Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

III (III)

Молла азанғы шайдың изин бизлер сәскеликтен шығып келгенде ғана ишип болып, тирийеги қонды ма, әйтеўир, дастығының үстинде шығанақлап, мүлгип отыр. Ҳәр ўақытта «әўип» деп кекирип те қояды, балалар ғаўырласып, оқып отыр. Ҳәтте, алақанның орнындай ғана жерге түсип турған күнниң жақтысы да жоғалды. Күнниң шуўағын намаз оқылатуғын жайдың әйўаны тасалады. Мектепхананың иши бурынғысынан бетер қараўытып, әтирапты қараңғылық басқандай болды.

Бир мәҳәлде сыртқы есик ашылып, Ернияз ағай кирип келди. Оның қабағы исик, көзи жылаў менен қызарған, денесин қапалық жайлаған. Ол қол қаўсырып, жыламсыраған даўысы менен көзинен аққан жасына қарамастан: – бизиң бала қазаланып еди, соған намаз оқыўыңызды сорайман, – деп зорға айтты да, кейнинен бурыла берип шығып кетти. Молла отырысын бузбай, бир керилип, еснеп қойды да, отыра берди. Бизлер Ернияз ағайдың қапаланған түрин көз алдымызға елеслетип, оның қайғысын өз ара бөлискендей болдық.

Усының менен оның үш баласы өлгени, өткен жылы меннен киширек 6 – 7 жасар баласы да өлди. Онда да молланы талай мәртебе шақырып, дем салдырып, дуўалар алып еди. Ол баласының өлимине маңлайындағы жалғыз сыйырын сатып зорға дегенде жаназасын оқытып, қуран шығартып еди. Мине, енди ол күйиктиң үстине бул күйик ҳәм жоқшылық – бул аўҳалға түскен өлимшилик оны әбден қапаландырып, жүзин төмен қаратқаны. Бизлер буны сездик те, қапалығымыз бенен отыра бердик.

Ернияз аға аўылдағы сақшы, күтә гедей адам.

Жақында ғана молланың дем салып, «ийшалла, тәўир болады, ҳеш нәрсе емес» дегенин ядқа түсиргендей болдық. Бирақ, баланың тәўир болмаўы былай турсын, оның өлип қалыўы, молла сөзлериниң ыраслығы қайда? – деген ойға да келтирди. Буның үстине «жаназаға» деп кеткенине бираз ўақ болса да, елеге шекем қәтерсиз отырыўы бизлерди шубҳаландырды. Бул аўҳал Ернияз ағайдың жоқшылық турмысында-аў! – деп ойлайман, деди Есим. Оның көзи жарқырап, нур шашып турды. – Болмаса, жақында, өзлерине белгили, Ешшан байдың қызы өлипти дегенде, бунын қабырғасы қайысып қыйналып, дәрҳал кетиў менен болып еди. Мине, көрмейсизлер ме отырғанын, – деди сөзин даўам етип.

Усы отырыста молла көп ўақ мүлгип отырды. Бир мәҳәлде жаназаға шақырып кеткенлиги есине түсти де, әйтеўир, шоршып оянды да, ширенген түри менен еснеп, орнынан түргелди, илажсыздан барыўға мәжбүр болды.

Бизлер молланың тезирек кеткенин тилеп, өтирикке көз абай етип, қатты бақырысып оқыдық. Молла қуманын алып дәретханаға кетти. Молланың кетиўин асығып күтип отырған қәлпе де қолына шыбықты алып, «оқыңлар» деп өтириктен бақырып қояды. Бизлер оннан бетер бақырысты күшейттик. Гейпаралары арасында бақырысып қосық та айтып отыр.

Молла бираздан соң дәрет алып, қайтып келди. Басын ораған белбеўи менен бетин сыпырып, ол-пулын жыйыстыра баслады. Белин буўып, басына телпегин кийип, қолына ҳасасын алып, кетиўге айналды, геўишин кийип атырып қәлпеге қарады да:

– Сен балаларды тежеп оқыт. Егер мен кешиксем, тап күн шаңқай түс болғанша оқыт та, жуўап бер, – деп шығып кетти.

Қәлпе қолына шыбықты алып: оқыңлар, – деп молланың орнына барып отырды. Бизлер онша қәлпеден қорқпасақ та молла кете қойған жоқ шығар, – деп ғаўырлымызды пәсейтпедик. Қәлпе қолындағы шыбығы менен әстәқырын есикке жуўырып барып, молланың кеткен-кетпегенин сығалады. Молла бизлердиң өзи жоқта не қылатуғынымызды сезетуғын еди. Ўақтын-ўақтын усындай кетип қалған болып, сыртқы есик артында тыңлап турғанын талай көргенбиз.

Бир күни садақаға барыўға кетип есик артында аңлып турған да қойған. Онда бизлер ойынның изинен ҳәр нәрсени айтысып, Есим, молла ҳаққындағы балалардың шығарған:


Молла-молла монтықты,

Тасбақадан қорқыпты,

Аўзы-басы қыйсайып,

Өтирик айтып шоршыпты.

Молла қурсын онбаған,

Ҳасла көзи тоймаған,

Пул толса да қалтаға,

Садақа деп зарлаған, –


деген қосығын айтты ҳәм тағы молла, елти ҳаққындағы көп қызық бәйитлерди айтысып, бизлер ишек-силемиз қатып отыр едик, бир ўақытта молла есикти бирден ашып жиберип, қәҳәрленип келди де, сулайтып ура баслады. Әсиресе, Есимди аўдарып урған еди.

Мине, усындай тағы молла аңлып тур ма, жоқ па, – деп қәлпениң аңлып турғаны еди. Ол әсте-ақырын есикти ашып көрди.

Ақыры, молланың анық кеткенин билип, мардамсып, кеўили көтериңки турды. Бизлер онын бет әпшеринен-ақ молланың кеткенлигин сездик. Тикленип, демимизди еркин алдық. Сөйткенинше болмай-ақ:

– Дәслеп маңлай шертпек, – деп бақырды қәлпе. Соннан соң бизлер бес-алты бала бир төбе болып ойынды басладық. Маңлайға шертилип атыр. Гейпаралары маңлайға шертиўдиң орнына, маңлайға нуқып та жибереди.

Бираздан сон қәлпе: – енди қошқаршақ. Ҳәр ким өз қошқарын тапсын, – деп бақырып, қәлпениң өзи дәслеп Генжебайға асылды. Қәне, ким бизиң «қошқар» менен «қошқар» урыстырады, – деп ортаға шықты. Буған Абдулла Нуранды шығарды. «Қошқарлар» дүгисип атыр. Үш-төрт мәртебеғе шекем екеўи де шыдасты. Алды менен Генжебай қайтты. Басын услап жылады. Нуранның да мийи айланып, жылаўға аз қалып тур. Булардан басқа да дүгисип атырғанлар бар. Бул ойыннан соң гүрес болатуғын болды. Қәлпе менен Абылла екеўи «хан» тикленди. Бизлер екеў ара гелле-гелесип турдық. Балалардың барлығы екиге бөлинип гүрес басланды. Абылла тәрепи басым бола берди. Ең ақырында Есимге қәлпениң өзи шықты. Есим қәлпени де астына былғап басты. Қәлпениң оған қәҳәри келип жылап, Есим менеи ыраслап төбелести. Қәлпе шарбаялық етип, Есимниң бетин тырнап жара қылды. Усы ўақта топа-торыстан есик ашылып, молла кирди. Мектепхананың иши суў сепкендей жым-жырт болып ҳәр ким жайлы-жайына отыра қалысты. Ҳәммениң соңында көз жасы көл болып, қәлпе түргелди.

Молланын көзи тасырайып, уясынан шығып кетти. Еңкейип оқып атырған балаларға қарап, оннан соң шыбықлардын ишинен сайлап биреўин алды. Солығын баса алмай отырған қәлпеге қарап:

– Қәне, бул не, бәдбақлар, – деди. Қәлпе егил-тегил жылап:

– Анаў Есим урды, – деп мыңғырлағаннан басқа ҳеш нәрсе айта алмады.

Балалардың бәринен де ойнағаны, қәлпениц өзиниң бас болғаны, Есимнен таяқ жегени ҳаққында айтылған сөзлер босқа кетти. Дәслеп балаларды да бир неше мәртебе урып шықты. – Ҳә, пәлекет урғанлар, – деп қарғап та қойды. – Сөйтип, сен, Есим екеўиңиз қаласаңлар, деди маған. Балаларға: – барың, жуўап, – деди. Қәлпе сүйретилип орнынан турып, көзиниң қыйығы менен бизлерди шолды да, тез-тез басып мақсетине жеткендей масайрап баратыр.

Молла бизлердиң сыртымыздан илип кетти. Бизлер жата бердик. Түс аўып, балалар да оқыўға қайтып келди. Түстен кейинги оқыўды питкерип кеште ғана кеттик.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: IV
Алдынғы бөлимге қайтыў: II
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.