Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

II (II)

Сәўирдиң самалы есип, жаптың музлары ерип, тереклер бөртсе де, суўық қыстың ҳазары толық кетип, бәҳәр паслы болып кете қойған жоқ. Журт қыс кийимин тасламаған, қысқы өжиреден шықпаған, қара үйдиң қысқы жабыўлары алынбаған. Жер батпақ. Көшедеги ылайдан адам жүргисиз. Қора-қопсыға асылып, өлдим-талдым дегенде мешитке зорға жетемиз.

Бир жыңғылды сүйреп, зорға дегенде мешиттиң сыртқы қапысынан киргизип, әйўандағы отын қоятуғын мүйешке қойдым. Маңлайдан терди сыпырып турсам, үйинен молла шығып келе берди. Мениң отын әкелип турғанымды көрип:

– Ҳә, бәдбақ доңыз, бир ҳәптеден бермаған алып келгениң усы ма, ҳеш болмаса, тәўир етип томар да алып келмейсең, – деп жекирди де оқыўханаға кирип кетти. Мен де кирип, орныма отырып, сабағымды оқый бердим.

Молла балаларды көзден еткерип, нәзерин Абыллаға тоқтатып: – Абылла, кел, сабағыңды тыңлат, – деди. Абылла көзи мөлерип, еки бети қызарып, зорға дегенде моллаға қарай қәдем басты. Абылланың бул көринисине «сен сабағыңды билмейсең ғой» деген баҳаны балалар ишинен берип-ақ отыр.

– Еле ежелеп те оқый алмайсаң ғой. Үш күннен берги сабағыңды еле билмейсең, тур, орныңа барып отыр.

Молланың бир жери жақсы, сабақ оқы деп қыстастырса да, сабақ ал деп қыстастырмайды. Сабақты қашан көзди жумып, яд айтып бергендей болғанша, ҳеш үндемейди. Бир сабақтың изинде бир ай жүрсең де елеспеси жоқ. Ал, гейпаралары сабақларын билсе де, билмеген болып отыра беретуғын еди. Ал, гейпаралары сабақты билейин деп қанша зейин салса да, ҳеш билмейди. Тек жер баўырлап парқына түсинбей, ҳәр нәрсени бир ойлап, қуры босқа ыңылдап отыра береди.

Мен де мектепке келместен бурын оқыўға күтә қызығып жүретуғын едим. Усы күни оқып жүргенимде дүзде балалардан еситип, биразын билетуғын едим. «Мектепке барсам, бәрин билемен ғой, зейин салып оқыйман ғой» – деп ойлайтуғын едим. Бирақ, олай болып шықпады. Мешитке келгеннен соң көп узамай-ақ зериктим, молланы бәледей жеккөретуғын болдым. Оқып жатып түрли бәлелерди ядыма түсиремен. Ақырында, ҳәзир молла шығып кеткей дағы, оннан қала берсе, тезирек кеш болғай дағы, деў менен отыратуғын болдым.

Тап ҳәзир де сол ойлар бирим-бирим ядымда еди. Бираз ўақыт усы отырыста оқып отырдық. Молла да сабақ тыңлаў ушын Абылладан басқаны шақырмады. Бул бизге ҳайран қаларлық ҳеш нәрсе туўдырмады. Неге десеңиз, молланың ойына не түссе соны ислеўи, бир нәрсени баслаўында баслап, кейинине шекем даўам етпей қоя беретуғын әдети еди. Гейде шай ишиў, тамақ жеў ушын үйине кетип те қалады. Я болмаса шай, тирийек қонып, ўақты хош болып отырса, барың, балалар, жуўап, – деп те салатуғын еди. Бул әдетлерин бизлер күтә жақсы көретуғын едик. Бизлер молланың бундай кейпин мудам тилеп отырамыз.

Бир мәҳәлде сырттан есик ашылып, бетин бастырған, қолында емизиўли баласы бар ҳаял кирип, моллаға ийилип сәлем берди. Бул аўыл сақсышы Ернияз ағайдың ҳаялы Гүлпарша жеңгей екен. Молла келатқан балалы ҳаялды көрип, жалбырақлай баслады. Қасына шақырып отырғызды. – Жақынырақ отыра бериң, уялмаң, – деп те қояды. Бираздан соң Гүлпарша жеңгейге қарап:

– Ҳә, Ернияздағы келинбедиңиз, амансыз ба? – деп жымыйды. –Қәне, не арзың бар? – деп сөзин даўам етти. Гүлпарша жеңгей баласының бетин аша берип, – баламның иши өтеди, аралас қан да өтеди, – деди, көзин баласынан айырмастан. Молла балаға нәзерин салып, баланың қатыў қабақларына, солған жүзлерине, тез-тезден дем алысына қарап:

– Ештағымайды. Ийшалла, жазылып кетеди, – деп және бир нәрселерди мыңғырлады. Ол сөзин даўам ете берип: – Балаға ийт тийипти ҳәм ушынып аўырған, – деди де қолына тәсписин алып, бир нәрселерди оқып, – «суф».... деп дем салды. Оқып-оқып қайта-қайта дем салып атыр. Молланың түпириги балаға ҳәм анасынын бетине шашырап тур. Баланың анасы да «уламаның түпиригиниң садағасы кетейин» дегендей әйтеўир нәрселерден ләззет алып отырғандай балқып отыр. Молла дем салып болып, текшеден дәўет қәлемин алып; еки бармақтай қағазға еки-үш түртти де, үш мүйеш етип бүклеп, – мына дуўаны балаңның топпысына тақ. Сөйтип, жети үйдиң ийтаяғына шомылдыр, жети үйдин адамларынан түпирик жыйнап, балаңның беденине жақ. Жети үйден бир шымтымнан ун жыйнап, суўға былғап, басына, арқасына, қарнына, алақанына жағып, ийтке жалат. Ийшалла, тәўир болып кетер, деп жайласып отыра баслады.

Гүлпарша жеңгей қалтасынан бир тартым орамалдың ушына түйилген теңгеси менен моллаға усынды, молла алып, алдына қойып «әўмийин» деп пәтия етти. Бизлер де бойымызды тиклеп, қол көтерип, жүзимизди тоңған қолымыз бенен сыйпадық.

Гүлпарша жеңгей шығып кетти. Молла ол-пулын жыйыстыра баслады. Теңгели орамалды қалтасына салып, бизлерге қарап: – турыңлар, дәўир айтасызлар, – деди.

Күндеги тәртип бойынша олай-пулайды жыйыстырып, орнымыздан турдық. Қол қаўсырып, қуллық етип, молланың аўзынан шыққан ҳәр бир сөзди қақшып алып, даўысымыздың барынша, аяғымызға от басқандай, бақырып турмыз.

Дәўир айтылып болған соң жуўап болды.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: III
Алдынғы бөлимге қайтыў: I
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.