Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

VI (VI)

Қурбан ҳайтының «ҳайтлығы» берилип атыр. Балалар теңгелерин алып келип, молладан бир жапырақ әйтеўир ғана гүңгирт нағыс ойылған, ақ жағына қара сыя менен жазылған қағазды молладан алып атыр. Шәрипбай: – мине, тақсыр, – деп мүләйимсиреген түри менен моллаға еки хан теңгени усынды. Молла теңгени дәрриў көрип:

– Бәрекелле, бәрекелле, – деп қағаздың ишиндеги үлкенирек ҳәм нағыслырақ биреўин алып берди. Оннан Абылла да қалысқан жоқ. Алып келген теңгесин моллаға усынды. Молла оған да сондай жуўап қайтарды. Мен де ҳайтлыққа деп әкелген алты пулымды бердим, молла басын бир шайқады да, жүзиме бир қарап қойып, ҳайтлық қағазын алып берди. Усылай етип, пулы барлар берип, ҳайтлықларын алды. Есим, моллаға ағасынан алған үш пулын усына бергенде, молла оған қарап:

– Тур, жоғал, үш пулға да ҳайтлық беремекен, – деп жекиринди.

Бир неше балалар «ҳайтлық» пулымыз жоқ, тақсыр! десип отыр еди, молла оларға: – Турың, әкелиңлер, болмаса, ҳайтлықсыз қаласызлар, – деген соң балалар илажсыздан шығып кетисти.

Мен де ҳайтлық аларымды алсам да, берген алты пулға ишим ашып отырды. Алты пулға бир шөже қора алыўға болады деп ойладым. Бирақ, енди пайдасы жоқ, алып қойдым, алмасаң да болмайды-аў. Балалардың быжың-быжыңы былай турсын, молланың өзи қосылып масқара етеди. Жаман көреди, жөнсиз урады. Сонлықтан бул жағын да ойладым. Бир ўақлары молла тикленип:

– Барың, ҳайт өткенше жуўап, – деди. Ол тағы: – ал, ҳайтлық алмағанлар пулын әкелип, алып кете берсин, – деп ҳайтлық жазыўын даўам ете берди.

Қуўанышым менен үйге келсем, атам менен апам қапаланған түринде отыр. Бир ўақлары апам:

– Қурбанлық деп жалғыз сыйырдан айрылар жағдайымыз жоқ. Оннан да аяқласпа изле. Пулын еплестирип таўып берермиз, – деди.

Атам зорға дегенде көнди, ол аяқласпа излеўге кетти. Бирақ, көп узамай, тағы қайтып келди. Аўылдың жети үйи биригип, бизиң сыйырды соятуғын болыпты. Атам оған илажсыздан ыразылық берипти.

Апама қосылып мен де жыладым. Бирақ, оның менен бәри босқа кетти. Апам да қарсылық билдирген болып еди, ол да ҳеш пәтиўаға аспады.

Ҳайт күни азанда сыйыр сойылды. Оны сойғанда да мен мудам қапаланып жылаў менен турдым. Апам болса, үйден шықпады. Ағам бир неше мәртебе үйге қуўып жиберседе мен шығып өкирип жылай бердим.

Мен ол сыйырды күтә жақсы көретуғын едим. Бул сыйыр мен есимди билгели үйде сыйыр болып, мени сүти менен асырап келатқан еди. Онын мүләйим жақсылығы, ақыллығы, сүтлилиги сондай – мақтаўға турғандай еди. Оның жалғыз-ақ айыбы қуйрығы шолақ еди. Мен оның өзи түўе, ҳәттеки, жыл сайынғы туўған бузаўларын сатқанының өзинде де жылап қалатуғын едим.

Мине, енди ол гөш болды. Оның гөшин жеўге келетуғын қуўарған, сықылсыз тирийекши өзимиздиң молла, аўылдағы Досым суўпы усағанлар көз алдыма елеследи. Оларды мен бәледей көрдим.

Ҳайт тарқады. Ертеңине азан менен мен мешитке бардым, ҳеш бир бала келмепти. Молла да жоқ. Мен ишки есиктен кирип дәлизге өттим. Сасық ийис мурнымды жарып баратыр. Оқыўхананың қарсы алдындағы өжиреге қарасам, баўырсақ, созбан қырмандай болып үйилип тур. Ийис күни писирилгенлердиң бәри усыкараға әкелинген бе – деп ойладым. Есикти ашып қойып, дәлиздиң қараңғы төр бетине қарасам, қой, ешкиниң, малдың терилери үйилип тур. Сасып турған солар екен.

Жүрегим ҳәўлирип ура баслады. Бул неси? Ямаса урылардыц апарыўға жер таба алмай әкелип қойғаны ма? – деп те ойландым.

Барластырыңқырап қарасам, терилердиц ишинде үш күнликтеги қурбанлыққа сойылған шолақ сыйырымның териси де бар. Көзиме оттай басылды. Көзимди жасаўратып, терини қушақлап алдым.

Урылардың биреўи турған жоқ па деп, тум-тусымды, өжирелерди, мектепхананы барластырдым. Терилердиң астына жасырынып жатыр ма деп те ойладым, ҳеш ким сезилмеди.

Дәрҳал молланың үйине қарай жуўырдым, халықлап молланың үйине қарай жуўырып барсам, молла терлеп шай ишип отыр екен, үрейи ушып қорқып кетти.

– Тақсыр, урылар мешитке көп терилер, баўырсақлар үйип қойыпты, – дедим. Молла дәслеп «урылар» дегеге түсин бузып, үрейин ушырса да, соның ала шақақлап күлди. Мен тағы да сөзимди даўам етип:

– Терилердиң ишинде бизиң шолақ сыйырдың да териси бар, – дедим. Ол бираздан соң күлкисин басып – ол терилердиң бәри молланики ғой, бәдбақ. Ана күнги қурбанлыққа сойылған терилердиң бәри моллаға тийисли екенин елеге шекем билмейсең бе? Тур, мешитке бар – деп жекиринди. Мен сүйретилип үйден шықтым.

Сонша тери, сонша баўырсақ, дегенге жаңа түсиндим. Урламай-ақ көрсетип алған уры екен ғой, деп жуўмаққа келдим. Мектепханаға келсем, бес-алты бала келген екен.

Есим де келипти. Мен оған болған аўҳалды айтып оларға қарап турсам, моллаға түсиримниң өзи ҳәм көп екен. Оны есаплап та болмайды. Аты көп алымлар зәкәт, үсир, кеўсен, садақа, жумалық, – дей бергенимде биреў, түрли «сүреге» түскендеги пайғазыны не қыласаң – деди. Екинши биреў: «тәбетте табақ, ызазада ылақ, қуранда қой» апарыўды қәйтесең, – деди. Үшинши биреў – ҳайтлық пулы, отын ҳәм шыпта пулы, ҳәттеки, той болса да, оны сыйлаў керек ғой, – деди. Есим гижине берип, – тойдағы тойғанына қанаатланбай, барлық терилерди алғанында қәйтесең, – деди, ол тағы сөзин даўам етип.

Есаплап қарасаң, ҳәр бир халайық өмириңше тапқанының көпшилигин моллаға өткерип отырыў керек екен, – деди. Оның жүзлери жарқырап, көзлери оттай жанды. Мен: – аўа, солай екен, – дедим.

Молла да келип, күндеги сабақ басланды.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: VII
Алдынғы бөлимге қайтыў: V
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.