Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

VIII (VIII)

Не себеп екенин билмеймен, әйтеўир, бизиң бурынғы молла алмасып, онын орнына бөтен молла тайынланды.

Бизлерди бул өзгерис бир қанша қуўандырды. Бурынғы моллаға қарағанда бул жайлырақ болды. Бул бурынғы молладай күйгелекленип, онша урыса бермейтуғын болып шықты. Урса да, бир-еки урып, тек «бәдбақ», «занғар» деў менен ғана шекленеди. Және тағы бул молла, бурынғы молладай қолынан тәсписин түсирмей ойылып оқый да бермейди.

Дурысында бул молланың бизлерге «жайлы» болып жүрген себеби, онын көкнар ишиўи еди. Бул көкнарды азанда бир, кеште бир ишеди ҳәм де шайын мешитте қайнаттыратуғын еди. Мудам шай қайнатыў ушын бир еки баланың жүргени.

Ол азандағы езген көкнарын сәскеге шекем езип, үлкен үш шайнек ашшы етип демлетип, үстин дастурхан менен бастырып қоятуғын еди. Көкнар езип ишетуғын оның мыстан тостағаны бар. Ҳәр ишкенде оны толтырып ишеди. Соннан түске шекем көзин жумып шып-шып терге түсип, шай ишиў менен-ақ отырады. Ҳәр ўақта кеседен шайын уртлай сала, аўзындағы набатын сорып, көзиниң жумылыўы менен бизлерге бетин бурып:

– Ҳәй, – деп тағы кеседеги шайын ише беретуғын еди. Бизлерге бул, оқыңлар, – дегени еди. Сол отырысымызды бузбай оқыған болып ғаўырласып және жөнимизге отыра беремиз. Молламызға сабақ үйрет ямаса сабақ тыңлаң деп жекке-сийрек ғана баратуғын едик.

Былайынша айтқанда, бизлер оның ҳәзин бузбаўға тырысатуғын едик.

Бизлер даўысымызды шығармай, ойнап-күлип отыра беремиз. Ҳәттеки, далаға шығып келиў ушын оннан жуўап сорамай-ақ, қәлпеден жуўап сорап шығып кететуғын едик.

Молла гейде түсте бизлер кетип қалғанда да шай ишиўин даўам етип қалатуғын еди. Егер шайын ертерек ишип бола ғойса, дала-палаға шығып, терин сүртип бийтин қараўға кирисетуғын еди. Арқасы қышыңқырай берсе, балалардың биреўин шақырып қасытатуғын еди.

Молланың бул қылығы бизлерге күтә жеркенишли көринетуғын еди. Қасымдағы жолдасым: – Әй, исиң ериккен екен «молланың қылығын қылма, айтқанын қыл» дегендей, мыңғырлайды, бул мениң қулағыма кирип те шықпайды.

Арадан бир жылдан көбирек ўақыт етти. Бизиң молла «ҳажыға» барадымыс деген хабар таралды. Бул хабар бара-бара пүткил мешит қәўимге ҳәм соның ала қалаға тарала баслады.

Қаланың бас көтерген уламалары, байлары буған жақсы баҳалар беристи: – Жақсы адам, ийманлы адам – деди.

Бирақ, көпшилик халық бул аўҳалға ҳайран қалғанлығы менен қарасты. Неге десеңиз, мусылманшылықтың шәртине «ҳәр бир мусылман қүдирети жетсе, ҳажыға барыў керек» деген болса да усы ўаққа шекем бул шәртти ҳадал нийет пенен орынлаўға урынған адам гезлесе қоймайтуғын еди. Бул күтә жекке-сийрек гезлесетуғын аўҳал.

Егер қүдиретликке қарасаң, қаланың бас байлары барар еди-аў. Буның бир қашырымы бар ғой, деген ойға келдим.

Не деген менен де қаланың бас көтерген адамлары, уламалары «ҳажыға» баратуғынларды қуўатлай баслады. Бас болып байлар өзлериниң жәрдемин әкелип берди. Булардан соң әпиўайы қара пуқаралардан да жәрдем түсе баслады. Кими сүтли шөрек жаптырып әкелип берип атыр, шөреклер күнге кептирилип те атыр. Молланың алды күнде толы адам. Журт «садақа» деп барын берип отырыпты. Мешиттиң қорасының ишинде қой, жанлық та, таналар да келип байланатуғын болды. Намаз жума күнлери мешит толы адамлардың ортасына молла шапанын жайып таслайды. Жайылған шапанның үстине теңге жамғырдай қуяды. Сөйтип, бираз теңгени жыйнап алатуғын еди.

Сөйтип, молла еки айдай таярлық көрди.

Бир күнлери молланың ҳажыға кетип қалғанын еситтик.

Ол кеткен соң тағы бир молла оқыта берди. Көп ўаққа шекем «ҳажыға» кетиўшилерден хабар-атар болмады. Биреўлер: «олар ҳажыға барды», биреўлер: «бармады» тағы биреўлер: «еле жете алмай жүр», – деген тымсал гәплерди айтысты.

Бирақ, арадан алты-жети ай өткен соң топа-торыстан «ҳажыға барыўшылар келипти» деген хабар еситилди.

Көп узамай-ақ, бизлер бастырмалы қараңғы көшениң астынан бизиң молланың ҳәм оның жолдасының еки уллы дүкән ашып, саўда қылып отырғанын көрдик. Бизиң молланың үстинде жипек шапан, басында силикпе шөгирме, сақаллары тикирейип, муртлары шыйырыла баслапты.

* * *

Арадан бир неше күн өткен сон ағам: – балам, сен оқығанды қоя ғой, – деди.

Мен инанар-инанбасымды да билмедим. Бет-әпшериме шырай енип, қуўанып кеттим. Ол әсте-ақырынлық пенен сөзин даўам етип: – быйыл саррас жети жыл оқыпсаң, әптийекти зорға жарыладың, ҳәзир 13 жасыңа келдиң, – деп мениң басымнан сыйпай берди. – Жабанға дайыларың бетке бар, түйек айдарсаң, масақ терерсең әйтеўир, қыс азыққа қосымша бир нәрсе таўып келерсең – деди төмен қарап.

Онын кеўлинде азлап қапалығын сезсем де, молладан қутылғаныма жүрегим алып ушып қуўанып отырман.

Атама қуўанышым менен жуўап қайтардым.

Мектептеги жораларыма да бул хабарды әлле қандай ўақты-хошлық пенен билдирдим. Мен олардың алдында қәпестен шығып, ушыўға мейил алған торғайдай болып сезилдим.


1939-жыл. Қәлликөл.



Алдынғы бөлимге қайтыў: VII
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.