Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Руль (Rul)

Алыс районлардың бириндеги орта дәрмиян кәрханалардың биреўине директор болып усынылып атырған Таймасов, буйрық алып кетиў ушын басқарма баслығының алдына келди. Баслық оның менен бираз ўақыт гүрриң өткерди, соң мақул деп тапса керек, қәнийгелер бөлиминиң хызметкерин шақырып, буйрық таярлаўға тәртип берди.

— Енди сиз шарбақтан бир айланып келиң, — деди баслық Таймасовқа. — Киреберистеги биринши бастырманың астында бир жеңил машина тур, соны дыққат пенен көриң, қайыл болсаңыз соны сизге хызмет бабында миниўге беремиз.

Таймасов шарбақтан апалақпап тез қайтып келди.

— Ҳаў, ақсақал, — деди хаўлығып, — ол машинаның рули жоқ ғой.

Баслық мыйықтан күлди.

— Алабериң. Машинаңыздың рули бизде турады.

Таймасов азғана ўақыт сам-саз болып турды да, соң:

— Мен қайылман, — деди бас ийзеп.

— Бәрекелла! — деди баслық кеўилли түрде. — Ҳәзир директор болғаныңыз ҳаққында буйрықты аласыз. Сизден алдын жиберилген еки жигит те руль сорағаны ушын буйрық ала алмай кеткен еди.


1996-жыл


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Қәтере
Алдынғы бөлимге қайтыў: Қосымша сораў
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.