклик — қашан болмасын бир күн мен сизге жақпай қалыўым турған гәп. Сонда мен себепли барлық үрим-путақларым жазықсыздан жәбир шегеди, дегени болады.

— Төртиншиси?

— Айыў төрениң «ден саўлығым жақсы» дегени, ҳәзир ол ҳеш нәрседен алағадасыз жасап атыр. Бийик мансапқа көтерилгеннен кейин ҳәмме оған ҳүрмет етеди, лекин, ертең түскен ўақтында алдындағы табағына қоян дәрет сындырып кетиўи мүмкин. Сол хорлыққа шыдай алмай, қәстеге гириптар боларман, дегени екен.

— Бәрекелла, бөденежан, — депти Арыслан рийза болып. — Туўры айттың, кишкене болсаң да мәрт екенсең, лекин енди өзиңниң қойған шәртиңниң мәнисин айт, не ушын буның тақаллусин тәнҳә өзиңе айтаман дедиң? Мениң менен жекпе-жек қалыўға қорықпадың ба?

Бөдене албырамастан жуўап берипти.

— Буның тақаллусин тәнҳә өзиңизге айтаман деўимниң мәниси — сиз Айыў айтқан ҳақыйқаттың бәрин мойынладыңыз, буны ҳәмме көргенде абырайыңыз түсер еди. Екиншиден, сиз бенен жекпе-жек қалыўға қорықпаўымның мәниси — Арыслан Бөденени жеп қойыпты деген ат, сизге мүнәсип болмайтуғынын түсинер деп исендим. Арыслан Бөдене айтқан төреликке жүдә рийза болыпты, ҳәм оны бир күн мийман етип, кейин өз уясына апарып таслатыпты.


7. 01. 1994-жыл


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: «Шонтық шайыр» ушын монолог (1997-жылдың жаңа жылына арнап жазылды)
Алдынғы бөлимге қайтыў: Денгене ҳаққында нызам
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.