Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

V (V)

Жума күни. Сәскеден аўған ўақыт. Арқадан ескен азғантай қурғақ шамалдың өзи-ақ қаланы шаңға толтырып аспанға көтерип тур. Ушып жүрген шөп-шар, шаңғытқан қум топырақ адамның көзин аштырмайды. Ийрек-ийрек тас көшелер, үпилдирикли уп-узын қамыс қоралар, шертеклер, қуўрап турған, араларында ҳәррелердиң уялары лық толған шеңгел қоралар, қара үйлер, ылашықлар қала ишинде сонша болса да, шаңды иркип тура алмайды. Ҳәттеки, ҳәр жердеги бийик ҳәўлилердиң де шаңды иркиў қүдиретинен келмейди. Қайта олардың өзлеринен қосыла шаң шығады. Шаңға шаң қосады.

Бул мәҳәлде үсти-басларын шаң басқан, жүзлеринен көзлери зорға ғана жыпылықлап көринген базаршылар қалаға келип атыр. Ким атлы, ешекли, арбалы пияда ҳарып шаршап шарбақларға, кими танысларына кетип атыр.

Мен апамның дүмпиўиниң зорына ушыраўым менен бузаўға қала сыртындағы атызлардан пәшек, суўоты әкелип салыў ушын кетип баратырман. Үйдиң қасындағы сасық ойпаўыттан өтип, саллақхананың тусына келдим. Бул қаланың орта жери еди, саллақхананың бәдбешер жеркенишли ийислери мурнымды жарады. Үйимшик-үйимшик малдың дәрислери, гөне тамның кесеклери, ызғып жүрген симсик ийтлер көринеди. Жаңа ғана бирли ярым мал сойылып атыр екен.

Мен тез барып келиўге тырыстым. Бир жағы қаланың ишине кирип турған Бақайбек әўлийениң ортасындағы қәлендерхананың тусына келсем, қәлендер дийўаналардың гейпарасы беллерине дорбасын асып, уп-узын ҳасаларын қолларына алып, ҳақлаў ушын базарға шығайын деп шаққанласып атыр екен. Ал, гейпаралары айдарларын үрпейип, моланың қапталына жағылған ошақтың отын ысырып, биреўлери шып-шып терге шомылып шай ишип, биреўлери шыйық-шыйық көкнар езип отыр еди. Булардың көриниси бизлердиң бирдейги айтысатуғын жин-жыпырымыздан бир де айнымайтуғын еди.

Мен булардан да өтип, атызлықларға келип, жән-жағымды барластырдым да, салма бойындағы суўотыны ора басладым; тез қайтыўға асығып орып атырман. Неге десеңиз, мәйек базары ерте қызып, тез таралатуғын еди, оннан қала берсе, саллақханадағы ийт таластырыў мәҳәли де түске шекем ғана болады.

Мен жана бир үлкен баўдай етип арқама салған ўақытта жердин ийеси бақырды. Мен арқалап қашып отырдым. Ол қуўды. Туттырмай қаланың ишине сиңип кеттим, үйге әкелип, баспағымызға азғанасын салдым, енди үй жумысынан азатпан.

Дурысында, бул жума күнги мектеп балаларының ислейтуғын исиниң белли бәнти жоқ. Бизлерге бул күнди «дем алсын» деп беретуғын шығар-аў. Бирақ, бизлер бул күни аўыр хызмет етип, тас қопарсақ та «дем алдық» деп есаплайтуғын едик. Бул күни балалардың көби күтә аўыр хызметлерде болады. Биреўлер балық қуўырғанның отын жағады, биреўлери нанбайхананың нанын тасыйды, биреўлери дүкәншы баққал, бәззазлардың усақ-түсек хызметин етеди. Ал, Есим болса ағасы менен жумадан бурынғы күни кеште көлден ешекли пишен орып әкелиў ушын кетеди. Қыс болса, отынға барады.

Бирақ, не деген менен де, жума күни балалар ойынға да ўақтын бөлип туратуғын еди.

Мен қурық басып жатқан таўықты үркитип, астынан шөже шығарайын деп турған еки мәйегин алдым да, базарға кеттим. Мәйек базары жаңа қызған екен. Аўылдың таныс балалары да бар. Көби аўылдан келген балалар, «ким ныш, ким пәйрек урыстырады» деген даўыслар. Шырт-шырт тиске урысып, шырт етип сынып, ким утып, ким уттырып атырғанлар. Мениң мәйегим урыстырыўға келгенде, ҳеш ким урыстырмайды. Күнге қаратып, ишиндеги шөжесин көрип, қолыма қайтып береди.

Күтә ызам келди. Мениң қылған ҳийлемди балалардың бәри билди. Ақыр болмаған соң, үйге қайттым. Алған мәйеклеримди таўықтың астына салып қойдым. Маған биреў бастырылған мәйек қатты болады ямаса мәйекке қорғасын қуй, сонда ҳәр базарына еки жүз, үш жүз мәйек утасаң, – деген еди. Қорғасын таптыртып атыр ма? Балалар сақаға қуйыў ушын шигиттей қорғасынды еки-үш пулға сатып алады. Ол мәйекке жуғым да болмайды.

Саллақхана бетке барсам, онда да қала балалары ким қаншық жетеклеп, ким көпек жетеклеп жүр. Гейпаралары саллақлардың таслаған ашшы ишеклерин ҳәм басқа тасландыларын ийтке бериў ушын жыйнап жүр. Бизиң аўылдың балаларынан да жети-сегиз бала бар екен. Мен оларға барып қосылдым. Бир ўақытта «Кәсип аўылдың» балаларының бир ийти менен ийт таластыратуғын болдық. Еки ийттиң көзин бастырып әкелип, айқастырып жиберди. Ийтлер қушақласып алысып кетти. Бизлер алысып атырған ийтлердиң гә ол жағына, гә бу жағына шығамыз. Ийтке қосылып, алысып кеткимиз де келеди. Кәсип жақтың ийти жеңиле баслады. Олар бизиң ийттиң қуйрығынан тартты, кесек пенен урды. Бизлер де қарап турғанымыз жоқ, кесек алып, олардың өзлерин ура басладық. Кесек атыспа болып кетти.

Бизлерди жолдан өткен үш-төрт жолаўшылар қарыў етип, тум-тусқа қуўмағанда, көп ўаққа шекем урыса беретуғын едик.

Мен үйге келип қарасам, мениң де бир-еки жерим исипти. Күтә бир әҳмийетли ис питирип келген кисидей, апамнан жасырынып келип, қораның ишинде жатып, азырақ дем алдым.

Бираздан соң тағы көшеге шықтым. Кеш жақынлапты. Базаршылар қайтып атыр, ғәлле базар беттеги майданшылықта көп балалар жыйналып тур екен. Жуўырыў менен барсам, қораз урыстырып атырғанын көрдим. Қанлары жерге тамшылап жүр. Ҳәллери кеткен. Биреўи тас кекил, екиншиси кекилли қара-ала қораз екен. Бир ўақлары қара-ала қораз тас кекил қоразды қуўды. Енди жеңди-аў деп турсам, жоқ, ол қораз ҳийле қылып жүр екен, қайтып урысты. Және бираз ўақыт урысып, тас кекилли қораз қара-ала қоразды қуўды. Бир ўақлары қашып баратырып «ғыйық» деди. Әне, соннан баслап, жеңген есапланды. Тас кекил қораз урысып үйренип, заққы болып қалған.

Жыйналған көпшилик тарқайжақ еди, еки үлкен жигит еки кишкене баланы услап, бала урыстырамыз деп бақырған соң тағы жыйналыса баслады. Усланған балалар жылап, тарбаяқ атса да жибермеди. Еки баланы шалқасына жатқарып, ҳәр баланы еки жигит қол-аяғынан услап, қушақлап әкелип қуйрықларынан дүгистирди. Жыйналған көпшилик күлисип тур. Бирақ, күлиспениң ишинде мына еки баланың ышқырып жылағанын ҳеш ким еситпейди. Үш-төрт дүгистирген соң балаларды босатты.

Биреўлер екинши нәўбетке мени де қолайластырып еди, мен жеткермей қашып кеттим.

Сол кетисимнен үйге барғанда геўгим жабылып, ымырт түсип еди.

Сөйтип, дем алып, жума күнниң өткени ғой деп есапладым.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: VI
Алдынғы бөлимге қайтыў: IV
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.