Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

IV (IV)

Түски бос ўақтымызды ойнаў менен-ақ өткеремиз. Топ ойнаў, суўға шомылып, қалақ ойнаў күтә аз болып туратуғын еди. Буларды ойнаўға қорқатуғын едик. Молла қулағымыздың сыртынан жазып, белги салып жиберетуғын болғанлықтан, суўға шомылыў ҳеш мүмкин емес.

Саратанның ыссы күнлериниң бири. Шаңқай түс. Күнниң ыссылығы шыжғырып, күйдирип баратыр. Есип турған самал да жоқ.

Бул мәҳәлде бизлер мектептен шығып, үйли-үйимизге тарқастық.

Жөнекей жермен деп, қалтамдағы нанымды қолыма алып, мен де үйден қайта шықтым. Үйдиң қасындағы майданлыққа келсем, қой базары беттен аспанға қарай бурқырап созылып баратырған қуйынға: «Таздың үйине, таздың үйине» деп турған бес-алты баланы көрдим. Қуйыннан өлердей қорқатуғын едик. «Жин урады, аўыз мурныңызды қыйсайтып кетеди» дейтуғын еди адамлар. «Таздикине бар», – десең қуйын жоламайды. Жин урмайды десетуғын еди.

Қуйын өтип, бизиң даўысларымыз тынғанша он бес, он алтыға жеттик. Шәрипбайдың «ҳәўип» деген даўысын бес-алты бала қосыла мақуллап, олар да «ҳәўип» дести. Бул суўға шомылайық деген сөзи еди. Сол турысымыз бенен байраққа қосқан аттай шабысып, арнаға қарай жөнелдик. Дем алмастан зуўлап жуўырып киятырып шешинип те киятыр. Бираздан соц арнаға келип, әрли берли шешинип, өзимизди суўға атыў менен болдық.

Үйрек-ғазлардың көп ўақыт суў көрмей келип, суўға тап болғанындай шадлық пенен шомылып атырмыз. Бир қалақтан соң бир қалақ ойналып, өрден-ыққа жүзип, сүңгисип, быған-жыған болып атыр едик, бираз ўакытлар өткен соң қәлпениң «моллаға кешиктик» деп бақырған ашшы даўысын еситтик те, дәрҳал суўдан шыға бердик.

Жүрип киятырмыз, бирақ жүрисимиз де өнбейди. Гейпаралардың:

– «Ақ гүбелек, көк гүбелек, қулағымның суўын төк»... деп алақанды қулаққа тақап бақырыўы ямаса гейпараларының «аяқ басты» ойнап киятырғаны жолды өндирмей кетеди.

Туўра мешитке келдик. Алты-жети ғана бала отыр екен. Молла алақлап, бизлердиң кешиккенимизге күйинип, тышқан аңлыған пышықтай, жалаңлап отыр екен. Бирден бизлер қол қаўсырып, сәлем берип, мешитке кире бердик. Қәлпе бул мәҳәлде мешитти айналып жаз есиктен молланың арты менен келип отыра қойды. Молла буны сезбеди. Молланың еси-дәрти бизлерде. Көзин тесирейтип: – ҳә, бәдбақлар, деп бақырды. – Неге кешиктиңлер деп, жекиринип атыр. Көпшилигимиздиң бет-әпшеримизден-ақ бир нәрсе сезгендей, ийегимизде ылайдың жуғы болса керек. Гейде оны балалар қурбақаның... деп те атайтуғын еди.

– Суўға шомылдыңлар ма? – деди молла ашыўлы дауысы менен. Артына қарап, Шәрипбайды көрип: – тур, булардың қулақларын қарап шық деп буйырды. Қәлпе бурынғы дықты умытсын ба, қолы келди. Балалардың қулағын тексерип болып: – Есим, Генжебай, Нызамлардың қулағының жазыўы жоқ, – деп көрсетти, молла жекириниўи менен: – бул бәдбақ, доңызларды паллаққа асың, – деди. Зәрремиз ушып, қуйқамыз жуўлай баслады. Есим қәддин тиклеп, моллаға қарады: – Молламыз деп ол тиклене берип еди, молла селк ете оған қарап: не дейсец, бәдбақ, айт.

Есим иркилместен сөзин даўам етип: – тақсыр, суўға билмей шомылып қойғанымыз ырас, ал бизлер менен қәлпениң өзи де шомылды ғой. Оның қулағы тексериўсиз қала бере ме? – деди. Молла оған қарап жекиринип: – ол қәлпең ғой, ол тәртипсизлик етпейди, – деди. Қәлпе мешитке кирер ўақтағы бөлекленип кеткенде, өзиндеги қәлемин ығаллап, қулағының артына молланың жазғанындай етип үйкелепти. Молланың бул сөзин ыраслаў ушын қәлпе: – мине, тақсыр, – деп қулағын көрсетти.

Молланың ҳүкими орынланып, айыплы балалар паллаққа асылып атыр. Есим екеўимизди теңнен паллаққа асты. Қәлпе күшиниң барынша шырпылдатып урып тур. Таяққа көнип қалған аяқлар бираз ўаққа шекем шыдады. Соңын ала мөлт-мөлт көзден жаслар төгилди. Мине, сөйтип, шомылыудың соңы усылай жазықсыз көзден жас төгиўлер менен питти.

Бул азапты үйге келип айтсам, атам, оның ҳеш зәлели жоқ, о дүньяда молладан жеген таяғың алдыңнан шығады, балам, таяқ тийген жерлериң отқа күймейди, деди.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: V
Алдынғы бөлимге қайтыў: III
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.