Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Реклама (Reklama)

Жора-жолдастың бары жақсы. Қысылғанда кеңес береди, қуўансаң бирге қуўанады, қапа болсаң қайғыңды бөлиседи. Қулласы, достың көп болса, жүгиң жерде қалмайды

Бахтымды ис билерменликте сынап көриўди баслағалы, дос-яранның мәсләҳәтине мүтәж болып қалдым. Неге дегенде, исим жүриспейди. Гә пул таппайман, пул тапсам сарплайтуғын жер таппайман. Еми жоқ аўырыўға тап болған адамдай, сәл сырласқандай адам болса сарсылып қоя беремен.

— Неғе сениң исиң жүриспей атырғанын билесең бе? — деди бир күни досларымның биреўи.

— Қайдем. Шамамда есап-санаққа олақ шығарман.

— Гәп онда емес. Есап-санақ екинши мәселе. Биринши мәселе истиң көзин билиўде.

— Неде екен истиң көзи?

— Сениң талабың ушын истиң көзи рекламада.

— Яғ-әй.

— Неге яғ-әй! Раўажланған мәмлекетлерде реклама — бул, өмир деп қарайды. Онысыз исбилермен болыў мүмкин емес. Ал, сен еле оған үйренисе алмай атырсаң. Сөйтип жүрип тәғдирден налыйсаң. Мәселен, сенде тахтай бар ма, — бар, ким биледи соны?

— Сен билесең, Доспанбет биледи, Ержанның хабары бар, Нурабылла еситти, кейин...

Достым күлип жиберди.

— Баланың гәпин сөйлейсең! Ал, биз ҳәр қайсымыз он адамға айтқанда елиў-алпыс адам еситер. Оларға тахтай я керек, я керек емес. Егер реклама қылсаң бир күнде жүз мың адам еситеди, ертеңине ярым миллион, үшинши күни бир ярым миллион адам хабардар болады. Әне, соннан кейин көрейин сениң затыңның өтпегенин.

Ойлай турсам, гәпиниң жаны бар. Еки вагон тахтай түсиргениме үш ай болды, жаңа бес кубасын саттым. Панерлерге ызғар өтип баратыр, бала-шағамды «қырып-жойып» күн арадан өзгертип жыйнайман. Бираз шиферларым өзиниң салмағы менен-ақ сынып болды. Егер реклама бергенимде бул ўақытқа бәрин сатып болып, фирмам әдеўир жерге барып қалған болар еди.

Ертеңине радиоға реклама бердим, келеси күни телевизор арқалы, үш күннен кейин ҳәмме газеталарда «Табарман-тутарман» фирмасында, (яғный мениң фирмамда) қәлеген түрдеги қурылыс буйымлары табылатуғыны ҳаққында шырайлы рекламалар басылып шықты. Реклама қарыйдар шақырады деген ырас екен. Телевизордан айтқан күнниң ертеңине бир жигит келди.

— Кеше сизиң фирмаңызда тахтай бар деп айтқандай болды ма?

— Аўа, бар.

— Қандай тахтайлар бар?

— Қәлегениңиз табылады. Шифер қақтырыў ушын страпила керек пе, төбесине салыўға домалақ қарағай, поллатыўға үшлик-төртлик тахтай, айна-қапы соқтырыўға болса беслик, қулласы, бәри бар.

— Кийгизбели тахтайыңыз да бар ма?

— Бар. Сазын жақсылап қойсаң, оған устаның кереги жоқ, өзиң-әм қаға бересең.

— Қәне, сол тахтайларыңның ҳүжжетин көрейик, — деди жаңағы жигит бир ўақытта маған хөктемсиңкиреп.

— Не ҳүжжет? Ҳәммеси саз. Менде ҳүжжетсиз нәрсе жоқ.

— Мәселен, бажыхананың рухсатнамасы бар ма?

— Бар.

— Көрсетиң.

— Неге көрсетеди екенмен?

«Қарыйдар» кишкене гүўалық көрсетти.

— Бажыхана басқармасынанман. Гүманлы затты тексериўге ҳақым бар.

Сирә буны биреў сорайды деп ойлаппан ба? Үш айдан бери жатқан ҳүжжет, аўдар-теңқер етип зордан таптым. Тахтай алады деген қарыйдарымыз үңилип бираз отырды, үн жоқ — түн жоқ, қабағы қарсы жабылған. Қағазларды қайтып бермегенше гүдикленип турман. Тақыр жерден шаң шығарып, жыр таппаса не жақсы.

Айтқан жеримнен шықты.

— Мына рухсатнаманы ким берди?

— Аты-жөни жазылған шығар.

— Жазылғаннан кейин сорап отырман. Арықтан келген, узын бойлы жигит пе?

— Онша елестирмедим.

— Елестирмесең сол — Бекжанов деген. Ҳәзир қамақта жатыр.

— Қамақта? — Дәслебинде қорқып кеттим де, кейин өзиме келдим. —Оның маған не байланысы бар?

— Ҳәзир ол рухсат берген затлардың ҳәммеси тексерилип атыр. Ол бизиң бажыханамыздың атына дақ түсирип, пул менен урлық затларды өткерип жибере берген.

— Сонда мениң тахтайларым да урлық па?

— Ким биледи! Мүмкин солай болыўы да? Буны тексерип көриўимиз керек.

Әне, соннан басланды майда гәп. Ол «урлық мал» деп гүман етеди, мен ҳүжжет қалдырмай көрсетемен, ол ҳеш қайсысын писент қылмайды. Оның айтыўынша, тахтайды алған жериме қайтып барып, және бир мәрте хүжжет әкелип бериўим керек екен. Сонда ҳақыйқый урлық емес екенлиги дәлилленетуғын қусайды. Болмаса турысы менен мәмлекет есабына қатлайжақ. Басыңды аўыртып не қылайын, түске дейин кегирдекке суў бүркистик. Реклама бойынша келген онлаған адам қайта-қайта есикти ашып сығалайды, бизиң оған хабарласқандай шамамыз жоқ. Әй, өлдим азарда мәмлеге келдик.

— Яқшы, отағасы, былай етейик, — деди әлле немирде. — «Гилем сатсаң аўылға сат, бир шетинде өзиң отырарсаң» деген екен ата-баба. Сол айтқандай, елге тахтай әкелген екенсең, усының ушын мен буны шуқластырмай қоятурайын. Бирақ, билесең ғо, қыйқалаған жерден қан шығыў керек.

Бажыхана хызметкери бир сом бермей үш куба тақтайымды алып кетти. Түстен кейин мойным салбырап, зорға келдим. Есиктиң аўзында жети-сегиз адам турған екен.

— Инилерим, сизлер қойып турың, мен еки аўыз сөйлесемен де шығаман, — деп бир пәжмүрделеў киси изиме ере кирди.

Түске дейингиден жүрек шайды болып қалған мен, ҳә дегеннен түр-түсине қарадым. Ондай қәўипли адамға усамайды.

— Кеше рекламада көрип едим, — деди ол алдыма жақын отырып. — Қурылыс буйымлары, деди. Шифер-әм бар ма екен?

— Бар.

«Бийттиң ашыўын бүргеден алыўға» бола ма, үш куба тахтайдың ашыўы менен ишим ийт жыртқандай болып турса да, билдирмей, малымды мақтай басладым.

— Өзи жүдә беккем шифер. Жети қарықлы, шытнаған, жарылған жери жоқ. Үстинде теппек ойнасан-әм бүлк етпейди.

— Россияники ме, өзимиздики ме?

— Россияники

— Сатып әкелдиң бе, затқа аўмастырдың ба?

Әсте, көз астымнан бетине қарадым. «Буның не жумысы бар, сатып әкелемен бе, сорап әкелемен бе, қарызға аламан ба?»

— Шифер алажақсыз ба өзи? — дедим қабақ шытып.

— Аламан ба, алмайман ба, бул екинши мәселе! Сиз маған жаңағыны айтың, сатып әкелдиңиз бе, затқа аўмастырдыңыз ба?

Әне қалас! «Жарлының аўзы асқа тийсе, мурны қанайды» деген. Реклама берсең арбаң ойға қарап жумалайды деп атыр еди. Басламай атырып қырынлап кетти ғо.

Бул қарыйдарым коррупциядан болып шықты. «Еки аўыз сөйлесемен де шығаман» деген заңғар, күн батыўға мейиллескенде, еки жүз шиферымды мутқа алып тынышланды.

— Қорықпа иним, қорықсаң жумыс ислей алмайсаң, — деди кетеринде ийнимнен қағып, — Өзим шаң жуқтырмайман.

Ертеңине үйден шықпай жатып алдым. Кеште телефон шыңғырлады.

— Рекламаны бересең де, өзиң жасырынып жатып аласаң-ә? — деди биреў ҳөктемсип. Алла барекелла! Тағы ким болды екен?

— Яқ, жасырынғаным жоқ. Сәл мазам болыңқырамай....

— Мазаң бола ма, игри жол менен мал тапсаң.

— Қандай игри жол? Ҳеш қандай игри жол менен мал тапқаным жоқ..

— Хабарымыз бар, азанда барлық ҳүжжетиңизди алып, салық басқармасына кел. Мен Бодықов боламан, 44-кабинет.

Бодықов барғаннан мүддәҳәсин айтағойса қәнекей. Яқ, майдалап тийисип кетти! Фирмам жумыс баслағалы салықты кемитип төлегенмен, айрымларын жасырғанман, жасалма ҳүжжет тапқанман, киятырған кварталға салық төлеўим керек емиш....

Қулласы, күн енкейгенде кеўлиндегисин айтып тынды. Елиў панер керек екен.

Үш күн өтпей атырып, рекламадан қашып қутыларға жер таппадым. Фирманың есигин ашпайман, үйде телефонды суўырып қойыппан. Сонда да есабын таўып участка инспекторы он айна көз, прокурордың тергеўшиси отыз дана оргалит, судтың орынлаўшысы он сегиз дана домалақ ағаш алып кетти.

Дадымды кимге айтарымды билмей ар-сарым шықты. Усындайда жора-жолдастын бары жақсы. Тағы соларға жолықтым.

— Реклама бер! — деди олар.

— Өзим рекламадан күйип отырман ғо.

— Айтқанды қылабер, реклама бер

— Не деп?

— Фирмада зат жоқ, ҳеш нәрсе менен саўда-сатық ислемейди — деп дағазала.

Солай иследим. Басқа илажым не!

Айтқанындай, рекламада гәп көп екен. Қулағым тып-тыныш болағойды.

Енди өзимниң затларымды өзим сыбырлап сататуғын болдым. «Қурылыс буйымлары керек пе? Бир жерде бар, айтсаң таўып беремен. Тс-с»


4. 12. 1998-жыл.


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Ҳәмелден түскен қандай болады?
Алдынғы бөлимге қайтыў: Саўда
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.