Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Адвокат ҳаққында ертек (Advokat haqqında ertek)

Усы қалада ортаң қолдай он еки судья, алты прокурор, тоғыз тергеўши бар. Оларға көп адамлардың жумысы түсип турады. Әсиресе, нызам бузғанлардың жақын-жуўықлары, есигин тындырмайды. Лекин, булардың ҳәммесине күн даўамында барған қәтере, адвокат Айбарақовтың бир өзине түске дейин-ақ келгенлердиң аққуласына турмайды. Айбарақовтың атын билмейтуғын ел, бул әтирапта жоқ. Жынаятлы исиңди ақлаўға ол араластыма тамам, пүткил Япон теңизине от берип жиберсең-әм сени сүттен ақ, суўдан таза етип қояды. Ол теңиздиң өзи қашшаннан жанайын деп турған, сен қайта сөндириўге барған болып шығасаң. Соның ушын, ҳәмме Айбарақовқа өш. Ким табылғанын мөңиретип я маңыратып қораға әкелип байлайды, ким қалтасына тығады, ким дастурханның ернегине қойып кетеди, қулласы, көзи уйқыға кетемен дегенше ол ҳәммесин бир жөңкилли етип тақлап, есабын шығарып үлгере алмайды. Оған қудайтааланың өзи қарасып, ҳәммени жумаландырып қойыпты.

Жақында ол, үш мәрте судланған, усы ретте бир үйде туратуғын үш адамды жаўызларша өлтирген Әширбайды ақлаўға жең түринип киристи. Қылмыскер байғус, ислеген айыбын мойнына киймешектей кийип-ақ тур. Лекин, Айбарақов жәм жолатпайды. Оның тәриплеўинде Әширбай билегине қонған сүйир шыбынды өлтирип көрмеген мөмин екен. Үйинде нангөрекке нан таўып, қара шыбынға пал жағып беретуғын қусайды. Судта прокурор оған атыў жазасын берген еди. Оған Айбарақов пүткиллей қарсы болып, былай деди:

«Бүгинги суд барысында прокурор жолдас Жылқайдаров, туўысынан жуўас, қой аўзынан шөп алмайтуғын мөмин бенде Әширбай Нәдирбаевтың үстинен айыплаў жуўмағын оқып, жынаятты бөрттириў кодексиниң 101 статьясының прим еки, бөлим үш, параграф төрттиң в, г, д, е пунктлерин бузды. Прокурор жолдас бул жерде мөмин бенде Нәдирбаевты Танковая көшесиниң 12 жайында турыўшы Гүлдарийха кемпирдиң үйине түнги саат екиде мәс ҳалында бастырып кирген деп айыплады. Бул пүткиллей қәте. Себеби, Нәдирбаев мәс болыў былай турсын, усы жасына келгенше лимонадтан басқа ҳеш қандай шийшели суў ишип көрмеген. Қалаберди ол, Гүлдарийха кемпирдиң үйине бастырып кирмеген, ал шарбақ бетиндеги ашық турған қапыдан кирген. Демек, бул жерде көбирек Әширбай емес, ал, усы үйдиң турғынлары гүналы. Олар нызам хызметкерлерин әдептен жек көретуғын адамлар болған, соның ушын да, ҳәр күни шарбақтың есигин ашық қалдырып, «үйимизге я уры түссин, я ҳәммемизди баўызлап кетсин, кейин прокурорлар излеп таба алмай хор-зар болады» деген жаман пыйғылдағы адамлар болғанын ҳеш кимнен еситпесемде, жүрегим сезип турыпты. Усыны нәзерде тута отырып, ҳүрметли судья, жынаятты жумсартыў кодексиниң 41-статьясы, прим 3, бөлим 4, параграф бестиң «г» пункти менен мәмлекетлик шөлкемлердиң қас душпанын жоқ еткени ушын жолдас Нәдирбаевтан ҳәмме жабылып кеширим сораўымыз ҳәм оны ҳәзирдин өзинде қамақтан азат етип жибериўимиз керек.

Егер менин бул өтинишим инабатқа алынбаса, тағы да дәлиллерим бар. Прокурор жолдас Жылқайдаров кемпирди уйқылап атырған жеринде барып, нәл қағылған пәтинкениң өкшеси менен басына теўип өлтирген дейди. Бул да анық емес. Себеби, биз тексерип көргенимизде соңғы еки жылдан бери қаладағы бир де етикшиде нәл болмаған. Еки жылдын аржағында нәл қағылған өзимизде шыққан пәтинкениң бүгинге дейин жетип келиўи мүмкин емес. Оның аржағында болса бул әтирапқа импорт кийимлер жетип келе алмағаны белгили. Кемпирдиң қоңсыларынан сорап көргенимизде оның буннан отыз жети жыл бурын есерсоқлаў күйеўи болғанлығын, сол бир күни түнде ишип келип, ҳаялының басына нәлли пәтинке менен теўгенлигин анықладық. Соннан берли ол тез-тез талма кеселге тап болған. Бизиң изертлеўимизше бул пәтинке 1967-жылы Избасар деген шобытшыға тапсырылған. Ол шобытшының өлгенине ҳәзир он еки жыл болады екен. Мениң өтинишим, сол ғаррысының шобытшыға тапсырылған етиги излеп табылып, оны басындағы тепкиниң изине қойып көриў керек. Ҳәзирги турысында Нәдирбаевты кемпирди теўип өлтирген деп айыплаў қатты қәтешилик болады. Әлбетте, ол «өзим өлтирдим» деп мойынлап отыр. Бирақ, биз оған исенбеўимиз керек. Себеби, қылмыскерлер «алла-жалла олай ислемедим» десе исенбеймиз де, «сөйттим» десе қайтарып сорамастан исенеғоямыз. Бул жынаятты қыпсырмалаў кодексиниң 14 статьясы, үшинши прим, екинши бөлим, жетинши параграфтың «ю» пунктине қайшы келеди. Мениңше, кемпир буннан жигирма тоғыз жыл бурын жеген тепкисиниң салдарынан сол ақшам өлип шыққан.

Нәдирбаевты тағы да, кемпирдиң баласының алқымына раскладушканың темирин қойып, онын үстине минип турып, демиктирип өлтирген деп айып тағып отыр. Дурыс, солай болғанлығын ғәреметке қайым Әширбай мойынлап отыр. Бирақ, бир жери бар, не ушын бул жерде тийкарғы айыпкерлер жазадан аман қалады? Мәселен, радиода ма, телевизорда ма, бир биолог шығып сөйлеп, «адамның кегирдек сүйеги жүдә беккем болады, ол жетпис килолық салмаққа да мүдирмейди» деген екен. Ғәреметке ушырап отырған Нәдирбаев тек соны сынап көрмекши болған. Баяғы жетпис килоны көтереди деген кегирдек, алпыс еки килолық Әширбайды көтере алмай, бир гүнасыз бийшараны шырылдыўға қалдырды. Ал, айтқан сөзин өзлери сынап көрмеген биологлар азатлықта! Өтинишим, оларды алдырып, Әширбайдың орнына қара гүрсиге отырғызыў керек. Егер олар бундай қам гәпти аўзына күши жетип, айтпағанда, Нәдирбаев та ондай, бурын сынап көрилмеген тәжирийбеге қол урмаған болар еди.

Бул жерде айта кететуғын тағы бир нәрсе бар. Не ушын раскладушка сынып қалған. Буған сапасыз өним шығарған кровать заўыты айыпкер емес пе? Неге биз директорының қолына кисен салып, усы жерге әкеп қоймаймыз? Егер сол раскладушка сынбағанда Әширбай ондай сумлықты ойлап отырмас еди. Қалаберди, ол темирди бас ушына қойып жатқан жигиттин өзи де айыпкер. Еситиўимизше, ол кейинги ўақытлары дым өлиўди ҳәўес етип жүреди екен. Неге олай? Не ушын ол жасаўды ҳәўес етпейди? Себеби, ол ўатанға өз бойындағы күш-қарыўын бериўди қызғанады? Оны усындай етип тәрбиялаған мектеп муғаллимлери не ушын қара гүрсиде отырмайды? Айыплаў жуўмақта тағы да, «жигиттиң ҳаялының жүреги жарылып өлген» дейди. Еки адам өлгенге жүреги жарылып өле беретуғын ҳаялдын өлгени дурыс болған. Себеби, ондай ҳаялдан ҳеш ўақытта ел қорғайтуғын азаматлар туўылмайды.

Солай етип, менин пикиримше, сәўирдиң жетиси күни Гүлдарийха кемпирдиң үйине бийшара Әширбайдың биймезгил болса да, қымбатлы ўақтын бөлип кирип барғаны ырас. Бирақ, үшеўинин өлимине де ол айыпкер емес, олардың өзлери айыпкер, қала берди, демлери таўсылып турған. Соның менен бирге Нәдирбаевтың хожалық жағдайын да есапқа алыўымыз керек. Ол буннан бурын бир мәрте баспақ урлап, бир мәрте трактор сатып, бир мәрте сулыў қыздың әўретин ашып қойып, жәми болып он сегиз жыл түрмеде отырған. Бул жазалардың ҳәммесиде ўақтында дурыслы адвокат табылмағанлықтан, орынсыз берилген. Себеби, кеште байланбаған сыйырдың урланғаны ушын ким гүнакар, әлбетте, ийеси, тракторды жолдың шетине ходлап қойып, дүканға кеткени ушын ким айыпкер — тракторшы, қызларды айдай арыў етип туўып, жигитлердиң еркеклик урығын қоздырғаны ушын ким айыплы, мениңше шешесинен басқа ҳеш ким емес. Демек, бул жерлерде Нәдирбаевтың бир қыйқым да гүнасы болмаған. Судья әдил болғанда урланған малдың ийесин, тракторшы ҳәм сулыў қыз туўған ҳаялды қамап жиберип, Әширбайдан қуры ҳәлеклегени ушын кеширим сораўы тийис еди.

Сондай-ақ Нәдирбаевтың ҳаялы узақ айралыққа шыдай алмайман деп жылап келип отыр. Оның ҳақ көкирек пенен айтыўы бойынша Әширбай дәслеп үш жылға кеткенде бригадтан уллы, кейин жети жылға кеткенде тракторшыдан қызлы, буннан соң сегиз жыл отырған сапарында табелщиктен еки рет егиз қурсақ көтерген екен. Ол баладан қалмай турып, Әширбайдан бир перзент көрип қалсам екен деп әрман етеди. Неге биз бир пуқаранын ат басындай әрманына кесент етемиз.

Усы жақларын есапқа алып ҳәм Гүлдәрийха кемпирдиң, оның баласының ҳәм келининиң өлиминде Әширбайдың ийнениң ушындай айыбы жоқ екенлигин мойынлап, оны усы жерден биротала азат етип жибериўиңизди, сондай-ақ, тергеў барысында үш ай қамақта отырғаны ушын айлығын үш есе көбейтилген муғдарда марҳумлардың ағайин-туўғанларынан өндирип бериўиңизди сорайман. Адвокат отырды. Суд ойласыққа кетти. Көрип отырғанымыздай еки түрли уйғарым бар еди, бири прокурордики - жынаятшыға атыў жазасы, екиншиси адвокаттың шешими - жынаятшыдан кеширим сорап, оны азат етип жибериў.

Суд бул иретки ҳүкиминде еки шешимниң арасынан ортақ бийлик шығарды. Нәдирбаевты азат етип, адвокатты атыўға жиберди.


1994-жыл


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Ҳәзир ўақыт басқа
Алдынғы бөлимге қайтыў: Тырнақ бояўы
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.