Қосымша сораў (Qosımsha soraw)
Ҳәзирги ўақытта журтта «Муғаллим билсең де қоймайды» деген пикир пайда болып кеткен. Мен, тап усының өтиригин шығарайын деп оқыўға кирген күннен баслап, шуқшыйып китаптың изине түстим. Көшеде қыдырмадым, той-мерекеге де бармадым, еси-дәртим имтиханлардан өз күшим менен өтиў болды.
Ярым жыллық семестр басланды. Биринши мәртебе имтихан тапсырып атырман.
— Биринши сораўды айтың, — деди муғаллим.
Шабатуғын аттай суўлыққа таслап турған адамға жырма, саўдыратып айттым да бердим.
— Екинши сораўға өтиң.
Булда кеўилдегидей болды.
— Үшинши сораўды баслаң.
Үшинши сораўдың да түбелегин түсирдим.
— Болды. Енди қосымша бир сораў беремен, билсең — бес, егер билмей қалсаң өкпелеме: —Сессияны табыслы жуўмақлаў ушын не ислеў керек?
— Жақсы таярланыў керек.
— Тағы?
Ырасын айтсам, тағы не ислеў кереклигин билмейтуғын едим. Тубаладым да қалдым.
— Бар, таярланып келиң, — деди муғаллим книжкамды алдыма атып урып.
Сыртқа шығыўым мәттал, студентлер қоршап алды.
— Неғылдың?
— Жығылдым.
— Қалайынша?
— Үш сораўды да айтып бердим, бирақ, қосымша сораўға жуўап бере алмаған соң қоймады.
— Аңсаты қосымша сораў ғой, — десип атыр ҳәммеси жабырласып, — Бизлер бир сораўға да аўзымызды ашқанымыз жоқ, бирақ, қосымша сораўды тас қылдық.
— Қандай еди сораўыңыз?
— Ол сораў ҳәммеге бирдей.
Жигитлердиң биреўи әсте книжкасын ашып көрсетти. Онда бели бүкленбеген бир-еки жүзлик салыўлы тур еди.
— Бул не?
— Ендиги имтиханның қосымша сораўына.
9. 07. 1996-жыл.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Руль
Алдынғы бөлимге қайтыў: Жаза қурық
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: