I (I)
– Ҳә, жүўермек қатқыр-аў, турсаң болмай ма, моллаңа кешиктиң ғой! – деген анамның сеси татлы уйқымды бөлди. Ол бундай сөзди тек ашыўы келгенде ғана айтатуғын еди. Анамның ғарғысынан бетер «молла» деген сөзин еситкеннен-ақ, қуйқам жуўлап, уйқым шайдай ашылды. Қорқыныш денемди қаплап турды. Буннан 7-8 күн бурын паллаққа асылғандағы тут шыбықтан тилинген еки аяғым сол қәлпинде маталып жатқандай болып сезилди. Ҳақыйқатында да, аяғымның тиликлери пите қойған жоқ еди. Ақсап зорға жүретуғын едим.
Тыр-тыр қасынып тура басладым. Үй иши қараңғы. Суўық ошаққа қалаған томар лаўлап жанса да, ҳеш жыллылық бермей ҳәм жақтысын шығармай тур. Соның менен қатар, шаңарақтан да жарытыўлы жақты түспейди.
Гөнерген үзиктиң желпилдиси, уўықлардағы қоңыраў сыяқлы салбыраған қурымлардың сессиз қыймылдысы, үйди айналдыра тутылған қамыс қоранын ызылдысы, узыннан-узақ қайғылы бир наманы шертип турғандай еди.
Анам көйлегимди отқа шайлады да, кийиндире баслады. Түргелдим. Шала-шарпы жуўынып, бешпентимди, гүпимди кийип, белбеўимди буўындым. Қурашымды кийдим де, апамнан моллаға жумалық сорадым.
Апам салқын түси менен:
– Ағаңда да пул жоқ еди. Егер ертең базарға мына қозақтағы бөзди тоқып болсам, сатып нобайырақ етип берермиз. Моллаға сөйдеп айта ғой, – деди. Мен молланың жумалықсыз барған балаларды уратуғынын есиме түсирип, мени де бул сапары келистирип урады-аў деп ойладым. Бурынғы қорқыныштың үстине қорқыныш жамалды.
Апам дастурханнан жарты зағараны алып, қойныма тықты, керегеге қыстырыўлы әлиппе жазылған тахтайымды алып берди.
Майданға шықтым. Түнерген аспан қабағын үйип, жерге суўықлық қәҳәрин тигип тур екен.
Мешиттиң сыртқы қапысына киргеннен-ақ бақырысып оқып атырған балалардың ғаўырлысы еситилди.
Сабақтың онша яд емеслиги, әсиресе, жумалықсыз киятқаным кеўлимде корқынышты көбейтти. Жүрегим тез-тез урып, ҳәўлире баслады. Сабағымды бир тәкирар етейин деп, тахтайыма қарамай оқып көрсем «жүм, ҳа»дан басқа ҳәрип есиме түспеди. Бираздан соң ол «хи» деген ҳәрип екен, ядыма зорға түсти. Бир-еки мәртебе тәкирар еттим. Сөйтсе де, қара қайғы басыўда. Илаж жоқ... сөзсиз таяқ жейтуғыным анық деп ойладым. Бирақ, паллаққа аса қоймас деп ойлайман. Ақсаңлап жүргенимди молланың өзи де биледи ғой. Гүпимниң сыртынан томпылдатып бир-еки мәртебе урар да қояр деген қурғақ қыял пайда болды.
Дәлизге кирип, етигимди шештим де, әсте-ақырын оқыўхананың есигин аштым. Майданнан киргенлигим ғой, дәслеп көзим ҳеш нәрсени көрмеди. Төбедеги жалғыз кишкентай ғана пәтиктен басқа жерден жақтылық түспейтуғын болғаннан соң, өжирениң иши күтә қараңғы, бираздан соң темир печьтиң артында еки бети боп-боз, суп-сур болып собырайған узын сары шөгирмесиниң әреби қылшықлары маңлайының жыйрықларын жаўып, шып-шып терге түсип молла отыр екен. Көзди жумып, басын жоқары көтерип, қалғығандай болып отыр, қолындағы тәсписине бир-бирлеп моншақ өткерип, ара-тура аўзын жыбырлатып қояды.
Балалар еле толық келе қоймаған екен, топырақта шөжедей шөғип, дизе бүгип, жер баўырлап кими телпеклериниң қараңғысынан бетлерин де көрсетпей, кими тақыяшаң бешпентлериниң шалғайларын төсеп, жуп-жуқа қыйраның үстинде бүрисип отыр. Жайдың ызғарлығы сонша, ғүзектеги сыбалған сыбаўлар да қыстың еки айы өтпей, түсип қалды. Өжирениң төбеси қап-қара қурым. Пәтик ағашлары оттан шыққан шаладай қап-қара, дийўаллары да ыс. Мүйешлер де тор-тор өрмекшиниң уялары.
Мине, бул биздеги күндеги көринис, яғный, бизиң мектепхана.
Бүгин балалардың сабақ оқыў ғаўырлысы бәлентирек. Балалар ўақты-ўақты басларын көтерип, бой жазып та алалмай отыр, тек сабақларын оқыған болып ғаўырласады. Ал, сабақларын билмейтуғынлар бақырысқа даўыс қосып, тек ыңылдап отыр. Гей биреўлери көзинде батпан ириң, мурынларын қорық-қорық еткизип тартып, даўысын бөлип-бөлип шығарып ыңылдайды. Есикке жақын жердеги отырған Генжебай солығын баса алмай солқылдап, ишинен қыңсылап қояды.
Есикги әсте-ақырын қаўсырдым да күндеги тәртип бойынша еденде турып, қол қаўсырып моллаға қарап:
– Ассалаўма әлейкум,–деп даўыслап сәлем бердим, буйығып отырған молла селк ете түсти. Қабағын үйип, орамалы менен бетиниң терин сыпырып жиберди дағы маған қарай жекиринди:
– Ҳә, бәдбақ. Сенбедиң. Неғып турсаң, ҳәй ешек, доңыз... Алып келген жумалығың да жоқ. Қәне, кел бермаған, – деп алдына шақырды. Тахтайымды алдыма қойып молланың алдына саққа жүгинип отырдым, қуўарған түси менен қулағымнан услады да, шаппат пенен сол жақ шекеме салып жибергенде, көз алдымда от жарқ ете қалып, шекеме шоқ басқандай болды. Ерксиз көзлеримнен моншақ-моншақ жас төгилди.
– Оқы сабағыңды, билермекенсең?–деп басымнан шуқып жибергенде, маңлайым тахтайға барып сарт ете қалды.
Соншалық басымның ғуўлап аўырғанына қарамастан, көздеги жастың сорғалаўы менен тахтайымнан сабағымды излей басладым. Албырағаным сонша, есиме сабағымның бир де биреўи түспей, қасымдағы бирге ыңылдасып отырған Нуранның «сат, зат, тай, дал» – деген сабағын мыңғырлай бериппен. Оң жақ шекеме тағы бир шаппат шарп ете қалды.
– Тур, жоғал! Ҳә, мийлан, гешше! – деп урысты да, тыныңқырап қалған балаларға – оқыңлар, бәдбақлар! – деп молла урыўға қолайласты. Тут шыбық бир-бирден шырпылдап тийген соң балалар ғаўырласып оқый баслады.
* * *
Көп ўаққа шекем балалардың ғаўырлысына берилип, ҳәр ўақта ғана балаларды көзинен бир шолып қойып, бир нәрселерди оқып атыр. Бара-бара хырәәтқа салып, даўысын шығарыңқырап қояды. Бир мәҳәлде молла өзинен-өзи жин урған кисидей бурынғысынан да бетер даўысын қаттырақ шығарып, бир нәрселерди былдырлап оқыды да, қолындағы тәсписин таслап, жумған көзин ашпастан басын көтерип, әўмийин деди.
Тәртип бойынша балалар геўдесин көтерип Шәрипбай қәлпеден Есимге шекем отырған он бир-он еки бала қолларын жайды. Қәлпе де мурнын таңырайтып, көзин молла қусап тарса жумып, бир нәрселерди айта ернин жыбырлатып, басын жоқары көтерди. Қол көтерген балалар көзлерин ашып отырса да, ҳеш нәрсени сезбей, көрмей де отыр.
Бизлер ҳәрдайым Есимге бир, моллаға бир қарап, Есимниң изин ала сабақ оқып, билмеген кисидей отырабердик. Қол көтермедик. Әўмийин десип, қоллар ийекке тақалды.
Бирақ, бул пәтияның не ҳаққында, кимге бағышланғаны бизлерге белгисиз жумбақ болды. Оның менен қатар, бурыннан-соңғы пәтиялар биреўдиң берген садақасына, балалардың көптен-көптен әкелген жумалықларына ямаса балалар арасында таза сүреге түскенде әкелетуғын пайғазысына байланыслы еди. Яғный, усы тақлетте әкелинген нәрселерди алып, қуран оқыйтуғын еди. Соған қосыла бизлер де «Әўмийин» деп қол көтериўге тийисли едик. Бундай нәрселер тез-тез биреўи болмаса, биреўи болып тура беретуғын еди. Ал, бул пәтия булардан өзгеше.
«Әумийин, аўлакбер» айтылып молла көзин ашып, тум-тусқа көз жиберди. Қәлпе дәрриў моллаға жалт қа- рап:
– Тақсыр, Есимнен баслап аржағы қол көтермеди, – деди.
– Бәдбақлар, соныңдай пәтиялардан ҳәм қалыўға болар ма. Әулийе-әнбияларымыздың, патшайымның әрўағына оқылған пәтия, – деди тут шыбықты көтерип. Есимнен баслап ура баслады ҳәм жекиринип урысты.
– Алыңлар паллақты, дегеннен, Шәрипбай менен Абылла орынларынан ушып турып, дийўалда илиўли турған еки паллақты алды.
Шыбықларының сыныўына қарамастан, бири сынса, таяр турған екинши шыбықты алып, табанларға шырпылдатып урып атыр. Урыўшылар Шәрипбай қәлпе, Абылла, еки паллақта еки баладан төрт бала, паллақтың еки жағынан қысып услап тур. Әсиресе, Есимниң аяғына көбирек ҳәм пәтлирек урылды. Молла есикке қарап:
– Ҳә, ешек, доңыз. Бәлениң бәрин усы баслайды, – деп зақылдап отырды. Көзден аққан ыссы жаслар, табанды тилип ашыў азары жанға батып, адам баласының жаны ашығандай шуўлаған, қыңсылап жылаўлар сол пәтияға қосылмаған он биримизден де көп ўаққа шекем даўам етти. Бизлерди сәскеликке де жибермеди. Ҳақыйқатында, бул отырыста сәскеликке шығып, үйге барып аўқат жеп қайтқандай ҳеш дәрман жоқ еди. Ҳәттеки, майданлап келиў де күш болды.
* * *
Балалар сәскеликтен келип, сабақларын оқып атыр еди, бир мәҳәлде сыртқы есик ашылып, бир адам кирип келе берди. Ол ғарры екен, ақлық баласы Сейтжанды моллаға берейин деп жетеклеп киятырса керек, ишке кирип, жамаў-жамаў геўишин шешти де, моллаға қарап ийилип сәлем берди. Молла Айтым ғаррының бала жетелеп киятырғанын көргеннен-ақ жыйынып, өйер-бүйерин дүзестирип, Айтым ғаррыға қарап, сәлемин алды.
Сейтжан атасына тығылып, еки көзи мөлдиреп, гә моллаға, гә балаларға қарайды. Ғарры баласына қарап:
– Қарағым, бар, молланың қолынан ал, – деди. Сейтжан уялған ҳәм қорққан түринде атасын оннан бе- тер қушақлап қолтығындағы дастурханы менен есикке қарады. Молла күлимсиреп ыржаңлап: келе ғой, балам, – деди. Сейтжан оннан бетер атасына тығылып, кейнине қарай берди. Айтым ғарры тағы да: – бар, қарағым, бар, уялмай-ақ қой, бәри де өзиңниң жораларың ғой. Ана Генжебайды көрдиң бе? – деп көрсетти.
Ақыры, болмады. Ғарры дастурханды баласының қолынан өзи алды да, қолынан жетеклеп, моллаға қарай жүрди. Дастурханды молланың алдына қойды да, молланың қолынан алып, саққа жүгинип, пәтия етип отырды. Молла қуран оқыды. Бул сапары бәримиз де қол көтерип, пәтия еттик.
– Тақсыр! – деди Айтым ғарры жөтеле берип, – бул мениң ақлық улым Сейтжан, «ети сизики, сүйеги бизики» – деп қомпаңлап, Сейтжанға бир қарап қойды.
– Баланың жасы жеткен соң моллаға бермек мойнымыздағы қарыз, жарлы-жақыбай адам болған соң, усы ўаққа шекем әкеле алмадық, кеширерсиз, тақсыр. Молла: – күтә бәрекелле, қуда қәлесе «адам» болып шығады. Сейтжанға қарап: бәрекелле, деп суўмаңлап, арасында диний түсиниксиз сөзлерди де келтирип, күлимсиреп қояды.
Оның бул күлимсиреўиниң шексиз өтирик екенин көзиниң шамадан тысқары миләйимсип, мөлдиреўи, ийегиниң қалт-қалт етип, келиссе-келиспесе де, әсиресе, түсиниксиз сөзлерин сапырыстырып сөйлей бериўи анық көрсетип турды.
Артындағы текшеден бир тахтайды Сейтжанға әперип:
– Кел, мына сабақты үйретейин, – деди. Сейтжан атасының сонша айтыўының арқасында зорға дегенде молланың алдына барып, бир дизерлеп отырды.
Молла: – саққа жүгинип, дизерлеп отырасаң, – деп, еки аяғын астына салғызып, Сейтжанның нәзерин тахтаға қаратып, – әлип, бе, те, се – деп еки мәртебе жүритип оқыды да – анаў Генжебайдың қасына барып отыра ғой, – деп тахтаны алып берди.
Айтым ғарры қозғала берип, – жақсы, тақсыр, мен қайтайын, – деп орнынан тура берди де, – ал Сейтжан, ғайрат салып оқый бер, – деп баласына қарады. Сейтжанның көзине жас келип, атасының соңынан жуўырайын деп еди, тағы басылып, төмен қарады. Көзинен мөлт-мөлт жас ағып, отырды.
– Хош болың, тақсыр, – деп ғарры шығып кетти. Молла суўмаң-суўмаң етип ғарры менен хошласып балаларға қарап қойды да, бурынғы қәлпинше шай ишиўин даўам ете берди. Сейтжан сол муңайып отырыўы менен жән-жаққа бир неше рет қарап алды. Бул қап-қараңғы ызғар жайға келип өмиринше көрмеген, билмеген, ойламаған жерлерди көрип, ҳайранлық дәрьясына батып отырды. Қалай да өзин қәпеске түскен палапандай сезди. Ол көп ўаққа шекем ҳәр балаға бир қарап отырды да қойды.
Түс ўақты болды. Күндеги әдетинше молла балаларға: – барың, жуўап,–деди. Молланың бул сөзин еситкенде, жүрегимиз алып ушып, қуўанып, тез-тез, бирим-бирим моллаға қуллық айта салып, асығып-албырап дәлизғе шықтық. Онда апыр-тапыр быған-жыған етиклерди кийип, гүўенлеўли ылақлар жаздырылып, анасына қарай маңырағандай-ақ, мешиттен шығыўымызға үйли-үйимизге қарай жуўырыстық.
Бизлер күнде усы тақлетте тарқасатуғын едик.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: II
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: