Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Ҳәзир ўақыт басқа (Házir waqıt basqa)

Мәкемемизге Бектемиров деген киси бөлим баслық болып келип, ҳәммениң төбеси көкке жетип қалды.

— Енди директорымыздың өриси тарылды, бул киси ҳеш кимниң бет-жүзине қарамайды.

— Бектемиров пенен ислескен директор, қолға үйретилген тайдай болып қалады.

— Бизлердиң қәдиримизди енди биледи.

Лекин, Бектемиров журт ғаўқылдасқандай болып шықпады. Директордың баяғы озбырлығы күшейсе-күшейди дә, пәсеймеди. Үйине қонақ келетуғын болса төрт-бес жигит хызметте. Ҳаяллар баўырсақ писиреди, аўқат асады. Кеңсеге еки нәрсе келсе, биреўи соның үйинде қалады. Қулласы, өзи хан, өзи султан. Бектемировтың өзи түўе, әкеси тирилип келсе де, оннан айбынатуғын директор жоқ.

Ақыры, хызметкерлер шыдай алмады. Бектемировты ортаға алды.

— Биз сизден үлкен үмит күтип едик, неге үндемейсиз?

— Сизден директор түўе басқармадағылар зирилдесип қалады десип еди?

Бектемиров әсте мыйықтан күлип жуўап берди.

— Ол баяғыда еди, жигитлер. Ҳәзир ўақыт басқа. Мен буннан алдынғы ислеген мәкемемде директорға наразы болып, район ҳәкимиятына хат жазған едим. Тексерип келди. Бир күн қонақ болды да кетти. Алдымыздағы ярым айлықта ҳәммеден сыпыртып отыз сомнан услады.

— Бул не? — десек.

— Тексериўди күттик, — деген жуўап алдық.

Ашыў менен ўалаятлық басқармаға жаздым. Бес адам үш күн тексерип жатты.

Кейинги ярым айлықтан шеттен жүз сомнан жыйнап алды.

— Бул не?

— Тексериўди күтиўге кетти.

Болмады. Жәмәәт болып республикалық министрге жаздық. Жети адам он күн жатып тексерди. Қандай илаж көрип кеткенин билмеймиз. Келеси ярым айлыққа қол қойдық, ақлай.

— Пул қайда?

— Комиссияны күтиўге кетти. Соннан баслық бир жақта қалды да, ҳәмме мениң изиме түсти.

— Бәри сениң таўып жүрген бәлең!

— Бала-шағамызды үйиңе апарып таслаймыз, өзиң бақ.

— Жақсысы, сен бул жерден кет, көзимизге шүйелден бетер көринип турсаң.

Әне, солай етип, жумыстан шығып кетиўге мәжбүр болдым. Сизлер мени және сол жолға ийтермелейжақсыз.

Усы ўақытлары директордың шоферы кирип келди.

— Бәрекалла! Ҳәммеңиз усы жерде екенсиз ғо. Жүриң, директордың жеке меншик фирмасына вагон қойды. Қаўын тийейсиз.

Ҳәмме сыртқа шығыў менен болды. Оларды Бектемиров баслап барар еди.


8. 07. 1996-жыл


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Саўда
Алдынғы бөлимге қайтыў: Адвокат ҳаққында ертек
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.