Қурбанбек (Qurbanbek)
Әййем заманда, сол заманның қәдиминде, жетти пайтах ноғайлы елинде. Алаўша деген зулым хан болды. Ели—халық оның сорамында «Қашан бул бәледен қутылар екенбиз?!» деп күнин зорға көрип, тиришилик етти. Соның елинде Ердара деген бий жасады. Бийдиң еки баласы бар еди. Бирисиниң аты Қарры бий: ол Кандехар деген елге қоныс басты. Буның бир баласы болып, атыны Султан батыр дер еди.
Ердара бий басқа бир баласына Қара бий деп ат берди. Қара бийдиң бир баласы болды. Атыy сорасаң Қурбанбек батыр дер еди. Ерлигиниң белгиси: атса мылтық өтпеген шапса қылыш кеспеген.
Қурбанбектиң Мақсым қыз деген қарындасы болды. Сейилханның қызы Мәлийка қубба оның ҳаялы еди. Бу перийзат ҳәм баҳадыр палўан, ҳәм илими де көп нашар болып шықты. Ол алдындағы қырқ жыллықты, кейниндеги қырқ жыллықты оқыўы менен билип турды.
Қурбанбектиң ерлиги асып, ғайраты тасып, ҳәр елге батырлығын билдирип, қас еткенин өлтирип, «Дәўир кимниң дәўири—Қурбанбектиң дәўири, заман кимниң заманы—Қурбанбектиң заманы» болып, тулпарын мейлинше минип, қусты мейлинше салып өмир сүрди. Оннан ҳәтте Алаўша хан да айбьнатуғын еди.
Бир күни Қурбанбек Мәлийка айым менен бирге тесекте жатқанда:
Таң мезгили болғанда.
Батырдың оянар шағында,
«Ғапыл қалма балам»,—деген
Қулаққа саза келеди:
«Әй, Қурбанбек, перзентим,
Тур орныңнан, тур, деймен!
Қанатлы қара тулпарға,
Мақпалдан беллик сал, деймен!
Алдыңа дабыл бөктерип,
Ийиниңе қалқан өңгерип,
Дал бедеўге жем берип,
Қара бийдей атаңнан,
Барып пәтия ал, деймен!
Шейирхан деген патша бар,
Ол залымның кеўилинде,
«Қурбанбекти өлтирип,
Қул қылып ноғай журтыны,
«Алсам», деген ойы бар.
Сен атыңа минегөр,
Ол қалмаққа барагөр,
Жекке өзиң кетегөр,
Жолдас алма жаныңа.
Айтып болдым сөзимди,
Балам, өзиң бил енди».
Қурбанбектей ғош жигит,
Сескенип орнынан турады,
Қанатлы қара тулпарға,
Мақпалдан беллик салады,
Зербаптан терлик салады.
Тулпар атын безентип,
Саўытын кийип алады,
Көк полатқа ғарқ болып,
Қара бийдай атасының,
Алдына барып ғош жигит,
Бүгилип сәлем береди.
Қурбанбектей батырдың,
Қабағынан қар жаўыпты—
Буны көрип Қара бий,
Бийықтыяр болады,
Қурбанбектей баласынан,
«Жол болсын», деп сорады.
—Ата-анаң, балам, болды интизар,
«Перзент» дийип сол кәбаңыз зары-зар,
Мен қарасам айдай болған бетиңе,
Қабағыңнан негедур, балам, қар жаўар.
Сәлем бердиң, келип балам, таң сәҳәр,
Маған айтатуғын қандай арзың бар?
Не себептен келдиң мениң қасыма,
Қайсы журтқа, балам, етерсең қәҳәр?
Сен ялғызсаң ялғаншыда бәҳәрим,
Сени көрип мениң кетти қарарым,
Айта бергил әрманыңды, перзентим,
Қайсы ханның шәҳәрине сапарың?
Сонда Қурбанбек атасынан жуўап сорап, былай деди:
—Он төртимде қолыма алдым әсбәҳән,
Айбатымнан титирер еди жер-жәҳән,
Сәҳәр ўақта хабар берди әрўақлар,
Сапар тарттым елатына Шейирхан.
Ҳәр шәҳәрде сайрар мурғызар,
Ғайрат тасып, болдым бийқарар,
Сапар еттим залым Шейир елине,
Қублағәҳим, хош қал меннен аллияр.
Мен бармасам қалмақлар болар маған қас,
Ғош жигитке аты болады жолдас,
Мен бараман залым қалмақ елине,
«Хош бол та көргенше,—деймен, яры-дос».
- Барғыл, балам, аллияр,
Алла болсын хабардар,
Аман барып саламат,
Саў келгейсең перзентим.
Халқымның кеўли болсын шад, -
Деп атасы сол жерде,
Пәтия берди Султанға.
Батыр Қурбанбек атының басын бурады, аяғын тиллә зәңгиге тиреди. Мақсым қыз қарындасы менен Мәлийка қубба айым «Жол болсын» сорап жақын келеди. Баҳадыр әўели қарындасына былай деди:
— Ата-анадан бирге туўдың меҳрибан,
Сапарым бар залым патша Шейирхан,
Мен бараман сол залымның елине,
Та көргенше хош аллияр, Мақсымжан.
«Аға» дийип сал жигерим зарыў-зар,
Сеннен басқа мени кимлер қайғырар?!
Мен бараман залым қалмақ елине,
Хош бол, қарындасым, хош қал аллияр.
Соң қатынына қарап не дейди:
—Ҳеш солмасын мың гүлиңнен бир гүлиң,
Шекерден мазалы сөйлеген тилиң,
Мен бараман Шейирханның елине,
Хош аллияр та көргенше, сәўдигим.
«Саўаш дийип сайлап миндим әреби ат,
Ҳақ жолына енди қылдым ықтықат,
Сапарым бар залым қалмақ елине,
Та көргенше хош аллияр, перийзат.
Сол гәпти айтқан шағында Қурбанбекке қарап Мәлийка қубба айымның, «Сәўдигим ерим, сеннен қалмаспан», деп, бир жуўап айтқан жери:
—Саған қылдың жалғаншыда ықтықат,
Мәрт өлгенде душпан кеўли болар шад,
Изинде жоқ «ата» дерге бир перзент,
Өлмей қалмас, сеннен мендей перийзат.
Сениң Мақсым атлы қарындасың бар,
Оққа ушсаң патша-ханның қуўанар,
Сениң менен өлсем жоқдур ҳеш әрман,
Бирге қылсам залым қалмаққа сапар?
Атым батыр Мәлийкадай қуббаман,
Сапарым бар болса мениң Шейирхан,
Өлсем жаўда бирге енди қосылып,
Еки дүньяда да қалмас менде ҳеш әрман.
Сол сөзди айтқан мәҳәлинде, қарындасы Мақсым қыз «Мен де кетермен», деп бир сөзи айтты:
—Атым Мақсым, жалғаншыда төремен,
Зия-зулпым бестен таллап өремен,
Сени «батыр», «палўан» дейди, жан аға,
Сол саўашта ғайратыңды көремен.
Жигериңмен, жалғаншыда ҳәм жаның,
Мен нашарман кеўилимде көп әрманым,
Болса сениң менен бирге сапарым,
Ғайратыңды мен, ағажан, көрермен.
Қарындаслы ғош жигиттиң кеўили шад,
Сениң менен минсем сайлап әреби ат,
Алсаң Шейир залым ханның еллерин,
Ғайратыңды көрип қылайын мурад.
Сен кеткенде ағар көзден қанлы жас,
Әрмандаман, болмай қалсам ес-жолдас,
Таслап кетпе жалғыз, аға, мени де,
Ғайратыңды көрип болсын кеўилим хош.
Көрген түси ядына келип толғанса да, «Бириси қарындасым, бириси қатыным, буларсыз боларма мениң жолларым», деп батыр тәўекел қылды: үш атлы болып Шейирхан патшаның елине атланды.
Қурбанбектей баҳадыр,
Минди атының белине,
Шықты қызыл шөлине,
Астына минген тулпарға,
Сол ўақтында «шүў» деди.
«Шүў» дегенде гүўледи,
Толықсып аққан дәрьядай,
Мың тоқсанлық жорғадай,
Қубылып ойнап барады.
Алты күнлик жол жүрди.
Қарсы алдына қараса—
Бир бәлент таў көринди.
Барса таўдың қасына,
«Ал-ҳа-ал!» деген бир даўыс,
«Қайда?» деген бир даўыс,
Өз-өзинен шығады.
Шаң бурқыды ҳаўаға,
Жәҳән кетти қалтырап!!!
Көп дүбирли еситилди.
Алтын баслы ақ кийик,
Ол кийиктиң басында—
Ҳалласланған ақ суңқар.
Сонда кийик жаныўар,
Мойынын атлыға бурады.
Пана билип батырды,
Өзин барып урады.
Батыр «Мени пана билип, өзин урды, мен кийикти азат қылайын», деди де ақ суңқарды атып өлтирди.Соң «Буни ким қуўалап киятыр екен?», деп төрт тәрепке көз салды.
Қарсы алдына қараса—
Қайтпас темир реңли,
Дәў сыяқлы бир жигит,
Аттың басын бурады,
Айбатланып турады.
Қурбанбекке ол қарап,
«Не себептен азат еттиң?!» деп,
Былай жуўапты сорады:
—Ашық болған бул дүньяда зар урар,
Нәмәртлер өзиниң жанын қайғырар,
Бул майданда шөлди гезген жалатай,
Сени нетти бизиң салған ақ суңқар?
Бул майданда азат қылып аңымды,
Не билгениң барды сениң, геллеғар?!
Атым батыр, ялғаншыда бир султан,
Айбатымнан титирер жер менен аспан.
Қутылмағың бул майданда нагүман,
Өз-өзинен дүнья болды саған тар,
Оқып көргил ийманыңды булманда,
Жетпес қазаңа себеп болдың, геллеғар!
Жаныңда бареки бирдей ҳүр жанан,
Ҳәдден асып жүдә болыпсаң бийғам,
Ғайрат болса, қуўатыңды ет маған,
Әрманлы өлмегил майданда, султан.
Сонда Қурбанбек сөйледи,
Сөйлегенде не деди:
—Ал бетиңе қарасам,
Әлий пирге мегзерсең,
Түў сыртыңа қарасам,
Туўған нарға мегзерсең.
Әўелден атыңды айтагөр,
Қайсы бағдың гүлисең?
Сен екенсең шаҳзада адам,
Жылаўында Шәҳимәрдан,
Сениңде жоқты дүньяда адам,
Әдепсизлик пенен сорадың,
Мениң ҳаслы-затымды,
Өзиң атыңды айта бер,
Бийәжел өлмей, жас уғлан.
Қай шәменниң бүлбилисең?
Бул сөзди еситип, батыр бала Қурбанбектиң әдебин туты. Атынан түсти. «Меники қәтелик болған екен жаман айтсам да мениң ҳаслы-затымды жақсы сөз бенен сорады», деп Қурбанбекке қарап, бала батырдың сөйлеп турған жери:
—Айнанайын ағажан,
Ҳаслы-затым сорасаң,
Қандехар деген қала бар,
Аспан менен барабар.
Ол қаланың ишинде,
Қарры бийдей атам бар.
Жети пайтах елинде,
Алаўша ханның халқында,
Емирлан деген жайында,
Қара бий деген бабам бар.
Қара бийдей бабамның,
Жөргегинде бас кескен,
Патшалар менен қас болған,
Пақырлар менен дос болған,
Мәртлигин ҳалыққа билдирген,
Қаст еткенин өлтирген,
Қурбанбек деген ағам бар.
Оны «батыр» дейдилер,
Тағы «палўан» дейдилер.
Сол ағама бараман,
Аўы болса аўлайман,
Даўы болса даўлайман,
Жаўы болса жаўлайман,
Отыны менен киремен,
Күли менен шығаман.
Душпанға отлар жағаман,
Батырлықты, жан аға,
Талаплар қылып бараман.
Қурбанбектей ағамды,
Излеп енди бараман.
Қурбанбектиң иниси,
Атым Султан Қараман.
Алтын тажың басыңда,
Еки арыўың қасыңда.
Садағың аўзы шашақлы,
Атыңның мойны қылшықлы,
Садағыңа шалғаның,
Ләли-жәўҳәр пышақлы,
Аға қайда барасаң?
Сонда
Қурбанбек не деди:
—Айнанайын, жан иним,
Бағ ишинде бүлбилим,
Сағынғаным сен гүлим,
Жалғыз едим дүньяда,
Болдым енди инили,
«Қурбанбек» деген батырың,
«Аға», деген палўаның,
Танысаңыз мен иним.
— Иним, сапарым—Шейирхан қалмақтың елине. «Тахтын тартып алып өлтирсем, пақырларын күлдирсем, залымларын жылатсам, сөйтип закат алып қайтсам, елиме жетсем» деген мақсет пенен баратырман. Сәўдигим менен қарындас ҳәм сен де болсаң мениң менен бирге қалмақ журтына жолдас? Ат қоямыз қалмаққа екеў-ара басма бас. Барар болсаң қалмаққа, атыңа мин қолайлас. Қызығын бирге көрейик. Басшы болып жүрейин, ғайратыңды билейин. Қылышыңнан қанлар шаш! Батырлық деген жаманды, қумарың болса палўанлық, менин менен бол жолдас.
Аға менен ини табысып, төрт көз түўел болды. Төртеўи бир болып тулпардың белине минип, төрт күн тамам жол жүрди, аз ғана емес мол жүрди. Шейирхандай қалмақтың Кесал деген дербенти аспан менен уласып, қарсы алдында көринди. «Тақыртаў» деген таўы бар екени ол дәрбенттиң алдында. Тақыртаўда мәртлер иркилип турады. «Қарындасы мениң сәўдигим! Сизлер нашарсызлар: бизлер дәрбенттен хабар алайық, усы манда сабыр қылың. Қалмақтың қараўылы, болмасын», — деп Қурбанбек еки нашарды таслап, Султан батыр екеўи дәрбентке қарап ат қойды.
Шейирхан қалмақтың дәрбентте қараўыл болып турған төрт батыры бар еди. Бириниң аты—Қодар, екиншисиниң аты—Омар, Үшиншисиниң аты—Саўдар және бириниң аты—Томар. Төрт қалмақ сол ўақлары киятырған еки жигитти көрди. Төртеўи ат қойды, Қанатлы қара тулпарлы Қурбанбекке қарап былайынша абай-сиясат қылды:
— Ҳәй, қара атлы, қара атлы,
Таслап белден полатты!
Тартарсаң бизден азапты!
Тасламасаң полатты,
Көрген күниң қарапты.
Атыңнан түс сен ғумша,
Абирей барда геллеғар!
Бул сөзлерди еситип,
Ат басындай сом жүрек,
Сарайында туўлады,
Жаўды батыр көрген соң,
Жаўға қарап сөйледи:
—Атаңа нәлет, ийт қалмақ!
Аўзы қанлы бөрилер!
Несийбемнен көрермен,
Өлсем шейит боларман,
Өлтирсем ҳәм мен разы.
Усыны айтып Қурбанбек,
Найзаны қолға алады...
Бийжай тийип найзасы,
Қодар деген ол залым,
Атынан сонда қулады.
Султан деген бул бала,
Оны байлап алады.
Омар деген батырға,
Қурбанбек найза салады—
Ол да аттан қулады.
Султан деген бул батыр,
Оны да байлап алады.
Қалды еки батыры...
—Пайтах ханның елинде,
Алаўша ханның шәҳәринде,
Қурбанбек батыр дейдилер,
Әне мениң атымды
Жанымдағы Султанзада деген батыр. Шейирхан деген патшаңа айт: тахтынан түссин, патшалығын тасласын, пақырлықты басласын! Мен үстине бармайын,—деп екеўиниң қулақ мурынларын кесип, атларын тартып алып, оларды жаяўдан-жаяў Шейирхан патшаға қарай айдап қоя берди.
Шейирхан тилла тажы басында, алтмыш еки ҳәмелдары, отыз еки мөҳирдары қасында, алтын тахтың үстинде отыр еди. Патшаның алдына барып, қулақ-мурынлары кесилген батырлары, сум хабарды айтты:
Атланды ноғай беглери!
Жылаўында мен көрдим,
Шәҳимардан пирлери.
Келсе алар қалаңды,
Жетим етип балаңды,
Жорттырар ғарры анаңды.
Бермесең закат, Шейирхан,
Қутылмағың гүманды.
Қалаңды жағып күл қылар.
Жумырықтай кесегиң,
Келиге салып уўатар,
Қәлбирлеринен елетер.
Тахтыңда маймыл ойнатар.
Тили шыққан балаңды,
«Ағам» дийип жылатар.
Төрелериңди аттырар.
Күн көрмеген қызларыңды,
Базарма-базар саттырар.
Қайдағыны таптырар
«Закатың таяр қыл», деймиз,
«Тахтыңнан түсип бар», деймиз,
«Тахтыңнан түсип бармасаң,
Жалғаншының тажжалы,
Қурбанбек деген бул», деймиз,
«Ендигисин, Шейирхан,
Султаным, өзиң бил», деймиз.
Сол ўақта Шейирхан патша «Жаллат!» деп бақырды. Жети жаллат «Ләббай»,—деп ҳәзир болды. «Өтириктен маған жаў келди деп, журтқа басқы берип, мениң елимде Қурбанбектей батыр жоқ па екен?! Ханлығымды писент илмей жаў жағымнан елши болып келген залымларды өлтириңлер!»—деп екеўин жети жаллаттың қолына тапсырды.
Өз-өзинен шоршынып,
Қәддине келмей тырысып,
Сары жығасы дирилдеп,
Көпек ийттей гүрилдеп,
Әскерлерге ақырып,
Жар урдырды қалаға,
Ат шаптырды далаға.
«Ел шетине жаў келди»,—деп,
Аласат қосты сол ўақыт,
Қатын менен балаға.
Залым патша Шейирхан,
Шийрин жанды қыйнады,
Қалада ат ойнатты,
Намазшамның ўақтында,
Қурбанбектиң үстине,
Алты топты сүйретти.
Темир арба ғыйратты,
Аўыр иске айдатты,
Алтын бас қара туў менен,
Қос сырнайды тарттырып,
Нақыраларын қақтырып,
Жер тербелтип толғантты.
Бул әскердиң саны жоқ,
Ақ әлем де көк әлем,
Алшақлап қалмақ жол жүрди.
Таң сарғайып атқанда булар Қурбанбек жатқан таўдың сыртына жақынлады. Сол ўақтында Қурбанбек бийперзентлигине күйинди, кемлик келип, әрўақты яд етип, көзинен жас алды. Көзиниң жасын Султан көрип, буны өзинше пәмлеп, пушайман жеди, «Мен бир батыр излеп келсем, бундай истиң үстинен шыққан екенмен. Қалмаққа өзим атланайын. Жасы үлкен енди рухсат сорайын», деп Қурбанбекке қарап бир сөз айтты:
—Аға, есит мениң айтар зарымды,
Батыр қайғырар ма тәнде жаныны?!
Муңаймағыл жаўды көрип, жан аға.
Қорықсаң бер рухсат мендей балаға?
«Пирим» деп сыйынып ҳәм тутып ядқа,
Мен кирейин, аға, мәртлик урысқа?
Қорқа берме, қалмақлардан қәўип етип,
Саўашымды, аға, қылғыл тамаша.
Сонда турып мәрт Қурбанбек сөйледи:
—Батыр болсаң сыйын жалғыз аллаға,
Жигит болсаң менмен болма дүньяда.
Менмен болған тез жолығар бәлеге,
Қайт кейниңе, иним, келгил тәўбеге!
Менмен болсаң хазан урар гүлиңе.
Жаўға урма меннен бурын сен, иним,
Сен билмейсең бул урыстың илимин.
Сол ўақытта Султаның
Ушқынып, оттай жанады.
Батыр кирди ғайратқа,
Қолын салып полатқа,
Қалмақ залымның әскерин,
Қойдайын қылып айдады.
Таң азаннан ер Султан,
Тозаң салып қалмаққа,
Күн батқанша қырады.
Күнниң батқан ўағында,
«Қаласына қамайын»,—деп,
Ақ туўға атын қояды
Қырқ садақшы қалмағың,
Қырқ ҳасыл зор мерген,
Дәрўазадай сийнеси,
Султан батыр жигитти,
«Омыраўдың тусы», деп
Парлатып оқты атады;
Султан атлы батырдың,
Саўытлары сөтилди,
Бели жайдай бүгилди,
Көзинен жаслар төгилди;
Атының мойнын қушақлап,
Көзиниң жасы моншақлап,
Намазшамның ўақтында,
Қурбанбектиң алдына,
Жер қушақлап жығылды.
Өлерин билип Қурбанбекке қарап толғанып Султан батыр не дейди:
— Бул кеткеннен кетерсең,
Айнанайын, жан аға,
Қандехар деген қала бар,
Аспан менен барабар,
Ол қаланың ишинде,
Қарры бийдей атам бар.
Бозлап шықса алдыңнан,
«Батыр қайда?» дегенде,
«Султан өлди» дейгөрме!
Аязлы күни айналған,
Сәҳәрлер турып оянған,
Қаракөз атлы анам бар,
«Балам қайда» дегенде,
«Султан өлди»: дейгөрме!
Ўай алғаным, алғаным,
Қағып төсек салғаным,
Алла қосқан сәўдигим,
Шийрин деген ярым бар,
Қара шашы жайылып,
Бозлап шықса алдыңнан,
«Батырым қайда?» дегенде,
«Султан өлди», дейгөрме!
Айнанайын андызым,
Маңлайымда қундызым,
Еки дүньядағы шырағым,
Өзи он төрт жасында,
Елгезерхандай балам бар,
Жуўырып келер жаныңа,
«Атамыз қайда?» дегенде,
«Атан өлди», дейгөрме!
Маңлайынан сүйгейсең,
Яд етип мени, ағажан.
Жылатпағыл перзентим...
Қайтты мениң дәўлетим,
Менменлик қылдым, мен таптым,
Жаўға жаман мен шаптым.
Өтер болдым дүньядан,
Разы болғыл, ағажан.
Сол сөзлерди айтып болып Султанның жаны шығып кетти. Қурбанбек батыр «Анадан жекке туўғанжалғыз едим. Ағай-инили болдым, деп қуўанып едим, және қара басым қалдым», деп қапа болып толғанды:
—Атадан жаратсаң төртлерди жарат,
Бири өлсе үши келер басына,
Жалғызды жаратпа, тасларды жарат,
Жалғыз өлсе ким келеди қасына!
Бул сөзди айтып жылай берди зары-зар,
Батырға көринди сонда дүнья тар,
Жерде жатыр өлип иниси,
Көкте ушып жүрди тырналар.
Тулпарына минеди,
Атына минип ғош жигит,
Қалмаққа қарап тартады.
Батыр кирди ғайратқа,
Қолын салды полатқа.
Урыс болды жанды от,
Жағасы алтын берик саўыт,
Саўытына жапқан маўыт,
Сөтилди майдан ишинде;
Қырмызыдай қызыл қан,
Төгилди майдан ишинде.
Залым мерген қалмақлар,
Алады қолға ақ мылтық,—
Қурбанбекти атады!
Атылған мылтық түтининен,
Ай менен күнлер тутылды.
Урыс болды дараша,
Кирди батыр саўашқа,
Урып туўын жығады.
Қалмақты қырды ғош жигит.
Алтыланшы күнинде,
Ерик деген қалаға,
Алдына салып қамады.
Төрт жүз тоқсан төреси,
«Әл аман!» деп шуўлады
Күн көрмеген қызлары,
«Дарыды ма тажжал?» деп,
Терезеден қарады.
Тили шыққан баласы,
«Аға», дейип жылады.
Қалмақлының беглери,
Мойынына пота салады,
Қырқ түйени жетелеп,
Шығып мәрттиң алдына,
«Тахт сеники!» деп жылады.
Ғайыптан келип бар баба,
(Етиги бар ийнинде,
Кисилик жоқ пишинде:
Тислери кетик-кетик,
Аўыз-мурны жүн, қотыр),
Қурбанбекке сөйледи:
—Әй, балам Қурбанбек, тилегимди алсаңыз, бул сапары журтыңызға қайтыңыз. Журтыңызға қайтыўдың кереклигин айтайын. Бириншиден, түсиңде мен саған «Жекке өзиң кете гөр, деп аян бердим. Тыңламадың—еки нашарды ертип өтә кеттиң. Жаныңдағы бир қатын жақсы кеўилли, ал биреўи жаман кеўилли еди. Буның кесири тийди саған. Екиншиден, ярым жолға келгенде тағы биреў менен жолдас болдың. Ол қалмақты шапқанда сен, «Жасы киши бола турып меннен бурын жаўға тийисти», деп тәкаббырлық қылдың иниңе жәрдемге бармадың. Буның да кесири тийди саған. Бул журттан олжа алма, дүнья алма, журтыңа қайт! Жолда ҳеш жерде иркилип тынығыўшы болма! Онда үшинши кесирге тап боласаң, балам.
Бабай етигин арқалап адамларға араласып кетти. Батыр «бул бабаның қәсийети бар», деп, қырқ түйесине қарамай кейнине қайтар болды. Сол ўақытта қалмақлар шуўлады;
—Жигиттиң бир душпаны болса мың дос-яры болады, қырқ түйени алып кетиң.
Қурбанбек қарындасы менен ярының жанына қырқ түйени жетелеп алып барды. Оларға, «Қалмақты қырдым, қырқ түйе закат алдым. Бес күнлик уйқым бар. Сизлер дәрбентте қараўыл болып турың»,—деди.
Қурбанбектиң қатыны турып айтты:
—Тәнекетсем кетермен, бирақ қарындасың менен барып турмайман.
Қурбанбек айтты:
— Сениң жаныңнан кеткениме алты күн болды. «Бир қашқыншы, бир қуўғыншы қалмақ табыла қойса, бир өзим анда кетип дәўран сүрермен», деген ойың бар қусайды.
Сонда Мәлийка қубба;—Сен топырақсаң, адамзатсаң, ал мен болсам—перийзатпан, нурдан жаралған. Мениң сөзиме инанбасаң сениң кеўлиңде шайтан бар. Мен дос болсам да душпан билесең! Ендиги болатуғын ислерди айтпаспан!—деп ант берди.
Сөйтип Мәлийка қубба перийзат Мақсым қызды қасына алып, дәрбент жолға кетти. Дәрбентке барып. Мақсым менен Мәлийка жан-жаққа қарап, бир сааттай турдылар. Анда турып Мақсым қыз айтты:
— Әй, жеңге, бул жерде тура берип не бар? Ағамның қырған өликлерин сейил етип аралап қайтайық?
Жеңгеси айтты:
—Өлиниң руўхы бар, тириниң руўхы бар, қағып кете қоймасын?!
Мақсым қыз:
—Өлиниң руўхы деген не болады, тириниң руўхы деген не болады?—деди.
Мәлийка пери айтты:
— Өлиниң руўхы деген аяғы болады, тириниң руўхы деген баяғы болады.
Мақсым қыз:
— Баяғыны, аяғыны билмеймен мен, аралайман,—деп атының белине минип, өликлерди аралап кетти. Қараса арасында, мойны гүпшектей, жаўырыны қақпақтай болып, бети шарық алмадай жанып, не бир қалмақларың өлиги жатыр. Қалмақ жигитлериниң өликлерин көрип, иши оттай жанып, Мақсым қызға жалғыз ағасы жаўдай көринди: «Буныңдай палўан жигитлерди ағам қырып таслапты... Илая ағам қурысын! Соныңдай жигитлерди зая етипти!». Ағасын қарғап, Мақсым қыздың сөзлерди айтып баратырған жайы:
—Қазанлы астай қайнамаға,
Бедеў тутып байламаға,
Мениң менен ойнамаға,
Биргене қалмақ қоймаған,
Жалғыз ағам қурысын!
Бирге бағқа кирмеге,
Өлгенше дәўран сүрмеге,
Қолымнан шарап ишпеге,
Жиңишке белден қушпаға,
Бирге моншаға түспеге,
Биргене қалмақ қоймаған,
Жалғыз ағам қурысын!
Мениң менен жатпаға,
Шийрин ләбимнен татпаға,
Сәҳәр ўақта оятпаға,
Биргене қалмақ қоймаған,
Жалғыз ағам қурысын!
Қурбанбек ағам жоқ болсын!
Бул гәплерди айтыўдан,
Мақсым атлы сәрбиназ,
Он төрт жасар бота көз,
Ат ойнатып баратыр.
Сансыз өлик көринди.
Ол өликлер ишинде,
Бир-бирине мингескен,
Алты өлик көринди.
Жақын барып қараса,
Алты өликтиң астында,
Бир қалмақты көреди.
Ол қалмақтың тәрийпи:
Бойы барды алты аршын,
Ени барды еки аршын,
Сегизден екен бармағы,
Зәҳәрден еди тырнағы,
Сақалын ғана ол қалмақ,
Инжи менен торлаған,
Еки муртын қайтарып,
Тас төбеден сол залым,
Қазық баў шалып байлаған.
Өзи қара, мурты ақ,
Жаман жүзли бәдирек,
Қалмақлардың патшасы,
Шейирхан деген сол екен,
Ақыр-дүнья бийпаян,
Еңиреди сол жерде шаян,
Излегени табылды!!!
Қолына қамшы алады,
Мақсым деген залым қыз,
Шейирхандай патшаны,
Кериле бере салады.
—Қызыл қанға батыпсаң,
Арзыңды атқа айтыпсаң,
Ким боласаң сен?—деди.
Сонда Шейирхан сөйледи:
—Алла сыйлап жан берген
Бенде сыйлап ас берген,
Шейирхан деген атаң мен.
Сонда қыз және урады,
Ура берип сөйледи:
—Аталары қурысын,
Мақсым деген мен қызға,
Расыңды келегөр!
Сонда Шейирхан сөйледи:
Қызға қарап не деди:
—Сениң менен жатпаға,
Ләбиңниң палын татпаға.
Салланып бағда жүрмеге,
Өлгенше дәўран сүрмеге,
Шейирхан күйеўиң мен едим.
Мақсым қыз сонда сөйледи:
—Расын айтсам мен саған,
Қулақ салып тыңласаң,
Тилегеним сендей хан!
Сонда патша сынайды,
Қайтадан саўал сорады:
—Таўдың басы даралар,
Қасларың жүзге жарасар,
Жалғаншы дәркар дүньяда,
Ағаң дәркәр ма, мен дәркәр ма?
Мақсым қыз сонда сөйледи:
—Таўдың басы енди қар,
Сениңдейин патша деп,
Жасымнан болдым интизар,
Жалғыз ағам қурысын!
Ағам қурысын, сен дәркар!
Көриңлер таўлардың тасын,
Аққан көзимниң жасын,
Жалғыз ағам қурысын!
Ағам қурысын сен жақсы!
Сонда Шейирхан сақалын сыйпап муртларын бурап:—Тоқта, перийзат, саған мен бир сөз айтайын. Сениң ағаң палўан, батыр. Жети жыл урысты үйренген султан. Мен болсам, қырқ шәҳәрди сорайман, сонда да мениңдей патшалардың ағаңа қүдирети келмейди. Ағаңнын дәўранында сениң менен сүре алмас ҳеш ким дәўран,—деди.
Қыз айтты!
— Жалғаншы дүньяда ағамның өлетуғын жери жоқ. Сен хансаң, сенде қырқ кисиниң ақылы бар. Ағам қалай, қай жерде өледи? Соны айт?
Хан ой жиберип айтты:
— Ағаңның бир өлетуғын жери бар. Алты анлық жол барыўы, алты айлық жол—келиўи Зулман деген шәҳәрде үш булақ бар. Булақтың бирине «Абыҳаят», бирине «Абызамзем» ҳәм бирисине «Абыпәлек» деп ат береди. Абыпәлектиң суўынан ишкен адам узақ жасайды. Абыҳаяттың суўынан ишкен адам өзи алпыс жасар болса да жигирма бес жас қәддинде болады. Абызамзем суўынан ишкен адам өмир-өмирине кесел болмайды. Ол булақты сақлап отырған-ҳәзирети Искендердиң бәнт қылып кеткен Қақрап деген дәўи. Ол дәўдиң қасында аждар ҳасы, адам батып өлгендей қара батпағы тағы бар. Излеп барған адамды дәўлери тутып алады, аждарҳасы жутады яки қара батпағына батырады. Соған жиберсең ағаң өлип кетеди, мендей патша менен сениңдей Мақсым қыз сонда ғана мурадына жетеди.
Сол ўақтында Мақсым қыз, «Ағамды не ҳийле менен жиберемен»,—деп суўық демин алды. Патша Мақсым қыздың мойнына қолын салып бетинен сүйип алды.
— Әй, сәўдигим, оннан қапа болма, мен ҳийлесин айтып беремен. Журтыңда адам қарайтуғын молла бар ма? Журтыңда тилеўши ийшан бар ма? Порқан бар ма? Адамларға дәри бериўши тәўип бар ма?
Мақсым қыз:
— Булардың бәри де бар,—деди.
Шейирхан:
— Сен ағаң менен бул сапары кет, журтыңа жет. Барып молла, тәўип, ийшан ҳәм порқанларға пара бер де, «Зулман шәҳәринде Абызамзем, Абыҳаят, Абыпәлек булақлары бар. Солардан суў ишсе, суўына түссе, бул аўырыўына жақсы болады. Болмаса қызың өледи», дегиз. «Атаң ғарры Қарабий инанып, анаң жылар. Қарындасыңның дәртине даўа болар сол булақтан суў алып кел, Қурбанбек»,—деп айтар. Атаңның сөзин сындырмай, ағаң кетер. Алты айда жетер, батпағына батар, дәў тутар, аждарҳасы жутар. Ағаң өлип кетсе, бир жарым жыл арадан өтер. Әскер тартып ноғайлы елге бараман. Алаўша ханды өлтирип, журтыңды арқайын қыларман. Өз журтыма алып келип, сениң менен арқайын дәўран сүрермен. Қайғы қылма, оннан, Мақсым қыз, ақылым сол,—деп қыздың жүзинен жуптан-жуптан сүйип алды.
Бул сөзлерди еситип Мақсым қыз қуўанды. Әдепли, келисим менен атына минии, жеңгесиниң жайына ыңқылдап-сыңқылдап «уҳ» деп жетип келди. Жеңгеси айтты:
— Не болды?
Сонда бийкеши былай жуўап берди:
— Әй, жеңге-ай, өликлердиң ишинде жүрип қағындым ба деймен.
Жеңгеси мысқыллады:
— Олай дегенше «табындым ба» десең болмай ма! Мақсым қыз:
— Өликлерди аралап баратырып көзим уйқыға кетипти, бир түс көрдим. Сол түсимде жорығыл—деп жеңгесин сынап, буны айтып турыпты:
—Айналайын, жеңгежан,
Ат үстинде баратырып,
Әжептәўир түс көрдим:
Алтын тахтың үстинде,
Бир жапалақ қус көрдим;
Қанжығада бас көрдим;
Жол үстинде шарбазар;
Таў үстинде қара нар,
Бозлап турғанын көрдим.
Бул не болар жеңгежан?
Жетмиш болар денеси,
Отыз алты баласы,
Жер жүзинде қан болды,
Топаланлар дарыды,
Бул не болар жеңгежан?
Сонда турып Мәлийка
Мақсым қызға сөйледи,
Түсин жорып не дейди:
—Мен айтайын түсиңди,
Алтын тахтың үстинде,
Ноғайлының тахтына,
Залым ханның мингени;
Қанжығада бас көрсең,
Ноғайлының басына,
Сен шаянның себебинен.
Қара күнниң туўғаны;
Жол үстинде шарбазар—
Сен шаянның себебинен,
Журтларыңды жаў алар;
Таў үстинде қара нар,
Қара бийдей қайнатам
Қалмақлының қолында,
Барып шопан болғаны;
Жетпис болса денеси—
Журтыңды қалмақ қырғаны,
Бир нешени өлтирип,
Ғәриптиң гүлин солдырып,
Күн көрмеген қызларды,
Не бир залым қалмақлар,
Мурты аўзына жабылған,
Ат артына миндирип,
Журтыңнан алып кеткени,
Қанлар қуйып халқыңа.
Мениңдейин жеңгеңиз,
Қалмақлының қолында,
Қылқа постын ийнинде,
Кийиз қалпақ басында,
Тирсегинен жеңи жоқ,
Залымлардың алдында,
Пәйекшиси болғаны.
Сениңдейин Мақсымның,
«Атаның қәдирин билмедиң,
Ағаның қәдирин билмедиң,
Шейирханға шынтлап исенген, қыз бул жорыўға қулақ аспай, уйқылап жатқан ағасын түрткишлеп оята баслады:
—Кеўилиме түсип тур сол ғана әрман,
Көзиңди ашқыл, ўаҳ, уйқыдан, ағажан,
Өлик ийиси аңқып енди барады,
Аўыражақ қарындасың Мақсымжан.
Тайынды бендеге ҳәр жайда бир дәрт,
Дос емести ғош жигитке—қатын жат,
Мен қалсам қия майдан шөллерде,
Душпанларың, аға, болар кеўли шад.
Турғыл, аға, бүгин елге қайтайық,
Ата-анамды көрмей болмайын биймурат,
Мен анамның жақсы көрген қызы едим,
Болмайын бул күни дийдар қыямет.
Батыр туўған Қурбанбек,
Ырғып жайынан турады,
Минип тулпар белине,
Қырқ түйени жетелеп,
Қайтты батыр елине.
Бир неше күн жол жүрип,
Аз ғана емес мол жүрип,
Емирландай жайына,
Саў-саламат келеди.
Ели-халқын жыйдырды,
Отыз туўша сойдырды,
Ашы менен арығын,
Нан, гөш берип тойдырды.
Алып келген дүнья-мал
Қарыны аш кәмбағал,
Ашы менен арыққа,
Тарқатылды бул тойда.
Ели-халқын шад қылып,
Душпанларын мат қылып,
Журтында енди ғош жигит,
Жатып дәўран сүреди.
Бир нешше күн арадан өткен соң, Мақсым қыз «аўырды», Тәўип қоймай қаратты. Порқан қоймай бақтырды. Молла-ийшан қоймай оқытты. Елиниң ийшаны, тәўиби, молласы, менен порқаны—бәри де «Абыҳаяттың суўын ишсе, Абыпәлекке, Абызамземге түссе жақсы болады, болмаса өледи», деп пәтиўа қылды. Атасы Қара бий олардың сөзине инанып, Қурбанбекти сәҳәр ўақта шақырып алып, зарланды:
—Балам болдың он төртинде барқамал,
Сәҳәр ўақта зарланады Мақсымжан,
Шейирхан елине бирге барғанда,
Саўашлықта қарындасың аўырған.
Алып келсең барып Ҳаят суўынан,
Еки дүнья балам, сеннен ырзаман,
Мақсымжан жылар ҳәр сааты зары-зар,
Даўысынан ата-анаң бийқарар.
Буйырыпты ийшан менен моллалар—
Зулманның шәҳәрине қылыңыз сапар,
Келтирмесең Абызамзем суўынан,
Еки дүнья қолым жағаңда болар.
Бул сөзди айтқан ўағында Қурбанбектиң қаны қызып кетти, «Өликлердиң арасында бес күн уйқылап, қарындасыңды аўырыўға шалықтырдың, деп атам меннен көрип тур», деп ойлап, ҳеш кимге хабарласпастан, тулпарын зәртең-зәбертен ертлеп, көк полатқа ғарк болып, «Мәлийка сәўдигим билмей қалсын», деп, кетип баратыр еди, анасы көрип қойды. Қәҳәр менен баратырғанын билип Гежи султанның Қурбанбекке қарап зарланып турғаны:
—Ҳаўа жаўса айдын көллер сел болсын,
Күннен-күнге бул дәўлетиң мол болсын,
Қәҳәрленип миндиң тулпар белине,
Нуры дийдем, жас гөдегим, жол болсын?
Ана жылар «перзент» дийип зары-зар
Сен муңайдың—мен болғанман бийқарар,
Айтып кеткил сапарыңыз қай шәҳәр?
Сапарыңа мен де балам аҳыўзар.
Сонда мәрт Қурбанбек сөйледи:
—Атлар шапты, қаламыздың сыртына,
Табылмады даўа Мақсым дәртине,
Жол болсынды меннен сорасаң, жан ана,
Мен бараман Барса Келмес журтына.
Атлар шаптым бул майданда далаға,
«Перзентим» деп жылай, берме бийҳуўда,
Табылмады ҳеш бир даўа Мақсымға,
Мен бараман Зулман деген қалаға.
Сонда жылап жан а н а с ы зары-зар,
«Кетпей дейип толғанады бийқарар.
—Балам, есит мениң айтқан зарымды,
Бир шаян деп зая қылма жаныңды,
Суўсыныңа ишер сениң қаныңды,
Дәўи менен ҳеш аямас аждары.
Батыр кейнине қарап турса, атасы, «Кетер ме екен?» деп сынап киятыр екен. Қурбанбек буны билип, «Ата разы, алла разы: атамның сөзи жолында шыбындай жаным тасаддық болсын»,деп Зулман шәҳәрине қарап атланды:
Минди аттың белине,
Шықты қызыл шөлине,
Атланады ғош жигит,
Барса Келмес елине.
Астына минген бедеўге,
Сол ўақлары «шүў» деди,
«Шуў» дегенде гүўледи
Толықсып аққан дәрьядай,
Жүз тоқсанлық жорғадай.
Астындағы тулпары,
Қубылып ойнап барады,
Таў булақта суўлады,
Қайтпай урды дойнақты,
Ақшам-күндиз аянбай,
Жигирма күнлик жол жүрди.
Қарсы алдына қараса—
Аспан менен барабар,
Бир қара таў көринди.
Шықты таўдың үстине—
Оғыры алп дәрўазасы,
Он жети андизасы,
Жигирма төрт тар көшеси,
Аспан менен барабар
Жарқырап қала көринди.
Қурбанбек батыр қалаға бағдар алды. Жол жүрип кетип баратырса, дәрбентке жақын жерде, бир ақ тасқа қызыл хат жазылғанын көрди. Өзи саўатлы жигит, хатты оқыйды: Бул қаланың аты—Юнан. Елди сораған Қумыры деген хан. Оның айдай арыў Султан атлы бир қызы бар. Тәрийпи:
Қалпағына дал қойған,
Ләбине шекер-пал қойған,
Барлық жери ап-аппақ,
Узын бойлы кең қушақ,
Сәнеше бармақ, жез тырнақ.
Өңирине тағыпты,
Қыз балаға жарасық,
Қәлемпирли моншақты.
Есигин етип қадаған,
Жуўып шашын тараған.
Емшегиниң түймеси,
Полат бураў ушындай,
Перийзат пәнжайы аптап.
Гүйи-Болырдан Алшағыр деген бир гәўир палўан келип, бул қалада жатқанына алты айдай болды. Ашық болғанлықтан, «Сол қызыңды бересең, егер бермесең, онда ҳәр күни бир адамның қанын ишемен», деген. Ҳеш ким гәўирге шақ келмегенликтен ол ели-халқы бүлдирип, Юнан шәҳәрин ўайран қылып атыр.
Қурбанбек батыр, «Тилегимди алла берди. Ғайратым тасқан ер едим, халықты талаған, адам қанын ишкен залымды (бақтым асса!) Өлтирип, шәҳәрди азат етейин», деп атын жиберип уйқылап кетти.
* * *
Ендиги сөзди қалмақларға бас болған Алшағырдан еситиң. Гәўирдиң бет алды қала болып, сапар етип киятырса, уйқылап жатырған Қурбанбек батырға узақтан көзи түсти. Алшағыр, «Уйқылап жатырған Ноғайлының үстине қырқ бир адам болып барсам, онда меники нәмәртлик болар», деп қырқ жигитине қарамай, ат ойнатып дәрбент жолға келди.
Қурбанбек султанның аты тулпар еди. Оның тулпарлық ийисин аңлап, Алшағырдың аты жер табанлап, алға баспай турып қалды. Сонда атына қарап геўирдиң мынаны айтып турған жери:
—Алдыңда жолбарыс жатыр, ма?
Жатырған бизден батыр ма?
Не көрдиң, атым, не көрдиң?
Қамшы урсам қәдем баспайсаң,
Не көрдиң, атым, не көрдиң?
Қолымда тилла оқ жайым,
Неге қыласаң уўайым?
Мениң жанымды алмаға,
Келди ме батыры ноғайдың,
Қумыры деген ханыңның
Халқын азат етиўге?
Батыр Қурбанбек Алшағыр геўирдиң сөзин шала-пула еситип жатыр еди. «Ерден ердиң қәўпи бар» деген рас екен. Бул меннен қәўип етип сөз айтып тур. Оның шәнине тийип бир сөз айтайын», деп Қурбанбек батыр орнынан турды. Тулпарына минди. Алшағыр қалмаққа жақынлап, айбат етти:
—Сен, әй залым есит мениң арзымды,
Батыр қайғырар ма тәнде жаныны?!
Мени көрип қәўип әйлепсең, Алшағыр,
Қойғыл енди адам өлтирмек кәрди!
Уйқыда көрип жыладың сен зар-зар
Жүрген жериң ноғайлыдан бийқарар,
Ояндым мине—алдыңда турман,
Қайт қорықсаң райдан, залым Алшағыр!
Ҳәр күн ишип жүрдиң адамзаттан қан,
Нешшени айырып ата-анадан,
Елге қорлық салып жүрген, Алшағыр,
Мәртлигиңди көрсет, минекей майдан!
Бул гәплерди еситип,
Залым гәўир Алшағыр,
Булыттайын буйраланып,
Жаралы нардай ыңыранып,
Аўызынан от шашып,
Қурбанбектей батырға,
Қайырылып найза салады—
Найзасын оның Қурбанбек,
Тартып алып қолынан,
Еки бүклеп сындырды.
Алшағырдан бул залым,
Қолында семсер қылышын
Қәҳәрленип урады—
Қалқанын сонда мәрт жигит,
Алға тутып қалады—
Семсер екиге бөлинди.
Алшағырдай ийт залым,
Жақынлап қанжар урады—
Қанжарын да қолынан,
Тартып алып Қурбанбек,
Еки бүклеп сындырды.
Қурбанбектей батырың,
Алшағырдың жарақтан,
Жуда болғанын биледи.
«Нәўбет бизге келди деп»,
Қарағай найзасы жалтырап,
Керилип батыр урады—
Алшағырдай бул залым,
Найзасын тартып алады,
Еки бүклеп сындырып,
Аўзынан от шашып,
Туўлап залым қарады.
Қурбанбектей ғош жигит,
Қолына қылыш алады,
Айландырып басынан,
Қәҳәрленип урады—
Қылышын қалмақ Алшағыр,
Еки бүклеп сындырып,
Туўлап тағы қарады.
Қурбанбектей батырың,
Қылыш қолдан кеткен соң.
Қанжарды қолға алады.
Қанжарын алып қолына,
Алшағырдай гәўирге,
Ыңыранып батыр салады—
Қанжарын да қолынан,
Тартып алып сындырып,
Алшағырдай гәўириң,
Күле шырай береди.
Залым аттан түседи.
Қурбанбек те түседи,
Саўытын батыр шешеди.
Мәрт қабағын үйеди,
Қақпа шекпен кийеди.
Маңлайы айдай жалтырап,
Қәҳәрленип қалтырап,
«Ал нәўбет бизден болсын» деп,
Алшағыр шәртти қояды,
Нәўбетти сонда гәўирге,
Батыр қорықпай береди.
«Нәўбетим», деп Алшағыр
Қурбанбектей батырдың
Жағасынан алады,
Ыңыранып жамбас салады—
Қурбанбектей жас жигит,
Ол айбаттан сескенбей,
Дәрпенбестен турады.
Жағаға қоллар салады,
Атаңа нәлет Алшағыр,
Қайтадан жамбас урады—
Қурбанбектей ғош жигит,
Сескенбей ол гәўирден,
Таўдай болып турады.
Алшағырдай залымың,
Және жамбас урады—
Және қозғалмай турады!
Еки арыслан шайқасына,
Шәҳәрлер келип ләрземге,
Ғулғыла түсти халыққа.
Қумыры деген уллы хан
Беглер менен сол мәҳәл,
«Не қылған гүрсил?» деп,
Атланады саҳраға.
Келсе дәрбент үстине,
Еки палўан алысып,
Турғанын олар көреди.
Алысып турған мәртлердиң,
Биреўиниң тилинде
«Латы» деген сөзи бар,
Биреўиниң тилинде
«Алла» деген сөзи бар.
«Алла» деген ғош жигит,
Алшағырдай залымға,
Тоғанақты салыпты,
Көтермеге мейил боп.
Сол ўақытта Қумыры хан,
Зарлана берип сөйледи,
Сөйлей берип не дейди:
- Көтергил енди, жан балам,
Журтымды қарап қылғанды.
Атаңа нәлет бул залым,
Маған салды ойранды
Өлтирсең саған, ырзман!
Ашыўланып Алшағыр,
Қайтадан келип алысты,
Алысқан менен бул залым,
Қурбанбекгей ер бала,
Қолдан бермеди намысты.
Залым жамбас салады—
Қурбанбектей батырды,
Қозғалталмай турады,
«Қелсең—кел деп мәрт батыр,
Тайсалмастан турады.
Адамзаттың қанына,
Семирип кеткен Алшағырдың,
Ғамға кеўилин толтырып,
Ақша жүзин солдырып,
Жүйкесинен қурытты.
Көпек ийттей ырылдап,
Көкиреги сырылдап,
Қурбанбектиң қолында,
Нәлет болғыр Алшағыр,
Бахты кетип болдырды.
Қурбанбектей ғош жигит,
Аш белинен қушақлап,
«Алла» деп даўыслап,
Алшағырдай залымды,
Ол дизине миндирди.
Көтерип алып ийинге,
Айландырып басынан,
Алшағырдай залымды,
Тартып жерге урады!
Алартты залым көзлерин,
Айтар болды батырға,
Әзезиллик сезлерин.
Қумыры деген ол ханың,
Қурбанбектей батырға,
Суўырып алып қынаптан,
Алмас қанжар береди:
—Алма залымның тилин,
Солдыр қалмақтың гүлин!
Қарап қылды елимди,
Шуўлатты, балам, журтымды,
Өлтир, иним, залымды,—деп
Жылай берди солқылдап.
Буны еситип батырың,
Алшағырдай гәўирге,
Алқымнан қанжар салады,
Баўдай басын кеседи.
Геллесин кесип залымның,
Найза ушына иледи.
Залымның атын жетелеп,
Алдында—Қурбанбек,
Кейнинде—Қумыры хан.
Екеў-ара ат қосып,
Киятырса қалаға,
Алшағырдай залымның
Изине ерткен беглери,
Дәрбент жолда гезлести!
Қабақтай болған басыны,
Қурбанбектиң қолында,
Қырқ жигит сонда көреди.
Гәўирдиң көрип өлигин,
Бәри шуўлап кетеди.
Қурбанбектей батырға.
Қырқ жигиттиң ишинен,
Қалмақал қарап сөйледи:
Жалғыз болып жол алыпсаң,
Басыңа саўда салыпсаң,
«Батыр» сени деп еди,
«Илимпаз» сени деп еди,
«Дуўахан» сени деп еди,
Сени бир «мерген» деп еди,
Сени бир «шайтан» деп еди,
«Алдаўшы» «сумлаў» деп еди...
Батыр болсаң Қурбанбек,
Гүрес болса қумарың,
Алшағыр деген ағамның,
Қан алар адамы табылар—
Өлтирер сени Қәтирең,
Әўелҳә бизден аман өт!!!
Сонда шуўлап қалмақлар
Мәртке атын қояды.
Қурбанбектей ғош жигит
Көзи қанға толады,
Оңнан-солдан сол ўақта
Қыйқыўды батыр салады.
Қырғын салды қалмаққа,
Батыр кирди ғайратқа,
Қолын салды полатқа.
Зул-зула болды жер жәҳән,
Ат туяқтан ақты қан.
«Алшағырдың кейнинен,
Кетиңлер-әй сизлерде», деп
Қырқын да қылыштан өткерди.
Қумыры хан жол баслап,
Барып кирди Қурбанбек,
Юнан деген қалаға.
Қурбанбек батыр Юнан қаласына барғаннан кейин, Қумырыхан мирәти менен тахтқа минди. Бир неше бегзадалар менен шарап ишип мәс болып, заўқы-сапа сүрип жата берди.
Алтмыш еки ҳәмәлдар, отыз еки мөҳирдар, ҳәмме беглери жәм болып кеңес салып «Буныңдай ғайрат-күш салған, жаўды қуртып, халықты азат қылған батыр жигитке бир инам деген нәрсе болмай ма екен?! деп Қумырыханға келди. Қумыры «Қурбанбектей батырға қаншелли зер, қаншелли мал берсек екен», деп беглерине қарады. Анда турып жүз басы аталығы айтты:
— Ғош жигитке мал дәркар емес, зер дәркар емес. Алтыныңды батыр не қылсын?! Билсеңиз, дийдар дәркар! Қурбанбекке қызыңызды берсеңиз? Буны мақул көрсеңиз?
Бул сөз Қумыры ханға жүдә мақул түсип, мыйығынан тартып:
— Қәне онда, той баслаңлар,—деп ықтыярды беглерине берди.
Бир неше күнлер той қылды. Қумыры ханның Султан деген қызы жеңгелеринен неше түрли сарпайға басқа да затлар қосып, Қурбанбекке жиберди. Жеңгелери оларды Қурбанбекке алып келип, неше бир тымсал, шийрин сөзлер менен күйеў балаға арзы-ҳал айтып турған жери екен:
—Арзымызды есит енди хош жигит,
Сизиң ушын той басланды, кеўил шад,
Сарпай кийип бизиң менен жүриңиз,
«Келсин» деп жиберди сизге сәлем хат.
Бул сөзлерди еситип,
Қурбанбектей ғош жигит,
Орнынан ғарғып турады.
Алтын тажы басында,
Қырқ жеңгеси қасында,
Жигит кеўили таўдай тасып,
Бир-бирлеп қәдем урады,
Султан қыз жатқан сарайға.
Жеңгелери кейнинде қалды. Сарайдың қапысын Қурбанбек ашты. Қараса: отырыпты перийзат—пәнжайы аптап, ышқы сүўрет, көргенлердиң ақылын алып, шайырлықты сөзлер қылып, беллери қылдай буралып, ийегин тислеп, уялған кисиге уқсап. Султан қыз сәлем қылды. Сәлемин батыр әлик алды. Қурбанбек, «Бирден жанына барып, мойнына қоллар салсам, бетинен сүйип-сүйип алсам», деп қыялланды, бирақ өзин иркти: «Журтынан қашқан, малыны сатқан, бийабырай жалатай, деп айтар?». Қалайыдай қалқытып, ериген полаттай балқытып, батырдың айымға қарап бир неше сөзлер айтып турған жери:
—Шәҳәри Юнан дер елиңди,
Терсем бағыңнан гүлиңди,
«Сәккиз жәннеттиң қапысы» дер,
Сендей ярдың қойныны,
Алтын сарай, пәр төсек...
Салсам қолымды мойныңа,
Алсаң бизди не болды,
Мисли жәннет қойныңа?
Шашыңыз саккиз өрмишлер,
Дөгерегинен айланып,
Сәл ғана сени бир сүйсем,
Сирә бир ҳеш ким көрмеслер.
Ақылым алсаң қыз ғана.
Бул гәплерди айтқанда,
Сонда ол қыз сөйледи,
Сөйлей берип не деди:
—Сиз де жеткен жасыңа,
Мен де жеттим жасыма,
Алла қосқан қосағым,
Келгил енди дәрманым.
Жети жасымнан бери,
Пәрдоз бердим өзиме,
Нықап урдым жүзиме.
Аппақ болған билегим,
Дастық болсын басыңа
Қыз буралып турады.
Барып турып Қурбанбек,
Мойнына қоллар салады.
Айдай болған жүзинен,
Мазалы сүйип алады.
Басқасын айтып қәйтейин:
Еки ашық қосылып,
Тал жипектей есилип.
Соныңдай қызық болады...
Қурбанбек бул қалада
Султан айым менен айшы-аширетте жатып, күнлерден күнниң өткенин, айлардан айдың өткенин, жыллардан жылдың өткенин билмей, дәўран, заўқы-сапа сүрди.
Бир күни Қурбанбек перийзаттың қойнында жатып, бәҳәр ўақтында есап етип қараса, арадан сегиз ай өтип, тоғыз айға қарапты. Гүрсинипти:. «Бул қыз бенен сегиз ай дәўран сүриппен. Сегиз айым сегиз күн шелли өтип кетиптп. Уҳ!»
Перийзаттың ақ жүзиниң үстиндеги турған зулпы батырдың «уҳ» деген деминен қозғалып кетти. Султан айым оянып көзин ашып қараса, батырдың қыйналып отырғанын көрди. «Мениң қойнымда жатып, неге суўық демиңди алдың? Меннен басқа елиңдеги сүйген ярың ядыңа түскен қусайды», деп, турып, нәзик бойын бурып, сыланып-сыйпанып, талшыбықтай буралып бир кесе гүл-гүл шарапты қолына алып Қурбанбекке қарап, Султан айымның айтып турған жери: »
—«Яр-яр», дейип дүньяда,
Сәҳәр ўақта «уҳ» дейип,
Жатыр едим қасыңда,
Қозғалттың мениң зулпымды,
Бизге айтың Қурбанбек,
Кеўилиңдеги дәртиңди?
Ақ бетиме қал қойып,
Ләбиме мен қойдым пал,
Бағышладым жамалым,
Жас он беске келгенде,
Айдай болған камалым.
Сәҳәр ўақта «аҳ урып,
Күйдирдиң мениң орамалым,
Таўланасаң қойнымда,
Неге жоқдур қарарың?
Өз елиңде алғаның,
Ендиме сениң түсиңе?
Гүлдей болған бул басым,
Болдым ба енди мен тоқал?
Кеўилиңдеги айт әрманың?
Қурбанбектей султаным,
Ҳеш кимге болмасын мәлел?
Батыр бул сөзлерди есите отырып, тулпарын ертледи. Жети қабат саўытын кийип, көк полатқа ғарық болды да, перийзаттан рухсат сорады:
—Арзым есит, қулақ салғыл, перийзат,
Күннен-күнге жамалыңыз қиямет,
Атам маған бир сөз айтты аманат,
Сапарым бар Барса Келмес қалаға,
Мойнымда сол аманат қалмасын,
Гүл жүзли ашығым, бериңиз рухсат,
Сапарым бар Барса келмес қалаға,
Қойма мени қыяметтиң отына,
Султан перийзат «Гәп бундай болса шүкиршилик екен. Атасының хызметине сапар шегип баратырған жигитти иркиўге болмас», деп неше түрли тағамларды ҳәбзаматта тайын етип, батырдың атына бөктерди. Тулпарға батыр мингенде Султан қыз «Жигиттиң кеўилинде әрман болмасын, бойымдағы алты айлық-ҳәмилемди жасырмайын», деп Қурбанбекке қарап бир сөз айтады:
—Саған қылдым ялғаншыда ықтықат,
Перзент етермиш ғош жигиттиң кеўлин шад,
Қайтып келсең саған әрман болмасын,
Бойымда бар алты айлық «аманат».
Он төртимде мен болдымғой баркамал.
Мурадымды тилеп қәдир-алладан,
Жамалымда суҳбет қылдың тоғыз ай,
Бойымда бар алты айлық «бир гүман».
Бул сөзди еситип, Қурбанбектиң ўақты хош болып, перийзатқа бир сөз айтып турған жери:
—Мен кетермен Барса Келмес қалаға
Көрсем перзент бул ялғаншы дүньяда!!!
Мен келместен бурын болса перзентим,
Атын қойғайсаң оның Қурдиша,
Бийперзентлик ғош жигитке болар дәрт,
Бул сөзди еситип кеўлим болды шад,
Мен ырзаман сеннен бүгин, сәўдигим,
Атыны баламның қойғайсаң Қуршид.
Он төртимде болып едим баркамал,
Келмесин басыңа душпаннан заўал.
«Келмейди», деп қәўип қылмағыл, сәўдигим,
Таҳ көргенше, перийзатым, сен хош қал.
Қурбанбектей ғош жигит,
Бул гәплерди айтқанда,
Дәрьядай кеўли тасады,
Қуўана берип ер жигит,
Ҳәр таўдан да асады.
Атқа қамшы басады,
Астындағы тулпары,
Омыраўдан көбик шашады.
Ат шомылды терлерге,
Сыйынды кәмбил пирлерге,
Он алты күн жол жүрди,
Қурбанбектей батырың,
Ада болмас шөллерде.
Сәҳәр ўақта киятырса,
Қара жерлер тербенип.
Аспан-көклер қалтырап,
Қулақ питкендей даўыслар,
Шуўлап шықты ҳаўаға:
«Бизге паналық қылған,
Ел-халықты шад еткен,
Қурбанбектей ноғайым,
Қайда?» деген бир даўыс;
«Жете ғойсақ қалаға,
Тезирек мениң жаныма
Айда!», деген бир даўыс;
«Қасың болған Қәтиреңди,
Қүдиретиң келсе егерде,
Геўдеге дейин басыны,
Шайна!» деген бир даўыс;
«Келебер», деген бир даўыс...
Қурбанбек батыр даўысларға алағада болып, атын ойнатып келе берди. Таң атып, күн шыққанда, өзин бир шәҳәрдиң алдында турғанын көрди.
Бул шәҳәрдиң аты Рат еди. Патшасы Ақшахан екен. Бир ўақытлары Бабахан Қәтирен деген дәўдиң ағасын өлтирип, қолынан Гулшин деген перийзатын тартып алған. Ол дүньядан өткен соң иниси Ақшахан хан болған. Қәтирен Ақшаханның хан болғанлығын еситип, «Атадан жас қалып едим, ақылдан бос қалып едим. Сол Ақшахан дегенди өлтирип, ағамның қанын алайын», деп қаласын қамал етипти. Көп ўақыт қамалда болғанлықтан ел ашырқап отыр еди. Қалада сары жай я мылтық болмай, оларды атыўды ҳеш ким билмес, сол себепли өзин-өзи қорғай алмай ел бүлинип атыр еди. Неше жыллардан бери қоррандозларға қорра таслатып, ноғайлының елинен киятырған палўанды көрип, оның жақын келгенлигини билип халықтың кеўили шад болды. Бағанағы «Қайда?», «Шайна;!» «Келебер!» деген даўыслар сол шадлықтың сүренлери еди.
Ғош жигит аўқат жеп, қоламсағына сексен оқты жай қылып турса, Ақшахан үстине келип қалды. Қала сыртының бәри адам бойы от-шөп еди. Нур жүзли, қой көзли, әреби атлы, Әлийдей саясатлы жигитти көрип, «Бизге паналыққа келген ер болғайда», деп ишинен тилеп патша былай гәпледи:
— Бизиң шәҳәр «алла» дейип зар урар,
Дүнья болды мендей ханға енди тар,
Қайсы елден қайсы елге барасаң,
Шарўамысаң, кәрўанбысаң, бер хабар?
Басымнан кетип тур дәўлетли дәўран,
Шәҳәримизге бир дәў салып тур ўайран.
Атын айтсам ол залымның—Қәтирен,
Түс-турпатын көрсең ақылың ҳайран.
Талап қылып келди дүнья малымды,
Ойран қылды сыртта қалған елимди.
Суўсынына ишер сениң қаныңды,
Айтқыл балам, маған енди атыңды?
Тезирек қылғыл енди басың ғамыны,
Мен көрмедим сениңдейин лаланы,
Сендейлерге залым әрман салады,
Айттым сол залымның саған сырыны.
Буны еситип, қәҳәрленген Қурбанбек ханға қарап былай сөйледи:
— Елинен айрылған жалғыз сонаман,
Халық дәртинен күйип-писип жанаман,
«Қурбанбек» дейдилер мениң атымды,
Қайтар бала енди туўар анадан!
Жалғаншының соңын сорсаң—бийпаян
Саўаш күни ат жаўырынан ағар қан,
Қайғырмағыл сен жанымды, Ақшахан,
Зор қолында өлген мәртке не әрман?!
Абат қылсам ғәрип болған елиңди!
Азат қылсам қамал болған шәҳәрди!
Келетуғын жайын көрсет душпанның,
Бахтым келсе солдырарман гүлини!
* * *
Батырдың қаны қызып, саўаш қумары тутып тура берсин, ендиги сөзди Қәтирен дәўден еситиң:
Төрт тәрепке оқ атып,
Алтын қалқанын басында,
Қазандайын ойнатып,
Қарағай найза өңгерип,
Қара таўдың ишинен,
Жабығыдай жалғыз бас,
Маңлайында жалғыз көз,
Жанында жоқ ҳеш жолдас,
Булыттай болып буйралап,
Даўысы ыңырап залымның,
Сынған муздай гүңиренип,
Қан сорыйтуғын жалмаўыз,
Аямас адам жаныны,
Талап қылып келеди,
Ақшахандай патшаның,
Ишпеге залым қаныны.
Сол ўақытта Қурбанбек жүрегин берик тутып, батырлық салтанатын дүзеп, «Жаўдан айбынған нәмәртлик болар» деп, ат ойнатып, Қәтиренниң алдына қарсы жүрди. Қәтирен, «Мениң баққан елиме келген қандай жаў екен?» деп ашыўы қелип аўзынан от шашып Қурбанбек батырға қарап айтқаны:
—Алыстан көринер таўлардың тасы,
Қаст етсем ағады көзиниң жасы,
Маған бетлеп қәҳәрленип келесең,
Неғып жүрсең, ҳаслың кимдур, қарақшы?!
Қурбанбек аяғын тилла зәңгиге тиреп, қан ишер Қәтиренге қарап, мәртлигин билдирип, бул гәплерди айтып турған жери екен:
— Ашықтың питеди «яр» дейип жаны,
Қаст етсем талаўлы сендейдиң малы,
Алшағырды зар жылатып өлтирген,
Қурбанбекпен, қандырыңман, ноғайлы.
Ат мойнына тақтым тилладан тумар,
Ат қойғанда зар еңирейди душпанлар,
Билсең душпаныңды аңла, Қәтирен,
Жекпе-жекке шық майданға, геллеғар!
Мен жүрермен бул жаҳанда жалғыз бас,
Ҳә демей-ақ көзлериңнен ағар жас,
Алыспақлық мендей мәртке зор мурат
Қорықпасаң шық майданға басма-бас!
Қәтирен, «Қурбанбекти батыр, ер деп еситетуғын едим. Бирден алыса кетсем, меннен күшли болса, бүклеп астына урса, өлермен де қаларман, әрманлы болып кетермен. Өзим болсам мерген едим, алысып астына түскеннен, атысқаным қолай болар», деп қәҳәр-ғәзап пенен бир сөз айтып турған жери:
— Қәтирен болмай кетейин,
Басқа тапсам ноғайдан!
Гезекти бер де сен бала,
Туўры турғыл енеғар!
Сол гәплерди айтқан соң,
Залым, нәмәрт Қәтирен,
Қара түги тикейип,
Алты батпан Полаттай,
Жайға оқты салады.
«Қақ манлайың сол ма?», деп,
Қурбанбектей батырға
Таўлап тартып қалады.
Оқ келеди ҳарылдап,
Батыр минген әреби ат,
Батырға оқты тийгизбей,
Жер таянып жатады —
Оқ үстинен өтеди,
Залымның атқан бул оғы,
Қара тасты қақ бөлип,
Мәрўерт таста «түнеди».
Қайрыла берип Қәтирен,
«Әрманлы мен болдым», деп
Жайға оқты салады,
Шийрин жанды қыйнайды,
Сом жүректен ол залым,
Ыңыранып оқты байлады —
Мәрт мойынын бурады,
Әл-қалқан менен оғыны,
Қайырып сонда урады.
Қәтирендей залымың,
Тағы «әрманлы» болады.
«Әжелим жетип дүньяда,
Сум пайманам толмасын,
Жақсылап турып атайын,
Енди әрман болмасын»,
Деп керилип Қәтирен,
Қайтадан гирис тартады,—
Оқ үстинен өтеди.
Қайғыланды Қәтирен.
Басына күнлер туўады,
(Қашайын десе залымға
Намыс жаман, жигитлер!).
Қурбанбекке келди нәўбет.
Ҳаққа қылып ықтықат,
Алмас оқты алады,
Жай баўрына салады,
Байлап тартып қалады!!!
(Астындағы тулпары,
Ер күшине шыдамай,
Ыңырсынып туяқларын,
Төрт тәрепке таслады.
Қақ маңлайына тийгенде,
Маңлайынан тийген оқ,
Желкесинең парлады.
Қайтадан оқты салады.
Батыр туўған Қурбанбек,
Шийрин жанды қыйнады,
Керилип тартып қалады!
Жүрегине тийген оқ,
Жаўырынынан шығады.
Пайманасы толады,
Қәтирен тамам болады.
Сол мезгили алыстан,
Тозаң пайда болады.
Дәўдиң қырқ қыран бийлери,
Шуўлап атты қояды.
Қурбанбектей ғош жигит,
Сонда кирди ғайратқа,
Қолын салды полатқа,
«Алла» салды қалмаққа
Урыс болды аўыт-аўыт,
Жағасы алтын берик саўыт,
Сөтилди майдан ишинде;
Қырмызыдай қызыл қан,
Төгилди майдан ишинде;
Ақ саўыттың қыяғы,
Сөгилди майдан ишинде.
Аўыр дүбир болады.
Қырқ қыранын—қырқ жигитиң,
Бир шетинен қырады.
Көрмегендей қылады...
Қайтып келгенде Қурбанбек,
Ақшахандай патшаның,
Дәрўазасы ашылды,
Баҳадырдың үстине,
Дүрли маржан шашылды.
Бүлбил қонды гүлине,
Үш жылдан берли қамалған,
Шәҳәри Рат елине.
Ақшахан патша уўайым ишинде жатқан қара көз ярына ҳәм он сегиз мың аламды тырнағының жүзинде көрген Ақылжан атлы қызына Қурбанбек батырдың мәртлигин, көрсеткен ерлигин, елиниң абат болғанын айта баслады:
— Ҳаққа қылдым кеше-күндиз ықтықат,
Мискин болған халықтың болды кеўли шад,
Зар жылатып кести залымның басын,
Ноғайлы елинен келип бир жигит.
Күш-қуўаты тасқан, болған баркамал,
Айбатынан титирер жер менен аспан,
Зар жылатып кести залымның басын,
Бундай жигит ҳеш туўмайды анадан.
Қәтирен алмақшы болды жанымды,
Таламақшы болды дүнья-малымды
Зар жылатып кести залымның басын,
Миясар көрдим батырға Ақылжанымды...
Ақылжан сескенип орнынан турып:
— Әй, ата, малыны шашқан, журтынан қашқан, ақылсыз оныңдай ладанға қатын үстине миясар ма еди мениңдей Ақылжан?!—деди.
Бул сөзден атасы көп қапа болды. Сонда Ақылжан:
—Қапа болма, жан ата. Қурбанбек батыр журтынан шығар ўақтында атасы «бар», деди, енеси «қал», деди. Қурбанбек, «Ата разы, алла», разы, деп тәўекел қылып, тулпарын ойнатып шыққан мәҳәлинде, «Ҳақ дөреткен жигитке сени. Ақылжан, миясар қылдым», деген бир даўыс қулағыма келди. Сол себептен Қурбанбек батыр маған минәсип болады,—деп атасына қарап күле шырай қылды.
Ақшахан патша ўақты шандан хош болып, ардақлап, тойлар берип, Қурбанбектей ер жигитке Ақылжан қызын неке қыйды. Буннан кейин Қурбанбек Ақылжан менен айшы-әширетте болды.
Ақылжанның бир кәсиби: күндиз күни күлип ойнаса да, ақшамына сөйлемес еди. Қурбанбек бир неше айлардан соң, «Бул ярыма хошемет сөзлер менен барсам, рухсат етер ме екен? Яки ҳүким сөзлер менен сорасам зарар жеткизбестен рухсат берер ме екен?» деп, ойлана-ойлана отырып, бирден, «Перийзатым, рухсат»,—деген сөзди айтып қойды. Сонда Ақылжан айым:
— Әй султаным, қайда барарсаң?—деп күлди.
Анда Қурбанбек:
— Мақсым деген қарындасым бар еди. Узақ аўырыў болып оның кеселине Абыҳаят булағы ем» деген соң соған сапар шегип баратыр едим. Рухсат берсеңиз екен, перийзатым,—деди. Анда перийзат: «Қаншығыңа ол суў емес, «басқа бир нәрсениң суўы» ем болыпты»,—деди.
Қурбанбек батыр қатты қәҳәри келип, қылышын қынабынан суўырды. Ақылжан айым қолынан қылышын жулып алып, еки бүклеп сындырып, аспанға атты. Қылыш көз ушынан ғайьш болып кетти. Ақылжан қәҳәри келип ишине түйип-билгенлериниң барлығын айтып таслады:
— Сен адамзатсаң, мен перийзатпан. Жети жыл жер астында оқыдым, илимий парайызды билермен. Аспанды жерге түсирип, жерди дигирмандай айналдыраман. Тилсим атының гилти мениң қолымда. Егер инанбасаңыз мениң сөзимди тыңлап турың. Сениң саўашларда қылған исиңди, шапқан жаўыңды, жалғанышыда еткен исиңди тырнағымның жүзинен баян етейин:
—Сарҳаўыздың бойында,
Уйықлап жатқан ўағыңда,
Даўыс келди аспаннан,
«Шейирханнын елине,
Жалғыз атлан» деген,
Распеди, батырым?
Распеди, Қурбаным?
♦
Атаңнан рухсат алған соң,
Қарындасың, қатының,
Үшеў болып атландың,
Қалмақлының елине,
Усы қылған сапарың,
Распеди Қурбаным?
♦
Жарым жолға барғаyда,
Султан деген иниңиз,
Ол да қосылып сиз бенен,
Төртеў болып атландың.
Бардың қалмақ елине,
Ғаўға салдың шәҳәрине,
Султаныңа оқ тийип,
Қайтты иниң дүньядан.
Кекти сақлап кеўлиңе,
Миндиң аттың белине,
Қалмаққа атты қойған соң.
Неше күнлер урыстың.
Қалаға халқын қамадың,
Калмақ сениң алдыңда,
«Бағындым», деп бозлады.
Усы айтқан сөзлерим,
Распеди Қурбаным?
♦
Ғайыптан келип бир баба,
«Қайт елиңе дегени»
Распеди Қурбаным?
♦
«Бабада қәсийет бар», деп,
Қырқ түйеге қарамадың,
Сонда қалмақлар шуў етти —
Қырқ түйе зерди сен алдың.
Қайтарсын жолда тоқтадың,
Қатының менен қарындасыңа,
«Қараўылым болыңлар», деп
Өзиң уйқылап қалғаның
Распеди Қурбаным?
♦
Қарындасың ол шаян.
Қатыныңды таслап дәрбентке,
Өликлерди аралап,
Жети өликтиң астынан,
Таўып алды патшаны.
Ашық болып қалмаққа,
Қарындасың ол шаян,
Қылғанды ахдыў-паймана:
«Ағамның бул барында,
Сениңдейин яр менен
Сүре алмайман дәўранды».
Сонда қ а л м а қ сөйледи:
«Жылама арыў зары-зар,
Елиңизде бармеди,
Кесел болса қарайтуғын,
Молла менен ийшанлар?».
Анда М а қ с ы м сөйледи:
«Ел болған соң ол елден,
Ийшан-молла табылар,
Айтсаң бойма ханымыз,
Оның, қандай ҳийлеси?».
Сонда қ а л м а қ сөйледи,
«Айналайын Мақсым қыз,
Парахор болар мола-ийшан.
Бул кеткеннен кетсеңиз,
Елиңизге барғанда,
Молла менен ийшанға,
Көбирек пара берегөр,
«Абыхаят, Абызамзем
Абыпәлек суўлары,
«Ем болады», деп айттыр,
Ийшан менен моллалар,
Атаңды инандырар.
Атаң деген ол муңлы,
Ағаңа айтар «бар» дейип,
Үш булақтың суўына.
Атаңның сөзин сындырмай,
Ағаң кетер сол ўақта,
Айтқан Зулман журтына.
Ағаң сапарға кеткенде,
Еки жыл арадан өткенде,
Мен елиңе барарман,
Журтқанаңды аларман,
Сениңдейин қыз бенен,
Арқайын дәўран сүрермен».
Шейирханның сөзине.
Инанды қыз Мақсымжан,
Ўәдени солай қойысып,
Кейнине қайтты ол шаян,
Инанбасаң сөзиме,
Қарап турың Қурбаным,
Тырнағымның жүзине.
♦
Сол ўақлары Мақсым қыз,
Болған еди шадыман,
«Ағажан, қайтайық» дейип,
Оятқаны түрткишлеп,
Распеди батырым?
♦
Сен орныңнан турғансоң,
Елиңе аман қайтқансоң
Уллы байрам той бердиң.
Тойлар өтти арадан,
«Аўырыў болды» Мақсымжан.
Тәўип пенен порқанға,
Қаратты атаң Қара бий,
Молла-ийшан залымлар.
«Үш түрли суў ем», дейип,
Алдап-урды атаңды,
Атаң деген ол муңлы,
«Үш булақтың суўынан,
Алып кел», деп зарланды,
Распеди Қурбаным?
♦
«Атамның сөзи болсын»,—деп,
Миндиң аттың белине,
Шықтың қызыл шөлине.
Бир неше күн жол жүрип,
Келдиң Юнан елине.
Патшасы еди Қумыры хан,
Алшағырдың дәртинен,
Журты болған сергиздан.
Қайғырдың Юнан елини,
Алшағыр менен урысып,
Алшағырды өлтирип,
Юнан деген елини,
Қылдың сонда абадан.
Миннетдар болған Қумыры,
Султан деген қызыны,
Сениңдейин батырға,
Нека қылып бергенди.
Султан деген қыз бенен,
Неше ўақ сүрдиң сеy дәўран.
Қостарың деген ол муңлы,
«Бала бар», деп сен мәрттиң,
Кеўилиңди қылды сонда шад.
Сен журтыңнан кеткен соң,
Көп күн арадаy өткен соң,
Султан деген сол қыздан,
Дөрегендур бир перзент —
Атын қойды Қуршидша,
Инанбасаң сөзиме,
Қарап турғыл, Қурбанбек,
Тырнағымның жүзине.
♦
Мениң қалама келдиң,
Қәтиреңди өлтирдиң,
Қамаўдағы шәҳәримди,
Сен келип азат әйледиң.
Елим болды абадан,
Хызметиңниң атынан,
Сеники болды Ақылжан.
Мениңдейин қыз бенен,
Еки жыл сүрдиң сен дәўран.
Еки жыл өтти арадан,
Бойымда бар бир перзент,
Тоғыз айлар болғанды,
Оның өзи ул перзент,
Буны көргил Қурбаным.
♦
Және бир айтар сөзим бар,
Тыңласаңыз, Қурбаным:
Сен журтыңнан кеткели,
Бир жарым жыл өткенде,
Шейирхан деген қалмағың,
Неше мың әскер айдатып,
Ноғайлы елге келгенди.
Алаўша ханды өлтирип,
Нешшениң гүлин солдырды.
Қурбанбегим еситкил,
Мениң айтқан зарымды.
Бул жолларда боядың,
Көп душпанды қанына.
Қылған енди исиңди,
Алғыл батыр ядыңа.
Ләблеримниң қантыны,
«Яр» дейип сәўдиң дүньяда,
Мен айтайын батырым,
Тилсиматтың шәртини,
Нәсиятым алсаңыз,
Барып келмей булаққа,
Талап қылма журтыңа!!!
Бул кеткеннен кетерсең,
Бес күн тамам жол жүрип,
Қара таўға жетерсең,
Дәрбентине барғанда.
Тартар сени демине,
Қарасур атлы сол аждар.
Садағыңда сексен оқ, —
Байлап атқыл маңлайдан,
Қылыш урма сол мәҳәл.
Тағы он күн жол жүрсең,
Ағып турған қызыл қан —
Суўға ириң сыяқлы
Жолығарсаң сен батыр.
Мийриң қанып иш суўын,
Рәҳәтлен ҳәм жуўын!
Тағы он күн жол жүрсең,
Бир шәҳәрге кирерсең,
Саўдаласпа базарда!!!
Урып қамшыны атыңа,
Қутылсаң өлдим-азарда,
Жоллар ашылар бахтыңа.
Тағы үш күн жол жүрсең,
Күн астында бир қала,
Аспан менен барабар,
Көринер сениң көзиңе.
Дәрўазасы алдында,
Қайтпас темир реңли,
Секили жоқ сур бетли,
Ени бар еки аршын.
Дәў сени көрген ўақытта
Байлап атқыл маңлайдан.
«Өлтирип кет», —деп еленер,
Алма оның жаныны!
Ағып турған үш булақ,
Үш тасқа атлары жазылған —
Абыхаят, Абыпәлек,
Абызамземнен алда қайт.
Қырдан шығар ўақтында,
Сансыз әскер қуўады.
Аяўсыз атты урагөр!
Қуўып саған жете ғойса,
Бир тутам шашымды алагөр,
Шақмақ шағып түтетип,
Тастай көзиң жумагөр.
Тыңласаңыз батырым,
Айтып болдым сөзимди,
Тилегиңде Ақылжан,
Аман барып, саў келгил.
К у р б а қ б е к батыр Ақылжан айымның сөзине ўақты хош болып, жулып берген бир тутам шашыны алып, ярына қарап бир сөз айтқаны:
— Сенсең ярым бағ ишинде бүлбилим,
Ҳеш солмасын мың гүлиңнен бир гүлиң,
Мен бараман Барса Келмес қалаға,
Та көргенше хош аллаяр, сәўдигим.
Жүрген жериң болсын сениң лалазар,
Жамалыңа жети ықлым бийқарар,
Мен бараман Барса Келмес қалаға,
Та көргенше хош қал енди, назлы яр.
Ҳәр сөзиңе болды мениң кеўилим шад,
Сендей арыў қылмас мәртти биймурат,
Мен бараман Барса келмес қалаға,
Та көргенше хош қал енди, перийзат.
Қурбанбектей баҳадыр,
Минди аттың белине,
Шықты қызыл шөлине.
Салқын менен өндирип,
Бир неше күн жол жүрди.
Таң азанның ўақтында,
Шамал пайда болады.
Сескенеди батырдың,
Астындағы тулпары.
Ақылдың айтқан сөзлери,
Сол ўақта мәлим болады.
Айтқанындай сур жылан,
Қурбанбектей батырды,
Ыңыранып тартты демине,
Өлерини билип батырың,
Жайға оқты салады,
«Оң көзиң бе, сол», дейип,
Тартып жайды қалғанда,
Оң көзине тийген оқ,
Шүй төбеден шығады,
Жан айбат пенен Қара Сур,
Қуйрығын жерге урады,
Үш таўланып қалғанда,
«Өлтир» деген бир даўыс,
Ғайыптан сонда шығады.
Душпанлығын биледи,
Батыр атқа минеди,
Салмай қулақ даўысқа,
Тулпарға қамшы салады.
Үш күн тағы жол жүрип,
Таң саз берип келгенде,
Көринди дәрьяның суўы,
Барса дәрья бойына,
Ағып турған қызыл қан,
Суўы ириң сыяқлы.
Алып ишсе суўынан —
Балы-шербет сыяқлы.
Жуўынып еди суўына —
Кеўилиндеги дәртлери,
Қурбанбектей батырдың,
Қалмай сонда төгилди.
Тазаланып батырдың,
Ўақты шандан хош болып,
Минди аттың белине.
Дәрьяға атты салады,
Бираз ғана жол жүрип,
Кейнине қараса —
Суў түўе зимбил де жоқ.
Қарсы алдына қараса —
Көринеди бир шәҳәр.
Минекей көрсең—бир базар!
Ол базарға киреди.
Ақылжан айтқан сөзлери,
Батырға елес береди.
Адамларды көреди.
Саўдаламай Қурбанбек,
Иси болмай батырың,
Атқа қамшы басады.
Қарыйдарлар гүў басты!
Сескенип алып жаныўар,
Ат бир енди ойнайды,
Суўлығын сонда шайнайды.
«Әрманда қалдық биз», деген,
Даўыслар шықты кейнинен...
Тағы бес күн жол жүрди.
Күн қызарып көринди,
Күн түбинде бир қала,
Онда жалғыз қақапа,
Ақылжанның айтқанындай,
Қурбанбекке көринди.
Қурбанбектей ғош жигит,
Үш булақты қорыўға,
Искендердиң бәнт еткен,
Дәўин көрди сол ўақта.
Аттан түсип жүреди.
Атының басын жетелеп,
Қақрапқа жақын келеди.
«Сөйлетпей буны атайын», —деп,
Жайға қолын салады,
Полат оққа қол салып.
Жай баўырын толтырып,
«Айтқаның Ақыл сол ма?» деп,
Қақ маңлайдан байлады.
Оқ өтеди маңлайдан,
Атқан оққа шыдамай,
Исқендердиң Қақрабы,
Жыландайын таўланды,
«Азапқа мени салмағыл,
Өлтирип кет, батыр», деп,
Еңиренип, жылап қалады.
Үш булаққа келеди:
Абыхаяттан алып,
Абызамземнен алып,
Абыпәлектен алып,
Өзини мәрт беккем қылып,
Минди аттың белине,
Шықты қызыл шөлине,
Жан-жағына қарады,
«Тоқта!» деген бир даўыс,
Изинен оның жаңғырды.
Атқа қамшы басады,
Қашқан батыр соңынан
Қолларында сары жай,
Алмас қылыш ойнатып,
Есабы жоқ, саны жоқ,
Сансыз әскер қуўады.
«Жаңа жетти» дегенде,
Қурбанбектей батырың,
Қолға шашты алады,
Ақылжан берген бул шашты,
Шақмақ шағып түтетип,
Өз ийманын үйирип,
«Дүньяға келии болдым», деп
Көзин тастай жумады....
Бир мәҳәллери Қурбанбек көзин ашып жан-жағына қарады: өзин қаңырап турған майданның ишинде көрди. Киятырған жаў да жоқ, я көринген жан да жоқ —қолындағы шийшеде Абыхаяттың суўын көрди. «Бул суўдың не қәсийети бар екен», деп батыр бир уртлады: өзи отыз жасында еди он бес жаслардағысындай болып шыға келди! Жанындағы сәнеге қараса — Ақылжан айымның жанынан кеткели, батырдың дүзде жүргенине төрт жыл өтип, бесинши жыл болыпты. «Қайтадан Ақылжанның жанына барсам, оның ери болсам, сөзимиз бир күни абайсыз кетсе, елиме жибермей сырғыялық қылып, өмиримди сол жерде өтирер. Оныңдай әзәзилден қашқан қутылар, турған тутылар. Қашқанға рахмет турғанға нәлет», — деп Қурбанбек батыр жолды бурып, өз елине қайтпақ пенен болды.
Енди сөзди Ақылжан айымнан еситиң. Ақылжан өзинен болған баланың атын Әдилша қойып еди. Айым ақыллылық етип, Қуршидшаны бир жасқа келгенде Султан деген анасынан айырып алды. «Екеўи бирге өсип, бир-бирине меҳрибан болар, ер жигит болған ўақтында күш бириктирип жаўға бирге атланар, екеўи бирге журт алар, өгейлик араға келиспес», деп Әдилша менен Қуршидти бирге бағып, бес-алты жасына келтирген еди.
Ақылжан айым бир күни қорра таслап қараса — Қурбанбектиң қашып баратырғанын көрди. «Меннен ол неге қашады екен?» деп перийзат кеўлине алды. Еки баланың қолынан услап» сизлерди атаңыздың алдынан алып шығайын», — деп Ақылжан Қурбанбектиң алдына жөнеди. Таң атқан ўақтында айтты:
— Балаларым атаңыз жақын келип қалды. Сизлер екеўиңиз қол усласып, жыласып, алдына бара бериң, атаңыз сизлердиң алдыңыздан шығып, «Кимниң баласысызлар?» дегенде, «Қурбанбек батырдың баласымыз. Атамыздың тири болса—тирисин, өлген болса—қәбирин табармыз, деп сапар шегип баратырмыз», дең. Атаңыз сизлерди қушақлаған мәҳәлинде мен де тасадан шығаман.
Еки баласы таң сәҳәр ўақта таўға шығып зарланып, үн тартып келе берди. Қурбанбек қараса — алтын айдарлы, гүмис кекилли бес-алты жасар еки баланың жылап киятырғанын көрди. Отыз жасқа келгенше перзент дийдарын көрмеген батыр, балалардың зарына шыдамай, арзы-аўҳал сорап турған жери екен:
Бендениң жоқ бул жолларда шарасы,
Артымда қалды Барса Келмес қаласы,
Айтарсыз ба сизлер кимниң баласы?
Кеўилимде бар шилтерлердиң сәўбети,
Жаслығынан артқан кимниң «мийнети»?
Артымдадур марҳум дәўдиң қаласы,
Айтарсыз ба сизлер кимниң перзенти?
Әлемди титиретер мәрттиң айбаты,
Перзент болар ғош жигиттиң қуўаты,
Алтын айдар, гүмис кекил балалар,
Айтарсыз ба сизлер кимниң зүрияты?
Буннан кейин, балалардың кеўиллери езилип, асығыслық пенен атасына қарап не айтып турған екен:
«Арзымыз есит бул майданда, ағажан,
«Ата» дейип болды баўырымыз қан,
Биз көрмедик атамыздың дийдарын,
Анамыз атын сорасаң дейди Ақылжан.
Атамыз кеткен Барса Келмес қалаға,
Қублағаҳым, кабам излеп барамыз,
«Ата» дейип бизлер қылдық ықтықат,
Биздейлердиң қалай болсын кеўили шад?!
Биз көрмедик сол атаның дийдарын,
Өлген болса қәбирин қылсақ зиярат,
Зарланамыз, «Қалдық па биз жетим?» деп,
Қуршидша—Әдилша болды бийтақат.
Ата екен баласының дәўлети.
Туўылғаннан бизлер болдық нәмурат,
«Атаңман» деп айтағойсаң не болды?!
Кеўилимизди етер едиң, аға, шад.
Сонда Қурбанбек атынан түсип балаларын қушақлап, көзиниң жасы моншақлап, өзин танытып, балаларына қарап мынаны айтып турған екен:
Жер-аспанды титиреткен айбатым,
Сизлер мениң жалғаншыда зийнетим,
«Жетиммен», деп жылай бермең, зары-зар,
Мен боларман — атаң, сизлер — перзентим.
«Перзент» дейип баўырым болды мениң қан,
Айралық шербети қылды сергиздан,
Жетимсиреп жылайсызлар зары-зар,
Жүрме Ақылжандай анаңыз аман?
Тар болып тур маған жер менен аспан,
Тири ме өзи бул дүньяда Ақылжан?
«Ата» деген тиллериңнен айналсын,
Көрсетиң, егер болса саў-аман!
Бул сөзлерди еситип, Ақылжан тасадан шықты. Батырдың мойнынан қушақлап, көзиниң жасы моншақлап, маўқын басып болған соң, перийзат өкпесин бирме-бир айта баслады:
Балаларды көрип болды кеўилиң шад,
Саған қылдым ғой жалғаншыда ықтықат,
Неге мениң ғәрип кеўлим қалдырдың?
Сени нетти мендей Ақыл перийзат?
Балаларды көрип болдың шаҳзада,
Бүгин тар келипти саған бул дүнья!
Дос-жан билип сүйгил мендей ярыңды,
Не себептен мәлел салдың араға?
Қайғырмадым сендей мәрттен жанымды,
Қалқан болдым саған келген бәлеге,
Сени нетти мендей Ақыл перийзат,
Бағышладым ғой сендей мәртке тәнимди?
Перийзат айым бул сөзди тамам еткеннен кейин, Қурбанбек батырда бир қыял пайда болды: «Бул айым менен шийрин-шекер сөзлер менен сөйлесейин, ақ жүзинен поса алып, қойнында рәҳәтленейин. Сонда өкпеси тарқалар». Сол қыял менен Ақылжанға бир жуўап айтты:
Сүрсем дәўран қойыныңызда доланып,
Қалмас жүрегимде зәрредей әрман,
Кеўилиң қалып сөйлей берме, сәўдигим,
Қылғыл енди мендей мәрттиң кеўлин шад.
Өкпе сөзди айта берип бизлерге,
Қылма енди мендей мәртти нәмурат.
Ақылжан, айымның қәҳәри келип, Қурбанбек батырға қарап:
Перийзатпан, ақ жүзимде барды қал,
Жамалыма жети ықлым қуўанар,
«Атам» дейип шықты перзентлериң,
Ақылың болса сен олардан ибрат ал.
Атым мениң жалғаншыда Ақылжан,
Аңласаң дүнья болыпдур зиндан:
Атаңыз патшаның қолында сәрўан,
Енеңиз болыпты Қойларға шопан.
Халқыңыз жүрипти болып сергиздан,
Хош көрер ме дәўраныңды Жаратқан,
Қойнымда жатқанша, батыр, доланып,
Елиңди азат қыл залым қолынан!
«Сен» деп пидә болды мениң бул жаным,
Мәрт болсаң сен төккил залымның қанын.
Азат қылғыл барып пайтахт елиңди,
Оннан соң сүрермиз арқайын дәўран.
Зар жылатып келгил залым башыны,
Қузғын тартсын геўирлердиң лашыны,
Салғыл халқың ушын барлық күшиңди.
Арқайын сүрермиз соннан соң дәўран.
Азат қылғыл — халқың залым қолында!
Қайғырмағыл «қалды», дейип, сен мени,
Залым менен сен саўашқа киргенде,
Балаларың ертип мен де барарман.
Ҳәр жайлардан хабар берер Ақылжан,
Тулпарыңа енди мингил ғош жигит,
Тоғыз күнде жеткереди атыңыз,
Шейирхан елине барғайсыз аман,—
деп болып сорады:
—Әй батыр, сен атыңды он сегиз жыл минген екенсең, оның тулпарлығын билип пе едиң? Қурбанбек батыр:
— Мен атымның тулпарлығын билмеймен, айым — деди.
— Сен билмесең, атыңның туяғын көтер, мен атыңның тулпарлығын көрсетейин. (Қурбанбек аттың туяғының астын қараса қолдың аясындай белги бар екен). Шабысының ҳийлеси мында батыр: адамзат қанынан бир кесе ишсе атың алты айлық жолды алты күнде алар, — деп Ақылжан айым бир толы кесени «Тарсан патшасының қаны», деп жәниўардың аўзына тутты. Ат ишип, силкинип, бес жаслық сүўретине енди, көкке қарап киснеди. Ақылжан айым мөтиреге суў салып, шылбырды ериниң басына байлап, «Тоғыз күн дегенде атыңның қолтығынан жибер сол суўды», деп бир сөз айтты:
—Айналайын, Қурбаным,
Қоша нарым, дәўраным,
Қалмас сениң әрманың.
Буннан барсақ қалмаққа.
Аяўсыздан батырым,
Өзим хабардар болайын,
Төккил залымлар қанын,
Ат қараўын жетирмесең,
Атың қылар нәмурат.
Қурбанбектей ғош жигит,
Минди аттын белине,
Шықты қызыл шөлине.
Астындағы тулпарға,
Сол ўақтында «шүў», деди,
«Шүў», дегенде гүўледи,
Толқысып аққан дәрьядай,
Жүз тоқсанлық жорғадай,
Терең, терең, терең сай,
Сыпсаң питкен қарағай —
Табаны тасқа тақылдап,
Үзенгиси салтылдап,
Жулдыздай ағып жаныўар.
Езиўлигин қағады,
Қарғып жазық майданда,
Тоғыз күн тамам болғанда,
Ат бир жерге түседи,
Бир шырақты айналып,
Ақылжан айтқан ўақты болып,
Төрт туяғын ол тиреп,
Ҳаслан тулпар жүрмеди.
Тулпарын байлап Қурбанбек қолтығынан Ақылжан берген суўды жиберип азлап дем алды. Орнынан турып қараса — иниси Султан батырдың, Шейирхан менен урыс еткен жери екен. Батыр тулпарын минип, «Залым қалмақтың шәҳәри орнында болса барайын. Жаўға ўайран салайын. Жылаған балашағамды, елим менен халқымды жаўласқан залым қалмақтан азат қылып алайын», деп киятырса, таўдың үстинде үш адамның жәм болып отырғанын көрди. Батыр ҳайран болып, «булар кимлер ҳәм не ушын отырған екен?» деп аттың басын бурды. Бул ғәриплердиң бири атасы Қара бий (түйе бағып отырған), бири — анасы Гежи султан (қой бағып отырған), бири бул ғәриплер ушын жанын пидә етип жүрген қатыны — Мәлийка қубба еди. Мәлийка перийзат қайын атасы менен қайын енесине, қалмақ патшасының алдынан бир қолы уры болып, бир қолы қуры болып, ҳәр күни тамақ әкелип беретуғын еди.
Мәлийка айым ер жигитти алыстан көрди де қайын атасы менен қайын енесине қарап бир сөз айтты:
—Алыстан көринер тағның дарасы,
Есимнен кетпейди мәрттиң қарасы,
Зар жылама «перзентим», деп қайын ата,
Бүгин түсти бизге дәўлет саясы.
Көринеди Қара таўдың қаўышы,
Ғош жигиттиң душпанда қалмас намысы,
Айдай болған арысланыңды көрдиң бе?
Қайын ата, ене бергил сүйинши.
Сол ўақытта Қурбанбек батырдың ата-анасына жақынлап өзинен дәрек берип турған жери:
— Қабыл болар бендесиниң көз жасы,
Айралықта бул пәлектиң гәрдиши,
Көрдим, ата, бүгин сениң дийдарың,
Жалғаншыда өлмегениң жақсыды.
Сен жыларсаң «жан балам» деп зары-зар.
Сеннен артық бизди кимлер қайғырар?!
Есен-аман мине енди көристик,
Кабам анам, сеннен зыят кимим бар?!
Ҳа, солмасын мың гүлимнен бир гүлим,
Шекерден мазалы сөйлеген тилиң,
Қыяметке дийдар қалмай дүньяда,
Көрисейин, сениң менен сәўдигим.
ҳәммеси менен көрисип болып батыр, «Ақылжанның айтқанындай-ақ, атам түйениң, ғәрип анам қойдың кейнинде, ал Мәлийка атлы сәўдигим ханның хызметинде екен», деп суўық демин алды. Сонда Мәлийка былай деди: «Мениң хызметим — қалмақтың патшасының алдында пәйекшилик етиў. Кийиз қалпақ басымда, жеңи жоқ қылқа постын ийнимде, муңлы күң болып патшаның алдында бир неше жылдан берли хызмет етип жүриппен». Қурбанбек батыр турып айтты: «Мениң келгенимди патшаға айт. Өз жәмәәти менен мениң үстиме келсин! Патшаның үстине тутқыйылдан барғаным менменлик болар».
Мәлийка айым патша сарайына жүре берди. Қуптан ўақта патшаның алдына барып пәрийзат тәжим қылды. Патша, «Ҳәр мезгил шарапты намазлыгерге беретуғын едиң. Бүгин сонша кешигип, қуптанда бердиң. Бул шарап енди маған қонбайды. Наз-наз етип қосық айтып бер маған»,—деди. Мәлийка айым, «Қәўип-қәтер күни қандай қосық болсын?» — деп патшаға Қурбанбектиң айтқанларын жеткерди. Бул сөзлерди еситип, патша шоршып орнынан турды, «Мениң сен белли душпаным едиң, сонда да маған жаўдың келгенин айттың. Қурбанбегиң мәрт екен — менде мәртлик қылайын», — деп қолынан услап, Мәлийка қубба перийзатты қазийнеге киргизип, басына — тажы, сәўкеле, үстине қамқадан ҳасыл кийимлер кийгизди; қолына он алтын жүзик салып, белине алмас қылышты байлады. Ҳийле ойлады. Сейисханадан минилмеген тулпарды шығарды. Қуббаны патша тулпардың үстине қондырып, саўырына қамшы басты да қаладан шығарып жиберди. Мәлийка айым сол ақшам адасып кетти.
Шейирхан патша лаппа сан мың қалмақ жәм қылып, алты топты сүйретип, темир арба ғыйратты шыйқылдатып, «ақ әлем де, көк әлем» болып Қурбанбектиң үстине таң сәҳәр ўақтында келип қалды.
Бул мәҳәлде батыр уйқыда еди. Атасы «Тур!» деди — турмады. Енеси «Тур!» деди — қозғалмады. Қалмақ дабыл қақты. Батыр бирден оянды. Сескенип турып қараса — қалмақ қоршап алған аты да жоқ, жарақ та жоқ (атына жарағы бәнт болған еди). Батыр турып зарланып, жалғыз қалғанлығына, атының жоқлығына қыйналып бир сөз айтты.
—Жалғыз болған жалғаншыда зар урар,
Жалғызлықтан маған дүнья болды тар,
Үмитиңди үзбе меннен тулпарым,
Қурай-қуррай көзлериңнен жаныўар!
Ўақтым жетии кетти мениң бәҳәрим,
Мен жалғызбан, кимге жетер ақ-зарым?!
Ақыл атлы сен сәўдигим жәҳәнда,
Енди көрмек жоқты сениң дийдарың.
Халқым дейип қылдым өзим ықтықат,
Қолым қуры-душпан көзи болды шад.
Қалдым енди залым қалмақ ишинде,
Мени жалғыз таслап кетпе, әреби ат.
Тилек қабыл қылды сонда зулжалал!
Төрт тәрепке қарап көрсе сол ўақыт,
Жетип келди пуўы шығып, жаныўар.
Тулпарының маңлайынан сыйпалап,
Атқа минди Қурбанбегиң сол мәҳәл.
Айбатынан серпиледи қалмақлар,
Көзи қорыққан бурыннан-ақ Шейирхан.
Сол мәҳәл тар көринди оған кең жәҳән.
Оң жағына қарап көрсе Қурбанбек,
Қуршид пенен Әдилханды жетелеп,
Сәлем берди Султан менен Ақылжан.
Буларды көрип батырдың,
Басынан кетти қайғы-дәрт,
Қасында бир ат жетелеген,
Шаўып келди сол мәҳәл,
Мәлийка қубба перийзат.
Үш қатыны, еки бирдей баласы,
Атланады алтаўы да қалмаққа.
Батыр кирди ғайратқа,
Иши оттай жанады,
Қан қылады қаланы.
Залым туўған қалмаққа,
«Алла»лап шаўқым салғанда,
Апыр-топыр болады,
Ақылжандай перийзат,
Шийрин жанды қыйнады.
Қасийданы қолға алып,
Ханның «көзин байлады»,
Қолын оның байлады,
Ат алдына салады.
Көп қалмақтың басына,
Қара күнлер туўады.
Патша бенде болған соң,
Қурбанбекке бағынды.
Көп жығынды айырып,
Сонда Султан перийзат,
Атын шаўып кетеди.
Тоғыз жолдың бәнтине,
Ҳәпзаматта жетеди.
Еки көзи ойылған.
Тоғыз алқа бойында,
Қайыр сорап, тиленген,
Мақсымға жақын барады,
Мойнына шылбыр салады, —
Сүйреп ала жөнейди!
Көпшилик сонда жәм болды,
Патша менен Мақсым қыздың,
Қамшы урып басына,
Жығынды үш айландырып айдады.
Елдиң айдай жаслары,
Шейирхандай залымды,
Қара топқа байлады...
Мақсымға гезек гелгенде.
Ақыл деген перийзат,
Қумар көзини жаслады,
«Айтар сөзим бар», дейип,
Қурбанбектей батырдың,
Қылышынан услады.
— Арзым есит, Қурбанбек.
Ноғай журттың патшасы,
Залым еди Алаўша,
Парахор болды ҳәкимиң,
Жалахор болды бийиңиз,
Реҳимсиз болды байыңыз.
Ноғайлы деген елатта,
Жетим уғлан, тул қатын,
Олар да болды ийесиз,
Камбағал менен бийшара,
Қул болып жүрди байыңа,
«Бул патшаның басына,
«Келсин үлкен бәле!» — деп,
Адамларың тиледи.
Ғәрип пенен қәсердиң,
Жетим өскен баланың,
Қул болып өскен елиңниң,
Тилеги қабыл болғанды.
Алаўша деген патшаңды,
Шейирхандай бул залым,
Себеп пенен өлтирген.
Журтыңның енди қалмаққа,
Бенде болып қалғаны,
Патша менен ийшанның,
Түсинсеңиз батырым,
Пейли себеп болғанды,
Атаң деген ол сорлы,
Молла менен ийшанның
Алдаўына инанып,
Сениңдейин батырды,
Барса Келмеске жиберген.
Жибериўине султаным,
Жалғыз ғана қарындасың,
Мақсым қыз себеп болғанды.
Ем суўларды әкелиўге,
Барса Келмеске кетип.
Султан қызды алғаның,
Қуршидтай бала көргениң,
Мендей қызды алғаның,
Әдилдей бала көргениң,
Ойлап көрсем буларға,
Мақсым қыз себеп болғанды,
Ғарғады оны қудайым!
Жүре берсин илайым,
Еки көзи гөр болып!
Айналайын, Қурбаным,
Өлтирме сен Мақсымды...
Сөйтип сөйлеп турғанда,
Өткен иске шыдамай,
Қурбанбектей батырдың,
Қара бийдей атасы,
Қылыш пенен салады —
Мақсым қыз өлип қалады!
Қурбанбектей батырың,
Уллы майрам той берип,
Халықты шад етеди.
Душпанларын мат қылып,
Жети пайтах қалада,
Перийзат, бала-шағасы,
Жәм болып қаўмы-қардашы,
Өлгенше дәўран сүреди.
Қурбанбектиң дәўиринде,
Ноғайлының елинде,
Ҳәмме де жетти муратқа,
Сизлер ҳәм жетиң муратқа.

Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Дәстандағы гейпара сөзлерге түсиник
Алдынғы бөлимге қайтыў: Ер Зийўар
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: