Диңгектеги данышпан (Dińgektegi danıshpan)
«Қулан қудыққа қуласа, қулағына қурбақа үймелейди» деген дурыс екен. Ешейинде қол шошайтып сөйлеўге қорқатуғын көсемлеримиздиң мойнына енди трос илинип, ескерткишлери алып таслана баслады. Солардың бири бизиң колхозымыздың алдында тур еди. Жақында ол да кетти. Ескерткиши алынған адам бойлы дингек еки айға дейин бос турды. Үшинши айға қараған күнлердиң биринде колхозда жаңадан ат қойыўға арналған мәжилис болды.
— Ҳүрметли жәмәәт, — деди басқарма баслығы салтанат пенен, — Мине сизлер ғәрезсиз елдиң азаматларысыз. Барлық ерк қолыңызда. Сизлерге ҳеш ким жоқарыдан келип, бурынғыдай көрсетпе бере алмайды. Сонлықтанда, колхозымызға ат қойыў мәселеси де өзлериңиздиң қолыңызда. Усыныңлар, мен сизлердиң хызметиңиздемен!
Демократияның самалы менен адамлардың танаўы жибисе де, тап мынадай ғаркәллезий еркинликти көрмеген екен. Дәслеп, бир кеса шай ишимдей ўақыт жым болып қалды. Соң барып, ортарақтан жасы отыз бес-қырықлардың шамасындағы жағы сүмпийген бир жигит түргелди.
— Мен әдебият муғаллимимен, — деди ол ҳәммеге бир қатар нәзер таслап. — Лекин, өзим тарийхқа қызығаман. Ойлап турсам, усы күнге дейин орыслардың Кутузовы менен Суворовын үйрене берген екенбиз. Уят, бул, өзлеримизде батыр жоқ па? Не ушын биз Суворовтың орнына Шәрьярды улуғламаймыз? Маспатшаны төбеге көтермеймиз. Мениңше колхозға Шәрьяр деп ат қойыў керек. Мәспатшаның атындағы патша сөзи адамларға жақпаўы мүмкин.
— Шәрьяр батыр емес тә, — деди биреў турып.
— Батыр! Әдебият муғаллими пикиринен қайтпады. Оны тағы биреў жөпледи.
— Мейли, батыр болмай-ақ қойсын, бәрибир халқымыздың қаҳарманы ғой,
— Қаяқтың қаҳарманы! Ол патшаның тасланды баласы болған.
— Әй, берекет тап! Күшик пенен пышыққа аўмастыратуғын емес пе?
— Әй, сол Әнжимниң иниси ме я ағасы ма?
Адамлар ғаўырласып кетти. Әдебият муғаллими әри-бери түсиндирмекши болып еди, даўысы уяң екен, көпшилик басып кетти. Кейин илажсыздан отырды. Ғаўырлыны колхоз баслығы зорға тоқтатып алды.
— Биримлеп айтың ағайинлер. Бирақ, Мәспатша, Шәрьяр дегенди қойып турайық та, берманырақтан ала берейик.
— Соны айтамыз дә! Тарийх деп онша тереңге сүнгий берип...
— Болмаса Омар шайырдын атына қойсақ қәйтеди?
— Ким ол, Омар шайыр деген?
— «Бул дүньяға шығып не көрдиң Омар.
Неше жыл Изимге қопардың томар», — деген қосықты билмейсең бе?
— Қопарса қопарады дә! Бул Изимниң колхозы емес! Изимге барсын. Оннанша барма, жолдаслар, колхозды Қулымбет болыстың атына қойыў керек.
— Ҳаў, ол болыс болған ғой.
— Болса неғыпты? Ҳәзир ҳәмме ескиге қайтып атыр.
— Тап, ескиге мың жеринен қайтса да, Қулымбет болысың болмайды. Ол төрт қатын алған адам.
— Аўысып атырса алмай не қылады?
Колхоз баслығы тағы столды тоқылдатты.
— Жолдаслар, сизлер пикириңизди жәмлегенше, мен усы мәселеде жигирма жети адам қол қойған бир хатты оқып берейин. Бәлким, бул усыныста мақул түсип қалар.
Ҳәмме ийеклерин созып хатқа тигилди.
«Ҳүрметли колхоз басқармасы. Бизин атамыз Пиримбет Шеримбет улы инқылаптың дәслепки жылларында жаңа ҳүкиметке белсене хызмет еткен, өзиниң есигиндеги он сегиз сыйырын, үш жылқысын, бир өгиз арбасын, жетпис еки қой жаллығын усы колхоздың орталық мүлкине тапсырған.
Колхозға ағза болмастан бурын да қызылларға көп жәрдем еткен. Олардың он еки әскерин үш күн үйинде сақлап, кетеринде ҳәр бирине бир-бирден шерим етик тиктирип берген. Ҳүкиметтиң исенимине ерискеннен кейин, усы колхозға баслық болған. Биз, усыларды есапқа алып, колхозымыздың атын Пиримбет Шеримбет улының атына қойыўын сораймыз».
— Гөрсаўат адам жазған, — деди хатты оқып болар-болмастан бағанағы әдебият муғаллими ушып түргелип.
Колхоз баслығы шоршып түсти.
— Неге? Жигирма жети адамның бәри гөрсаўат па?
— Ақыры, адам деген ойлап көриў керек ғой. Биз сол қызыллардың дүзген жәмийетин бийкарлап отырған жоқпыз ба? Неге енди оның жан ашырына колхоздың атын қояр екенбиз? Еле де ойланың ағайинлер. Шәрьярдан жақсы ат жоқ. Болмаса Едигени қойсақ та болады.
— Яқ, — деди биреў шарп етип, — Едиге көп. Ҳәзир қәйерди көрсең Едиге. Оған қарағанда Нуратдинниң аты сулыўырақ.
Ғаўырлы қайтадан басланып кетти.
— Улыўма, батырдың атын қойыў керек дегенди ким таўып жүрген?
— Соны айтамыз-аў! Биз не, өйтип, төбелесейин деп атырмыз ба?
— Әй, усы, Бектемирдиң неге атын қояғоймаймыз?
— Ким ол?
— Биринши тракторшы дә?
— Ағайним, биринши тракторшы, биринши муғаллим, биринши космонавт дегенлердиң бахты тайды, ҳәзир.
— Бир нәрсени умытпаў керек, жолдаслар — ортадан теке сақаллы бир киси күйип-писип түргелди.
— Қарныңыз тоқ, ел парахат, соннан кейин гәлжеңлеп отырсыз. Кешеги урыста немецлер жеңип алғанда неше пуллық киси болар едиңиз? Оннанша аўылымыздан жалғыз өзи аман келген Есмырзаның атына қояйық колхозды.
— Есмырза еле тири емес пе?
— Тири болған менен ҳәзир қатты жатыр. Сен жаңағы олай-пылайыңды дүзестирип, мөр соқтыраман дегенше қалмайды.
— Гәп қалған қалмағанында емес. Сол Есмырзаның өзи немецти көриппе екен?
— Төрт жыл урыста болған ғой. Көрмей не қылады?
— Әй, билмедим-аў. Оң қолының төрт бармағын оқ жулғанынан да гүманым бар. Неге оның шеп қолына оқ тиймей, оң қолына тийеди.
— Бәлким, оң қолын өзи атқан шығар?
— Яқ, өзи ата алмайды, бирақ, киятырған оққа тутып қалыўы мүмкин.
— Болмаса Айсараның атына қояйық, жигирма жети жыл бригад болды.
— Болмайды. Сөзимиз аўыр болмасын, ол кейинги ўақытлары райком менен жүрген дейди.
Бул ирет профсоюз шөлкеминиң хаткери гәпти болди.
— Ҳүрметли жолдаслар, биз ат қоямыз деп ҳәр кимниң гүнасын көтерип болдық. Оннанша ҳәммеге биймәлел, жердиң, суўдың аты менен атасақ қалай болады?
— Жүдә зор болады! Ҳәмме миллийликке қайтып атыр. Миллий атамадан қояйық.
— Бүйерлерде ондай белгили ат барма екен?
— Бар шығар? Пирлеш аға, сиз билмейсиз бе?
Алдыңғы қатарда отырған ақ сақаллы ғарры бүкшийиңкиреп барып, орнынан турды.
— Бүйерлерде ғой, ондай аттың барын билмедим. Бирақ, бизиң әкелеримиз айтатуғын еди, мына Әбдиўәлий қотырдың ҳәреминиң астында бурын сай бар еди. Ол сайдың аты жақынға дейин «Дамбал кеткен» атанып жүрди деп.
— Дамбал кеткен? Ол қалай кеткен екен?
— Қайдан билейин, шырақларым. Қәтелесип кетсем қудайдың өзи кеширсин. Әкелеримиздиң айтыўынша жаңағы сайдың суўы тып-тынық ҳәм салқын болады екен. Түс ўақтында ҳаяллардың тасарақ жерге барып, үстиндеги кийимлерин шешпестен шомылатуғын әдети бар ғой. Сондайда бир қатын жүзип билмей, ығып баратырып, «жәрдем бериң» деп бақырыпты. Еле де жүрими бар пақыр қусайды, сол кәраға жақын жерде биреў қос айдап атыр екен, даўысты еситип келип, өлдим азарда тартып алыпты.
— Ҳеш ким кетпеген ғой сонда?
— Мен адам кетти деп отырғаным жоқ ғой, қарақларым-аў, дамбал кеткен.
— Адам қутқарылғаннан кейин, дамбал қалай кетеди?
— Ҳаў, суўға түскеннен кейин, дамбал қампайып кетпейме? Адамды тартып алғанда ол сыпырылып түсип қалған.
Адамлар жанланып, күлисе баслады.
— Мениңше, жақсы атама, — деди бригадлардан биреўи турып. — Сиясат пенен, жәмийет пенен иси жоқ. Қай дәўир болса да бәри бир. Бирақ, бир лийкини болып турған жери, ҳәзирги жаслар дамбал дегенди түсинбеўи мүмкин. Сонық ушын оны «Ыштан кеткен» деп өзгертиў керек.
— Яғәй, ол болмайды. Ыштан деген мәдениятсыз ғой.
— Неге мәдениятсыз? Ыштан не, дамбалы не — бәри бир емес пе?
— Бәри бир емес. Дамбал — ыштаннан мәдениятлы.
— Мәдениятлы бола берсин, сонда бағанағы Есмырзадан дамбал абырайлы болғаны ма?
— Пай-пай, ол заманның дамбалларын билмейсен-аў, қосшым. Рәс-с, балағы жийекленген, қатара нағыс, уршықтың басындай пөпекли ышқыр...
— Ал, яқшы, басқа қандай атамалар бар? — Колхоз баслығы ғаўырлыны бөлип, ортаға сораў таслады.
— Басқа деп енди... Болады ғой сол.
— Ҳәмменин пикири солай ма?
— Аўа — деп ҳәр жерден даўыслады жыйналғанлар.
— Болмаса даўысқа қойып көрейик. Колхозымыздын аты «Дамбал кеткен» болсын дегенлер қол көтерсин.
Ҳәмме тегис қол көтерди.
— Ким қарсы?
Әдебият муғаллиминин бир өзи қарсы болып қол көтерди. Бирақ, ол биреў болғаны ушын есапқа алынбады.
Мәселе питти. Ояқ-буяғы бир айдың ишинде барлық қатнас қағазлар жаңа атама менен қайта басылды, мөр исленди. Пахта тапсырыўдың барысы бойынша газеталарда колхоздың жаңа аты көрине баслады.
Гүздиң ақырына келип, көсемниң тулғасы турған диңгек қолға алынды. Оның сырты жылтыр мәрмәр таслар менен қапланды, үстине кишкене зәрен тақлетте етип тастан ойылған көлдиң сүўрети қойылды. Суўдың бетинде болса көмпейип ығып баратырған дамбал сүўретленген еди.
4. 01. 1994-жыл
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Телефон жинлиси
Алдынғы бөлимге қайтыў: Әнийпа
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: