Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

VII (VII)

Бир күни асық ойыннан соң, «Сүўенлиниң» уяң, өлимсиреп ағып турған ағысына қарап тур едик. Сөзден сөз шығып, оқыўдың қыйынлығы, жалықтыратуғынлығы, молланың еткен айыплары ҳаққында сөз келип тур еди. Шәрипбай ҳәкиреңлеп:

– Оқыў деген ийне менен қудық қазғандай қыйын болады, және ҳәр ким биле бермейди, – деп мардымсынды.

Мениң қапталымда турған Есим жудырығын түйинип, Шәрипбайға қарап:

– Сен өзиң қыйынлықтың не екенин билмейсең. Кийемен, жеймен десең, саған таяр. Молланың кеўлин табасаң. Басқаларға қыйын десе болар. Дурыс емес пе? – деп, көпшиликке қарады. Оның көзиниң нуры жарқырап, жақтылық сәўле шашып турғандай болды. Бизлер бәримиз де: – әлбетте, дурыс, – деп жуўап қайтардық.

Есимниң күнге күйреген, жаслай мийнетке шыныққан күшли денеси, шымыр билеклери, келистирип сөйлеген сөзлери бизлерге тәўир есенген кисиниң айтқанындай сезилди. Бизлер оны мудам өзлеримиз бенен алып жүриўге тырысатуғын едик. Узағырақта ойынға барсақ, Есимсиз бармайтуғын едик.

Шәрипбай ҳеш нәрсе айта алмады. Бирақ, қатты ашыўы келди. Бозарып турды да қойды. Мен де жайыма қарап тура алмадым. Оған қарап: жақсы, сен көп билесең бе? – дедим. Ол: – Әйтеўир, сеннен көп билемен, оқыған әптийек1, қуран2, суўпыаллияр3, шаркитап4, – бәрин билемен, – деди.

– Наўайыны-ше? – деди шеттеги турған Генжебай. Оған Шәрипбай жекиринип: – оны оқытты ма? – деди. – «Наўайыны оқысаң, ҳаўайы боласаң», – деди ғо молламыз. Генжебай жигерленип:

– Адамлар Наўайыны жақсы көреди ғой. Оны қыссаханлар қандай жақсы оқыйды. Халықлар дегениң күтә сүйсинип тыңлайды. Олардың ҳаўайы болғаны қайда.

Шәрипбай қызарып бөртти. Қолын қалтасына салып не дерин билмеди. Мен бағанағы сөзимди даўам етким келди де:

– Қәне, сен билгиш болсаң әптийекте адым сайын дусласатуғын «бисмилланың-ақ» мәнисин түсиндир, – дедим.

Балалар мениң саўал бергенимди мақуллағандай болды.

Шәрипбай көзиниң қыйығы менен бир қарады да төмен қарап тура берди. Мен жақынлаңқырай берип: – не деген сөз дей бергенимде, – мине, мәнис саған, – деп шекеме алдырып жиберди. Мен де қарап тура алмадым, көздеги жасым менен жармаса кеттим.

Балалар да мен тәрепте. Шәрипбайды басып урып атырғанымызды молла көрип, бизлерди услады. Мени қулағымнан тутып, мешитке алып барды. Молла тисленип:

– Ҳә, бәдбақ, неге төбелестиң … – деди. Есиктен сөйткенше болмай-ақ, Шәрипбай кирди. Ол жыламсырап: – тақсыр, меннен қуран сөзлериниң мәнисин сорады, – деди. Молла қутырған ийттей тисин ақшыйтып: – пәлектен урған, саған «мәнис» керек пе ... – деп жулқынып, шекеме салып жибергенде шаппаттың пәти менен жерге жығылдым. Көзден жас парлап ақты.

Шәрипбайдың көз жасларын молла белбеўиниң ушы менен сүртип:

– Бар, балам, кете бер, бул ақмақ ертең азанға шекем жатады, – деп қолын силтеп көрсетти. Шәрипбай мардыйып шығып кетти. Мени тепкилеп орнымнан турғызды да, мектепхананың ишине салып, қулып урды.

Егер геўгим жабылып баратқанда, ағам келип тилеп алмаса, ертеңге шекем қамаўда жатып шығар едим.

Әнекей, күнде еситип жүрген сөздиң мәнисин сорайман деп, сонша азапқа қалдым. Ҳақыйқатында, мектеп балаларының бәри де ҳеш бир сөздиң мәнисин де билмейди, еки ҳәриптиң басын қосып оқый алмайтуғын да еди. Сораўға молладан қорқатуғын еди.



1,2,3,4 Дин оқыўының сабақлық китаплары


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: VIII
Алдынғы бөлимге қайтыў: VI
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.