Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Қәтере (Qátere)

— Дәўирхан көзиңди аш!

— Ағасы-аў, қорқыта бермеши! Не болды саған?!

— Аға! Аға деймен!

Қулағыма сондай даўыслар емески еситиледи. Бирақ қаяқтан шығып атырғанын билмеймен. Көзимди ашқым келеди, ашалмайман. Қыялыма суўдың астында жүргендеймен. Ҳәмме жақ гүңгирт. Әллен ўақытлары барып өзиме келе басладым.

Қарасам тас төбемде еки доктор, оң жағымда балам, сол жағымда ҳаялым. Олар мениң көзимди ашқанымды көрип қуўанып қоя берди.

— Я алла, балаларының несийбесине қудайтаала қайттан берди ғой, — деди ҳаялым, жағасына түпирип.

— Аға, мен ғо, — деп балам қолтығыма кирип атыр.

Доктор оларды сыртқа шығарып жиберип, мени палатаға алып киргизди. Мен еле әўере-сарсаңман. Бул жерлерге қалай келип қалдым? Не болды? Неден басланды? Мениң бундай талма кеселим жоқ еди ғой? — деймен өзимше. О-о, жаңа есиме түсти. Бул кеше-бүгин пайда болған аўырыў емес, буннан бир жыл бурын бир аўыз қәтере себепли мойныма илинген тәшўиш еди.

Аўылымызда Жарылқаған деген жасы үлкен бар еди.

Сол бир күни кешлетип бизиң үйге келди.

— Дәўирхан иним, көп иркилмеймен, деди дәстурханнан нан аўыз тийип. — Кишкентай бир жумысым бар, соны питирерме екенсең деп келдим.

— Қолымнан келетуғын жумыс болса питирейин аға.

— Қолыңнан келеди. Бизиң Алымбайды бир муғаллим имтиханнан еки қойып сабақтан шығарып жиберипти. Жети қыздың ишинде еркелеп өскен бир бала еди, кеше үйге барды, аўқат та жемейди, шай да ишпейди, туңжырайды да отырады. Ақыры, шыдамай саған келдим, қосшым.

— Ол муғаллимди мен таныйма екенмен?

— Таныйсаң. Жумагүл деген келиншек, сизлердиң ояқ-буяғыңызда қоңсы қусайды.

Ырасында да, ол бизлер менен үш-төрт жай былайырақта туратуғын қоңсы еди. Жасы үлкенниң сөзин қыймай, бардым.

— Дәўирхан аға, мен ол баланы оқыўдан улыўма шығарып жибермекши едим, — деди ол маған. — Мен оған муғаллим емес, тап жеңгесиндеймен, уялмай ойнағысы келеди. — Үшинши парға кирип, журналды барлайын деп жаңа отырғаным, өкшем муздай болып кетти. Не нәрсе екен деп қарасам, рәпийдадай бир тасбақа аяғымды жалап тур. Шоршып кеттим. Нашар балларды өзиңиз билесиз, тышқаннан, қурбақадан, жыланнан зәрреси қалмайды.

— Ким әкелди буны! — деп бақырсам жаңағы бала тартынбастан:

— Мен әкелдим муғаллим, бул мениң меншик тасбақам, — дейди.

— Неде болса енди сиз келдиниз, кеширим бермеске илаж қанша? — деди пәсине қайтып. — Лекин сизге айтажақ бир жумысым бар еди, егер қыйланбасаңыз?

— Неге қыйланамыз? Адам күни адам менен деген...

— Телефонға арза берип қойғаныма бес жыл болды, сирә бир сәти түспейди. Сиздеги шешемниң ағасы сол жерде басшы жумысларда ислейди екен. Келистирип берсе анаў-мынаўсынан қашпас едик...

Бир адам жумысыңды питирип атырса, оның қайтарып салған жумысы ушын, «анаў-мынаўсы» деген гәп болыўы мүмкин бе? Бир тийинсиз тез күн ишинде телефон қурғызып беретуғың болып, табанлы түрде ўәде бердим.

Аўылдан келген жасы үлкен төбеси көкке жетип қайтты. Оның есесине ҳаялдың қабағы муштай болды.

— Бизиң төркинде не болып не қойып атырғаны менен исиң жоқ. Ағамның ол жерден шығып кеткенине бир ярым ай болды, сен болсаң атын сатып, ўәде етип қайтып жүрсең.

— Енди не қыламыз?

— Билмеймен!

Өлимнен уят күшли. Лебизимди шаймаламайман деп қайнағамыздың үйине бардым.

— Бундай жумысты өзим ислеп жүргенде айтыўың керек еди, — деди ол да назырқаныңқырап. — Мейли, енди бирге барамыз, сөйерде не дегенин еситерсең. Айтпақшы қырқыншы автокәрхананың директорып таныйсаң ба?

— Өзин танымайман, бирақ ҳаялы бизлерде ислейди.

— Ҳаялын танысаң болды ғо. Соның автокәрханасында таза «Супер МАЗ» автомашинасы бар екен, арендаға береди дейди. Бизиң Өткирбайға сөйлесип берсеш. Анаў-мынаў тәметсе берермиз, әйтеўир...

«Қудай жоқ, пайғамбар жоқ» белбуўардай ўәдени берип салдым. Еплеп мениң алдыма түсип, қәтереге барса болар.

— Мынаў бизиң күйеў бала, — деди байланыс тармағының тазадан болған баслығына таныстырып. Қудайға шүкир усы қараған елатта абыройы жаман емес. Анаў-мынаў жумысың болса питиреди. Тек буның қоңсысының үйине телефон қурғызып берсеңиз болды.

Мениң бахтыма бизиң көшедеги гөш-сүт өнимлери басқармасының кеңсеси жабылып, бирден жети точканы қайтарып тапсырып атыр екен. Лекин, таза баслық оның қәдирин түсирмеди.

— Сиз келдиңиз, онда илаж жоқ, — деди бизиң қайнағаға, — Лекин жаңағы гәпиңиз ырас болса, инимизге бир жумыс саламыз.

— Сала берин. Жыланның таңлай тисин әпер десең де әпереди.

— Бала-шағаны санаторияға жибермекши едим. Ендиги айдың бесине жоллама да таўып қойыппан. Соған бир жерден азы-кем пул өткизип бериўи керек.

— Өткереди! Бизиң Дәўекеңниң мәкеме басшы яр дослары көп. Бир аўыз гәпи.

Қайнағам мен ушын ўәдени үйип-төгип таслады.

Арадан бир ай өтти. Қонсымыз телефонлы болды, Жарылқаған ағаның ерке баласы пәтиңкесиниң сирисинен басып, колледжде оқып атыр. Ал, мен болсам мойныма минген қәтерелердиң изинде еле жүрмен.

Өткирбайға арендаға МАЗ беретуғын директордың ҳаялы жерге түсип кеткен орамалын пул бермесең еңкейип алмайтуғын қыйлынан еди.

— Қәйним, питпейтуғын жумыс жоқ, — деди айтқаннан-ақ. «Қалаўын тапсаң қар жанар» деген, оны сизиң айтыўыңыз, бизиң питкериўимиз биледи.

Басыңды аўыртып не қылайын, Өткирбайдың МАЗ миниўи, бизге сол автокәрхананың директорының қызы ушын медсестралық бир орын таўып бериўге түсти. Бул қәтерени байланыс тармағы баслығының ҳаялына санатория ушын пул өткерип бериў менен бирге алып бардым. Бармаған есигим, кирмеген тесигим қалмады. Жумыста да азанғы ўақытта бир көринемен, кейин бизди излеген адам таппайды.

Өлдим азарда, қаланың туў сыртындағы тасланды суўларды тазалайтуғын бир мәкемениң директоры санаторияға жоллама ушын пул өткериўге келисим берди. Әлбетте, оған бир өзим барғаным жоқ, коңсымыз Мәдирейимниң бөлеси екен ол маған гараждың ултанын сыбаў ушын бир машина бетон, төбесине қуйыўға бир доғалақ битум таўып бериў шәртин қойып қәтереге баратуғын болды.

Келисим бердим. Жолламаға пул өткерип беретуғын директор да қарап қалған жоқ.

— Бундай қайырқомлыкты адамның адамы ислейди, — деди ол маған. — Тап мына Мәкең келген соң қыймай отырман. Сонда да сизге бир жумыс айтайын, өйтпесек сонша пулдың обалы да барды. Базаркомды таныйтуғын шығарсаң?!...

— Таныўым керек.

— Сол базаркомға барып бизиң ҳаялдың инилерине бир коммерциялық дүкан, бир гөш ларек қойыўға орын алып бересең.

— Болады әперейик.

Шынжырма шынжыр қәтере көбейип кетти. Базарком өзиниң балдызына балалар бақшасының баслығы ўазыйпасын алып бериўди, Өткирбайға МАЗ беретуғын автокәрхана директорының қызын жумысқа алған бас врач өзиниң қызын контракт пенен институтқа киргизиўди, институт ректоры жақын районнан студентлер егин егип тәрбиялаў ушын 60 гектар жер алып бериўди, жер беретуғын колхоздың баслығы Белоруссиядан бир экскаватор алдырып бериўди өтиниш етти. Енди ойлап көрсем, усы экскаваторды айтқан ўақытлары таслаған екенмен...

Емлеўханада бир жети күн жатып өзиме келдим.

— Дәўирхан аға, енди қайтып аўырмаң, — деди бас врач мени дәрўазаға дейин шығарып салып. — Деген менен ҳәзирги медицинаның аўҳалын билесиз, өзиңиздей азаматлардан жәрдем сорамасаң болмайды.

— Басланды! — дедим ишимнен. Аяқ қолыма қалтыратпа тийе баслады.

— Тезирек айтың, қандай жәрдем керек?

— Жәрдем болғанда ат-түйе емес ғой. Жора-жолдасларыңызға бир аўыз айтсаңыз питиреди. Еки жүз метр траншея бар еди, көмилетуғын. Соған бир бульдозер...

Аржағы есимде жоқ. Көзимди ашсам, бурынғы палатамда жатырған екенмен.


2. 09. 1995-жыл


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Тырнақ бояўы
Алдынғы бөлимге қайтыў: Руль
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.