Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Саўда (Sawda)

— Ассалаўма алейкум аға. Сизди излеп келип едим.

— Хызмет?

— Кешеги ана, Ешбайлардың алғандайынан бизлерге де керек еди, отызы.

— Болады, беремиз.

— Қаншадан екен?

— Қаншадан деп, халықтың нырқығо.

— Сонда да.

— Пай, аңқаўсырайсаң-аў. Мыңнан!

— Ой-бу, сәл қымбатлаў емес пе?

— Неси қымбат! Мың сом ақша ма ҳәзир!

— Бизлер қусағанға ақша ғой, аға.

— Солай қосшым, басқа гәпиң барма?

— Аға, былай етейик тә, қолды әкел, келисейик — жети жүзден.

— Я-яқ болмайды, жибер қолымды.

— Қойыңдә, аға. Келисейик тә, жети жүз-әм пул ғо. Отызы жигирма бир мың болады.

— Оның мыңын санама қосшым, «тақанның түрли-түрли былғаўы бар». Кеше Ешбайлар алып кетти ғо, мыңнан. Саўдаласып-әм отырған жоқ.

— Ешбайлар базарға ертерек кирген ғо. Бизлер еле үйренисе алмай атырмыз.

— Сөйтип-сөйтип үйренисип кетесиз.

— Ақсақал, бир ретке түсиң де, «деңгенениң соңы емес», ендигиде айтқаныңызға алып кетермиз.

— Әй, бир майда бала екенсең, яқшы жүз сом түстим, тоғыз жүзден бере ғо.

— Және бир текше түсиң аға, сонда сизиң айтқаныңыз-әм емес, бизиң айтқан-әм емес, сегиз жүз болады, орталық.

— Бир, алатуғын аўырыўдай не бәлесең! Яқшы, ақшаңды алып түстен кейин келеғойың.

— Рахмет аға, берекет табың.

— Әй, бала, бағанағы гәпинде тур, ендиги имтиханда бир сом-әм түспеймен.


11. 01. 1998-жыл.


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Реклама
Алдынғы бөлимге қайтыў: Ҳәзир ўақыт басқа
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.