Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Ер Зийўар (Er Ziywar)

Бурынғы заман ўақтында, Хорезм елинде, Ақжүрим деген қалада Ҳәсен деген хан болды. Шаҳы Ҳәсенниң ўақтында Хорезмниң еллерин көп абадан дер еди. Сансыз қалмақ елинен Тақтаполат «Хорезмди алсам», деп әрман етип жүрди. Бир күнлери:
Шийрин жанын қыйнады,
Патша ләшкер жыйнады,
Ябыдайын туўлады,
Он алты топ сүйретип,
Хорезмди алмаға,
Отыз мың ләшкер айдады.

Ләшкерлерин ертип, патша жолға рәўана болды. Бир неше күн жол жүрип, аз ғана емес мол жүрип, Хорезмниң шетине келип қосын таслады. Тақтаполаттың жақсы көрген ҳәмиреси Абақан ўәзир еди. Шақырып алып қасына, зерли жығасы дирилдеп, «Шаҳы Ҳәсенге сен тайсалмай бар, басына қайғы сал. Тегинлик пенен бермесе, Тақтаполат патшамыз Хорезмдей елиңди, соналы айдын көлиңди, дәўлетиңди, бахытыңды, арыз сораған тахтыңды талап етти алмаға, буны қалай көресиз, де. Тезлик пенен қайт!—деди.
— Әжеп болар тақсыр,—деп
Абақан турып орнынан,
Тулпарға ерин салады,
Мақпал менен терликлеп,
Гүдары айыл шалады,
Ақ найза қолға алады,
Алдына дабыл өңгерип,
Кейнине саўыт бөктерип,
Ақтамгердиң жылаўын,
Оңғарып жолға салады.
Қырқ жигити оңында,
Қырқ жигити солында,
Хорезмниң елине,
Ләшкер тартып барады,
Көзлери оттай жайнады,
Ғәрип жанын қыйнады.
Астындағы Ақтамгер,
Көкке атып ойнады,
Тулпарға қамшы басады,
Бәлент қумнан асады,
Дәрьядайын тасады,
Әйне сәске ўақтында,
Шаҳы Ҳәсенниң алдына,
Абақан ўәзир жетипти,
Ханға қарап турады,
Абақанға Ҳәсен шаҳ,
«Не арзың бар?»—деп сорады:

—Сени көрип кеўилим болды бийқарар,
Болғандай-ақ кең дүньялар бизге тар,
Әреби атлы, темир тонлы, әй сардар,
Айта бериң бизге қандай арзың бар?

Душпанларға сен саларсаң қайғы-зар,
Саўашыңды көрген ғаним муңаяр,
Қайсы журттан қайсы журтқа барасаң,
Ырасың айтқыл, ҳаслы кәриң ким болар?

—Арзымды есит қулақ салған, Ҳәсен хан
«Сиз», деп мен атланып келдим қалмақтан,
«Тақтаполат», дер бизиң ханымыз,
Журтыңды алмаға етти талабан.

Хорезмде сен бир Ҳәсен төресең,
Нешше жылдан бери дәўран сүресең.
Хан жиберди «Хорезмди берсин», деп,
Ҳәсен шаҳым, буны қалай көресең?

Елим, деп парлап-күйип жанасаң,
Халкың менен мәсләҳәтти саласаң,
Саўашларға бизге қарсы шықпасаң,
Ханымызға мөриңди алып барасаң!

Мен Абақан, салтанатлы төремен,
Ат қуйрығын Нәдиршадай өремен,
Жайлы екен Тақтаполат ханымыз,
Ҳәсен ханым бес күн мәўлет беремен!

Ләшкериңди жыйна, халқыңа ур жар,
Бизиң менен саўаш ашсаң, геллеғар!
Саўашпасаң, я журтың бермесең,
Басларыңа биз салармыз қайғы-зар.

Ҳәсен хан турды ойланып…
Абақан сөзин айтып боп,
Атының басын тартады,
— Көргенше хош бол, Ҳәсен хан,—
Деп Абақан қайтады.

Ҳәсен хан алпыс еки ҳәмелдар, жетпис еки мөҳирдар, барлық бийин жыйнады; ғарры жанды қыйнады. Ортаға шығып Ҳәсен хан, буларға қарап толғады:

Алпыс еки ҳәмелдар,
Жыйналысқан беглерим,
Хорезмди алмаға,
Халқыма қайғы салмаға,
Келипти айдап ләшкерин,
Тақтаполат залым хан.
Белиңди қынап буўмасаң,
Басыңды жолға қоймасаң,
Мәрт болып саўашта,
Келген жаўды қуўмасаң,
Алар келип елиңди,
Солдырар қызыл гүлиңди,
Олжа қылар малыңды,
Жесир етер қызыңды,
Қул етерлер улыңды.
Берк буўмасаң белиңди,
Қорымасаң елиңди,
Ала ғойса Тақта хан,
Солдырар қызыл гүлиңди.
Пасық қылар диниңди.
Алпыс еки ҳәмелдар,
Ақыллы дана төресең,
Бир бириңниң изиңе,
Иззет пенен ересең,
Ҳәсен шаҳтың алдында,
Қандай кеңес бересең?
Бул сөзди айтып болғанда,
Жыйналысқан көп беглер,
Муңайып бәри турады,
Көп ишинен бир ўәзир,
(Ол ўәзирдиң лақабын,
«Сарим ўәзир», дер еди),
Сайланып шығып ортаға,
Көпке қарап сөйледи,
Сөйлегенде не деди:
— Тыңласаңыз патшаҳым,
Шығып ханның алдына,
Саўаш қурсаң набада,
Қаларсаң халықтың қанына.
Қарсы келсең набада,
Тақтаполат залым хан,
Суўдай төгер қаныңды,
Алар шийрин жаныңды,
Олжалар қылар малыңды,
Қозғар гөне дәртиңди,
Қозға көмер артықды,
Көширип кетер журтыңды.
Оннанда биз хат жазып,
Ҳал-жағдайларды айтып,
Халықты қырмай, урыспай,
Тақтаполат патшаға,
Ели-журтты берейик?

Зийўар менен Жанай мектептен қайтып киятыр еди. Атасының адамларды жыйнап, мәсләҳәт етип отырғанын көрип, Сарим ўәзирдиң сөзин еситип, еки бала жыйналған көпшиликтиң арасына келип, халыққа бир ғулғыла түскенин, ел шетине жаў келгенин билип, қанлары қайнап, көзлери оттай жанады. Жигери тасып, аяғын ғаз-ғаз басып, ортаға шығып, Зийўар жыйналған әлеўметлерге қарап бир сөз баслайды,
— Жыйналысқан адамлар,
Арзымды есит, ағалар,
Келген жаў менен урыспай,
Халықты берсек душпанға.
Болмай ма бизге намыс-ар?
Журтыңды алса залым хан,
Ел-ҳалқыңды шуўлатып,
Басыңа салар қайғы-зар.
Елиңди берсең еңиретип,
Болмас па екен намыс-ар?
Бизлер менен оқысқан,
Он мыңдайын бала бар,
Ели-ҳалқың тағы бар,
Он мыңдай ләшкер бар.
Қарыў-жарақ тағы бар,
Аўыр топлар бизде бар.
Бизге келген душпанға,
Ат қоямыз бәримиз,
Урыспаға жаў менен.
Қорықсаңыз, бизге рухсат бер:
Душпан менен урысып,
Нар буўрадай алысып,
Қайтпай найза салысып.
Қызыл қанға қарысып,
Жаўдың мурынын уўайық,
Жерге тамған қанларын,
Ағын суў менен жуўайық.

Зийўардың мәртлик сөзлерин,
Халайық тыңлап турады,
Жүреклери шәўкилдеп,
Бәри ҳаллас урады.
Зийўар атлы улының,
Ер екенин сөзинен,
Журт ийеси Ҳәсен хан,
Сол ўақытта биледи.,
Жар урады қалаға,
Қайғы түсти сол ўақта,
Қатын менен балаға.
Ғамға кеўилин толтырды.
Ақша жүзин солдырды.
Жыйнап елден жигитти,
Ләшкерлердиң санларын,
Он бир мыңға толтырды.
Батыр туўған Ҳәсен хан,
Ақ туўды қолға алады,
Қайғы түсти сол ўақта.
—Атланың жаўдың үстине!—
Деп халыққа жар салады.
—Халайық, жаўым улғайды,
Атланбасаң болмайды,
Я алың я өлиң—деп,
Халқына қарап толғайды:
«Атланың жаўға мәртлерим,
Солдырың жаўдың гүллерин.
Қуўып шаншып душпанды,
Тарқатың кеўил шерлерин.
Кейин қуўсаң душпанды,
Патшаның кеўили толады.
Өлсең шейит боласаң,
Өлтирген қазы болады».
Бул сөзди айтып Ҳәсен хан».
Беклери менен қосылды.
Тыңлап оның сөзлерин,
Мәртлердиң кеўили йошады.
Ат ойнатып Ҳәсен хан.
Найза алды дәстине*
Қара қур болып ләшкери,
Ат қойды жаўдың үстине.
Батыр туўған Ҳәсен хан.
Тулпардың жалын тарайды,
Әйне сәске ўақтында,
Тақтаполат патшаның.
Оң жағынан барады,
Шатырда жатқан қалмаққа
Топалаң—тозаң салады,
Тақтаполат залым хан,
Ләшкерин топлап алады.
Бойын жыйнап Ҳәсен хан,
Тақтаполат патшаға
Қәҳәрленип қарады.
Еки патша шекисип.
Жақынласып барады,
Сол ўақытта Ҳәсен хан.
Оң жағына қарады,
Ләшкерине сөйледи,
Сөйлегенде бүйдеди:
— Бул урыстың қәдеси,
Алыспақты палўанлар,
Урыспақты батырлар,
Барың душпан үстине,
Батырларым жекпе-жек.
Ҳәсен ханның палўанын,
Мәрт Аққозы дер еди,
Мәртлигинен мини жоқ,
Хорезмниң халқында.
Жалғыз туўған ер еди.
Тамағына геллеғар,
Тоғыз қойды жер еди.
Қара сур атқа минеди.
Қарағай найза қолға алып.
Душпанға қарап жөнеди.

Тақтаполат патшаның,
Ақжүгинис деген палўаны,
Қапталында бар еди —
Бул да минди атына,
Шыға келип бәтшеғар,
Ат ойнатып желеди,
Еки жақтан еки ер,
Бир-бирине дус болды,
Атының басын бурады.
Аққозы деген батырға,
Тақтаполаттың палўаны,
Керилип найза урады.
Сол ўақытта Аққозы,
Қалқанын тутып алдына.
Душпанның кеўлин солдырды.
Алдына тутқан қалқаны.
Жаў найзасын сындырды.
Аққозы кейин шегинип.
Душпанға найза салады.
Аққозының найзасын,
Ақжүгинис батырың.
Қолынан жулып алады.
Найзасы қолдан кеткен соң,
Қәҳәрленип Аққозы,
Қолына алып қылышын,
Ақжүгиниске урады,
Қылышы тийип саўытқа,
Шорта сынып қалады.
Арыслан туўған Аққозы,
Қылыштан жуда болады.
Жарақсыз жигит қалған соң,
Душпанға қарсы барады.
Ақжүгинис батырдың,
Жағасынан алады.
Хорезмли Аққозы,
Ат үстинен алысты,
Қолдан бермек абырайды,
Мәрт жигитке намысты.
Беллери жайдай бүгилди.
Маңлайдан терлер төгилди,
Еки мәрттиң саўыты,
Тозған тондай сөгилди,
Астындағы тулпарлардың,
Беллери нәзик бүгилди,
Бир биреўин қушақлап,
Ақжүгинис пенен Аққозы,
Ат үстинен жығылды.
Өкпелери қысылып.
Аўызына келип тығылды.
Еки батыр майданда,
Аш арысландай алысты,
Бир-биринен қалыспай,
Кешке шекем айқасты.
Қайғыға кеўлин толтырды,
Ақша жүзин солдырды,
Рейимсиз Жүгинис,
Аққозыдай батырдың
Шылбырдай мойнын бурады,
Айналдырып басынан,
Көтерип жерге урады.
Ақжүгинистей батырың,
Әрўақларын шақырып,
Суўырып алса жылт еткен,
Семсерин қолға алады,
Аққозыдай батырдың,
Алқымына салады,
Қарқыратып шалады,
Басын кесип алады.
Найзаға басын илдирип,
Нар текедей майысып,
Хан алдына келеди.
«Оғада батыр екен»,—деп,
«Басына қайғы салдың»,—деп,
Ақжүгинистей батырға,
Көп инамлар береди.
Кеўили тасып Ақжүгинис,
Қарғып минип атына,
Ақ найзасын қолға алып.
Майданға қарап жолланды
Қарсы қарап жаўына,
Жүгинис сөйлеп толғады:
—Ҳәсен хан, кетти сеннен бағ,
Бизики болар сизиң таҳт,
Батырың болса жекме-жек,
Жиберип, қызығын көрип бақ.
Еситип буны Ҳәсен хан
Жән-жағына қарады,
Көп муңайып турады,
—Жаўға қарсы шыққандай,
Мәрт бар ма?—деп сорады.
Көп ләшкердиң ишинде,
Бир батыры бар еди,
Ол батырдың исимин,
«Сәрўанлы батыр» дер еди.
Қандай батыр болса да,
Қатпай шапқан шер еди.
Алса атып урғандай,
Сондай алып ер еди.
Сәрўанлы ханға қарады,
Қасына жақын барады,
—Бизди жибер жаўға,—деп,
Патшадан жуўап сорады.
«Сонда патша» «Бар»—деди,
«Жүгинисти өлтирип,
Халықтың өшин ал»,—деди,
«Тақтаполат патшаның,
Басына қайғы сал»,—деди,
«Усыдан жеңсең жаўыңды,
Тасаддық сениң жолыңа,
Алтын тахт дүнья-мал»,—деди.
Ханның сөзин еситип,
Сәрўанлыдай батырың,
Кеўили суўдай тасады,
Тулпарға қамшы басады.
Сәрўанлы минген бул тулпар,
Омыраўдан көбик шашады.
Хорезмли Сәрўанлы,
Душпанға жақынласады.
«Сәрўанлы болсаң ер».—деди,
«Әўелги нәўбет меники,
Соңғы нәўбет сеники,
Нәўбетимди бер»,—деди,
Ақжүгинистей батырың.
Көзлери оттай жанады,
Жүреги ғыж-ғыж қайнады,
Астындағы тулпары,
Суўлықты ғарш-ғарш шайнады.
Сары жайын қолға алды,
Қурамсаққа қол салды,
Сәрўанлыдай батырдың,
Маңлайынан байлады.
Сол ўақытта Сәрўанлы,_
Алдына қалқан тутады,
Ақжүгинис атқан оқ,
Аспанға қаңғып кетеди.
Жети қабат қара тасты,
Шарқ үйирип өтеди,
Сегизинши қабаты,—
Мәрўерт тасқа жетеди.
Ашыўланып Ақжүгинис,
Тағы оқты алады.
Сары жайға салады,
Сәрўанлыны дәл көзлеп,
Толғап тартып қалады.
Қарсы турған Сәрўанлы,
Жалт береди оғына,
Оғы тиймей кетеди.
Сыртта турған ләшкерди,
Тек жаралы етеди.
Қурамсаққа салады.
Және бир оқ алады...
Үш мәртебе атса да.
Оғы тиймей қалады.
Ақжүгинистей батырдан,
Атыспақ нәўбет өтеди,
Сәрўанлыдай батырға,
Енди нәўбет жетеди.
Сәрўанлы жаўға сайланды,
Қурамсаққа қол салып,
«Суржайыл» деген оқ алды,
Сары жайға қыстырып,
Қос жүректен барлады,
Гирести қатты тартқанда,
Оғы кетти атылып,
Сәрўанлы атқан сары жай,
Ақжүгинистей арысланның,
Тумсығынан өтеди.
Тесип шыққан сол оғы,
Тақтаполат патшаның,
Ләшкерине жетеди.
Сәрўанлы атқан жалғыз оқ,
Ақжүгинис батырды,
Қанын суўдай шашады,
Менсинбеген Ақжүгинис,
Арандай аўызын ашады.
Қара тастың үстине,
Ет бетинен қулады.
Ақжүгинистиң геллесин,
Сәрўанлы кесип алады.
Ақ найзаға илдирип,
Ханға алып барады.
Ҳәсен хан буған мәс болып,
Ўақты шандан болады.
Тақтаполат патшаның,
Баяғы ата палўаны,
Қатарынан зор еди,
Келди ханның қасына,
Рейҳим етип патшаның,
Көзинен аққан жасына.
— Мен баяғы ер едим,
Арыслану-шер едим,
Барып қанын шашайын
Патшамыз жуўап бер,—деди.
Тақтаполат зарлады,
«Онда палўан бар»,—деди;
«Хорезмниң батыры,
Сәрўанлыны өлтирип,
«Ханға қайғы сал»,—деди;
Ақ жүгинис батырдың,
«Өшин барып ал»,—деди;
Ақырзаман сал,—деди,
Қоррамда мениң көринген,
Ҳәсен ханның қолында,
Бир баласы бар екен,
«Аты оның, арысланым,
Зийўар қайсар» дер екен,
Саған айтар нәсийҳат,
Соннан болғыл итият».
— Патшаҳым, сөзге қулақ сал,
Сөзлеримди билип ал,
Деп барып ханның алдына,
Сөз сөйлейди мәрт Байсал:
Жигирма бир жасым бар,
Отыз мың ләшкер қошшым бар
Қара таўдай күшим бар.
Мен геўирдиң улыман,
Қәтиржәм бол, патшаҳым.
Байсал шықты лалаўлап,
Атын минбей жаяўлап,
Аўыр екен соншелли:
Қара таўдың тасына,
Белшесинен батады.
Қара тасты қақ жарып,
Гүрес жайға барады,
— Бар болсаң тез келиң!—деп,
Ортада шаўқым салады,—
Батыр болсаң сен егер
Кел қорықпай бәтшеғар,
Бәриңди жексен етейин,
Журтыңды етип интизар!
Гүресиўге биз бенен,
Сизлер болсаң мәрт, қумар,
Бәриңди қырып майданда,
Ханыңа салып қайғы-зар,
Көрсетейин күшимди!
Мәрт болсаң келиң геллеғар!
Байсал батыр ақырды,
«Көк түскен жерлер тақырды,
Елиңде сен батыр болсаң,
Гүреске кел»,—деп шақырды.
Ашыўы мәрттиң келеди,
«Пияда шықты Байсал», деп,
Батыр аттан түседи,
Үстиндеги көк саўытты
Ғуббасынан шешеди,
«Халық ушын ѳлсем қурбан», деп.
Шийрин жаннан кешеди.
Сәрўанлы батыр келеди,
Ҳәсен ханның алдына:
—Байсалға жибер, тақсыр,—деп,
Патшадан жуўап тиледи.
Дана еди Ҳәсен хан:
Тақтаполат патшаның,
Байсалдайын батырының,
Зор екенин биледи,
Сәрўанлыны қайғырып,
—Итият бол балам,—деп.
Батырға жуўап береди.
Ханнан жуўап алады,
Мәрт ортаға шығады,
Сәрўанлының турпатын,
Көргенниң мийри қанады.
Билегин ол сыбанып,
Байсалға пәнже салады.
Сап шегилген ортада,
Еки батыр алысты,
Ақыра жанбас салысты,
Сәрўанлы ҳаққа жалбарып,
Пирлерге етти налысты,
Сәрўанлының белинен,
Байсал қатты қысады.
Ишкени нандай сығылды,
Бир қысыўға шыдамай,
Жүреги аўзына тығылды.
Сәрўанлыға Байсалың,
Зорлық еткен усайды,
Геўир қатты қысқанда,
Сәрўанлы қан қусады.
Сәрўанлыдай батырдың,
Аўызынан қан кеткенде,
Шыдай алмай Ҳәсен хан,
Қолына найза алады.
Шыдамайын ғайратқа,
Душпанға атты қояды,
Мәртлигине Ҳәсенниң,
Халқының кеўили толады.
Тақтаполат сол ўақта,
Қатыўланды қатланды,
Ҳәсен ханның үстине,
Қәҳәрленип атланды.
Ғурыжланып еки хан,
Ортада атын ойнатты,
Көзлерин оттай жайнатты.
Найзаласып еки хан,
Бираздың сорын қайнатты,
Еки жақтың ләшкери,
Найзаласып, қылышласты,
Тақтаполат, Ҳәсен хан,
Майданда етти саўашты.
Сәрўанлы менен Байсалың,
Айқаса алмай жазылысып,
Қалды топтың астында,
Тақтаполат залым хан,
Қолына алып қылышын,
Салып кетти бир замат,
Сәрўанлының басына.
Алмас қылыш иркилмей,
Суўдай кесип өтеди
Сәрўанлыдай мәрт жаны,
Жәҳәннемге кетеди.
Буны көрип Ҳәсен хан,
Шыдамады күшине,
Қәҳәри қатты келеди,
Қынаптан қылыш алады,
Байсалдың барып жанына,
Күш пенен қылыш салады,
Топтай қағып геллесин,
Тәннен жуда қылады.
Тақтаполат патшаның,
Ләшкерлери көп еди,
Хорезмли Ҳәсен хан,
Дәл ортада қалады,
Лалаўласып душпанлар,
Тум-тустан қоршап алады,
Ҳәсен ханның ләшкерине,
Олар қырғын салады.
Қылыштың жүзи кетилди,
Саўытлар жүйден сөтилди,
Пәрең мылтықлар* атылды,
Аўыр топлар гүмбирлеп,
Ләшкерлер басы жутылды,
Қиямет қайым болғандай,
Күнниң көзи тутылды.
Батырлар қылыш сермеди,
Думан басып жер жүзин,
Биреўди-биреў көрмеди.
Ғаршылдап қылыш урылды.
Гелле кесип, қан төгип
Ақырзаман қурылды,
«Урыс себгил болды», деп,
Еки жақтан дабыл қағылды,
Геллеси қызып ләшкерлер,
Тыңламады дабылды.
Саўаш қатты қызыды.
Қылыш тийди маңлайға,
Кимлердиң мурны бузылды,
Биреўлердиң бетлери,
Тилкимленип тесилди,
Арғымақтың жаллары,
Қызыл хан менен есилди...
Ләшкеринен олардың,
Ҳәсен ханның ләшкери,
Үштен бири қырылды.
Омма турған** шоқ болды,
«Туў көтерген жоқ болды,
«Урысқанды қояйық»,—деп,
Қол көтерген көп болды.
Душпанлар суўдай тасады,
Қызыл қанлар шашады.
Ҳәсен хан палўан басылып,
Басын алып қашады.
Қарамастан кейнине,
Арасын кем-кем ашады.
Киятырып Ҳәсен хан,
Сыйынады аллаға.
Қамшы басып тулпарға,
Жақынлады қалаға.
Көзи түсти Ҳәсенниң:
Қарағай найза қолға алып.
Еки бети гүл-гүл жанып,
Гөззалдайын доланып,
Тақтаполат найсапқа,
Киятырған жолланып,
Қайсар киби балларға;
Омыраўы есиктей.
Турбаты келген бесиктей,
Жаўырынлары қақпақтай,
Билеклери тоқпақтай,
Аўызы-мурны оймақтай,
Сөйлеген сөзи қаймақтай,
Киятырған қос қайсарға.
Ҳәсен хан аңлап қараса—
Бири өзиниң баласы,
Бағдың гүли шайдасы.
Балаларды көрип Ҳәсен хан,
Иши оттай жанады,
«Балаларым кирсе саўашқа,
Неболар, —деп,—ҳалларым»,
Қайғырып хан сөйледи:
— Болмай тур сабыры-қарарым,
Аллаға жетпей бул зарым,
Қарағай найза қолға алып,
Жолландың қайда, балаларым?
Сонда турып қос қайсар,
Ҳәсен ханға гәпледи:
—Хан ата, сизге арзымыз,
Еки бирдей қайсарың,
Сени қуўған ләшкерди,
Қайтармаға барады,
Жибермесең бизлерди,
Иште қалар намыс-ар,
Бизлерди жибер душпанға,
«Болып турмыз бийқарар.
«Атажан жаўға жибер», —деп,
Биз жылаймыз зар-зар.
Ақ пәтия бериң», деп,
Биз болып турмыз интизар,
Жуўап бер яки бермесең,
Атажан сизде ықтияр.
Буны еситип Ҳәсен хан,
Ўақты шандан хош болды:
—Жуўап сизге қос арыслан—
Деп Ҳәсен хан йош болды,
Пирлерине жалбарып,
—Жолың болғай жортқанда,—
Деп ақ пәтия береди.
Сонда турып Зийўар мәрт
Атасына сөйледи:
—Душпаннан қашып биз барда,
Жүрегиме салма дәрт.
Хорезмдей журтың бар,
Атажан, неге қашасаң?
Бизлердей қайсар мәртиң бар.
Бос усласаң қамысты,
Атажан, қияр қолыңды.
Жаўдан қашпақ намысты,
Жаўдың күшин көрейик,
Аттың жалын өрейик,
Душпанлардан қашқаннан,
Жаў қолында өлейик.
Бир болса халқың қолда бар,
Халық ушын өлейик.
Жүректе қалса әрманы,
Үйде де бенде өледи,
Келсе хақтың пәрманы.
Саўаш күни тасады,
Мәртлердиң тәнде дәрманы.
Душпанларды қырайық.
Үйилсин гелле қырманы,
Мәрт деген атқа ылайық,
Душпанға ғаўға салайық,
Душпаннан өшти алайық.
Жеңип қайтсақ жаўларды,
Алғысты айтсын халайық.
Бизлер барда атажан,
Геўирлерден қашпаныз!
«Олар бизден басым» деп,
Ақылыңнан саспаңыз.
Қашпай турып атажан,
Атландыр батырларыңды,
Душпаныңды қыйратып,
Алайық намыс-арыңды.
Қәдирли ата-анаға,
Хызмет етиў парызды.
Биздей батыр балалар
Аман болса душпанды,
Жибермеспиз қалаға.
Аттың жалын өриңиз,
Зийўардың еткен саўашын,
Көзиңиз бенен көриңиз,
Душпанды жеңип, қәўипсиз,
Шалқып дәўран сүриңиз,
Ләшкерлерди қуўыўға,
Атланды Зййўар улыңыз.
Биз ушын пирге жалбарып,
Тилеклес, ата, болыңыз.
Пирлер болып мәдеткар,
Болғай бизиң жолымыз,
Геўирлерден қутылсақ,
Көкке жетер қолыңыз,
Зийўар менен ер Жанай,
Ҳәсеннен рухсат алады.
Тулпарды жолға салады,
Астындағы атлары,
Қубылып ойнап барады.
Буларды көрип Ҳәсениң,
Ләшкерлери изинен,
Бәршеси ғаўлап ереди.
Мәртлер менен қосылып,
Тақтаполат батырдың,
Ләшкерине келеди.
Ләшкерге басшы ер Жанай,
Еңиреген ер еди,
Сансыз ләшкерлерине,
Мәрданалық береди.
Қарағай найза қолға алып.
Арысландай ыңыранып,
Буўырқанып, бурсанып,
Муздай темир қурсанып,
Тулпарға қамшы басады,
Көкиреги тасады.
Геўирлер көрип батырды,
Ақылынан сасады.
Зийўар менен ер Жанай,
Тулпарға қамшы урады.
Еки бирдей батырдың,
Келбетине қарасаң,
Кимниң де көзи тояды.
Тақтаполат булардың,
Айбатынан сескенип,
Жүреги суўлап барады,
Қалтыратпа тийеди,
Сол ўақлары болғанда,
Хорезмниң ләшкери,
Еки жаққа бөлинди.
Геўирлердиң қорыққаны,
Батырларға аның билинди.
Тилладан дабыл қағылды,
Саўашқа сап тартылды.
Зийўар менен ер Жанай,
Ләшкерлерге бас болып,
Душпанға оқлар атады,
Көбиниң үнин өширди,
Қарсы келген геўирлерге,
Әжел майын иштирди.
Батырлар табан тирести,
Найзаласып, ирести.
Мәрт баслаған мергенлер,
Толғап тартты гирести.
Рустемдей саўаш етилди.
Саўыттың жүйи сөтилди,
Қылыштың жүзи кетилди,
Мәртлер атты тебинди.
Геўирлер кейин шегинди.
Атлар шаўып әсте-әсте.
Қылыш урып шәдәсте.
Жаў өлиги дәсте-дәсте.
Үйилди майдан ишинде,
Геўирлердиң қызыл қаны,
Төгилди майдан ишинде.
Денесинен шийрин жаны,
Үзилди майдан ишинде.
Мойны қулаш тулпарлар,
Сүрилди майдан ишинде,
Шоқпарлар тийип геллеге,
Езилди майдан ишинде,
Тулпардың жал қуйрығы,
Есилди майдан ишинде.
Қылыш тийип геллелер,
Кесилди майдан ишинде,
Жерге тамған қанлары,
Жуўылды майдан ишинде.
Геўирлердиң қоллары.
Суўырылды майдан ишинде.
Геўирлердиң кейнинен.
Қуўылды майдан ишинде.
Тулпарлардың қуйрығы,
Түйилди майдан ишинде.
Геўирлердиң геллеси.
Үйилди майдан ишинде.
Тақтаполаттың жүреги,
Күйилди майдан ишинде.
Жаў қаны аттың дизинен,
Кешилди майдан ишинде.
Геўирлердиң кийими
Пишилди майдан ишинде.
Мәрт күшинен басқы таўып.
Қашты жаў майдан ишинде.
Қуўып жетип Зийўар мәрт.
Шанышты майдан ишинде,
Геўирлердиң қанларын,
Шашты майдан ишинде.
Зийўар менен ер Жанай,
Йошты майдан ишинде.
Ләшкери жетип, күшлерин,
Қосты майдан ишинде.
Найза жаўдың жүрегин.
Тести майдан ишинде.
Бәле келген геўирлер,
Састы майдан ишинде.
Атлар тахтты туяқлап.
Басты майдан ишинде.
Ерлер әжайып мәртликти,
Етти майдан ишинде.
Нешше бәлент таўларда,
Геўирди қуўды қос батыр.
Қалмақтың шегарасында,
«Бесмазар» деген бар еди—
Зийўар менен ер Жанай,
Соған қуўып барады.
«Сасық мазардың» тусында,
Қалмақты тәслим етеди.
Геўирлердиң патшасы,
Аяқ жолын көре алмай,
Қалған соқыр ғәрибин,
Елиндеги елеўсиз,
Жүрген гилең сағыйды,
Күн көрип жүрген тиленип,
Қалендер, сорлы бақыйды,
Аўылында қалдырмай,
Бийшара қатын-баланы,
Қаладағы қассапты
Жуўазшы менен баққалды,
Нәшеси бәлент тириекшини,
Шылым тутқан пәйекшини,
Аспазы менен мәскепшини,
Кемпир менен ғаррыны,
Көмирши-темиршини,
Сыртта жүрген сыпырып,
Тамағы жоқ жалшыны—
Бәрин қоймай айдады.
Қалдырды босқа қаланы.
Бел, кетпен, темир жабаны,
Ҳәттеки темир-сынықты,
Темиртек, қырғыш, тыйықты,—
Бәрин қоймай жыйнатты.
Буларды табалмағанлар,
Қолына алды бақанды.
Кимлер алды келсапты,
Қурттай қайнаған геўирдиң,
Өзине берсин инсапты!
Тақтаполат залым хан,
Қәҳәри жаман келеди,
Көкирегинде жаны бар,
Қолға илинер нәрсени,
Бәрин жыйды дәрбентке,
Дәрбентке топты қойдырып,
Ләшкерлерин жыйдырып.
Мал семизин сойдырып,
Төрткүллеп ошақ ойдырып,
Қайта бир қазан қойдырып,
Нешше күн аш ләшкерин,
Дәрбентте бир тойдырды.
Еки көзи жайнады,
Иши оттай қайнады,
Өз тәғдирин ойлады,
Ойламасқа болмады,
Ләшкерге қарап толғады:

— Келиң, ләшкерлерим, жақсы қулақ сал,
Сизлерге айтажақ тәўир сөзим бар,
Батырларым, нәсийҳатым тыңлаңыз,
Тыңламасаң сиз жыларсыз зар-зар.

Жыйналдыңыз елде қалмай ғарры-жас,
Дүбириңнен дүрсилдеди қара тас,
Хорезм елиниң патшасы Ҳәсен,
Билиңиз озалдан бизиң менен қас.

Хорезмның халқы бардур нешше сан,
Ҳаўазынан титиреген барлық жан,
Хорезмди жеңдик бәрҳа бурында,
Жеңилген жери жоқ қалмақтың ҳаслан.

Оңғылай хан батыр болды тусында,
Сайдақметти қулатты бир мушында,
Ол да қарап еткен бул Хорезмди,
Сизлер де бабаларыңдай йошың-дә!

Қалмақлардан ләшкер жыйнап нешше сан,
Хорезмди келип алған Қызыл хан,
Ләшкерлерим, ол хан күшли дейсең бе,
Мынаў турған ханың Тақтаполаттан?!

Хорезмли менен еттим саўашты,
Ҳәсен хан жеңилип бизлерден қашты,
Қайтпайтуғын жаў жоқ бизден, қайсарлар,
Тәнде қызыл қанын суў яңлы шаштық.

Ләшкерлердиң сөглигин үйип далаға,
Қуўып бардың Ақжүрим деген қалаға,
Бирақ бизлер илаж ете алмадық,
Зийўар менен ер Жанайдай балаларға.

Қос жүўермек пенен салдық урысты,
Ол найсаплар төгер көзден жасыңды.
Батыр екен Зийўар менен ер Жанай,
Бизлерге силтеди алмас қылышты.

Алмас қылыш шөптей қыйды басыңды,
Таўларда қалдырды сансыз лашынды,
Егер усыманнан кейин қуўмасақ,
Ол найсаплар төгер көзден жасыңды.

Бизди қуўып алып келди дәрбентке,
Ҳәсен хан қуўанар батыр перзентке,
Кейин қайтармасақ келген душпанды,
Найсаплар қалдырар таўсылмас дәртке.

Көкшетаўдың қубласында Бесмазар,
Бул мазарда биз өлтирген бес ер бар,
Бизден келип алмақ булардың қанын,
Соның ушын өлмей қайтпас қайсарлар.
Ҳәсен хан бес ердиң қанын алмақшы,
Басларыңа ақырзаман салмақшы.
Күшиң болса көрсетиңиз қалмақлар,
Қорықсаң лашық Бесмазарда қалмақшы.

Сизлер менен қайтпай, найза салысты,
Дәл майданда буўрадайын алысты.
Түйреп таслап қуўып келди булманға,
Енди қолдан бере көрмең намысты.

Енди қашсақ ойран болар даламыз,
Қарап болар Еменқиял қаламыз.
Қызым жесир, жигитлерим қул болып,
Зар еңирер қатын менен баламыз.

Ата-ана ат астында тапланар,
Теримизге тығар топан, мисли қанар,
Егер бағындырса Зийўар, ер Жанай,
Хорезмниң ханы Ҳәсен мақтанар.

Сөзди тыңлап турған бәрша халайық,
Келгенлерге жабыла ат салайық,
Бириңиз қалғанша өлиң, қашпаңыз.
Ҳәсен ханға қарсы атланып барайық.

Көтериңлер латманатлық жалаўды.
Аямай қырыңыз бул келген жаўды,
Ғаршылдаған қылышыңның сеслери.
Жаңғырып ыдыратсын тас пенен таўды.

Келиң, ерлер, жәмленип ат қояйық,
Қолға түскениниң көзин ояйық,
Қызыл қанын ат баўырынан ағызып,
Зийўар—ер Жанайдың көзин жояйық.

Қайтып Ҳәсен ханды набыт қылмасам,
Хорезмниң журтын басып алмасам,
Бийкар Тақтаполат патша болғаным,
Ҳәсенниң басына қайғы салмасам.

Сонда ғана мақсетиме жетемен.
Ерегискен жаўды жексен етемен.
Аспаса егер ойға алған нийетим.
Жалғаншы дүньяда жүрип нетемен?!

Ләшкерлерим, үстине ат дөндириң,
Ҳәсен ханның, жанған отын сөндириң,
Зийўар, Жанай ҳәм Ҳәсенди өлтирип,
Хорезмди қулшылыққа көндириң!

Сол ўақта тилла дабыл қағылды,
Барлық ләшкер орынынан табылды,
Ҳәсен ханды жер менен жексен етиўге,
Жер қайысқан геўирлериң ағылды.

Хорезмли Ҳәсен хан,
Тақтаполат патшаның,
Зәҳәрли сөзин еситип,
Денеси лаплап қызады.
Алдына нәзер салады,
Ләшкерлерин қарады,
Еки батырын шақырып,
Оң жағына алады,
Ләшкерлерин тербетип,
Нәсийҳат берип турады;
— Ер Зийўар менен ер Жанай,
Алдымда жүрсең айбатым,
Кейнимде жүрсең ғайратым,
Басқа түсти мүшкил ис,
Еки бирдей зүриятым,
Көкке ушсам қанатым,
Зийўар менен Жанайжан,
Жерде жүрсем желдейин,
Бейиштеги пырағым,
Жақын еткен алысты,
Мунаўўар еткен күшимди,
Сизлер еди шырағым,
Бүгинги уллы саўашта,
Оңғарғай қудай исиңди,
Геўирлерге көрсетиң,
Перзентлерим күшиңди!
Геўирлердиң патшасы,
Тоқтаполат залым хан,
Хорезмниң шәҳәрин,
Сапар етти алмаға;
Тыныш жатқан елимниң,
Басына саўда салмаға;
Улларымды қул қылып,
Қызымды жесир қылмаға;
Айдан артық арыўды,
Қоралы қойдай қосақлап.
Базарына сатпаға,
Алпыстағы ананы.
Сексендеги атаны.
Найза суғып өлтирип,
Зар жылатпақ баланы.
Мерўерт тастан салынған,
Ўайран етпек қаланы.
Бенде етип бизлерди,
Зар еңиретип сизлерди,
Гүржилерге тарттырып,
Оймақшы, залым, көзлерди.
Қанжар менен қыйқалап,
Тилмекши, найсап, жүзлерди.
Ләшкерлерим айтылған,
Тыңлаң мынаў сөзлерди;
Геўирлерге ат қойың,
«Бедеўдиң басын оңғарып,
«Ҳа» дегенде «ләббей» деп,
Алың жолды аңғарып,
Билип турған шығарсыз,
Геўирлердиң ыңғайын?
Айтпасам да билесиз,
«Урыспақтың жағдайын,
«Аллалап» атты қойғанда,
Шығарасыз жер майын...
Қарияларды қыйнатып,
Сағыйырды жетим қылғаннан,
Ата-ананы зарлатып,
Жананды жесир қылғаннан,
Ақ билекли арыўды,
Геўирлерге зорлатып,
Бурымынан сүйретип,
Ақ төслерин арыўдың,
Ақ найзаға түйретип,
Хорезмли халқымды,
Өлмей жаўға қорлатып,
Еки қолды байлатып,
Оттай көзди жайнатып,
Ат алдында айдатып,
Жаў-жарақты тапсырып,
Еки қолды қаўсырып,
Бенде болып тирилей,
Хан алдына барғаннан,
Мерўерттен салған қаламды
Жаўға ўайран қылғаннан,
Ели-журтты шуўлатып,
Душпанға олжа болғаннан—
Жан барында майданда,
Гелле кесип, қан төгип,
Әжел келсе алладан,
Хорезмли халық ушын,
Шейит болған жақсырақ,
«Соның ушын ләшкерим,
«Мен-мен», деген ерлерим,
Қайтпағайсыз шерлерим,
Көшеген қара топларды,
Гүмбирлетип көшириң,
Қанға жерик геўирдиң
Шуўлатпай үнин өшириң,
Тартқызбақ болған бизлерди,
Гүржисине геўирдиң,
Өз қанларын иштириң,
Ел-халықтан дос таўып,
Атланың жаўдың үстине.
Абырайың ушын ат шаўып,
Хорезмли қайсарлар,
Бермеңиз жаўға намысты!
Бул сөзлерди айтқанда,
Ҳәсен ханды қоршаған,
Хорезмниң мәртлери,
(Қарағай найза қолында,
Зийўар менен ер Жанай,
Екеўи оңлы-солында,
Көк саўытын кийеди)
Аллалап жаўға тийеди,
Қоршап турған геўирлер,
Хорезмли ерлерге,
Булар да ат қояды,
Еки жақтың ләшкери,
Аш қасқырдай алысты,
Бир-бирине таймастан,
Қақ жүректиң сыртынан,
Аямай найза салысты.
Қарсы шапқан геўирдиң,
Зийўар барды оңынан,
Ер Жанай барды солынан,
Ҳәсен хан барды алдынан.
Хорезмли қайсарлар,
Қайтпай ерди соңынан,
Қундақлы қара мылтықтан,
Сатырлатып оқ шашты,
Қынапқа салса қылт еткен,
Суўырып алса жылт еткен,
Қәҳәрленсе тас бөлген,
Силтегенде бас кескен,
Жарқылдаған қылышлар,
Геўирлердиң геллесин,
Қылт етсе қыйып барады,
Дослар берген ақ найза,
Жүрегинен жаўларды,
Түйреп таслап барады.
Хорезм ханы Ҳәсенша,
Ләшкерлердиң алдында,
Өзи баслап барады,
Зийўар менен ер Жанай,
Ғаўлап қашқан геўирлерге,
Жетип қырғын қылады,
Ноғайлар атқан қара топ,
Тасларды қақ жарады,
Жарадар болған геўирлер,
Көзин жаслап барады,
Зийўар менен ер Жанай,
Лалаўласқан геўирдиң,
«Алдын қырдым» дегенде,
Кейни ғаўлап толады,
«Кейнин қырдым» дегенде,
Алды ғаўлап толады,
Еки жақтың ләшкери,
Қатты саўаш қылады,
Геўирлер менен урыста,
Зийўар менен ер Жанай,
Қайтпай ғайрат салады,
Геўирлердиң қанына,
Жылға-сайлар толады,
Есин билмеген геўирге,
Киямет-қайым болады,
Тақтаполат залымның,
Қызыл жүзи солады,
Геўирлерди ноғайлар,
Кейнине қарап қуўады,
Тақтаполат ханның,
Басына күнлер туўады,
Хорезмди алыўға,
Қанғып келген геўирлер,
Көкше таўдың үстинде,
Кейнине қашып барады,
«Алла»лаған сеслери,
Жүрегин жаўдың жарады,
Қуўған сайын геўирлерди,
Ерлердиң кеўили тасады,
Көкше таўдан асады,
Найзалар тийген ўақытта,
Геўирлер қан қусады.
Тақтаполат залым хан,
Басына күн туўғанда,
Өлигине қарамай,
Тириниң ҳалын сорамай,
Жарадар болған жолдасын,
Қолтықлаўға жарамай,
Жүдә жаман сасады,
Атына қамшы басады,
Кейнине қарап қашады,
Бесмазардың сыртында,
Геўирлердиң журтында,
Қанлы өзек бар екен,
Қаны менен ноғайдың,
Толып аққан сай екен,
Қан сасыған жер екен,
Үш күн тынбай урысып,
Геўирлерди ноғайлар,
Дәрбентке қуўып келеди,
Намазлыгер ўақтында,
Қанлы өзектиң бойында,
Геўир қамал етеди.
Геўирдиң ханы Тақта хан,
Бесмазардан қашқанда,
Зийўар менен Жанайдың,
Билген еди ерлигин.
Шабарманы Абақан,
Ләшкерлерин таслады,
Атына қамшы басады,
Елине қарап қашады,
Ярым ақшам ўақтында,
Елине жетип барады,
Елине хабар салыпты,
Елиндеги халықтың,
Ҳәммесин жыйнап алыпты.
Арбаларды тоғытып...
Ели-журтын ызғытып,
Тастай қамал болыпты.
Майданнан келген шабарман.
Тағы бир қыял ойлады.
Тереңге түсип бойлады,
«Бул кеткеннен кетерсең,
Ләшкерлерге жетерсең,
Бәрибир ләшкерлер менен,
Жеңе алмаспыз ноғайды,
Және қайтып келерсең,
Я болмаса журтыңды,
Ноғайларға берерсең...
Салтанатлы патшамның,
Ул перзенти жоқ еди,
Көрер көзи улдайын,
Жалғыз қызы бар еди.
Өзи нашар болса да,
Қорықпайтуғын душпаннан,
Жүреги күшли шер еди.
Нашар да болса қолынан,
Ҳәр түрли ис келеди,
Не де болса булманнан,
Кейниме қарап қайтайын,
Қашқанымызды ноғайдан,
Билмей жүрген шығарды?
Атасының қашқанын,
Ақтамаққа айтайын»,
Деп аттың басын бурады,
Алдына туўра жүреди.
Қалың елдиң шетинде,
Душпанның келер бетинде,
Саҳраға бағлар ектирген,
Шәменли бағдың ишине,
Ақ отаўлар тиктирген,
Уўықлары данданнан,
Керегеси гүмистен,
Шаңарағы сап алтын.
Босағасын борлатқан,
Маңлайшасын отаўдың,
Маржан менен торлатқан,
Бақалағын орданың,
Гәўҳар менен ойдырған,
Маңлайына орданың,
Шамшырақ жағып қойдырған,
Бир қараған адамның,
Көзиниң нурын тойдырған,
Ақ ордаға келеди,
Аттан әсте түседи.
Алтын ақырдың үстинде,
Гүмистен қаққан қазыққа,
Атын беккем байлады;
Көзи оттай жайнады,
Сары жез бенен торлатқан,
Есикти ашып Абақан,
Ишкериге киреди.
Зерли жыға басында,
Үш жүз алпыс перийзат,
Қол қаўсырып қасында.
Алтын тарақ қолында,
Жипектей шашын тараған,
Ханның қызы Қаншайым,
Қол қаўсырған бетинде,
Алтын тахта отырған,
Ақтамақтай арыўға,
Әкесиниң ўәзири,
Абақан сәлем береди,
Бир бәлениң болғанын,
Ўәлийлик пенен биледи,
Ханның қызы Қаншайым.
Гүмистен қазық қақтырып,
Арғымақлар бақтырып,
Мойнына маржан тақтырып,
Алтыннан ақыр салдырып,
Көргенниң көзин талдырып,
Халықты ҳайран қалдырған,
Қайтпайтуғын гүрестен,
Табылатуғын ҳәр истен,
Гүресиўге ким болса да,
Тартынбастан шыққандай,
Гүрескенин майданда,
Шалқа салып жыққандай,
Қарсы сөйлеген адамның
Аўзынан зеги шыққандай—
Сондай еди Ақтамақ.
Қызлар менен қосылып,
Күнде ойын, күнде той,
Заўықлы сазлар шертилип,
Мәслик етип жатқанда,
Тақтаполат әкеси,
Ноғайлы менен урысып,
Ләшкерлери қырылып,
Зийўар менен Жанайға,
Бетлей алмай майданда,
Маңлайлары жарылып,
Терилери сыйырылып,
Кейнине қашқан хабарды,
Еситкенде Ақтамақ,
Еси аўып қалыпты,
Арадан аз-кем өткен соң,
Былбыраған денесин,
Зордан жыйнап алыпты.

—Бағларда ашылған гүллер лалазар,
Жамалымды көрген жанлар қуўанар,
Атам менен бирге кеттиң ноғайға,
Абақаным, жан атамнан бер хабар?

Атам кетти қылалмадым кеўлим шад,
Меннен басқа атамда жоқ зүрият,
Кетип едиң Хорезмге екеўиң,
Абақаным, атамнан тез хабар айт?

Он төртимде болып едим пирқаман,
Атам менен бирге кеткен, Абақан,
Өлимекен, тиримекен жан атам,
Сен атамнан хабар бергил, ағажан?

—Ноғайлы қырмаға биз еттик жаўлан,
Залым ноғайлылар бермеди аман,
Ақжүримниң қарсысына барғанда,
Ҳаўаз шықты Зийўар, Жанай баладан.


Зийўар, Жанай батыр, кирди саўашқа,
Шыдам берип мәртлер урған қылышқа.
Қалмақлар да қарсы турып майданда,
Ноғай менен бизлер түстик жарысқа.

Ноғай-қалмақ аш жолбарыстай алысты,
Әлмайданда ийзеп найза салысты,
Қайтпай ноғайлылар менен урыстық.
Ноғайларға қолдан бермей намысты.

Зийўар менен Жанай қайсар мәрт екен,
Өлмей елин бермеў оларға шәрт екен,
Қанша елди қырып қанлар төксең де,
Балалардан қорқып қашқан дәрт екен.

Бизлер қаштық қуўа берди ноғайлар...
Мысал, өртенгендей қалың тоғайлар!
Таўдай болып геўирлердиң геллеси,
Қанға толып ақты анда көп сайлар.

Алдымызда жақын еди Бесмазар,
Бизлер қашып жылап келдик зар-зар,
Бесмазарда қарсы турып урыстық...
Шыдатпады Зийўар, Жанай батырлар.

Атаңыз тарықты қатты, солманда,
Ноғайдан қутылмақ болды гүманда,
Зийўар, Жанай ноғайларға бас болып,
Бизлерди зарлатып қуўды оннан да.

Сегбир тартып атларымыз болдырды,
Залым ноғай жүзимизди солдырды,
Арыслан туўған Зийўар менен ер Жанай,
Жылға-сайды өликлерге толтырды.

Ноғайларға ете алмадық амалды,
Атаңның басына қайғы-ғам салды,
Басқы таўып, «Қашып қырылмайық», деп,
Ләшкерлери Қанлы өзекке қамалды.

Атаң Тақтаполат жаман сасқанды,
Бесмазардан кейин қатты қашқанды,
Ноғайларды Қанлы өзектен өткермей,
Дәрбент жолда тоқтатып тур душпанды.

«Абақаным, ғарры жанды қыйна»,—деп,
«Барғаныңда көздиң жасын тыйма»,—деп,
«Атаңыз дәрбенттен елге жиберди,
«Қатын-қалаш, ғаррыларды жыйна», - деп.

Мәрт болсаң, изиме ҳәзир ересең,
Ермесеңиз ноғайға елди бересең!
Усы тапсырманы айтты атаңыз,
Ақтамақжан, буны қалай көресең?

Ақтамақжан, көп ойыңнан пайда жоқ,
Көп ойласаң кеўилинде қайғы-шоқ,
Азырақ егленсең ноғайлар келип,
Зийўар, Жанай жүрегиңе қадар оқ.

Хан атаңның қабырғасы сөгилер,
Жерге суўдай қызыл қанлар төгилер,
Зийўар минип хан атаңнын тахтына,
Атаның өлигин тартар гүржилер.

Зийўар ерге тоқаллыққа тийерсең,
Ақ шашар үстиңе қара кийерсең,
Тақтаполат ханның қызы—ханша едиң,
Келин болып ноғайға бас ийерсең!

Күң болып төбе шашың түйерсең,
Күниң ушын ноғайлыны сүйерсең,
«Тоқал» деген сөз сүйектен өткенде,
Ноғайлының тандырындай күйерсең!

Жүрмесеңиз қызыл гүлиң солғаны,
Атаңыздың пайманасы толғаны,
Қызым барың, я бармаңыз өзиң бил,
Абақан ағаңның айтып болғаны.

Сол ўақытта Ақтамақ,
Орнынан ырғып турады,
Үш жүз алпыс қызына,
Қарап мойнын бурады!
Ақтамақ көзин жаслады,
Нәсийҳат берип қызларға
Қайсар қыз бир сөз баслады,

—Қәнизлерим, сизге қылдым итият,
Саўаш күни сайлап миндим әреби ат,
Жаслайыңнан бирге өстиң шайқалып,
Атлан өш алыўға ҳәр бир перийзат.

«Аў-тумар» ойнасын бәлент-пәстинде,
Латманат яр болсын сениң дәстиңде,
Атам қалған ноғайлардың ишинде,
Атлан, саўаш болсын душпан үстинде.

Бизлер гездик бағлар менен саҳраны,
Ноғайлар жүрекке салды жараны,
Келиң, қызлар, атланайық душпанға,
Душпан келсе тигер бахытқа қараны.

Саўаш күни арғымаққа салың ер,
Қылыш тартып, маңлайдан төгиң тер,
Қорқақ қыздай көп муңайып турмаңыз,
Атланыңыз, өш алайық, перилер.

Ел шетине залым душпан келгенде.
Таў ыдырар арғымақты желгенде,
Урысты ашпай жаўға елди бергеннен,
Не қылады гелле кесип өлгенде?!

Душпанға бағынсақ гелле кесилер,
Болмаса жипектей шашлар есилер,
Я ноғайға тоқалыққа бармасақ,
Найза менен ақ төслериң тесилер.

Хазан урмай қызыл гүлдей солғаннан,
Жан барында жаўға-жесир болғаннан,
Жаў менен алысып өлген жақсырақ,
Соның ушын атланайық булманнан.

Ханның қызы Ақтамақ,
Сөзин тамам етеди;
Тебилде турған секирип,
Тулпарына жетеди;
Жипектен терлик салады,
Алтыннан ер қондырып,
Гәўҳардан айыл шалады;
Бурен баслы көк саўыт,
Бөктергиге байлады,
Ушып-қонып перийзат,
Болар исти ойлады,
Қылыш алып қолына,
Өзлерин жаўға сайлады,
Арғымақ минип перилер,
Түсти саўаш жолына.
Ақтамақтай арыўдың,
Жүз қызы жүрди—алдында.
Жүз қызы жүрди—артында,
Сексен қыз жүрди—оңында,
Сексен қыз жүрди—солында.
Арғымақ атты ойнатып,
Полаттан суўлық шайнатып,
Көргенниң ишин қайнатып,
Жүзлерин гүл-гүл жайнатып,
Аўыт-аўыт ат шаўып,
Перилер йошып барады,
Ат кекилин тарады
Алдындағы Ақтамақ,
«Ўақып болың, қызлар»,—деп,
Жан-жағына қарады.
Қыз да болса Ақтамақ,
Аўыр күнге жарады.
Ат шаўып таўдың басына.
Қара қайғы түскенде,
Атасының басына,
Күн-түн тынбай жол жүрип,
Үш жүз алпыс қыз бенен,
Түн ярымы аўғанда,
Сәҳәрге мейил болғанда,
Жетип келди Ақтамақ.
Арғымағын байлады,
Ақ шатырдың алдында,
Ҳәр ислерди ойлады...
Әдеп пенен Ақтамақ,
Ишкериге киреди,
Муңайып мүлгип отырған,
Хан атасын көреди.
Иззет пенен Ақтамақ,
Ийилип сәлем береди.
Тақтаполат атасы,
Қапалы болып сол ўақта,
Ноғайлыдан жеңилип,
Төмен салып мойынын,
Көзинен аққан жаслары,
Толтырып етек, қойынын,
Оң қолы менен ийегин,
Отыр еди таянып.
Кирип келди есиктен,
Сәлем берип ийилип. —
Қызының сестин еситип.
Жарылғандай жүреги,
Секирип турды орнынан,
Келгендей-ақ тиреги.
Көзлерде жасын моншақлап,
Ақтамақ пенен атасы,
Ақ шатырда жылады,
—Мәдәры болған белимниң,
Тирисең бе, қарағым,
Айбаты болған елимниң? —
Деди де хан зарлады,
Зарлады да толғады:

—«Тоқтаполат патша» дейдилар атым,
Қыз да болсаң алдымдағы айбатым,
Басларыма қара күнлер туўғанда,
Сен келдиң—тасады мениң ғайратым.

Журт сорадым бир неше жыл болып хан,
Айбатымнан титиреди бәрша жан,
Сәҳәр ўақта излеп келдиң «Атам», деп,
Үш жүз алпыс қызлар менен Ақтамжан.

Хорезмди алмақ еди мурадым!
Бирақ жетпей турғанында қуўатым,
Келипсеңиз үш жүз алпыс қыз бенен,
Қыз болсаң да арысландай зүриятым.

Перзентимсең, саған қылдым мулақат,
Саўлатымда сен еттиң-ғой салтанат,
Турғанымда ләшкер жетпей тарығып,
Ертип келдиң үш жүз алпыс қол-қанат.

Он бесиңде ойнап кемалға келдиң,
Намысын қорғайық туўылған елдиң,
Қызым, ноғайларға бирден ат қойып,
Шатырына от қояйық Ҳәсенниң.

Үш күн болды бул басымда қайғы-зар,
Қыз болсаң да ерге едиң барабар.
Егер бүгин келмегенде зүриятым,
Бул кең жаҳан маған болып еди тар.

Ул перзентим жоқлығынан кеўлим кем,
Өлсем дүнья-малым болар журтқа жем,
Қызым, келдиң үш жүз алпыс қыз бенен,
Ноғайларды жеңиўимиз муҳаям.

Қыз болсаң да мәрттей белди буўғаның,
Қызым, атаңнан да артық туўғаның,
Егер ертең ноғайларға ат қойсаң.
Зийўар—ер Жанайдай болып туўғаның.

Зийўар менен Жанай алды асымды,
Ноғайлардан қутқар мениң басымды,
Егер буннан енди қашсақ кейинге,
Ўайран етер мениң Қиял-қаламды.

Ноғайларға ар-намысты бермейик,
Душпанлардан азап-ақырет көрмейик,
Егерде кимде-ким қашса кейнине,
Өлтирейик, қарсы қылыш сермейик.

Бенде етсең Ҳәсен, Зийўар, Жанайды,
(Олар өзин ер Әлийге санайды!!!)
Олжа етсең ханы менен батырын,
Қалғанларын бенде етиў оңайды.

Жарқылдайды жүзлериңиз алтындай,
Ноғайларға қылыш урың айбынбай,
Келиңлер, үш жүз алпыс қызлар да,
Ноғайларға жүриңиз ҳеш тартынбай!

«Тақтаполат қайсар» дейди атымды,
Жаўды жеқип көтериңлер, даңқымды...
Саркардасы үш жүз алпыс қызлардың,
Тыңла мениң усы нәсийҳатымды.

Сол ўақытта таң да атты,
«Саўаштың ўақты болды», деп,
Ноғайлар дабыл қақты.
Тилла дабыллар кейнинен.
Зийўар, Жанай атқа минди.
Сырнай-гернайдың даўысы,
Таўды, тасты жаңлатты.
Дабылдың даўысын еситип,
Ақтамақтай арыўдың,
Жуўлап бети қызарды.
Танадай көзи жаўтаңлап,
Ырғып турып орнынан,
Байлаўлы турған тулпардың.
Шылбырын шешип алады,
Секирип минип тулпарға,
Қарағай найза қолға алып,
Атасынан руқсат сорады:

— Қолымда ойнады полаттан қалқан,
Жаў жақын келгенде қашсаңыз жаман,
Тилла дабыл қаққан Зийўар —Жанайға,
Жуўап бер барайын, жаным атажан?

«Саўаш күни секирмесе әреби ат,
Жаў келгенде қашты», деген жаман ат,
Көп еглесең душпан келер үстиңе,
Атажаным, тезирек бериң руқсат.

Жарасыққа жүзде қойдым қалымды,
Бүгин мен сынайман ығбалымды,
Егер әсир болсам ноғайлыларға,
Залым ноғай қыйнар мениң жанымды.

Атажан, тыңладым сениң зарыңды,
Душпанға атландыр мәрт қызларыңды,
Шамам келсе Зийўар менен Жанайды,
Бенде етип, алайын бир арыңды.

Мен турыппан, ғайратыма сыймайын,
Саўаш күни ғәрип жанды қыйнайын,
Атажаным, жуўап берсең бизлерге,
Зийўарыңды бенде етип байлайын.

Бул майданда ағызайын теримди,
Ноғайларға урып ақ семсеримди,
Көп егленбең жуўап бериң, атажан,
Қанлар төгип тарқатайын шеримди?

Саўаш майданында шағлап йошайын,
Ноғайлыны бир-бирине қоспайын,
Ҳәсен ханның ат ойнатып үстинде,
Қарсы турса қанын суўдай шашайын.

Саўашта душпанды қырған саўапты,
Мәртлер етер бир күн бизге таўапты,
Ал атажан, латманатқа сыйындым,
Көп егленбей маған берши жуўапты.
Тақтаполат майданда,
Қызының сөзин тыңлайды,
Бир нәрсени аңлайды,
Ақтамақтай қызының,
Мәрт екенин биледи,
«Зийўар, Ҳәсен ҳәм Жанайды,
Қул етемен», деген соң,
Патша шад боп күледи;

— Саўаш күни мәрттей болып сал ғайрат,
Жалғыз қызым болмағайсаң, биймурат,
Бул майданда еңиреп жуўап берейин,
Яр болсын, перзентим, саған латманат.

Саўаш күни мәртлер қайнап-йошады,
Қылышынан қызыл қанлар шашады,
Қойдай дүркиретип қуўып душпанды,
Батырлар ләшкерге жолды ашады.

Арғымақтың жал-кекилин тарайман,
Кешиксең мен жолларыңа қарайман,
Қарсы жаўға өзиң соққы бермесең,
Ғарры қулман, не мүшкилге жарайман?

Қатты қамшы урып аттың етине,
Қарамаңыз душпанлардың бетине,
Бар жалғызым, ноғайларға сүргин сал,
Душпанды келтирмей елдиң шетине.

Үш жүз алпыс қызларың бар найзалы,
Сөйлеген сөзлериң палдан мазалы,
Ҳәсен ханды бенде етип келтирсең,
Үйинде қатыны болар азалы.

Ақтамағым, сеннен басқа кимим бар?!
Ҳәсен ханға болсын бүгин дүнья тар,
Жалғыз қызым, латманатым яр болсын,
Ноғайларға жүрис қылсаң, аллаяр.

Ханның қызы Ақтамақ,
Қылышын қолға алады,
—Алысқандай биз бенен,
Ноғайларда бар ма ер?!
Деп қыз шаўқым салады,
Еки жақ сап шегилди,
Ақтамақтың жүзлери,
Туўған айдай жарқырап
Гүрес тутар майданға,
Жорғаны сүрип келеди,
Батыр еди Ақтамақ,
Ақ билекти сыбанып.
Қыпша бели қылаңлап,
Асыға сөйлеп жалаңлап.
Туўған айдай толықсып,
Ақ сазандай булқынып.
Тоқсан түрли наз бенен,
Ортаға келип турады,
—Батыр болсаң, келиң!—деп,
Ортада лап урады,
Қызды көрип ер Жанай,
Туралмады орнында,
Жаңа безгек болғандай,
Денелери қалтырап.
Алмас қылышы сонда,
Қынаптан шықты жалтырап,
Жети қат саўыт үстинде,
Қарағай саплы ақ найза,
Ер Жанайдың дәстинде,
Арғымақ тулпар астында,
Жигит болсаң сондай бол:
Жан алмақтың қастында.
Тилла жыға қыстырған,
Саўлат пенен басына.
Бал қосып берген анасы,
Ҳәр бир жутқан асына.
Суўдай тилип өткендей,
Силтеп алмас қылышын,
Урса таўдың тасына,
Көргенлер тилек тилейди,
Узақ өмир жасына.
Бара қойса душпанға
Таўдың жыра-сайлары,
Толар жаўдың лашына.
Усындай ерден тартынбай.
Қандай батыр болса да,
Турғанын қыздың ортада,
Көре салып ер Жанай,
Атына қамшы урады,
Күйип, жаны ашынып.
Урыспаға жаў менен.
Гүреспеге қыз бенен.
Атадан жуўап алмаға;
Палўан қыз бенен гүресип,
Абыройға ийе болмаға;
Тақтаполат патшаның,
Басына қайғы салмаға,
Несип етсе яратқан,
Ақтамақтай арыўды,
Ҳаяллыққа алмаға;
Егер оған көнбесе,
Аяғына ханшаның,
Шарық бүрип қоймаға;
Аташкурсиз, көсеўсиз,
Қозды услатып қол менен,
Қырқ жигиттиң алдында,
Шылымкеш етип қоймаға;
Оған да егер көнбесе,
Ғазап етип ол қыздың,
Еки көзин оймаға,
Батыр қиял етеди.
Арғымағын ойнатып,
Көргенниң ишин қайнатып,
Жетип келди ер Жанай,
Атасының қасына.
Атасының алдында.
Қол қаўсырып ер Жанай,
Тәжим берип турады.
— Жүреги оттай лаўлаған,
Қайырып зулпын таўлаған,
Қалмақ қызы заңғардың,
Геллеси жаўдан ғаўлаған,
Болмаса не бир батырды,
Көрмегендей баўлаған.
Болмаса барып көллерге,
Жаз болса балық аўлаған.
Я қоян қуўып, баяўлап,
Етек-жеңин суўлаған.
Қозғала басып, жаяўлап,
Қайсар батыр қыз бенен,
Барып гүрес тутайын,
Егер жетсе қуўатым,
Үш айландырып басымнан,
Зынғытып көкке атайын?
Аттың жалын өрейин,
Ҳал сынасып қыз бенен,
Ҳалымды сынап көрейин?
Жықсам, алып яр етип,
Қосылып дәўран сүрейин?
Руқсат етиң ата?—деп,
Ер Жанай жуўап сорады,
— Алдымда жүрсең ғайратым,
Кейнимде жүрсең айбатым.
Палўан қыз бенен гүрессең,
Пирлер болсын мәдеткар,
«Бар, кете бер, зүриятым.
«Алдымдағы панам»,—деп;
«Кейнимдеги қалам»,—деп;
Гүресшең қызды жыққайсаң,
Бахытлы бол, балам»,—деп,
Қолын жайып Ҳәсен хан,
Еңиреген ер Жанайға,
Пәтиясын береди.
Батыр жигит патшадан,
Ақ пәтия алған соң,
Саўаш еди батырдың,
Яратқаннан тилеги,
Жуўап алып атадан,
Мурады ҳасыл болған соң,
Жүзлери гүл-гүл жанады,
Қыз қандай гөззал болса да,
Бир көрсе мийри қанады,
Дәў болса да душпаны,
Көргенде иштен жанады.
Қайсардың қарыў-ғайратын.
Ер Жанай кирсе саўашқа,
Алмас қылыш душпанның,
Төбесинде ойнайды,
Ғайратын көрген душпанның,
Ишлери оттай жанады,
Астындағы арғымақ,
Секиреди жулдызға.
Бир перийзат бөленген,
Парша менен қундызға,
Айдарҳадай ысқырған,
Танаўынан шыққан жел,
Қақпақтай тасты ушырған—
Жетип келди ер Жанай,
Ортада турған мәрт қызға.
Қарсыласып турғанда,
Қарсы алып қонақты,
Қол қаўсырып алдында,
Әзизлеп сәлем бермеклик—
Батыр ердиң белгиси;
Ҳәм биринши нәўбетти,
Қонағына бермеклик—
Ол да мәрттиң белгиси;
Елге келген қонақты,
Жаў болса да сыйламақ.—
Жақсы журттың белгиси;
Истиң соңын ойламақ—
Ақыллы ердиң белгиси;
Палўан қыз ғапыл турғанда,
Найза менен түйремей,
Қурық салып мойнына,
Қуры ат пенен сүйремей,
Қынаптан алып қылышын,
Қағып алмай геллесин,
Алдына келип турғаны.—
Ер Жанайдың ерлиги,
— «Айда-айда, айда», деп;
«Батырлары қайда?!»,—деп,
«Бақырып едиң бад, урып,
Батырларың болмаса,
Қырылмай-ақ журтыңды,
Бергениңиз пайда», деп,
Сиз бе еди даўрыққан?
Суўды көрмей шешинип,
Қула дүзде ҳаўлыққан?
Қутыла алмас оңайда,
Бир бәлеге жолыққан.
Мурнынан қан ағады,
Басқы таўып зорыққан,
Алдын алып бақырып,
Душпанынан қорыққан,
Батыр қыз сиз болсаңыз,
Қарап жүрип урныққан,
Найза көрсе тербелмес,
Табаны қатты орныққан—
Жанай батыр баламыз,
Гүресип жасынан шыныққан.
Елге келген қонақсыз,
Бел буўардан қан кешип,
Ийтаяқтан суў ишип,
Адамды жеген, қуныққан.
Батырлардың белгиси,
Қонақты барынша сыйлаған.
Найза салып ғапылда,
Болмайды мәртти қыйнаған,
Сиз палўан қыз қусайсыз,
Денеңе күшиң сыймаған?
Яки сағыйра қусайсаң,
Еле есин жыймаған?
Жетим сорлы болмасаң,
Көзиниң жасын тыймаған,
Бурын нәўбет берейин,
Батыр қыз, қалма әрманда!
Батыр емес найзадан.
Денесинен қан шыққан,
Соны «Батыр» дегейли,
Гүрескенде ким жыққан.
Түйе басты ойнасам,
Талай қызлар туншыққан,
Гүресер болсаң биз бенен,
Баҳадыр қыз, кел шыққан!
Нәўбетиңди алмасаң,
Неге келдиң жин қаққан?
«Мақтанып талай сендей қыз,
«Батырман» деп бад урып,
Гүрескенде жығылып,
Жүреклери сығылып,
Жан алқымға тығылып,
Еки көзи аларып,
«Ақша жүзи қубарып,
«Өлтирме», деп жалбарып,
Қайыл, болған күнликке.
Сонда турып Ақтамақ;
«Сыйласаңыз қонақты,
Рахмет сизге батыр»,—деп;
«Найзасын қолға алады.—
«Батыр болсаң ноғайлы,
«Табжылмастан турың»,—деп;
Қорқақ болсаң, қорамсақ,
«Маған таман жүриң»,—деп;
Аш, қорамсақ, қойныңды,
Салып тур төмен мойныңды,
Көрсетейин көзиңе,
Ҳәр түрли қызық ойынды,
Ақтамақ қыздың ойынын,
«Халайықлар көриң!»—деп,
Арғымағын желеди,
Қапталласып геллеғар,
Жанайға жақын келеди,
Геўирдиң қызы Ақтамақ.
Гүреске келген сайланып,
Ноғайлардың батыры,
Ер Жанай тур ойланып.
Ләм демеди ол қызға,
Тили қалды байланып.
Арман шаўып өтеди,
Берман шаўып өтеди,
Ер Жанайды айланып.
Туў сыртынан Жанайдың,
Ақтамақ найза салады;
Жети қабат саўыттан,
Найза өтпей қалады!
Және нәўбет алады:
Оң жағынан айналып,
Және найза салады.
Кейинги урған найзасы,
Жети қабат саўыттың,
Бәрин тесип өтеди,
Ер Жанайды Ақтамақ,
Аўыр жарадар етеди.
Найза өткен ўақтында,
Батыр Жанай жылады,
Ҳалы кетип өзинен,
Қанлы жас ағып көзинен,
Атынан жерге қулады,
Тайын турған ер Зийўар,
— Қалдың, иним, пәнтқумар,
Кел, жылама зар-зар,
Кейниңде мендей ағаң бар,
Көрип болдым жарадар.
Ҳәсен хандай атаңыз,
Болып тур ол да бийқарар,
Айналайын қарағым,
Болсаң бизге интизар,
Қутқарыўға геўирден,
Зийўар ағаң мен таяр.
Сеннен жоқ жанымыз аяр,—
Дедидағы мәрт батыр,
Найзасын алып дәстине,
Ат ойнатып барады,
Ер Зийўар барып Жанайды,
Көтерип жерден алады,
Жанайың естен танады,
Қыз да болса Ақтамақ,
Батыр еди геллеғар,
Қол қатпастан турады.
Жанайдан да Зийўардың,
Мәрт екенин биледи,
Ақтамақ қызға ер Жанай,
«Көкирегин ашқанда,
«Қонақсаң» деп ҳүрметлеп,
Қызға нәўбет бергенде,
Ақтамақ қыздың Жанайға,
Ышқы жаман кетеди,
«Ер Жанай менен қосылып,
Бес күн дәўран сүрсем», деп,
Жанайға ашық болады,
Ер Жанайды ер Зийўар,
Көтерип жерден алғанда,
Атқа оңғарып салғанда,
Ашықлықтың ышқында,
Ҳәм мәртликтиң белгиси,
Орнында турып қалады,
Ер Жанайды ер Зийўар,
Ат алдына оңғарып,
Ләшкерге алып барады.
Бийтақат турған Ҳәсен хан,
Ат алдынан алады,
Ақ шатырға киргизип,
Адам қуны дәри берип,
«Ели журттың саўлаты,
Дизғанамның қуўаты,
Белғанамның мәдәри,
Еки көзимниң рәўшаны,
Ҳәсен ханның дәўлети,
Қайсар туўған перзенти,
Ели-журтының ийеси,
Ҳәсеншаның сәўлаты,
Айналайын, балам»,—деп,
Жарадар болған Жанайға,
Жүдә пәрмана болады.
Жанай сондай болған соң,
Зийўардың қаны қайнайды,
Еки көзи жайнайды,
Астындағы арғымақ,
Секирип көкке ойнайды.
Батыр болған ер Зийўар,
Билекке күшин жыйнайды,
Ақтамақ қыздың үстине,
Қайтадан атты қояды,
— Жарадар еткен инимди,
Баҳадыр қыз сен бе?!—деп;
— Тайсалақлап нашардан,
Қашатуғын мен бе!—деп,
Ақтамақ батыр болса да,
Қайсар туўған Зийўардың,
Айтқанын жаман көреди,
Қәҳәрленип ер Зийўар,
Оннан сайын жортады,
Жортқан сайын ер Зийўар,
Қалтыратпа тийгендей,
Денелери жуўылдап,
Жүреги де суўылдап,
Батырсынған Ақтамақ,
Зийўардан күтә қорқады.
Зийўар минген арғымақ,
Арандай аўзын ашады,
Айбатына шыдамай,
Ақтамақ қыз қашады.
Қыздың минген тулпары,
Жүйрик екен жаныўар,
Араны узақ ашады.
Қәҳәрленип ер Зийўар,
Атқа қамшы басады.
Астындағы арғымақ,
«Суўдай гүўлеп тасады.
«Әне, мине» дегенше,
Өкшесин бара басады,
Ақтамақ қыз сол ўақта,
Зийўардан жаман сасады,
Қуўып жетип ер Зийўар,
Ақтамақтың артынан,
Найза менен шаншады,
Тартып алып найзасын,
Зәңгиликтиң тусына,
Жақын келип ер Зийўар,
Қатыўланып қатланып,
Және найза урады.
Тоққыз қабат саўытты,
Қәлбирдей тесип өтеди,
Мамықтай аппақ етине,
Найзаның ушы жетеди,
Ийзегенде ер Зийўар,
Уйыққа батқан таяўдай,
Ақтамақ қыздың етине,
Найза сиңип кетеди.
Ер Зийўарға жалынып,
«Нашарман», деп налынып.
Итияр арза етеди:

— Ҳәсен ханның улы, батыр Зийўархан,
Атбаўрынан сен ағыздың қызыл қан,
Сөзин қыймай Тақтаполат атамның,
Келип едим, енди болдым мусылман.

Саўаш күни оқты жайдан көширдим,
Бир нешшениң кепин тонын пиштирдим,
Нешше палўанлардың кесип геллесин,
Шараптың орнына қанлар иштирдим.

Кийген тоны, ат-жарағы сайма-сай,
Гүреспеге келген еди ер Жанай,
«Батырман», деп келип еди лап урып,
Бирақ ол да келе алмады сайма-сай,

Ким билмейди Тақтаполат атамды,
Неше патшаларға салған матамды,
Барған жерин бағындырып өзине,
Соның ушын Тақтаполат атанды.

Тақтаполат қызы атым Ақтам дер,
Қарсы алдымда туралмаған не бир ер,
Қәҳәрленип шықсам саўаш майданға,
Айбатымнан титирейди аспан жер.

Қаңбақтай ушырдым таўлардың тасын,
Нешелердиң қыйдым қамыстай басын,
Нешелерди бенде етип тирилей,
Ағыздым сел етип көзиниң жасын.

Хорезмниң жемислерин жегенсең,
Маған ат ойнатып қарсы келгенсең,
Денем титиреди айбатыңыздан,
Ҳақыйқат бир туўған арыслан екенсең.

Батырлықтан мен таппадым миниңди,
Енди сениң барҳақ билдим диниңди,
Батыр екен, ашық болдым Жанайға,
Сол себептен өлтирмедим иниңди.

Бәҳәр кирмей ашылмайды қызыл гүл...
Бағда сайрап киятырған жас бүлбил,
Өлсем зарымды тартар бир неше,
Я өлтиргил, я қалдырғыл, өзиң бил.

Мениң ҳәр сөзимнен шығар мағана,
«Инимди шанышты», деп етпе паймана.
Та өлгенше хызметиңде боламан,
Ендигисин өзиңиз бил, «қайнаға».

Ақтамақ қыз Зийўарға,
Жалбарынып турғанда,
Хорезмниң патшасы,
Ҳәсен хан да келеди.
Жүзлери гүлдей жайнаған,
Көргенниң иши қайнаған,
Ханзадаға ылайық,
Ақтамақ қызды көреди.
Қыздың дана екенин,
Ўәлийлик пенен биледи,
Көзи түсип жүзине,
Ыразы болды Ҳәсен хан,
«Қайнаға», деген сөзине.
Ақтамақ қызды Жанайға,
Ылайық көрип келинге,
Ашық күндей жамалын,
Даналығын ол қыздың,
Ҳәсен хан тәрип қылады:

— Ҳаққа жеткен ғош жигиттиң наласы,
Жетпеди геўирдиң бизге шамасы,
Ақтамақты өлтирмегил, перзентим,
Сондай болар адамзаттың баласы.

Жақын қалды Еменқиял арасы,
Көринип тур мунарының қарасы,
Ер Жанайдың өшин алмай-ақ қойғыл,
Питип кетер етиндеги жарасы.

Балам, тыңла Ақтамақтың дадыны,
Сизге айтты ишиндеги барыны,
Қылышыңды ҳаўалатпа басына,
Өлтирмегил ер Жанайдың ярыны.

Тасқа өтер ер жигиттиң қылышы,
Жаўды көрип титирер мәрттиң денеси,
Қайнағасы —Зийўар, атасы—Ҳәсен,
Анаңыз болады оның енеси.

Зийўаржаным, жоя менен жал қандай,
Шийрин десең шекер менен бал қандай,
Көрсе адам Ақтамақтың жамалын,
Өзи бийҳуш болып естен танғандай.

Көрмейсең бе жүзи гүл-гүл жанғандай,
Жамалын көргенниң мийри қанғандай,
Зийўар балам, келиниңди өлтирме,
Қосылып дәўранды сүрсин ер Жанай.

Арғымақты қай таўларда сүрмедим?!
Ғазап ушын, қайдан-қайда жүрмедим?!
Зийўар жаным, бундай батыр нашарды,
Жети ықлымды гезип сирә көрмедим.
Ерлик етип ер, сөзине турайық,
Ақтамақжан келинликке ылайық,
Нәсийҳатымды алсаң, өлтирме,
Жанайжанға берип келин қылайық.

«Аҳ» дегенде нур тамады жүзинен,
Ушқынланып от шығады көзинен,
Ашық екенлиги жаным Жанайға,
Көринип тур «қайнаға» деген сөзинен.

Дүньяда өлим жоқ, балам, ашыққа,
Ашықты қоспақ парыз машыққа,
Геўирлерден аларсаңыз өшиңди,
Келинди өлтириўге балам, асықпа.

Ақтамақжан екен қыздың данасы,
Қандай екен оны туўған анасы?
Аларсаңыз геўирлерден арыңды,
Көринип тур жақын анаў қаласы.

Араларсаң қала менен көшесин,
Шаншарсаң геўирдиң сайлап нешесин.
Ақтамақты келин етейик, Зийўаржан,
Қудағай етермиз туўған шешесин.

Жығып геўирлердиң бәлент мунарын,
Кесип қызларының таққан тумарын,
Ақ отаўда ышқы-ишрет етерсең,
Тарқатсын Жанайым кеўил қумарын.

Тақтаполат қашса қуўып жетерсең,
Қуўып жетип тири бенде етерсең,
Қылған гүналарын алса мойнына,
Онда оның гүналарын өтерсең.

Ырайдан қайтпаса басын кесерсең,
Найза менен еки көзин тесерсең,
Оннан кейин не қылсаң да өзиңде,
Ата тилин алғыл, балам, өсерсең.

Геўирлерге етсеңиз де қарыўды,
Өлтирмеңиз Ақтамақтай арыўды,
Зийўар жаным, усы айтып болғаным,
Келинге бола мениң басым аўырды,

Батыр туўған ер Зийўар,
Әдепли еди жасынан.
Атасының айтқанын,
Зейин қойып тыңлайды,
Әдепсизлик қылмайды,
Қылышын тартып алады,
Қынабына салады,
—Әжеп болар, ата—деп;
—Атажан ҳәзир сөзиң,—деп;
—Мениң қылған гүнамды,
Кеширегөр өзиң,—деп,
Баласы нала қылады.
—Хорезмниң палўаны,
Айналайын, перзентим.
Еки көзимниң раўшаны,
Өзиңдики дүнья-мал.
Пандыў-нәсийҳатымды,
Балам ойыңа жақсы ал;
«Атама гүна қылдым», деп,
Етпе ҳасла қыйлықал.
Үстине минип арыз шешкен
Алтын тахтта сеники;
Төкпей, шашпай жыйнаған
Дәўлет-бақ та сеники;
Жети ықлым Хорезмдеги
Ели-журт та сеники;
Басымдағы жан балам,
Тилла таж да сеники;
Кәрўаннан алынатуғын,
Бажым да балам сеники;
Асатуғын гәззапты,
Тилла дар да сеники;
Маңлайдағы шырағым,
Ҳәрне бар да сеники;
Бағындырсаң душпанды,
Намыс-ар да сеники;
Дүньядағы шырағым,
Сулыў яр да сеники.
Перзентим сеннен, Зийўаржаи.
Аяйтуғын жаным жоқ,
Не қылсаң да қарағым,
Бәри саған ылайық.
Хорезмниң душпанын
Женгениң ушын жан балам.
«Рахмет» дейди халайық.
—Мынаў Қиялқалада,
Алып барып келинди,
Бағына кирип геўирдиң,
Той-тамаша қылайық,
Шығарып иштен ҳәўирди,—
Деп мәртлер минди тулпарға,
Бир жағынан ер Зийўар,
Бир жағынан Жанайжан,
Ортасында, Ҳәсен хан,
Дөгерегин қоршаған,
Хорезмли көп арыслан,
Ханның қызы Ақтамақ,
Латманаттан дөнеди,
Не айтсам да ер Зийўар.
Патшаның қызы көнеди.
Батыл динди қояды,
Барҳақ динге енеди,
Көк сандалға минеди.
Хорезмди жайлаған,
Ат жақсысын сайлаған,
Геўирдиң қолын байлаған,
Басып кирген геўирди,
Қоралы қойдай айдаған,
Қандай саўаш болса да,
Туўра барған, таймаған,
Ноғайдың сансыз ләшкери,
Тақтаполат патшаның,
Үстине қарап жөнеди.
Ол шатыр менен бул шатыр.
Ол шатырдың ишинде,
Тақтаполат хан жатыр.
Ол шатырдың үстине,
Ғурыжланып ат қойды.
Хорезмли қос батыр.
Қос батырдың ортасында,
Ақтамақ арыў киятыр.
Қоршап турған геўирлер,
Булар да ат қояды.
Ақтамақтай арыўдың,
Ноғайға олжа болғанын.
Батыр қызлар биледи.
Ҳайранлықтын дағлары,
Жүреклерин тиледи.
—Ноғайға олжа еткенше,
Ақтамақ сәрдарымызды,
Ноғайлар менен урысып,
Өлейик қанлы майданда,—
Деп батыр қызлар қолына,
Қарыўларын алады.
Ҳәсен ханның үстине,
Бәршеси ат салады.
Зийўар менен ер Жанайдың,
Ат басындай жүреклери,
Қанасында туўлайды.
Әсиресе Зийўардың,
Ети жаман жуўлайды—
Қызларға қылыш урғанда,
Қойларға қасқыр тийгендей,
Лалаўлап қызлар шуўлайды,
—Мәрт болсаң геўир қызлары,
Беррегирек кел!—дейди,
Қызларға қылыш силтейди,
Нешше қыздың жанлары,
Жәҳәннемге кетеди.
Талай қызды ер Зийўар,
Аўыр жаралы етеди.
Ат қуйрығы түйилди,
Батыр қызлардың геллеси.
Таўдай болып үйилди.
—Билдик, батыр екенсиз,
Ҳәсен ханның баласы,
Мәрт екенсең ер Зийўар,
Қылышыңды тарт,—дейди;
—Алсаңыз, әне ел,—дейди;
—Қанымыз болды сел,—дейди;
—Бизиң менен еллессең,
Зийўар батыр, кел,—дейди;
—Обал-саўап мойныңа,
Я өлтир, я олжа қыл,
Зийўар ер, өзиң бил,—дейди.
Аман қалған батыр қызлар,
«Қуралларын таслады,
Өзиңиз бил,—деп,—не қылсаң»,
Барлығы көзин жаслады.
Қызлардың өлмей қалғаны,
Зийўаржанға жалбарып,
Олжа бола баслады.
Аттың жалы өрилди,
«Мен мен» деген геўирдиң,
Абырайы қолдан берилди.
—Қойғанға берекет,
Қоймағанға жаўсын нәлет,
Қашқанға жаўсын рахмет,—
Деп геўирлер қашады,
Қиял деген қалаға,
Бәри барып қамалды.
Қубладан қойған дәрўаза—
Дәрўазасын бекитип,
Ишинен тәмби басады.
Отыз мың ләшкер ноғайлы,
Қаланы қамал етеди,
Жан шығармай далаға.
Қырқ мың ләшкерли геўирлер,
Ҳеш илаж ете алмады,
Ер Зийўардай балаға.
Журттан озған ақылгөй,
Алпыс еки ҳәмелдар,
Жетпис еки мөҳирдар,
Барлығы жыйналып,
Мәсләҳәтти салады.
Көп бийлердиң ишинен,
Аппақ қуўдай сақалы,
Орта бойлы дамбелше,
Минез-қулқы заңғардың,
«Белин беккем байлады,
Басқалардан өзгеше,
Ҳәр иске өзин сайлады,
Өрре турып орнынан,
Бир қиялды ойлады.
Халық қоршаўда турған соң,
Ойламасқа болмады.
Аты еди Арсары,
Ол бийлерге толғады:
—Тақтаполат залым хан,
Тыныш жатқан ноғайға,
Ләшкер айдап, топ сүйреп,
Минип аттың белине,
Қызыл қия шөлинде,
Сегбир етип нешше күн,
Барды ноғай елине
Саўаш етип майданда,
Ат баўырынан ақты қан,
Баланы айырды анадан.
Ананы айырды баладан,
Барлық ноғай қырылды.
Тақтаполат патшаның,
Қылышының зарынан.
Ҳәсен ханның баласы,
Зийўар менен Жанай мәрт,
Бул қорлыққа шыдамай,
Қалмақларға ат қойды.
Батыр екен балалар,
Зар жылатып бизлерди,
Қуўып шықты қаладан,
Ақылсыз надан ханымыз,
Өшиктирди ноғайды.
Қайсар екен ноғайлар,
Тақтаполат патшадан,
Жеңилмеди оңайда,
Жигерли сансыз қалмақтың,
Өлиги қалды көмиўсиз,
Дәрья, теңиз, тоғайда.
Зийўар менен Жанайдың,
Батырлығын буннан бил:
Ғаўлап турған қалмаққа,
Ат қояды қорықпастан!
Усынша жасқа келгенше,
Барғалы талай урысқа,
Көрмедим бундай арыслан!
Хорезмли ноғайлар,
Әкелди қуўып бизлерди,
Бесмазар деген жерлерге.
Ҳеш илаж ете алмады,
Гүркиреген ханымыз,
Зийўар, Жанай ерлерге.
Қуўды Бесмазардан да...
Сол қашыўдан қаштық биз,
Өликлерге қарамай,
Бир нешшениң атлары,
Қалды жолда жарамай.
Алды менен қашты өзи,
Тақтаполат «батыр хан»,
Бизлерге де қарамай,
Дослардың ҳалын сорамай.
Қызыл қия шөллерде,
Шомылды атлар терлерге,
Ким атадан айрылды,
Ким анадан айрылды,
Ким баладан айрылды,
Ким ярынан айырылды.
Тоқтаполат залым хан,
Бизлер менен ел ме еди?
Қырылса да қалмақлар,
Қасына ҳеш келмеди.
Қарамады ханымыз,
Халықтың көзде жасына.
Таўлардың толды жырасы,
Қалмақлардың лашына,
Қашып келди ханымыз,
Қанлы өзектиң қасына.
Ноғайлар найза урғанда,
Қыйналды шийрин жанымыз.
«Мен мен» деген батырлар,
Ким аяқтан айрылды,
Ким қолынан айрылды,
Ким қулақтан айрылды.
Бул майданда ханымыз,
Абақандай ўәзирди,
Атландырды қалаға.
Ат шаўып барып Абақан,
Жар салдырды, қалада,
Қайғы түсти беглерге,
Кемпир, ғарры бийшара,
Қатын менен балаға.
Ханнан буйрық болған соң,
Қараўлап тоқтаў қайдады?!
Ханнан барған Абақан,
Елде қалған адамның,
Барлығын жаўға айдады.
Саўаш болып майданда,
Қара топлар атылды,
Қалмақлардың өлиги.
Таўдай болып үйилди,
Қаза жетпей қалмақлар,
Қыршынлай өлимге шатылды.
Ханның қызы Ақтамақ,
Үш жүз алпыс қыз бенен,
Бул да келип саўашқа,
Барлығы жаўға сайланды.
Ақтамақ шықты ортаға...
Ноғайлардың ишинен,
Қарыўланып, бурсанып,
Муздай темир қурсанып,
Жанай да шықты майданға,
Еки қайсар алысты,
Буўрадай болып шайнасты..
Жанай болып жарадар,
Ноғайды азмаз сус басты..
Зийўар деген бир батыр,
Тур екен наймыт ол сапта,
Қаны қайнап туралмай,
Бул да шықты майданға,
Шап берип жолбарыстай,
Ақтамақтан қорықпай.
«Батыр қыз ол қайдады?!
Иним ушын майданда,
Қан төгип, өлсем пайдады»,—
Дедидағы ер Зийўар,
Ақтамақтың үстине,
Арғымағын айдады.
Батырлығын буннан бил
Палўаннан қыз тайсалды.
Ақтамақтай арыўға,
Найза урылды майданда;
Ер Зийўардың найзасы,
Жарқырады майданда;
Ақтамақтың саўытын,
Тилкимледи майданда;
Уўзыдай аппақ етлери,
Паршаланды майданда;
Менменсинген Ақтамақ,
Зар жылады майданда;
Қамшы басып атына,
Қашты Ақтамақ майданда;
Қуўып, жетип ер Зийўар,
Және шанышты майданда.
—Неге кирдим саўашқа,—
Деп Ақтамақ налынды;
—Өлтирмегил, аға,—деп,
Ер Зийўарға жалынды.
Мәрт екени Зийўардың,
Қалмақларға билинди.
Олжа етти өзине,
Ақтамақ қызды майданда,
Үш жүз алпыс қызларын,
Қоралы қойдай шуўлатып,
Қырды батыр майданда.
Әне-мине дегенше,
Бир тислем нан жегенше,
Бираз қызды өлтирип,
Биразын етип жарадар.
Ер Зийўардың урысы,
Болды мыңға барабар,
Ақтамақ қыздың нөкери,
Үш жүз алпыс қызды да,
Бағындырып өзине,
Олжа етти майданда.
Тақтаполат патшаның,
Күйе жақты жүзине.
Қырып салып қалмақты,
Қуўып Тақтаполатты,
Алтын тағын қулатты,
Ели-журтын жылатты,
Айтқан сөзин орнатты.
Ер Зийўарың мәрт екен!!!
Тақтаполат патшаның,
Қан толтырды көзине,
Ноғайлының отыз мың,
Ләшкерин ертип изине,
Қелди Қиялқалаға.
«Бул қалай күн болды» деп;
«Пайманамыз толды» деп;
«Қызыл гүллер солды» деп,
Қайғы түсти, халайық,
Қатын, сағыйра балаға.
Хорезмли ноғайлар,
Қаламызды қамады...
Қәҳәрленсе ноғайлар,
Қылыштан қан ағады.
Бенде етер бизлерди,
Бағынбаса патшаңыз,
Қара жерге тирилей,
Қазық етип қағады!
Ағызар суўдай қаныңды!
Қутыламыз өлимнен,
Услап берсең ноғайға,
Тақтаполат ханыңды.
Хан ушын қырыў халықты,
Айтыңлар, беглерим,
Ойлаң, кимге жағады?!
Қырылғанша хан ушын,
Тақтаполат патшаны,
Зийўарға услап берейик?
Ҳәр не десе Ҳәсен хан,
Биз изине ерейик?
Сөзлерин мақул көрейик?
Халықты қырған гүнасыз,
Неге керек залым хан?!
Ҳәр адамның өзине,
Олжа жалғыз шийрин жан,
Залым ханы қурысын,
Хансызақ бизлер жүрейик!
Иайтақ жатқан қалмақтың,
Ел-халқын да берейик.
Хан минип арыз сораған,
Мынаў алтын тахтын да,
Ғәзийнесин патшаның,
Мал-мүлки, дәўлет-бахтын да,
Ғәзийнели гәўҳәрин,
Қиялдай үлкен шәҳәрин—
Ноғайға бәрин берейик.
Бизлер бермеген менен,
Өзи де шаўып алады.
Оннан кейин басыңа,
Мүшкил ислер салады.
«Кире ғой», десе ноғайлар,
Динине де кирейик.
Ханның тилла дарыны,
Ноғайға бәрин берейик.
Ханы қурсын беглерим,
Ҳәр кимге де жан татлы,
Тақтопалат қурысын!
Услап берип патшаны,
Босатып берип қаланы,
Елди тыныш етейик.
Қутқарайық қайғыдан,
Зарланған қатын-баланы.
Ханның келди қардары...
Шешен еди Абақан,
Арсары сөзин болған соң,
Хан ўәзири Абақан,
Ырғып турды орнынан,
Қамсығып көзин жаслады,
Арсарының қасына,
Барып қалды жақынлап,
Тасқа тийген дойнақтай,
Таңлайлары тақылдап,
Сөз сөйледи шақылдап:
—Тақтаполат хан болып,
Алтын тахқа мингели,
Толды алдым ләшкерге.
Барлығын жыйнап шәҳәрге,
Саўаштың жөнин үйретип,
Халықта жүйрик атлардың,
Барлығын жыйнап алдырды.
Елдеги не бир жигитти,
Айырып минген атынан—
Барлығын жаяў қалдырды.
Ләшкердиң азық-аўқатын,
Аш халыққа салдырды.
Ләшкерге айдап оларды,
Аўыр тобын сүйретип,
Басқылап ноғай еллерин,
Барып қырды шуўлатып.
Көкиреги аршынлы,
Арысланларын өлтирип,
Қызларын жесир қалдырды.
Бир жыл шапса тайпа елди,
Келеси жыл бул наймыт,
Ләшкерлерине дем берди.
Минип аттың белине,
Неше күн тынбай жол жүрип,
Азғана емес мол жүрип,
Елеўсиң жатқан бул елди,
Аңсызда қырды ахмақ хан.
Ўайран салды орынсыз,
Хорезмниң елине,
Улын жетим қалдырып.
Қызларын тул қалдырып.
Ғаррыларын қорлады.
Аналарын зарлатып,
Аўзы түкли залым хан,
Арыўларын азнатып,
Тыныш жатқан ноғайдың,
Мал-дүньясын талады.
Ноғайлыны шуўлатып,
Мәртлерге қан қустырып,
Тақтаполат залым хан,
Қылышынан қан жуўырып,
Ноғайдың елин қуўырып,
Улын, қызын ызғытып,
Бир неше рет тоздырды.
Хорезмниң қаласын,
Сексен гез қара топ пенен,
Бир неше рет буздырды.
Тыныш жатқан халықты,
Қырып-жойып аңсызда,
Бағындырып өзине,
Тақтаполат қанхор хан,
Абырайын оздырды.
Гелле кесип, қан төгип,
«Залымның кеўили өседи,
«Тақтаполат елинен.
Алмақ болып бир елди,
Атланыпты», дегенде,
Есите қойса бул журтлар,
«Келмегейдағы бәле», деп,
Сыртынан дирилдеседи.
Сөзлеримизди тыңламай,
«Атланысып ноғайға,
«Аламан,—деп,—оңайға»,
Қырып-жойып халықты,
Ноғайдың елин бүлдирди,
Қызыл гүлди солдырды,
Тақтаполат залым хан,
Көзин қанға толтырды.
Ҳәсен хан, Зийўар, Жанайдың,
Арқаларын қоздырды.
Зийўар менен ер Жанай,
Батыр екен, адамлар,
Қаны қызып қайсарлар,
Басып кирген қалмаққа,
Қалмақтан арын алмаққа,
Атланды дәрҳал майданға.
Саўаш етип майданда,
Қалмақларды қайсарлар,
Қоралы қойдай қосақлап,
Аяўлысып өлтирди,
Мәнисине келтирди.
Еки батыр өликке,
Жылға, сайларды толтырды.
Адамына тап болып,
Тақтаполат батыр хан,
Қырғыйдан қашқан шымшықтай,
Таслап қашты шатырын.
Баспана жер табалмай,
Ушырады хан бүликке.
Жилиги ханның шағылды.
Айрылып ләшкерлеринен,
Шырданынан қағылды,
Қалаға келип қамалып,
Жүрегине от жағылды,
Айтқан сөзи тыңламай,
Өз пейлинен шатылды.
Ноғайларды өлтирип,
Қалмақтың елин бүлдирип,
Ақылсыз хан не қылды?!
Бизлер менен кеңеспей,
Тақтаполат жаңылды,
Енди қашар жери жоқ,
Аяқ-қолы таңылды.
Қутырған қанхор көпектиң,
Мойнына қарғы тағылды.
Қалмақлардың бийлери!
Келиңиз қалмай жыйналып.
Мен отырман халықтың,
Қырылғанына қыйналып.
Халық тәғдийрин шешейик?
Жатырған ханға барайық,
Халыққа еткен гүнасын,
Өз мойнына алмаса,
Қоймайық енди хан қылып.
Бағынбаса ноғайға,
Аяқ-қолын бәнт етип,
Амуд пенен алпыс пуд,
Төбесине урайық.
Ийжандай қылып унтайық,
Бәтшағарды нан қылып!
Гүржиге етин тарттырып.
Сан етлерин паралайық...
Бир бармақта турмаса,
Төбелеп неше сан қылып,
Сөйтип бундай залымның,
Танытайық бабасын!
—Турың бийлер, турың!—деп,
—Адымды шаққан урың!—деп,
—Ақмақ ханның үстинде,
Барып мәтте қурың!—деп,
Абақан уран салады.
Алпыс еки ҳәмелдар.
Жетпис еки мөҳирдар,
Орнынан өрре турады,
—Абақан қайсар төреди,
Ҳәр истиң жөнин биледи.
Геллеғардың айтқаны,
Ҳәр ўақытта да келеди,—
Деп қалмақтың бийлери,
Абақанның изине,
Барлығы ғаўлап ереди.
Хан жатырған ақ сарай,
Арыз сораған датқа жай—
Хан жатырған ордаға,
Бәри жетип келеди.
Бийлер келген ўақтында,
Тақтаполат залым хан,
Датқа жайдың төринде,
Отыр екен түнерип.
Баслап келген бийлер менен,
Абақан ўәзир тик турып,
Ханға сәлем береди.
Қәҳәри қатты залым хан,
—Көргенсиз, нәлет бийлер,
Не себептен үстиме,
Руқсатсыз келдиңлер!—деп,
Буўырқанды, пурсанды,
Қәҳәрленди, қатланды,
Қабағынан қар жаўды,
Кирпигинен муз жаўды,
Бийлерге кейип, бақырды,
Мүлгиген басын көтерип,
Аш жолбарыстай ақырды:

—Келген шешен, көп бийлердиң сәрдары,
Әзелден Тақтаполаттың қандары,
Бир ой менен ақ ордадан келипсең,
Көп бийлерди баслап, найсап Арсары.

Арсары, баслай бер айтар сөзиңди,
Айтпасаң оярман еки көзинди,
Журтты жыйнап, тас аттырып көшеде,
Сарсаңкесек еттирермен өзиңди.

Миниў ушын мынаў алтын тахтларға,
Ийе болыў ушын дәўлет-бақларға,
«Бенде етемен,—деп,—Тақтаполатты»,
Хабар бердиң бе қурамсақларға?

Ашық болып келдиң бе я ярыма?
Я болмаса ғәзийнемде бары ма?
Жаман қыял менен келген болсаңыз,
Асып өлтирейин тилла дарыма.

Отырғансаң орын алып қасымнан,
Талай жедиң жылытпаға қалған асымнан,
Бүгинги күн сен де душпан болдың ба,
Дәўлет қусы ушқанымда басымнан?!

Егер жекке келгениңде не ҳәдди?!
Нәҳәр емес, жегизейин зәҳәрди!
Арсары, сен қанша арыслан болсаң да,
Қурамсаққа бере алмассаң шәҳәрди!

Арсарыға ықтыярды берипсиз,
«Арыслан» деп изине ерипсиз.
Мени байлап берип қурамсақларға,
Бийлерим, аман қалыў ушын келипсиз!

Абақан, сен қурамсаққа сатылып,
Я келдиң бе қол-аяғың шатылып,
Егер келген болсаң жаман ой менен,
Онда өлесең ҳәзир дарға асылып.

—Тыңла сөзди, Тақтаполат ханымыз,
Тақсыр, ханым, алсаң мине жанымыз,
Ноғайлар қоршады келип қаланы,
Қамалыўда, қырылажақ халқыңыз.

Хызметиңди етип жедим сизден нан,
Халқым ушын пидә болып шийрин жан
Бирақ халық тәғдийрин тез шешиңлер,
Алдыңызға келди ўәзир Абақан.

Ноғайлар тур сыртқа шықсаң жан алып,
Өлгенлер көп көрсең, ханым, сан алып,
Ҳеш нәрсе жоқ Арсарыдан көргендей,
Халқың әне өлип болды қамалып.

Хан болсаңыз халқыңызды қайғырың,
Қайғырмасаң қыйын болар тәғдириң,
Айтқанға жүрмесең, қарап етиўге,
Қардай борап келмеспекен ул-қызың.

«Руқсатсыз келди» деп күйип-жанбаңыз,
«Мәҳәлсиз келди» деп шубҳаланбаңыз,
Абақанның алдында айтқан сөзине,
«Буған не болды», деп таңырқанбаңыз.

Ҳәсен ләшкерине ҳәмирин етти,
Қалмақлар өзиңе өлим мәр етти,
Зийўар келип басыңызды алажақ,
Урыс тыңламайды, тақсыр, әдепти.

Тақсыр, ханым, әдалатлы төремиз,
Сасып келдик, не деп жуўап бересиз?
Халықты қырмай берилейик ноғайға,
Тақтаполат буны қалай көресиз?

Бермесеңиз еркиңизге қоймайды,
Соның ушын бермесеңиз болмайды,
Не қылсаң да, ханым, тезирек болмасаң,
Ҳәзир төбеңизде қылыш ойнайды.

Журтыңды бермесең жаннан кешиңиз!
Ханым кепиниңди өзиң пишиңиз!
Сениң ушын халықты қамап, қырмаспыз,
Не қылсаң да тақсыр тезирек шешиңиз!

Зийўар, Жанай бузып өтер орныңды,
Парра-парра етип үзер торыңды,
Алдына бас ийип өзиң бармасаң,
Ноғайлылар келсе қуртар сорыңды.

Дәл бедеўдиң жал-кекилин тарайық,
Келиң, бийлер, бул бир иске жарайық,
Сөзди тыңла, Тақтаполат ханымыз,
Ҳәсен ханның алдына биз барайық?
Қол қаўсырып хызметинде турайық,
Еткен гүнамызды ханнан сорайық,
Патша халқы кеширимли болады,
Гүнамызды кеширсе ел болайық?

Тақтаполат таўлай берме муртыңды,
Ашыўланып томпайтпаңыз уртыңды,
Сизге де, бизге де тақсыр өлим жоқ,
Ҳәсен ханға тапсырсаңыз журтыңды!

Халық ушын қанлар жутып, қыйналып,
Алдыңызға келип турмыз жыйналып,
Тақсыр, ханым, бир жуўабын бериңиз,
Абақанның сөзине аўыр ойланып.

Ойланбасаң, ақыр ўайран боларсаң,
Зийўар келип қызыл гүлдей соларсаң,
«Абақанның айтқаны ырас екен», деп,
Сол ўақтында маңлайыңа урарсаң,—

Дедидағы Абақан,
Айтар сөзин таўысты,
Сол ўақтында патшаның,
Қиялы ҳәм нәзери,
Басқа жаққа аўысты:
Еки көзи қызарды,
Жайнатып алмас қылышты,
Қынабынан шығарды.
— Шабайын сени, найсап!—деп,
Абақанға умтылды,
Абақанның алдына,
Тикке қалқан тутылды,
Бир келген жаза-өлимнен,
Абақан сөйтип қутылды.
Тақтаполат патшаның,
Көзи оттай жайнады,
Абақанның сөзине,
Жүреги күйип, қайнады,
Ақша жүзден қан қашып,
Жүзлери кетти қуўарып,
Еки көзи жумылып,
Аш қасқырдай қабынып,
Абақанды жегендей.
— Жәллат!—деди, шақырды,
Даўысы кетти жер жарып.
Келетуғын жәллат жоқ.
Белинен кетти қуўаты,
Өзинен кетти мәдәры,
Бетлеринен қан қашып,
Абақанды түтиўге,
Қалмады ханның ҳалаты.
Жан-жағына қарады,
Арсары тур бир шетте,
Қолында қылыш жарқылдап,
Келетуғын жәллат жоқ...
Тыңланбаған сөзлери,
Қызарып еки көзлери,
Суп-сур болды жүзлери,
Мынаў турған бийлердиң,
Жаман көрип түрлерин,
«Не болса да буларға,
Мен бир ис қылайын»,
Деп оларға тигилип,
Көкиреги егилип,
Қабырғасы сөгилип,
Сөз сөйлейди барқылдап:

— Дәстурқаннан жедиңизлер нанымды,
Енди қыймақпысыз жалғыз жанымды?
Басып кирип әдалатлы ордама,
Төгиў ушын келдиңиз бе қанымды?

Жүйрик минип бийик таўдан асқанман,
Нешелерин түсиргенмен аспаннан,
Ноғайлардың қанын төгип майданда,
Бир де қайтпай, дәрья киби тасқанман.

Жүрегим таўдай асқанында қайтпады,
Еситип қай патша «қуллық» айтпады?!
Барлығы да қол қаўсырды алдымда,
Ҳеш бириниң маған тиси батпады.

Душпаныма жеткердим мен дадымды,
Сол себептен халық билди атымды,
Найсаплар, сатылып қурамсақларға,
Сизлер кемиттиңиз инабатымды.

Барғанымда ләшкер айдап нешше сан,
Қорқып Хорезмге қайтқан Ҳәсен хан,
Сизлердиң аўзыңның алалығынан,
Душпан келди ат баўрынан төгип қан.

Қурамсақтың ели биздей баймеди?
Урысыўға ат-жарағы саймеди?
Найзаласып гүресиўге майданда,
Ҳәсен ханның күши бизге теңбеди?

Ноғайлының ели-елаты ашты...
Майданда еткенде қанлы саўашты,
Басқы таўып ләшкерлери қырылып,
Қурамсақлар ғаўлап үйине қашты.

Ҳәсен ханның көкке жетти наласы,
Саўаш етти Зийўар, Жанай баласы,
Бизиң балалардан қашқанлығымыз,
Билиң, бийлер, аўзыңыздың аласы.

Төтепки бере алмай еки балаға,
Қашып келип тығылдыңыз қалаға,
Жаныңызды алып қашып ноғайдан,
Өзлериңиз қалып отырсыз налаға.

«Арғымақтың, жал-кекилин өр», дейсиз:
«Хан алдына бизди баслап жүр»,—дейсиз;
«Ели-журтты Ҳәсен ханға тапсырып,
Хан болып қайтадан дәўран сүр»,—дейсиз.

Нәмәрт саўаш күни дәртке жарар ма?
Таяқ тиймей бүйирине қарар ма?
Ел-журтын бермесе, қолын байлатып,
Патша өлмей хан алдына барар ма?

Ақыллы хан қарашаға ерер ме?!
Өзи өлмей журтын жаўға берер ме?!
Ақылы бар болса бийлердиң,
Руқсатсыз, хан алдына келер ме?

Сизлер ўайран етажақсыз тағымды,
Гүлсиз қуўрата жақсызлар бағымды,
«Ҳәсен ханға журтты тапсыр», десеңиз,
Әмелдарлар айырарман жағыңды.

Арсары, Абақан сатылған жаўға,
Сөйтип басымызға салмақшы ғаўға,
Бундай найсапларды дарға тарттырып,
Басларына тири салайық саўда.

Найсаплардың саўда салып басына,
Рәҳим етпей көзден аққан жасына,
Тилла дарға алқымынан асайын,
Ҳеш бир жанды келтирместен қасына.

Басқа бийлер пайманаңды толтырмаң,
Әжел жетпей қызыл гүлиң солдырмаң,
«Бизди баслап Ҳәсен ханның алдына,
Тақтаполат барады», деп отырмаң.

Қолды қыяр бос усласаң қамысты,
Хан алдына тири барыў намысты,
Бийлерим, барлығың азған болсаңыз,
Жүрегиме отлар түсип алысты.

Әмелдарлар, сөзиңизге ермеймен,
Өлгенше ноғайға қылыш сермеймен,
Қалдырмай халықтың бәрин қырса да,
Ҳәсен ханға шәҳәримди бермеймен.

Тәлим алың Тақтопалат сөзинен,
Қәҳәрленсе қанлар ағар көзинен,
Бере алмайман қурамсаққа қаланы,
Ханлық кетпей турған ўақта өзимнен.

Қелген бийлер, артыңызға қараңыз,
Сарайымда турмай дәрҳал тараңыз,
Егер ҳәмириме «қуллық» етсеңлер,
Ол ўақытта жаўға ўайран саламыз.

Ханның айтқан сөзине,
Қаны қызды бийлердиң,
— Қан толған екен көзине,
Тақтаполат залымның,
Тыңламады бул ахмақ,
Әдил сөзин алымның
—Кеңеске келген бийлерди,
Өлтиретуғын сенбе,—деп,
Өзим өлмей басымды,
Беретуғын мен бе,—деп;
—Сәлемге келген бизлерди,
Асасаң ба дарға,—деп?;
—Тақтаполаг лашыңды,
Тартсын ала ғарға!—деп,
Хан қасында Абақан,
Арыслан туўған Арсары,
Қарқылдап турған патшаның,
Жағасынан алады.
Алпыс еки ҳәмелдар,
Жетпис еки мөҳирдар,
Тақтаполат залымға,
Булар да пәнже салады.
Ақ сарайдың ишинде,
Қаны келип аўзына,
Есинен хан талады.
Ханның көзи тынады,
Хан отырған алтын тахт,
Аяғы менен бийлердиң,
Бөлекленип сынады.
Хан қатыны ханшаға,
Ақырзаман болады.—
Алтын тахттың үстинен,
Қаншайым да қулады.
— Ашылмаған бахтым!—деп;
—Ўайран болды тахтым,—деп;
—Сынған енди сақтым,—деп,
Қаншайым зарлап жылады,
Көзиниң жасын булады,
Буласа да болмады,
Ашыўлы бийлер қылмады,
«Не қылып атыр, ханым» деп,
Нәзерин хасла салмады.
Қылышлары қолында,
Күйип турған жәллатлар,
Тақтаполат патшаның,
Артына қолын байлады,
—Ҳаққыңнанды залым!—деп,
Алдына салып айдады.
Абақан менен Арсары,
Қоршаған көп халыққа,
—Бәриң кейин қаш!—деди.
Киятырған қул яңлы
Тахтаполат патшаға
Дәрўазаман, пашшаплар,
Ләшкерлер жол береди.
—Еки қолың байлаўлы,
Киятырсаң ба «батыр»,—деп,
—Сениң қылған ғазабың,
Таңлайымызға татыр,—деп,
Қалмақтың есер баллары,
Ермек етип патшасын,
Изинен тас атады
Тас тийген сайын басына,
Ашыўына шыдамай,
Патша жортып желеди
Хорезм елин ызғытқан,
Қанын суўдай ағызған,
Қозылы қойдай зарлатқан,
Тақтаполат залымды,
Ҳәсен ханның алдына,
Арсары менен Абақан,
Жетирип айдап келеди.
—Жүрмей айтқанымызға,
Бизлерди де күйдирген.
Ләшкерлерин шубыртып,
Барып ноғай елине,
Нәмәртлерин өлтирген,
Қандарыңыз минекей,
Ноғайдың елин бүлдирген.
Алып келдик алдыңа,—
Деп қалмақ бийлери,
Ийлип сәлем береди.
Әдил еди Ҳәсен хан,
Бийлериниң қалмақтың,
Сәлемин әлик алады.
Бас ийип келген бийлерге,
Ҳәсен хан иззет қылады.
«Бурынғы өткен ханлардан,
Киятырған жол еди,
Елши менен патшаға,
Ҳеш ўақытта өлим жоқ еди.
Я жақсы болсын, я жаман,
Ықтыяры өзине.
Ким болса да бул найсап,
Қалмақларға еди хан.
Халқына қылған ислерин,
Көрейин сорап мен буннан.
Гүнасын алса мойнына,
Хан етейин орнына,
Қайтпаса егер ырайдан,
Асайын тилла дарына»,
Деп Ҳәсен хан ойлады.
Ақыллы еди Ҳәсен хан,
Орынсыз исти қылмады.
Геўирлердиң ханынан,
Бир неше саўал сорады:
—Геўирлердиң патшасы.
Тақтаполат сенбисең?
Тыңламай халықтың датқасын,
Зар жылатқан сенбисең?
Қалмақлардың елинен,
Ғажырлы жигит жыйнаған,
Ғайратлы хан сенбисең?
Саўаш етип қан төгип,
«Хорезмниң халқына,
Хан болсам бир» деп ойлаған,
«Ақыллы» хан сенбисең?
Урыс өнери илимин,
Ләшкерлерге үйреткен,
«Алым» патша сенбисең?
Аўыр топты сүйреткен,
Найзаға халықты түйреткен.
Залым патша сенбисен?
Баўырынан жел өткен,
Жанды қоймай жыйнаған,
Жаршы патша сенбисең?
«Хорезмди алсам», деп,
Ғарры жанды қыйнаған,
Жансебил патша сенбисең?
Халықты геўлеп қоймаған,
Лепсиқаў патша сенбисең?
Шөпти-шарды, таў-тасты,
Айдарҳадай жутса да,
Бир тамағы тоймаған,
Жетимше хан сенбисең?
Минип тулпар белине,
Таўдан асқан сенбисең?
Хорезмниң елине,
Барған патша сенбисең?
Саўыт кийип үстиңе,
Саўашқа келген сенбисең?
Қылыш алып дәстиңе,
Халықты қырған сенбисең?
Тыныш жатқан елиме,
Қозғалаң салған сенбисең?
Жайлаў жатқан халқымды,
Қырып-жойып шуўлатқан,
Қанхор патша сенбисең?
Ат қойып сениң үстиңе,
Көзиңе қан толтырып,
Ақша жүзиң солдырып,
Айдарлыңды қул етип,
Өз қылғаныңды өзиңе,
Тер толтырып көзиңе,
Зийўар менен Жанай жан,
Ләшкериңди қуўғанда,
Басыңызға күн туўып,
Қан жутқан «батыр» сенбисең?
Ләшкерлерге қарамай,
Қашып барып дәрбентке,
Демиң ыраслап алалмай,
Жүреклери сығылған,
Шыдамлы патша сенбисең?
Бунда да шыдап туралмай,
Қашқан патша сенбисең?
Күни-түни жол жүрип,
Артыңа қарамай,
Күни-түни қашыўға,
Минген атың жарамай,
Жаяў қашқан сенбисең?
Күни-түни уйқыламай,
Сегбир етип жайыңа,
Қанлы өзектен дәрбентке,
Қашып барып қамалған,
Қашқыншы патша сенбисең?
Зийўар менен Жанайым,
Қылыш урып қалмаққа,
Көрсеткенде дуғымын,
Еңиреп қашқан сенбисең?
Қашып қанлы өзектен,
Қиялға келип қамалған,
Тақтаполат сенбисең?
Ала жип салып мойныңа,
Көз жасы толып қойныңа,
Қалмақлардың бийлери,
Жыйналып бәри алдыңа,
Мәсләҳәтқа барғанда,
Ҳәр түгиң болып тебендей,
Жулып бәрин жегендей,
Аш жолбарыстай шабынған,
Жалғызақтай қағынған,
Бийлердиң зарын тыңламай,
Истиң соңын ойламай,
Аўзына келген сөзлерди,
Қайтармай бәрин көпирген,
Көбикли патша сенбисең?
Халқыңызды қайғырмай,
Сазыўар еткен саўашқа.
Залым патша сенбисең?
Кеңес сорап барғанда,
Бийлерге кеңес бермеген,
Өжет патша сенбисен?
Уйып жатқан ноғайға,
Қанлы қылыш сермеген,
Тақтаполат сенбисең?
Үш жүз алпыс бийлердиң,
Айтқанына жүрмеген,
Шаш ал десе—бас алған,
Айбатлы «арыслан-шермисең?»
Түңилип сизден көп бийлер,
Қолларыңды байлатып,
Көзлериңди жайнатып,
Ишиңди оттай қайнатып,
Ат алдында айдалып,
Майға түскен тышқандай,
Сүмирейип алдыма,
Келип турған «ермисең?»
Бир тислем ғана нан берсем,
Алғыс айтып жермисең?
Көз жасың толып қойныңа,
Гүнанды алып мойныңа,
Тәўбеге келип қайтадан,
«Ел де, журт та сеники,
Бағы-дәўлет те сеники,
Алтын тахт та сеники
Қол қаўсырып, қуллықлап,
Хызметиңде турайын,
Өлгенимше Ҳәсен хан,
Қулың болып жүрейин.
Бир жаныма раҳим қыл,
Ендигисин өзиң бил,
Тақсыр ханым», дермисең?

Сонда Тақтаполат сөйледи:

—Ноғайлардың мунарларын қулатқан,
Зар жылатып көзден жасын булатқан,
Ҳәсен хан, сен мени билмей жүрмисең?!
Қалмақлардың ханы Тақтаполатпан.

Дал бедеўдиң жал-кекилин өргенмен,
Сениңдейин талай ханды көргенмен,
Бағындырып бас ийдирип алдымда,
Заманымда шағлап дәўран сүргенмен.

Ҳәсен хан сен Хорезмниң ханысаң,
Бәлки ноғайлардың шийрин жанысан,
Асықпа сени де бағындыраман,
Атым Тақтаполат мени танысаң.

Дүньяға жайылған мениң ҳаўазым,
Алдымда еле қуллық етер ул-қызың,
Асықпай турыңыз еле, Ҳәсен хан,
Өлмесек бизики болар Хорезм.

Ләшкер жыйнап Хорезмге бармасам,
Ноғайларды дүркиретип қырмасам,
Ордаңа ат ойнатпасам, Ҳәсен хан,
Атым бийкар, тулыбыңды жармасам!

Зийўарыңды дәрўазаңда шалмасам,
Басларыңа ақырзаман салмасам,
Мениң Тақтаполат атым қурысын,
Хорезмди бағындырып алмасам!

Бес күн жалғаншыда жан барды менде,
Тириде болмайман ноғайға бенде,
Ҳәсен хан, сөзимди айтып қысқарттым,
Өлтир, я өлтирме—ықтияр сенде.

Өлтирсең де диниңе ҳеш кирмеймен.
Өлгенше ноғайға қылыш сермеймен,
Әжел жетип пайманам толмаса,
Ноғайға Еменқиялды сирә бермеймен.

Ҳәсен хан, алсаң да мениң жанымды,
Бирақ зүриятларым алар қанымды,
Әўладларым ат ойнатып барғанда,
Қоярға жер табалмайсаң жаныңды.

Өлтирсең тыңламай мениң дадымды.
Бирақ қыралмассаң барлық халқымды,
Перзентлерим барып сени өлтирер,
Ўайран етер Хорезмдей қалаңды.

Патшаларды зар жылатты пәрмәным,
Ғурыжлансам тасар тәнде дәрманым,
Тақтаполат—даңқлы «патша» атандым.
Енди өлсем зәрре жоқты әрманым.

Халық алдында көзден төкпей жасымды,
Алар болсаң тезирек ал басымды,
Даўрығыңнан қорқып, бас ийерим жоқ,
Гүржилерге тарттырсаң да лашымды.

Хан болсаң өзиңдей ханды қыйнама!
Өзиң өлтир, бирақ халықты жыйнама!
Атаңа не қылсаң алдыңа келер,
Батыр болсаң мениң менен ойнама!

Ҳәмелдарларым да сизге сатылған,
Сол себептен мениң қолым шатылған,
Яки өлтир, яки босат, Ҳәсен хан,
Бул турыстан жақсы тезирек шабылған.

Ҳәсен хан, жүрипти сениң дәўлетиң,
Қасыңдағы көпеклериң сәўләтиң,
«Өлтиремен», десең—минекей басым,
Алсаң—алды, әўел сениң нәўбетиң.

Ҳәсен, сениң Зийўар, Жанай улың бар...
Зүриядымнан мен жылайман зар-зар,
Жалғаншыда қыз перзентиң болмасын,
Улсызлықтан маған болды жаҳан тар.

Қызы қурысын—өзиңе жаў болады,
Исин көрип көзиң қанға толады,
Улым болса қолым байланбас еди,
Енди мениң қызыл гүлим солады.

Бул жалғаншы дүнья екен бийпаян,
Паянсыз екени болып тур аян,
Кесер болсаң кес басымды тезирек,
Сеники бул пәни дәўран, Ҳәсен хан.

Ҳәсен хан, кессеңдағы тилимди,
Қорқып сеннен бергеним жоқ елимди,
Ғазап етсең бир шыбынлық жаным бар,
Өлимге келдим мен буўып белимди.

Маған яр болмады енди латманат...
Ушсаң қолтығыңда сениң қос қанат,
Перзентсиз, сораўсыз ханды өлтирип,
Шәҳәримде ете бериң салтанат!

Сонда Ҳәсен сөйледи:
—Еситип сениң атыңды,
Көрсем де қатты бадыңды,
Өзиң барып геллеғар,
Ўайран салған соң елиме
«Бизге келген батырдың,
Көрейин, —деп,—ел-журтын».
Шығып едим, елимнен.
Ләшкер айдап топ сүйреп
Өттим талай көлиңнен.
Ат баўырынан қан төгип,
Өттим талай шөлиңнен.
Кеўилимде бул ис жоқ еди,
Жолықтырдың бәлеге.
Мени өзиңдей көрмедиң.
Халыққа қылыш сермедиң,
Шуўлатып қойдай халқымды,
Бир тынышлық бермедиң.
Урып-шаўып елимди,
Сениң өзиң ермедиң?!
Искенжедей қысып мен,
Алғаным жоқ па белиңнен?!
Байлаўлы турсаң алдымда...
«Шешемен, деп қолыңды,
Бир ер шықты ма елиңнен?!
«Ал», десе де алмадың,
Мойыныңа қылған гүнаңды.
Танымадың, бәтшеғар...
Танытарман анаңды!
Ҳәр нәрсени айтасаң,
Билмей бәдирек шамаңды,
Қалаңды алып қыйратып,
Бузарман түп қанаңды.
«Қайт», дегенде қайтпадың,
Тақтаполат ырайдан,
Ахмақ геўир, адастың,
Күнде жүрген жолыңнан,
Сениң улың жоқ болса,
Халқыңда ул жоқ па екен?!
Әдил болсаң халқыңа,
Сен сүйген болсаң «жаным» деп,
Халық сүйсе сени «ханым» деп,
Халықтың улы — хан улы,
Кем бола ма улыңнан!
Жыландай шағып сөйлейсең...
Өткерсе ҳәзир қылыштан,
Не келеди қолыңнан?
Мынаў турған ләшкердиң,
Барлығы мениң перзентим,
Тар қолтықтан тийсе оқ,
Сүйер келип оңымнан,
Бири сүйер солымнан,
Биреўи услар қолымнан,
Адастырмай жолымнан.
Мен халқымды сүйемен,
Халқым да мени сүйеди,
Соның ушын ләшкерлер,
Кем емес еки улымнан,
Ноғайлы халқым — улларым,
Тәлим алған алымнан,
Сонлықтан өшин алады,
Сендей душпан залымнан,
Ойладым усылай етер деп!
Шықтың залым жолыңнан,
Ҳалыңды билмей бад урдың,
Қорқпай жалғыз жаныңнан,
Өлтирсем сени ис питер,
Шымшық та тоймас қаныңа.
Ҳәсен ханды өлтирмек,
Келер ме сениң қолыңнан!
Жотасы жаман залым хан,
Билмедиң айтар сөзиңди,
Бир аўышқа теңгердиң,
Тақтаполат өзиңди.
Қулақ салмай зарыңа,
Асайын, ахмақ дарыңа,
Таңып еки көзиңди,
Гүнаңды қойып мойныңа.
Арысланларым қайдасаң?
Келиң дәрҳал қасыма!
Дарға асың мынаны,
Ойнаған екен биз бенен!!!
Көзине қара қаплансын!

Бул ҳәмирди еситип,
Ҳәсен ханды қоршаған,
Хорезмли қайсарлар,
Тақтаполат залымның,
Мойнына арқан салады;
Тилла дардың астына,
Сүйреп алып барады,
Көзлик салып беккемлеп,
Суў қабақтай мойнына,
Тилла арқанды салады,
Илмек етип бир ушын,
Қазық баў шалып алады.
Ол арқанның бир ушын,
Дар ағашқа байлады,
Және бир ушын арқанның,
Тоғанақтан өткерип,
Сырлатып тартып қалады.
Тақтаполат ол залым,
Үш ағашқа асылды.
Ҳәўжирип турған жүреги,
Суў сепкендей басылды.
Еки көзи аларып,
Ақша жүзи қубарып,
Геўдеден жаны шығады.
Қулақлары қалқандай,
Самал менен жалбырап,
Қап-қара болып жүзлери,
Жумылып еки көзлери,
Бәле болып өзине,
Айтқан оның сөзлери,
Дарда салбырап турады.
Хорезмли Ҳәсен хан,
Тақтаполат залым хан,
Ләшкерлерин тоғытып,
Қалаға ғаўлап киреди.
Оң жағында — ер Зийўар,
Сол жағында — Жанайжан,
Тақтаполат отырған,
Ақ сарайға келеди,
Хан отырған алтын тахқа,
Ҳәсен хан барып минеди.
Ҳәсен хан тахтың үстинде,
Зийўар менен ер Жанай,
Алпыс еки ҳәмелдар,
Жетпис еки мөҳирдар,
Хызметинде турады.
Үш жүз тоқсан бийлерин,
Абақан ертип қасына,
Ҳәсен ханның алдында,
Қол қаўсырып турады.
Сол ўақтында Ҳәсен хан,
Еки жақтың бийлерин,
Жыйып кеңес қылады:
— Алпыс еки ҳәмелдар,
Жетпис еки мөҳирдар,
Қулақ салып тыңлаңыз,
Сизлерге айтар сөзим бар...
Әдилликтиң белгиси —
Датқаға келген адамды,
Алдында тик турғызар;
Қорқақ ердиң белгиси—
«Жаў» деп ғаўга туўғызар;
Ахмақ ханның белгиси —
Ҳалын билмей өзиниң,
Ләшкер айдап, топ сүйреп,
Батырсынып бад урып,
Қан қаплап еки көзлерин,
Ақ, қараны тыңламай,
Жайлаўда барып үстине,
Тыныш халықты қырғызар,
Уйқылап жатқан жыланның,
Қуйрығын басып турғызар;
Әдил ханның белгиси —
Гүналы ханды асыўға,
Шар базардың ишине,
Тилла дарды қурғызар,
Уйып жатқан халыққа,
Бүлик салған найсапты,
Гүнасын қойып мойнына,
Көзиниң қанлы жасларын,
Сорғалатып қойнына,
Дар астында турғызар,
Өгизге туўған күнлерди,
Баспаққа да туўғызар;
Батыр ханның белгиси —
Белғанасының мадары,
Дизесиниң қуўаты,
Еки көзиниң рәўшаны,
Алдындағы айбаты,
Кейниндеги қуўаты,
Саўаш күни ғайраты,
Болған өзиниң зүриятына,
«Жүреги өскин болсын» деп,
Қашқан жаўды қуўғызар,
«Бели қатты болсын» деп,
Белине қамар буўғызар;
Ақыллы бийдиң белгиси —
Тыяр тели-тентекти;
Жаман ердиң белгиси —
Достына мушын салмақлар;
Наданлықтың белгиси —
Толы жыйын ишинде
Сөйлер сөзин табалмай,
Қурғақ жерде бақақлар;
Елине қаслық ойлаған,
Ҳарамзада ханлардан,
Тоз-тоз болған халық безер;
Әдепсиз келин ел гезер;
Наданлар сөзди көп езер.
Аңласаңыз бул сөзди,
Қалмақтан келген көп бийлер,
Хорезмли Ҳәсен хан,
Халқыңыздың алдында,
Нәсийҳат етип сөз сөйлер.
Маңлайынан сыйпалап,
Ғәрип пенен қәсердиң,
Муңын айтып халықтың,
Зарын тыңлап ғәриптиң,
Халқына хызмет қылғандай,
Обал менен саўапты,
Аңғара алғандай:
Өтирик қандай, шын қандай?
Қосбаў қандай, қын қандай?
Шайтан қандай, жин қандай?
Сымбат қандай, сын қандай?
Ағайин қандай, жаў қандай?
Төбешик қандай, таў қандай?
Жоя қандай, жал қандай?
Шекер қандай, пал қандай?
Қайық қандай, сал қандай?
Ақтерек қандай, тал қандай?
Елди қолға алғандай,
Халыққа көзин салғандай,
Сөйлесе кеўил толғандай,
Душпанның гүли солғандай,
Сондай арыслан бар болса,
Ҳәсен ханға айтыңыз.
Хан болған жигит халқыны,
Баслайтуғын жарыққа,
Айсыз, думанлы түнинде,
Жыйналған барша халайық,
Патшалыққа ылайық,
Бар ма қалмақ елинде?
Қалмақтың ҳәмелдарлары,
Тартынбаңыз Ҳәсеннен,
Айта бер ойда барыңды.
Жыйналған халқың қалмақлар,
Ақыллы сөзди салмақлар.
Қалмақлар айтсам елиңде,
Билгендей истиң жағдайын,
Ғәрип пенен қәсердиң,
Жетим менен жесирдиң,
Сыйпағандай маңлайын,
Сөз сөйлеўши орынлы,
Ханға ылайық болымлы,
Сөз сөйлесе жыйында,
Тағы «айт» деп тақылдатқандай,
Тыңлаўшының таңлайын,
Пуқараға жайғандай,
Шапанының шалғайын,
Сондай ер бар елинде,
«Ол ер жигит ким?» десең,
Өзлериңе мәлим аты,
Қалмақтың ҳасыл заты;
Абақаның қалмаққа,
Хан болыўға ылайық!
Ел шетинде турғанда
Басып кирген душпанның,
Маңлайына урғандай,
Қалмақлар елатына,
Әдил патша болғандай,
Ереўли турған ер Жанай,
Ол да буған ылайық...
Жараса хан етемиз,
Алдымда тур тап-тайын.
Қалмақлардың ишинен
Сөз сөйледи А б а қ а н:

— Хорезмде әдалатлы, Ҳәсен хан,
Жолыңызда пидә болсын шийрин жан,
Сиз миндиңиз Тақтаполат тахтына,
«Қутлы болсын тажың», дийип айтаман.

Қалмақларға қандай жыллы жүзиңиз!
Халықтың қайыры дана сөзиңиз,
Алтын тахтқа кимди ылайық көрсең де,
Тақсыр ханым, миндирдиңиз өзиңиз,

Жаман адам сөз сөйлесе масақлар,
Қалмақта да табылар ондай ақмақлар,
Алтын тахтқа кимди миндирсеңиз де,
Буйрығыңды бузбайды ҳеш қалмақлар.

Қутлы болсын астыңдағы алтын тахт,
Сизики усынша барлық дәўлет-бақ,
Алтын тахтқа кимди шығарсаңыз да,
Тақсыр ханым, өзиң тилла дабыл қақ.

Егер сиз қақсаңыз тилла дабылды,
Сениң сөзиң қалмақларға қабылды,
Сиз келдиңиз қуўып Тақтаполатты,
Қалмақлардың абырайы жабылды.

Сиз көрсеңиз ханға кимди ылайық,
«Намақул», демейди турған халайық,
Кимди тахтқа миндирсеңиз хан қылып,
Бизлер бәрше хызметиңде болайық.

Саўашта гүнадан бәс еттиң бизди,
Сонлықтан қалмақлар сүйеди сизди,
Алдыңызда қол қаўсырып тақ турып,
Жан менен етемиз хызметиңизди.

Жоқ еттиң Тақтаполаттай залымды,
Ким жақсы көрмесин сиздей алымды!
Қалмақ әўладлары сақлап жүреди,
Уллы ханым бизге бердиң тәлимди.

Қалмақ халқы ҳүрметлейди атыңды,
Көкке көтереди инабатыңды,
Өзимиз өлгенше есте тутайық,
Ҳәсен ханым, берген нәсийҳатыңды.

Сөзиңди еситип болдым бийқарар,
Айтқан сөзиңизде терең мәни бар,
Қалмақларға әдил ханлық еткендей,
Кимди хан қойсаңыз сизде ықтыяр.

Ханға ерип жасынан,
Орын алып қасынан,
Ишип бирге асынан,
Оның ҳәр бир сөзлери,
Аўыр таўдың тасынан,
Бир неше аўыр ислерди,
Кеширген ол баcынан,—
Сондай еди Абақан.
Алтын тахтқа отырған,
Халық ийеси Ҳәсен хан,
Мықлым тыңлап тур еди,
Сөйлегенде Абақан:
«Қалмақтан шыққан ермекен?
Я болмаса геллеғар,
«Елге келген миймансыз,
Ҳәм жас үлкен ағасыз,
Ҳәм ақыллы патшасыз,
«Сиз боларсыз» дермекен?
Я болмаса бул найсап,
Елине келген мийманды,
Жасы үлкен ағаны
Сыйламақты билместей,
Қатын менен бирмекен?
Басы кетсе де бир сөзде,
«Туратуғын ермекен?».

Еки адам урысып,
Төрелесип келгенде,
Әдил еди Ҳәсен хан,
Қасарысқан ханлардың,
Урысып жыққан өресин,
Батыр еди Ҳәсен хан.
Ҳәсен ханның бийлиги,
Халқына да унаған,
Сөз сөйлесе тежеўли,
Мәнисин билип сынаған,
Хорезмли халқына
Орынсыз исти қылмаған,
Әдил еди Ҳәсен хан.
Абақанның ҳәр сөзин,
Ықлас пенен тыңлады,
Абақан хан боларын
Сөзинен-ақ аңлады,
«Қалмақлардың патшасын,
Егер қойсам ноғайдан,
Көргенсизлик болар»—деп, —
«Өзинен қойсам патшасын,
Тыңлар халықтың датқасын,
Көрер халықтың көз жасын,
Ол орынсыз болмас», деп,
Ҳәсен хан қиял етеди.
Алтын тахттың қасына,
Абақанды келтирди,
— Бизге хызмет етиң, —деп;
— Сабыр түби сары алтын,
Мақсетиңе жетиң, — деп;
— Мынаў дәўлет-бахтың —деп;
— Сынбасын ҳәргиз сақтың, деп;
— Мынаў ели-халқың, — деп,
Алтын тахқа миндирди.
Журт ийеси Ҳәсен хан,
Қалмақлардың елине,
Абақанды хан етти.
Кеўилин әбден жәм етти.
Өзиниң улы Жанайды,
«Ақыллы ўәзир болар», деп,
Ҳәсен хан турып пәм етти.
Абақанды хан қылып,
Ўәзир етти Жанайды.
Алтын, гүмис, зерлерин,
Ғәзийнедеги барларын,
Тебилдекли атларын,
Ақ ордада отырған,
Ақтамақ перийзатларын,
Абақан менен Жанайға,
Қазы-хат етип тапсырды.
Тахт үстинде Абақан,
Тилла жыға басында,
Оқ жағында — он пашшап,
Сол жағында— бес пашшап...
Арыслан туўған ер Жанай,
Ўәзири болып турады,
Абақанның қасында,
Ай балтасы дәстинде,
Найза тийип сөтилген,
Бөдене баслы көк саўыт,
Ер Жанайдың үстинде.
Абақан елге хан болып,
Ер Жанай ўәзир болғанын,
Қалмақлардың бийлери,
Бәри мақул көреди.
Ақтамақты Жанайға,
Неке қыйып береди.
Салтанатлы Ҳәсен хан,
«Тамашагөй болсаң қалма!» деп,
Қалаға жар урдырды,
Ат шаптырды далаға,
«Хан болды, —деп,—Абақан»,
Анық хабар жетисти,
Елдеги қатын, балаға.
Қалмай барлық ат шабар,
Жаўырынлары қақпақтай,
Билеги жуўан палўанлар;
Бурымлары тоқпақтай,
Қайрыла берип наз еткен,
Үш ай тоқсан қысларды,
Бир күлгенде жаз еткен.
Қош қылықлы жаўанлар;
Ғулпағы түскен белине,
Не бир ғошшақ уғланлар;
Көкирегинде йошы бар,
Ақ найзасы қолында,
Күни-түни жортыўлы,
Ел қорғаўдың жолында.
Не бир қайсар батырлар;
Сақал-шашы ағарған,
Көп жасаған қариялар;
Топпылары дым тозған,
Арқалары дым қозған,
Отырғанда дизеси,
Еки қулағынан озған,
Ақ шашлы ғарры мамалар;
Белине қалта байлаған,
Күни-түни тынбастан,
Бәрқулла асық ойнаған,
Айдарлары желкилдеп,
Зыр жуўырған селкилдеп,
Топ ойнаған балалар;
Арба айдаған дийқанлар,
Мал бағып жүрген падашы;
Түйе баққан сәрўаны;
Қой-ешки баққан шопанлар;
Мәканы жоқ бийгана,
Алба-далба кийими,
Ел қыдырған дийўана;
Алла-ҳуў деген қалендер,
Китап ашқан моллалар;
Аўрыў баққан тәўиплер;
Жин шақырған порқанлар;
Зикир салған хожалар;
Булар да келди қалаға.
Дүкан ашқан баззазлар,
Мал сойып сатқан қассаплар;
Чай, қант сатқан баққаллар;
Қырмызы шалы үйдирген,
Теппе менен түйдирген,
Гүришти жыйған теппеши;
Суў тасыған мәскепши
Көмирши менен темирши;
Қуўырдақшы, кәбапшы;
Ас писирген аспазы;
Сөзи жеткен патшаға.
Мойны жуўан төрелер,
Дады жеткен аллаға,
Ғәзийнели көп байлар;
Басында бар сәллеси,
Үстинде бар меллеси,
Қолында бар ҳасасы,
Мойнында бар потасы,
Қойнында бар қураны,
Яратқанның яраны.
Жүзинде бар ийманы,
Аўзында бар алласы,
Басына сәлле ораған,
Муртын қыйып, тымпыйтып,
Азан айтып «алла» деп,
Ертели кеш бақырып,
Қулақларын бураған,
Алдына барған адамнан,
«Нәзир бер» деп сораған,
Ақ сәллели ийшанлар;
Мәсиўеги уртында,
Қиял қала журтында,
Ийшанларға қол берген
«Я қуда» деп зор берген,
Ақ сәллеси басында,
Ийшанлардың қасында,
«Субҳан» деген суўпылар,
Булар да келди бул тойға.
Адам асқан жәлладлар,
Ет арқалаған саллақлар;
Жорға сүрген жигитлер;
Ылақ шапқан шабандоз;
Мүйизлери шығыршық,
Қуйрықлары дигиршик,
Қошқар урыстырыўды,
Өмиринше кәр еткен,
Ышқылы, йошлы қумарпаз;
Байраққа ат шаптырған;
Арғымақ минген ат шабар;
Қарияға шапан жаптырған,
Қудайы берген ғанийлер;
Ақ жүзинде шоқлары,
Күннен бәҳәр алдырған,
Күннен көркем гүлзада,
Жамалын бир көргенниң,
Ақылынан тандырған,
Айдан рәўшан айзада;
Қылықларын көргенде,
Ақылыңды ҳайран қалдырған,
Жүзинен поса алғанда,
Өлгенше мийрин қандырған,
Палдан шийрин палзада;
Ҳамиянында теңгеси,
Қасында жүрип жеңгеси —
Той хабарын еситип,
Булар да келди бул тойға.
Шар базардың ишине,
Алтын тахтты қурады.
Алпыс еки ҳәмелдар,
Жетпис еки мөҳирдар,
Оң жағында — Зийўар бар,
Сол жағында — Жанай бар,
Не десе «ләббай ханым,
Сизики шийрин жаным», деген,
Сәркардасы Арсары бар,
Үш жүз жәллат алдында,
Үш жүз жәллат — артында,
Үш жүз қалмақ — солында,
Үш жүз қалмақ — оңында,
Әдалатлы Ҳәсен хан,
Хан сарайдың алдына,
Салтанат пенен келеди.
Алтын тахтқа минеди,
Жүреги суўдай тасады,
Халыққа қарап Ҳәсен хан,
Салтанатлы сөйледи;
Қалмақлардың патшасы,
Тақтаполат ол залым,
Халыққа әдил болмады,
Тум-тусына урынып,
Ақырында ол наймыт,
Өзиниң басын жалмады,
Елиме барған душпанды,
Қуўып келип елине,
Бағындырдым алдымда,
Енди әрманым қалмады.
Тақтаполат патшаның,
Миндим алтын тахтына,
Менде әрман қалмады.
Оң жағымда — Зийўаржан,
Сол жағымда — Жанайжан,
Сенлерден әрманым қалмады.
Тилла жығам басымда,
Ақылгөйлерим қасымда,
Жәллатларым қоршап тур,
Мениң тумлы-тусымда,
Муннан әрманым қалмады.
Қалмақлардың елине,
Абақанды хан еттим,
Буннан әрманым қалмады.
Ўәзир еттим Жанайды,
Және әрманым қалмады.
Арғымақ сайлап ат миндим,
Буннан әрман қалмады.
Қамқадан сайлап тон кийдим,
Буннан әрман қалмады.
Арыўдан сайлап қыз сүйдим,
Ярдан әрман қалмады.
Алтын тахтың үстинде,
Қырқ жыл арыз сорадым,
Оннан әрман қалмады.
Әдил болып халқыма,
Даңқым елге жайылды,
Дүньяда әрман қалмады.
Қарағай найза дәстимде,
Қашқан жаўды түйредим,
Басын шаншып найзаға,
Лашын атқа сүйретдим,
Буннан да әрман қалмады.
Шыдам берип душпанлар,
Тура алмады алдымда,
Душпанымды қыйраттым,
Сүрен салып майданда,
Буннан да әрман қалмады,
Гүресиўге келгенде ,
Ҳеш палўаннан таймадым,
«Әне, мине» дегенше,
Ылақтырдым аспанға,
Ырқына қоймадым,
«Баҳадыр палўан» атандым,
Буннан да әрман қалмады,
Хорезмниң елинде,
Әдил патша атандым,
Буннан да әрман қалмады,
Кеше— душпан бүгин—дос,
Қиялдағы қалмақлар!
Қысылғанда ақылгөй,
Патшаңыз болды Абақан,
Ўәзири оның Жанайжан,
Ақылгөйи —Арсары.
Үш жүз алпыс бийлердиң,
Арсарыжан сәрдары,
Қалмақтың сүйген улларын,
Алтын тахтқа миндирдим,
Буннан әрман қалмады.
Қарияларын сыйладым,
Сарпай жаўып үстине,
Сыйламағаным қалмады,
Менде әрман қалмады.
Тақтаполат патшаның
Маңлайындағы жалғызы—
Ақтамақтай арыўды,
Алып бердим Жанайға,
Бул ис маған түскен жоқ,
Әлеўметлер, оңайға,
Ақтамақ пенен Жанайжан,
Дәўран сүрсин бул күни,
Асқан мерўерт сарайда,
Батырлығын танытсын,
Қалмақларға Жанай да.
Алпысқа келген шағымда,
Артты ығбал бағым да,
Өзим өлсем бир күни,
Зийўаржаным отырар,
Ҳәзирги алтын тағымда.
Хорезмге жаў келмес,
Өзим турған ўағымда.
Жыйналған, әй, халайық,
Ат кекилин өриңиз,
Ақтамақ пенен Жанайдың,
Қызық тойын көриңиз.
Байраққа атлар шаптырды,
Алтын қабақ аттырды,
Журтта жоқ не бир ҳасылды,
Жоқ жеринен келтирди.
Көп жасаған қарияға,
Жайнатып сарпай жаптырды,
Әдалатлы Ҳәсен хан,
Саўлатлы тойды баслатты.
Билеги жуўан палўанлар,
Ортаға шықты сыбанып.
Екеў-ара гүресип,
Қошқардайын тиресип,
Ортада жүр алысып,
Сырнай жатыр шертилип.
Масқарапазлар ойнап жүр,
Танаўлары тартылып.
Сәзенде менен гоянде—
Бәршеси бар бул тойда.
Қырқ күн, қырқ түн өткенше,
Күнде усындай тамаша.

Қалмақ пенен ноғайдың,
Улықларын жыйнады,
Ақтамақтай арыўды,
Жанайға неке қыяды.
Гүлшин менен Зулпия,
Қос жеңгеси келеди:
«Мынаўым ўәкил қәде» деп;
«Мынаўым дақыл қәде» деп;
«Ушырасыў қәде» деп;
«Қол усласыў қәде» деп;
«Таныстырыў қәде», деп;
«Дизе бүгер қәде», деп;
«Шымылдық ашар қәде», деп;
«Төсек салар қәде», деп;
«Қыз әкелер қәде», деп;
«Үйге кирер қәде», деп;
«Сәлем берер қәде» деп;
«Көрпе жабар қәде», деп;
«Күйеў бала, бийкешим —
«Кеўлиңди табар қәде», деп,
Еки бирдей жеңгеси,
Қәделерин алады.
«Ҳа, жездежан, жездежан,
Шабдырар қәде бериң!», деп,
Қалмақтың көп баласы,
Далада шаўқым салады.
Ақтамақтай арыўды,
Еки бирдей жеңгеси,
Отаўға алып киреди,
Қағып төсек салады,
Арыў туўған Ақтамақ,
Жанайға қарап күледи,
Еки жастың жүреги,
Шәўкилдесип тасады.
Ханның қызы Ақтамақ,
Кийиктейин керилип,
Басарына еринип,
Жанайға жүдә берилип,
Ләбин тислеп наз етип,
Наз бенен қәдем басады,
Жанай да шағлап йошады,
Қызға жақынласады.
Жанай жақынласқан соң,
Ақтамақ та күлимлеп,
Керилип қушақ ашады,
Жанай да қушақ ашады,
Мойнына қоллар салады,
Ақ жүзден поса алады,
Шырмалысып алысып,
Палўанша жанбас салысып,
Ақ отаўдың ишинде,
Жанай менен Ақтамақ.
Қос жеңгеси майданда,
Ақтамақ пенен Жанайға,
Сыртта сақшы болады.
Ақтамақ пенен Жанайдың,
Шырмалып еткен ойнына,
Гүлшин менен Зулпия,
Әбден кеўли толады,
— Ашық болсаң сондай бол,
Өткен ессиз өмиримиз!
Кеўили сүйген яр менен,
Шырмалып ойнап, күле алмай,
Қорлық пенен өтти ғой,
Бизлердиң жаслық дәўиримиз.
Күйеў менен бийкештиң,
Бул жалғаншы дүньяда,
Бармекен сирә әрманы?! —
Деп Гүлшин менен Зулпия,
Еки бирдей жеңгеси,
Қарап турып қызыққа,
Булар әрман қылады.
Екеўиниң ойынына,
Гүлшин менен Зулпия,
Еслеринен танады.
Еки бирдей жеңгеси,
Бийҳуш болып жатқан соң,
Ақтамақ пенен Жанайдың,
Қылған «ойынларының»,
Есабын жулдыз алады,
Жанай менен Ақтамақ,
Ақ отаўдың ишинде,
Күндиз бенен кешинде,
Сәске менен песинде.
Я оңында, түсинде,
Айшыў-әширет етеди.
Әширет пенен арадан,
Бир неше ўақыт өтеди.
Ақтамақ пенен ер Жанай,
Мақсетине жетеди.
Қырқ күн өткен соң,
Журт ийеси Ҳәсен хан,
Тойды тамам етеди,
Ноғайдың ҳәмелдарларын,
Қасына жыйнап алады,
Хорезмге қайтыўға,
Мәсләҳәтти салады.
Тақтаполат патшаның,
Ғәзийнеде зерини,
Писентинде барыны,
Ели менен журтыны,
Қалмақлардың халқыны,
Қала менен қәнтини,
Есапқа толық алады,
Ғуббалы шойын мөрлерин,
Барлы дүнья-мүлклерин,
Қәлемлесип, хатласып,
Абақан менен Жанайға,
Тапсырады Ҳәсен хан.
Алтын ғәзийнехананың,
Ҳәсен аўзын ойдырды,
Алтын менен гәўҳарын,
Жол азыққа қойдырды,
Ләшкерлерин жыйдырды,
Бузық тобын қуйдырды,
Болажақ истиң барлығын,
Абақан менен Жанайға,
Өзи сонда туйдырды:

— Алдымда тилладан сазды шалдырдым,
Суңқарға таўшан ҳәм сүйлин алдырдым,
Қияметлик дос болып ең Абақан,
Сонлықтан Жанайды саған қалдырдым.

Қалмақлардың ўәдеси шын болмайды,
Хазан урса кимниң гүли солмайды?!
Гәззапларың қаслық етип жүрмесин,
Таслап баратырман сизге Жанайды.

Хазан урмай қызыл гүллер солмасын,
Қаза жетпей пайманасы толмасын,
Абақан, сен тайып дослық ўәдеңнен,
Жанайым жат елде қапа болмасын.

Я тиймесин саяғыңның сөзлери,
Жолда телмирмесин еки көзлери.
Яки ғаплетте зинданға таслап,
Запырандай сарғаймасын жүзлери,

Абақан, Жанайсыз дәўран сүрмеңиз,
Ер Жанайды басқа адамдай көрмеңиз,
Ашыўланып яки кеўлин қалдырып
Жанайдың кеўилине тийип жүрмеңиз.

Жанай ер батырдың ашыўы жаман,
Қыз баладай көрип әлпешле аман,
Елиңизди қарап етип жүрмесин,
Ақылың болса абайлы бол Абақан.

Жанайдан зияда сарпай киймеңиз,
Ер Жанайдың зейинине тиймеңиз,
Перзентимниң айттым саған минезин,
Қарап етер ашыўына тийсеңиз.

Басқа адамды ертсең қасыңа,
Қәҳәрленип қайғы салар басыңа,
Ғурыжланып қуртар сени ер Жанай,
Рәҳим етпес көзден аққан жасыңа.

Қайтыў ушын Хорезмниң елине,
Минип турман тулпарымның белине,
Қалмақлардың саяқ-сандырақлары,
«Анаў-мынаў» деп жүрмесин келиниме.

«Ҳәсен барса Хорезмниң елине,
Қайтып айлана алмайды кейнине», —
Деп Абақан ҳәдден зият сөз айтып,
Тийип жүрме перзентимниң зейнине.

Не қылсаң — ўәлийлик пенен билермен,
Тулпарымды минип таўда желермен,
Хорезмнен ләшкер айдап, топ сүйреп,
Ғазап пенен үстиңизге келермен.

Егер өлсем орынымда бар ер Зийўар,
Келер мунда мәдет берсе бириўбар,
Қалмақлардың ханы Тақтаполаттай,
Тилла дарға етер сизди сазыўар.

Қәҳәрленсе тыңламас ер сөзиңди.
Дарға асып ояр еки көзиңди,
Өз қылғанларыңды етип өзиңе,
Халқыңа шерменде етер өзиңди.

Қара, талдай геўек болмас қараман,
Сынаўға Жанайды таслап бараман,
Абақан, сен ырасыңды айт ҳәзир,
Қәҳәрленсем тасты да қақ жараман!

Ҳүрметлесең мен де ҳүрмет етемен,
Мәрт болсаңыз мақсетиңе жетемен.
Көрискенше хош аллаяр Абақан,
Ер Жанайды сизге таслап кетемен.

Сонда турып Абақан сөйледи:
— Тақсыр ханым, маған салдың қыйын ҳал,
Маған керек емес ҳасла дүнья-мал,
«Достым» деп тапсырсаң маған Жанайды,
Кеўлиңе алмаңыз ҳасла кыйлықал.

Ҳасла қапа болмас Жанайжаныңыз,
Тақсыр ханым, сөзлериме наныңыз,
Алланы араға салып дос болып,
Ҳеш жаманлық етпес Абақаныңыз.

Жанайжанға миндиремен атымды,
Қолына беремен қазы-хатымды,
Ақтамақжан менен дәўран сүргизип,
Кийдирип қояман ҳасыл затымды.

Алтын айдарларын таллап өремен,
Жанайды жанымнан зият көремен,
Әлпешлеймен алтын тахқа миндирип,
Өзим хан атасы болып жүремен.

Жанайжанды артық көрдим баламнан,
Оған қарсы жан шықпайды қаламнан,
Қияметлик жандай достым, Ҳәсен хан,
Қәтережам бол Жанай атлы балаңнан.

Жанайға беремен алтын тағымды,
Дәптердеги барлық несийе, нағымды,
Жанайжанды өз орныма хан қылып,
Тапсыраман барлық елим-халқымды.

Қант орнына набат берсе жемес пе?
«Жанайжаным» десем, «ата» демес пе?!
Мынаў Жанай сениң балаң болғанда,
Айтыңызшы, мениң балам емес пе?!

Сиз кетсеңиз зияратқа барарман,
Буйырсаңыз ҳәр бир иске жарарман,
«Иним» деп сағынып келип турмасаң,
Жанай менен жолыңызға қарарман.

Жасың үлкен әдалатлы ағасаң.
Маған сенбей мени отқа жағасаң,
Аға, қылған ғайратыңды билемен,
Жаўды жерге қазық етип қағасаң.

Ҳәсен аға, сениң менен болдым дос,
Сизиң менен дос болғанға ўақтым хош,
«Сөзинен танар», деп меннен қәўип етпе,
Мәс бол, аға, ялғаншыда шағлап йош.

Ҳәсен аға шек келтирме сөзиме,
Антты бузсам қорғасын қуй көзиме,
Егер мен дослыққа қиянет етсем,
Нәлет тамғасыны басың жүзиме.

Егер шықсам өзиң салған жолыңнан,
Ол ўақтында өзиң өлтир қолыңнан,
Өлгенше бузбайман берген антымды,
Қәтержәм бол, аға, жан улыңнан.

Жақсының сөзи жандайды,
Жаманның сөзи қандайды?
Нәмәрт туўған жигитлер,
Ҳақыйқат сөзге инанбайды,
Ақыллы адам сөз айтса,
Қимниң мийри қанбайды?!
Жетеси жаман жигитлер,
Жыландай шағып сөйлесе,
Кимниң иши жанбайды?!
Кесер басты кессе де,
Мәрт жигит сөзден танбайды.
«Енди жеттим», дегенде,
«Аўыз салдым», дегенде,
Аң алмаған тазыны,
Майданның сум түлкиси,
Қуйрығын былғап алдайды.
Еки жақсы қосылса,
Шекер менен палдайды,
Еки жаман қосылса,
Суўдан шығарып таслаған,
Жаман жекен салдайды.
Наданларға сөз айтсаң,
Ақылыңды алмайды.
Жақсы менен дос болсаң,
Кеўлиңе кир салмайды.
Жаманға дос болсаңыз,
Өткен иске қуўынып
Бир ис оңлы болмайды,
Баяғы сөздиң изинен,
Өлгенинше қалмайды.
Сарымайға бир тойсаң,
Басыңа ис түскенде,
Нешше күн аш жүрсең де,
Жүрегиң ҳеш талмайды.
Жақсы менен жаманның,
Кеўли бирдей болмайды.
Жети атасы көрегенли,
Истиң соңын ойлайды.
Жети атасы көргенсиз,
Гүнасыз қол байлайды.
Жаманның еткен исине,
Кеўлиң сирә толмайды.
Жаманның түссең қолына,
Я өлтирмейди, я қоймайды,
Жаныңды жаман қыйнайды,
Дуғымлы туўған мәрт жигит,
Ел шетине жаў келсе,
Қанасына сыймайды.
Қорқақ жигит жаў көрмей,
Көзинен жасын тыймайды.
Затында болса бир нәрсе,
Тентек шоқпар жыйнайды,
Жаман менен дос болсаң,
Аяқтан шалып ойнайды.
Ақыллыға сөз айтсаң,
Сөз мәнисин аңлайды,
Сөзиңди жақсы тыңлайды,
Әдепсизлик қылмайды.
Ҳәсен хан менен Абақан,
Дослыққа шек келтирмей,
Алланы салып араға,
Дослыққа бел байлайды,
Хош-аллаяр айтысып,
Қушақласып көрисип,
Еки дос күндей жайнайды,
Еки жақсы дос болса,
Душпанның иши қайнайды.
Жанай менен хошласып,
Абақандай досты менен,
Ҳәсен хан қол усласып,
Артық туўған Ақтамақ,—
Келини менен досласып,
Ел-журты менен хошласып,
Хорезмниң елине,
Қайтыў ушын Ҳәсен хан,
Тарттырды сырнай-гернайды,
Алтын қабақ аттырып,
Арғымақлар шаптырып,
Салтанат пенен, сән менен,
Хорезмниң елине,
Журт ийеси Ҳәсен хан,
Қырқ ғашырға зер артып,
Дүңи толы суў менен,
Келте жасыл туў менен,
Жер қайысқан қол менен,
Сексен қара топ пенен,
Қалмақлардың елинен,
Қиял деген шәҳәринен —
Хорезмниң шәҳәрине,
Ҳәсен хан раўан болады.
Сазенде менен гойенде,
Барлығы нақыра шалады,
Түнде жатпай күн жүрип,
Хорезмге жетиўге,
Хорезмниң ерлерп,
Жақсы ықбал қылады.
Арадан нешше күн өтти,
Қызыл қия шөллерде,
Мәртлер ат шабады.
Бири алдында қашады,
Бири кейнинен қуўады.
Қарсақ батпас қалыңнан,
Қапсыра кетип барады,
Түлки жүрмес түнейден,
Түнде өтип барады.
Терең жылға, терең сай,
Қапсығайлы қарағай,
Күйгелекли көп тоғай,
Қонбай кетип барады.
Қияқлы аўыр таўлардан,
Мәртлердиң минген тулпары
Аш гүзендей бүгилип;
Қулақлары тигилип,
Көкке атып ойнады.
Көргенниң иши қайнады,
Дослардың жүзи жайнады,
Тулпарлар туўлап, суўлықты,
Ғаршылдатып шайнады.
Аўзынан аққан ақ көбик,
Омыраўға шарпылдап,
Дойнағы полат тулпарлар ..
Көзи оттай жарқылдап,
Мәртлер кетип барады.
Жекенли желли көл,
Желип кетип барады..
Шағаллы шаңлы көл,
Шағлап кетип барады.
Қара таўда Хожа көл,
Қонбай өтип барады,
Қара таўдың жырасы,
Қабағын үйип қалады.
Қарсы алдында көринди,
Сардабаның қарасы,
Ол төбе менен, бул төбе,
Көринип турған көк төбе,
Күн узақ атын шабады.
Бир нешше күн жол жүрип,
Аз ғана емес мол жүрип,
Мәртлер кетип барады.
Қарсы алдында көринген,
Сардабаға жетеди.
Сырнай, гернай шерттирип,
Ләшкерлерге дем берип,
Сардабада жатады.
Ертеңине таң атты,
Ләшкерлерин жыйдырып,
Жолларға сақшы қойдырып,
Арғымақларын тойдырып,
Мәртлерин әбден мәс етип,
Раўан болды Ҳәсен хан,
Шәҳәрине ләшкер тарттырып,
Ғайратын бир арттырып,
Айдап кетип барады.
Ләшкерге жар урдырып,
Қызыл туўды көтерип,
Ақ шатырды қурдырып,
Қызыларбат қалада,
Азырақ дем алдырып,
Түн ярымы аўғанда,
Сәҳәрге мойыл болғанда,
Шатырларын жыйдырды,
Қызыл туўды жықтырды,
Нарларға жүк арттырды,
Арқанын беккем тарттырып,
Хорезмниң шәҳәрине,
Ҳәсен хан сапар қылады,
Атқа қамшы басады,
Әйле-пәйле дегенше,
Мәртлердиң минген атлары,
Нешше таўдан асады.
Ләшкерлерге бас болып,
Ерлеўли атта ер Зийўар,
Алда кетип барады,
Күндей жайнап маңлайы,
(Ул болса болсын усындай!)
Күндей күлип жүзлери,
Көзи шақмақ тасындай,
Көргенлер таң қалады.
Жас баланың шаўқымы,
Қамысқа тийген жалындай,
Қәҳәрленип ат қуўса,
Ғапыл қалмас алынбай,
Басқадан билгиш болжаўға,
Бундай ер болған емести,
Дүнья—дүнья болғалы.
Ат қойғанда геўирлер,
Жолбарыстай қарыўлы,
Қасарысқан жаўына, —
Арысландай айбатлы,
Дәў болса да душпаны, —
Рустемдей ғайратлы,
Ғуўлап келген мәҳәлде—
Қыйратады қырандай,
Тақта ханды өлтирген,
Мәнисине келтирген,
Зийўардайын мәрт бала,
Ләшкерди баслап келеди.
Түнде ноғай далада,
Көргенлердиң қиялы,
Зийўардай мәрт балада.
Бир нешше күн өткенде,
Намазлигер мәҳәлде,
Көринки Тасқала да.
Хорезмли қайсарлар,
Майданда атын желеди,
Хорезмниң қаласы,
Тасқалаға келгенде,
Ҳәсен ханның алдынан,
Тасқаланың бийлери,
Қатын-қалаш, бала да,
«Тақта ханның қол астын,
Шаўып қайтқан ерлерди,
Көремиз», деп қумартып,
Ким туў алып қолына,
Ким гүл алып қолына,
Ҳәмме шығып тур еди,
Батырлардың жолына.
Жабырласа үстине,
Қызлар гүлди шашады.
«Қылыш урдың жаўға», деп;
Душпаныңның басына,
Салып келдиң ғаўға», деп;
«Зийўар батыр бахытың,
Өрмелей берсин таўға!», деп,
Қолға орамал басады.
Жигиттиң кеўли тасады.
Ер Зийўардың жамалын,
Көргенлер «Және көрсем», деп,
Қумары сирә қанбайды.
Қаншама май қуйсаң да,
Пилтесиз шам жанбайды,
Зийўардың еткен саўашын,
Көрмеген адам нанбайды.
Батыр шығар халқынан,
Халқын жаўдан қорғайды,
Елеўсиз жатқан елине,
Елеўреп жаў келгенде,
Алмасты алып қолына,
Қасарысқан жаўдан қайтпаған,
Жортыўлы атқа ер салып,
Қарағай найза қолға алып,
Душпанына жеткенше,
Барып саўаш еткенше,
Жолда шаршап жатпаған.
Атланғанда қалмаққа,
Толыспақ түўе Зийўардың
Қабырғасы қатпаған,
Күни-түни жол жүрип,
Майданда кирпик қақпаған.
Қорқақ жигит—жигитпе,
Елин жаўдан бақпаған?!
Есаплы күнде ер Зийўар,
Елин жаўдан сақлаған:
Қуўып Тақтаполатты,
Өз елине апарып,
Минарларын қулатты,
Улын-қызын жылатты,
Көзинен жасын булатты.
Жеңип ата душпанын,
Халықтың сөзин ақлаған.
Сонлықтан да Зийўарды,
Қалмақ ели де мақтаған.
Тақта ханды жоқ етип,
Ҳәсен хан менен ер Зийўар,
Аламанын тоғытып,
Ақжүримге келеди.
Мәртлердиң аман келиўин;
Қуўанып қарсы алады,
Ақжүримдей қаласы.
Зерли жыға басында,
Қырқ канизи қасында,
Әйне елиў жасында,
Алдынан шықты Зийўардың.
Ақ сүт берген анасы.
Ләшкерлердиң алдында,
Киятырған ер Зийўар,
Көрип ғәрип анасын,
Сорғалатып көз жасын,
Атынан жерге түсти де,
Қасына дәрҳал барады.
Дәл мойнынан қушақлап,
Көзиниң жасын моншақлап;
Көриседи солманда.
— Таўда қалмас пырағым,
Шырағым, аман келдиң бе,
Шамшырағым шырағым,
Шырағым, аман келдиң бе?

Белғанамның мадары,
Дизғанамның қуўаты,
Көзғанамның раўшаны,
Қуўатым, аман келдиң бе?
Алдымда жүрсең айбатым,
Кейиимде жүрсең ғайратым,
Жигербентим, зүриятым,
Зүриятым, аман келдиң бе?
Көлге питкен қурағым,
Жолға шықсаң сорағым,
Үйде болсаң турағым,
Мәнзилим, аман келдиң бе?

Кеткен қәтерли кәрўаным,
Сенсең дәртиме дәрманым,
Қалмады менде әрманым,
Жигерим, аман келдиң бе?

Қәдиралла нәзер салған,
Алмас қылыш қолға алған,
Қалмақларды жоян қылған,
Қайсарым, аман келдиң бе?

Жаңа келдиң он төрт жасқа,
Қылған ғайратларың басқа,
Жаў нәзери—қара тасқа.
Қулыным, аман келдиң бе?

Еситкил аҳыў-зарымды,
Жаўға бермедиң арымды,
Жоқ етип душпанларыңды,
Арысланым, аман келдиң бе?

Қорқып едим сеннен жаман,
Қәтериңнен келдиң аман,
Абаданлық қутлы заман,
Шәни-шәўкетим келдиң бе?

Дәўлет қус қонып басыма,
Бал қуйып ишкен асыма,
Рәҳим әйлеп көз жасыма,
Дәўлетим аман келдиң бе?

«Ана жан» деген сөзиңнен,
Айналсын апаң көзиңнен!
Бир сүйсин апаң жүзиңнен,
Шекерим, аман келдиң бе?

Мәртлер саўашта сайлансын,
Душпанның қолы байлансын,
Айналсын, апаң айлансын,
Ай сәўлем, аман келдиң бе?

Аспанда ай ҳәм жулдызым,
Суў түбиндеги қундызым,
Айналайын ерке қозым,
Гәўҳарым, аман келдиң бе?

Бастан өтти жәбир-жапа,
Кетти бүгин барлық қапам.
Шын әрмансыз болды апаң,
Арзыўлым, аман келдиң бе?

Әўпилдесе —киш-кишлеген,
Шөллесең «Сүт иш-иш», деген,
Келди анаң әлпешлеген, келдиң бе?
Жан балам, сен де келдиңбе?

Палапаным уядағы,
Исенимим дүньядағы,
Қыранымсан ҳаўадағы,
Суңқарым, аман келдиң бе?

Әлпешлеген атаң қайда?
Қасыңда бар ма Жанай да?
Барлығың саў болсаң пайда,
Ҳәммең де аман келдиң бе?

Аман келсең ҳәммеңиз де,
Жылап қалған изиңизде,
Аман отырмыз бизлер де,
Жан қозым, аман келдиң бе?

Жигербентим, арыслан ерим,
Саған ийди емшеклерим,
Келип емсең тарқар шерим,
Перзентим, аман келдиң бе?
Деп Зийўардың, анасы,
Айтар сөзин таўысты,

Қублағасы, кабасы,
Анасының, сөзине,
Жуўап берип сөйледи,
Ер Зийўардай баласы:

— Ақ сүт берген ғәрип анам,
Көзиңди аш, балаң келди,
Қублагаҳим, жаным кабам,
Зияратқа балаң келди.

Жаў басына саўда салып,
Қалмақлардың қанын алып,
Мынаў турған Зийўар қанып,
Ана, илмиканың келди.

Бағманы келди бағыңның,
Анам, бүгин шағлар шағың,
Дәўлет қусың, алтын тағың,
Анам, сәўлет-сәниң келди.

Набыт етип Тақта ханды,
Хан көтерип Абақанды,
Ўәзир етип Жанайжанды,
Зийўар балаң шағлап келди.

Келин етип Ақтамақты,
Жанайжанға алып берди,
Онда қойып Жанай ерди,
Атам Ҳәсен йошып келди.

Жаў жағында темир торың,
Әтирапында бәлент орның,
Еки жақтан имарат қурдың,
Анам, Ҳәсен атам келди.

Хорезмниң намыс-ары,
Хорезмниң мәдаткары,
Хорезмниң қайсарлары,
Ҳәммеси де аман келди.

Душпанның отын сөндирип,
Айтқан сөзине көндирип,
Бағыңды қулпы дөндирнп,
Бәҳәр өтип, жазың келди.

Хорезмли қайсар ҳаслы,
Саўашта да үстем наслы,
Үйреклери жасыл баслы,
Гүзде кеткен ғазың келди.

Көргенлердиң ақылын алған,
Қарағанның көзи талған,
Алпыс еки нама шалған,
Бүгин сәўбет-сазың келди.

Мурғузарлы болды шөлиң,
Ашылды ғуншалы гүлиң,
Еки жаҳанда бүлбилиң,
Ана, жәннет бағың келди.

Анажан, бүкпе бойыңды,
Сойдырып баққы қойыңды,
Баслағыл енди тойыңды,
Шағлайтуғын ўағың келди.

Буны айтып ер Зийўар,
Сөзин тамам етеди.
Қушақласып, көрисип,
Кеўлин бир жай етеди.
Сол ўақлары болғанда,
Зерли жығасы басында,
Үш жүз жигит қасында,
Ѳзи алпыс жасында,
Хорезмниң патшасы,
Аламанның қасына,
Жетип келди сол заман.
Қамқадан сайлап кийинип,
Арыўдан сайлап алғаны,
Қағып төсек салғаны,
Қасында пидә болғаны,
Ата менен анадан,
Ини менен ағадан,
Қарындастан, ападан,
Ағайиннен, ел-журттан,
Бәринен жақын болғаны,
Қуда қосқан қостары,
Алтын тарақ қолға алып,
Жипектен шашын тараған,
«Арысланым қайтты мекен» деп,
Жолына бәрҳа қараған,
Басына мүшкил түскенде,
Ҳәр исине жараған.
Сонарға кетип, кешиксе
«Не болды екен жаным», деп,
«Кешикти ғой ханым», деп;—
«Көрген-билген бар ма?»деп,
Жолаўшы өткен адамнан,
Хабарын бәрҳа сораған,
Шийрин жанның жәннети,
Қияметлик жолдасы,
Көзинен жасы моншақлап,
—Ҳарма төрем, ҳарма, — деп;
—Әдалатлы султаным,
Тақта ханның елинен,
Әкелген саўғаң бар ма? —деп,
Ҳәсен ханның атының,
Жылаўынан алады.
Қасындағы қырқ кәниз,
Ҳәсен ханды ҳүрметлеп.
Бәршеси хызмет қылады,
Хан отырған ақ сарай,
Арыз сораған датқа жай —
Сарайға алып барады.
Журт ийеси Ҳәсен хан,
Алтын тахқа минеди.
Алпыс еки ҳәмелдар,
Жетпис еки мөҳирдар,
Жыйналып бәри келеди.
Ҳәсендейин патшаға,
Ийилип сәлем береди.
Сырнай-гернай шалдырды,
Журтындағы қарияның,
Барлығын жыйып алдырды.
Барлық қарияларына,
Ҳүрметлеп сарпай жаптырды.
Ели-халқын жыйдырды,
Мал семизин сойдырды;
Алды менен ҳәммеден,
Кәтқудаларын тойдырды;
Қулыплы ғэзийнесиниң,
Дәрўазасын ойдырды;
Урыстырып қошқарды,
Ортада гүрес тутқызды;
Байраққа атлар шаптырды;
Жалғыз оқ пенен ширкейди,
Байлап атқан мергенге,
Мүнәсип сарпай жаптырды;
Алтын қабақ аттырды;
Тилла дабыл қақтырды;
Алаңға от жақтырды...
Қаланың орнын жағалап,
Жасаўыллар тақ турды.
Қырқ күн, қырқ түн той берди.
Ҳәсен ханның ҳаўазасы,
Он сегиз мың әлемниң,
Бәршесине жайылды.
Қандахардиң шәҳәринеп,
Алып ханның елинен,
Самарқанд сәйгелинен,
Гүржистанның халқынан,
Азыўлының атынан,
Бухар менен Қоқаннан,
Истанбулдың журтынан,
Ҳәсен ханды көриўге,
Көп патшалар келеди.
Хорезмниң елине,
Желбегей шапан жалпылдап.
Әдалатлы Ҳәсен Хан,
Жақсы сыйлап күтеди.
Қол қаўсырып ҳүрметлеп,
Келген мийманларының,
Ўақтын хош етеди.
Ҳәсен ханның күн сайын,
Инабаты артады,
Артық туўған атадан,
Кетпейди сирә шамадан,
Ҳәсен ханның перзенти,
Қайтпай қайсар ер Зийўар,
Негизине тартады.
Зерли жыға басында,
Қырқ жигити қасында,
Сыбызғы, сырнай шерттирип,
Ойын-қызық еттирип,
Ақ ордада жатады.
Көп жасаған кемпирлер,
Тоқсанға шыққан мамалар,
Алпыстағы әкелер,
Жетпистеги аталар,
Той хабарын еситип,
Гөне дәрти қозылды.
Той десе қуў бас жумалап,
Саўыры етиги салпылдап,
Желбегей шапан жалпылдап.
Аяғындағы шарығы,
Жуўырыўы менен тозылды.
Ат шаўып, гүрес тутылып,
Күнде—қызық тамаша,
Масқарапаз ойыншы...
Не бир қызық ойынлар,
Көрсетип атыр Ҳәсен хан,
Көргенсиз гей қыз-жигит,
Бармай қызық ойынға,
Тар көшениң ишинде.
Қараңғы жайдың мушында,
Сөйлесип турған оңаша...
Мереке көрген қыз-жигит,
Уллы жығын ишинде,
Көрип жүр ойын-тамаша.
Бул жыйынның ишинде,
Жаман да бар, жақсы да,
Кешеси күндиз тынбастан,
Жырлап атыр шарқ урып,
Жыраў менен бақсы да.
Қара көзли қыпша бел,
Тамағында палы бар,
Жүзлеринде қалы бар.
Бр нешше қызжаўанлар...
Рустемнен күшли билекли,
Булдырсын, шубар көйлекли,
Бир назлы яр тилекли,
Ат жақлы келген қуба жүз,
Мүлайым, сулыў шийрин сөз,
Қыр мурынлы, қара көз,
Не бир батыр жигитлер...
Ғош жигит пенен гөззаллар,
Ғуншадай болып доланып,
Жасыл жипек оранып,
Аткөншекке ушады.
Несин еткен жигитлер,
Көзлери күндей жайнаған...
Ләбиндеги паллары,
Тасбулақтай қайнаған,
Ләбиндеги палынан
Жүзиндеги қалынан,
Бир сорған адам тоймаған,
Журттан биреў алғанша,
Қиямет қостар болғанша,
Ашықлығын қоймаған,
Жылўа етип ойнаған,
Қара қаслы, бота көз,
Сүмбил шашлы, жарқын жүз
Гөззаллардың белинен,
Жигитлериң қушады.
Бул ойынды көрген соң,
Кемпир менен ғаррының,
Гөне дәрти қозады.
Көргени көп кәйўаны,
Бираз қыздан озады,
Билимсиз надан жигитлер,
Көргенли, көрикли жаўан, да,
Не барын билмей ойында,
Қыйсайтып мойнын созады.
Артық сөз айтқан жигиттиң,
Минин таўып көп қызлар,
Сөзлерин дүзеп турады.
Тамашагөйлер көбейип,
Той да әбден қызады.
Ҳәсен ханның исине,
Халықтың кеўли толады.
Сексен күн өткен соң,
Той да тамам болады.
Гүрес тутқан палўанлар,
Қошқар урыстырғанлар,
Дәрўаз қурған ойыншы,
Ат оздырған байрақтан,
Ылақ ойнаған шабандоз,
Пәйекши менен қумарпаз,
Нышана—алтын қабақты,
Атып жыққан мергенлер,
Ас писирген аспазы,
Суў тасыған масқапшы,
Қуўырдақшы, кәбапшы —
Қысқартқанда, алғәрез,
Хызмет еткен бул тойға,
Адамлардың бәршеси;
Патшадан инам алады.
Ақ сарайдың төринде,
Адам бармас жеринде,
Қылўат жайдың биринде,
Ҳәсен ханның жалғызы,
Маңлайындағы жулдызы,
Суў түбинде қундызы,
Улдан ҳасыл перзенти,
Ер Зийўар дәўран сүреди,
Қызлар менен қосылып,
Шарап ишип мәс болып,
Уллы байрам тойдың да,
Өткенин билмей қалады.
Ханзададай қырқ жигит,
Және үш жүз қыз бенен,
Хызметкер қырқ кәнизлер,
Өткенин тойдың билген соң,
Ер Зийўардың қасына,
Бәршеси жыйылып келеди,
Ер Зийўардың алдында,
— Тойың да өтти, төрем, деп;
—Және тойың болғанда,
Хызметиңе келермиз,
Саўдың мынаў тойыңды,
Хызметиң болса ҳәр ўақыт,
Бизлер бәрҳа таярмыз,
Ҳүрмет етип алдыңда,
Хызметиңди қылармыз.
Бизлерге жуўап бериң деп,
Қол қаўсырып турады,
Қырқ жигит пенен үш жүз қыз.
Зийўардан жуўап алады.
Қырқ жигит пенен қызларға,
— Жақсы хызмет еттиң,—деп,
Ер Зийўар алғыс айтады,
Қуллық етип олар да,
Үйлерине қайтады,
Отырады ер Зийўар,
Атасының қасында,
Патшалық дәўран сүреди.
Алтын тахтың үстинде,
«Мен, Мен» деген задалар,
Арыз айтады дәстинде.
Той өткен соң арадан,
Бир нешше күнлер өтеди,
Ер Зийўардың дабылы,
Жети ықлымға жетеди.

* * *

Сырлы ҳаса қолында,
Өзи ҳақтың жолында,
Кеше—күндиз ел гезген,
Ел ишинде жүрген соң,
Көп нәрсени ол сезген,
Бир қалендер бар екен.
Зийўардың даңқын еситип,
Датқа жайға келеди.
Датқа жайға кире ,алмай,
Ханға сәлем бере алмай,
Айтажақ сөзин айта алмай,
Я кейнине қайталмай,
Датқа жайдың алдында,
«Адла ҳуў, яҳуў мен ҳуў!» деп.
Сипсекеш болып жүр еди,
Елди гезген қәлендер.
Нешше күн өтти арадан,
Елди гезген қалендер.
Күнде келип патшаның,
Сыпырады есигин.
Дәрўаза баққан пашшаплар,
«Кет» десе де кетпейди.
Сипсекеш болған қәлендер
«Датқа жайдың есигин.
Сыпырма!» деген адамның
Айтқан сөзин етпеди.
Мордары деген бир пашшап,
Тутып алды жағадан,
Хан алдына апарды,
«Қорықпайсаң ба,— деп ағадан!».
Қәлендер сонда «дат!» деди,
«Айт!» дегеннен қалендер.
Ҳәсенге «қуллық ханым» деп,
«Қыйналдыңғой жаным»» деп,
«Зийўаржанның жолына,
Тасаддық дүнья-малым», деп,
Патшаға датын айтады:

— Сен патшасаң, мен бир болсам дийўана,
Елди гезген, мәкәным жоқ бийгана,
Тақсыр ханым, алдыңызға әкелди,
Найсап пашшапларың урды бийгүна.

Аға келсе ини «төрге өт» демес пе?!
Аға сарқыт берсе ини жемес пе?!
Хан адына халайықлар келеди,
Хан есиги—халық есиги емес пе?!

Пашшап ханның есигинде жатар ма?!
Мийманға келген адамды атар ма?!
Датқашыны хан алдына жибермей,
Хызметкери хан абырайын сатар ма?!

«Алла ҳуў» деп етек жеңди түргенмен,
Елден ҳәр жерлерди гезип жүргенмен,
Қатты кетсем қәҳәриңиз келмесин,
Сизден басқа талай ханды көргенмен.

Шөлде жаяў жүрдим, жорға сүрмедим,
Сапар етип ат кекилин өрмедим,
Ханға датын айталмастай пуқара,
Сизикиндей тар есикти көрмедим.

Жақсы адам түсти жаман жорымас,
Берген менен хан қазнасы қурымас,
«Байдың асын байғус қызғанар», деген,
Хан есигин датқашыдан қорытпас.

Дизде мәдет, белде мәдер қуўатың,
Майданға шыққанда еки зүриятың,
Қосылып геўирге қылыш урғанда,
Таспады ма бул тәниңде ғайратың?!

Үшеўиңиз минип тулпар белине,
Тақтаханды қуўып бардың елине.
Суңқарыңды туғырына қондырдың,
Ат байладың мурғузардың көлине.

Өрин жығып, мунарларын қулаттың.
Әжелине жеттиң Тоқтаполаттың,
Саўашта таңлайы кепкен Жанайды,
Палына қандырдың таза булақтың.

Таҳы мықлылардың белин бүкледиң,
Қалмақларға өзинен хан тикледиң,
Ер Жанайды ўәзир қылып қасына,
Абақанға аўыр ислер жүкледиң.

Қанаң пүтин келдиң елиңе аман,
Қолтықладым, қысылғаныңда жаман,
Танымадың мәдет берген пириңди,
Хорезмде әдалатлы, Ҳәсен хан!

Елиңизге келип бердиң уллы той,
Қыз жигитлер той тойлады жазып бой,
Ким де болса ели-халқы менен хан,
Соның ушын датқа жайды ашып қой!

Байрақта арғымақ атлар шаптырдың,
Мергенлерге алтын қабақ аттырдың,
Хорезмниң абзал адамын сыйлап.
Қарияларға жипек сарпай жаптырдың.

Шайқап келинлердиң берген жармасын
Келип едим айтыў ушын ҳармасын.
Пашшапларың жибермеди алдыңа,
Қызғанды ма Ҳәсен ханның қармасын!

Хан есиги датқашыға қолай ма?
Датқашы келмесе сизге оңай ма?
Жасаўылың жибермеди шырағым,
Я болмаса ҳәмириңиз солай ма?

Бай дәўлеттен айрылар қайыр қылмаса,
Пир сайыл болады зикир салмаса,
Деми менен жердиң жүзин алса да,
Тахтан түсер патша әдил болмаса.

Нәўбет кетсе шалқар теңиз шөл болар,
Нәўбет жетсе дағыстанлар көл болар,
Шөллеп жатқан саҳраға ел қонса,
Шәменли бағ, мурғузарлы жер болар.

Түби ширип, тайса бәлент өрелер.
Астында қалады не бир төрелер,
Залым болса патшалықтан пайда жоқ.
Патшалықты телпегиңдей көре бер.

Жаўды қуўып, мурадыңа жетпесең,
Саўлатына уллы тойлар етпесең.
Датқа жайға датқашыны келтирмей,
Ҳәсен хан, сен әсиликке кеткенсең,

Пайғамбар жасына жасың жеткендей,
Хан болмасаң белден қуўат кеткендей,
Мүлайым бол, шүкирлик қыл шырағым,
Қәлендериң көп ўасият еткендей.

Сиз туўсаңыз, биз де туўдық анадан,
Ырысқысын таўып жейди ҳәр адам,
Тыңла я тыңлама нәсийҳатымды,
«Өлмеймен» дегенди шығар санадан.

Өзиң өлсең, орныңда бар ер Зийўар,
Бәлеге болмасын балаң сазыўар,
Қайда екен, ер Зийўарды көрейин?
Қарғыс алмай, алғыс алса нур жаўар.

Ғазап етип кең дүньяны тар қылма,
Ҳәсенханжан, бул күниңе зар қалма,
Ер Зийўарға айтатуғын сөзим бар,
Қелтир, тақсыр, қалендерден ар қылма.

«Алла ҳуў» деп жолда жүрген қәлендер,
Аўызына жақсы түссе «жақсы» дер,
Зийўаржанға бир сөз айтып кетемен,
Ҳәсенханжан, керек емес маған зер.

Сол ўақытта Ҳәсен хан,
Өрре турып орнынан,
Қарғып түсип тахтынан,
Жуўырып келди ҳаплығып,
Қалендердиң қасына.
Тилла жыға қыстырды,
Қалендердиң басына.
Ишарат етти Ҳәсен хан,
Қалендерди тахтына,
Қуллық етти қалендер,
Минбеди ханның тахтына.
Сарпай берди—киймеди,
Инам берди—алмады.
Бир ләген тилла әкелди —
Календер нәзер салмады.
«Таймағай, — деп. —дәўлетим,
«Кетпегей, —деп — нәўбетим»,
Патшаның жаны қалмады;
—Жәллатлар! —деп шақырды,
- Не хызмет, тақсыр?— деп,
Жуўырып келди жәллатлар,
Ҳәсен ханның алдына
Бәршеси қол қаўсырып
—Мордар деген пашшапты,
Алып кел! — деп буйырды.
—Әжеп болар тақсыр! —деп,
Жүрип кетти қос жәллат.
Ай балтасы қолында,
Дәрўазаның алдында,
Турған муртлы Мордарға,
Жетип барды жәллатлар,
— Датқашыны киргизбей;
Дәрўазаны жаптың сен.
Урнығып өлгир сен, Мордар,
Өз пейлиңнен таптың сен.
Хан есигин бекитпек —
Қызыл гүлиң солғаны,
Хан абырайын кемитпек —
Пайманаңның толғаны!
—Хан алдына жүр! —деди;
—Не қылса да бахтыңнан,
Хан алдында көр,—деди,
Ханнан келген қос жәллат,
Еси кеткен Мордарды,
Әйле-пәйлеге қаратпай,
Кепкен ернин жалатпай,
Жағаға қоллар салады,
Мойнына буғаў шалады.
Еркине қоймай сүйрелеп,
Ҳәсен ханның алдына,
Мордарды алып барады,
Датқашылар келгенде,
Жибермей ханның алдына,
Дәрўазаны бекиткен,
Мордар деген сенбисең!
«Дәрўазаны ашыңыз,
Я болмаса шырағым.
Бизлердиң келгенимизди,
Барып ханға айтыңыз», —
Деген мүсәпирлерди,
Хан алдына жибермей,
Яки исин питирмей.
Кең сарайға киргизбей,
Бежирейтип көзиңди,
Суп-сур етип жүзиңди,
Байқап айтпай сөзиңди,
Датқашыны муңайтып,
Халықты ханнан қашырған,
Қанқорым Мордар сенбисең?!
Дүзимди жайлап отырған,
Көзиңе қан толтырған,
Адам көрсе қутырған,
Ахмақ Мордар сенбисең?!
Қарияларды сыйламай,
Ханнан кеўлин қандырмай,
Ҳүрметлемей улықты
«Хаy есиги жабық» деп,
Үркиткен ханнан халықты,
Урып, сөгип азаплап,
Қалендер менен шайықты,
Хожаларға қарғатқан,
Қандарым Мордар сенбисең?!
Патшаға датын айтпаға,
Келген ғәрип-қәсерди,
Жетим менен жесирди,
Хан алдына келтирмей,
«Сондай бир адам келди» деп,
Яки ханға билдирмей,
Арзаға келген халықтан,
Хан есигин қорыған,
Гәззап Мордар сенбисең?!
Патша қалып майданда,
Өз алдына хан болып,
Аяғыңа бас урғанның,
Мойнына буғаў салдырған,
«Буғаўлы Мордар» атанған,
«Ҳәсен ханның пашшабы,
Сондай зор болған екен», деп,
Тарийхта ат қалдырған,
Ағасы Мордар сенбисең?!
Көрген-билгенлериңди,
Дәрҳал маған айт деймен!
Әси болсаң аллаға,
Ырайдан тез қайт деймен!
Ырасыңды айтпасаң,
Ырайыңнан қайтпасаң,
Айтпасаң, ырас сөзиңди
Оярман еки көзиңди,
Дарға асып өзиңди.
Тарттырарман гүржиге,
Ахмақ Мордар етиңди.
Жаның барда, Мордар, сен,
Анығынан кел деймен!
Ақылың болса бәтшеғар,
Сөз мәнисин бил деймен.
Жан керек болса өзиңе,
Дурыс жуўап бер деймен! —
Деген ўақта Ҳәсен хан,
Дәрўазаман Мордардың,
Бети кетти қубарып,
Сур жыландай бозарып,
Көзи кетти найсаптың,
Оттай болып қызарып.
Яки тил жоқ, қулақ жоқ,
Қалды тилсиз сазарып!!!
Қорыққанлығы соншама,
Безгек болған адамдай,
Денеси кетти қалтырап.
Бираз ўақыт өткен соң,
Есин жыйнап алады,
Жан-жағына қарады,
Қоршап турған жәллатқа,
Мордарың көз салады.
Дәрўазаның алдында,
Қалайынша турғанын,
Ханға баян қылады.
— Дәрўазаның алдында,
Турған Мордар мен едим.
Датқаға келген адамды.
Хан ҳәзиретке жибермей,
Дәрўазаға қулыпты,
Урған Мордар мен едим.
Халықты ханнан қашырған,
Гәззап Мордар мен болдым.
Шонтық абырайымды,
Уллы ханнан асырған,
Ахмақ Мордар мен болдым.
Датқашының нәзерин,
Патшаға бермей жасырған,
Бақыл Мордар мен болдым.
Сыйламадым улықты.
Ғәрип пенен қәсерди,
Жетимлер менен жесирге,
Еттим жөнсиз зорлықты,
Ҳәзиреттиң алдына,
Сәлемге келген қарияға,
Бердим ақырет-қорлықты.
Дәрўазаның алдында,
Датқаға келген адамға,
Жолбарыстай ақырып,
Күшиме әбден толықтым.
Көзимди қан қаплаған,
Ақ-қарасы көринбей...
Датқаға келген адамның,
Наҳақ қанын төксем де,
Жөнсиз ислер етсем де,
Жүрдим халыққа билинбей.
Датқаға келген адамнан.
Қанша пара алсам да,
Жүрдим аўызға илинбей.
Қара пулға сатқанман,
Адамгерлик арымды.
Барлық сырды жасырмай,
Айттым сизге барымды.
Мазхаб тутқан, патшаҳым,
Тыңлап көр мениң зарымды.
Кеширмесең гүнамды,
Көрип турман, патшаҳым,
Асатуғын дарыңды.
Не қылсаң да өзиң бил,
Келип турман алдыңа,
Аяғыңа бас урып.
Айттым тақсыр дадымды.
Өзиң бил-кешир, кеширме.
Бир гүналы бендеңиз,
Алдыңызға келипти.
Жарылқа, қарға-өзиң бил,
Пәрманы күшли патшаҳым.
Еситип буны Ҳәсен хан,
Отырады ойланып...
Бир ўақта басын көтерип,
Ийегин бир қағады.
Жыбырлатып муртларын,
Оң ийнине қарады.
Бул ўақтында жәлләтлар,
Мүлгип турған Мордарды,
Зинданға апарып салады.
Ғайыптан келген қалендер,
Патшаның әдиллигине,
Тәәжип-ҳайран қалады.
Сол ўақтында Ҳәсен хан,
Орнынан өрре турады,
Қалендерге қарады,
Жанына жақын барады,
Басынан өткен ислери,
Қысқаша баян етиўге,
Қалендерден Ҳәсен хан,
Изажат сорап турады;

— Баргама ғайыптан келген, қалендер,
Сизге сырларымды баян әйлейин.
Алмадыңыз ләген менен берсем зер,
Ғәзийнемде шубҳа бар ма, нәйлейин.

Хорезмде әдалатлы хан едим,
Ғәриплерге зыянсыз бир жан едим,
Халыққа хызмет етип, ҳадал нан жедим,
Шубҳасы бар болса енди нәйлейин.

Пақырлардың қара пулын алмадым,
Нәмәремге ҳеш бир нәзер салмадым,
Хорезм халқына жаман болмадым,
Енди халқым «жаман» десе нәйлейин.

Гәззапларды дарға асып қыйнадым,
Әтирапыма улықларды жыйнадым,
Қарияларға сарпай жаўып сыйладым,
«Сыйламадың» десе енди нәйлейин.

Маңнайынан сыйпап жетим-жесирдиң,
Ҳалынан қарадым ғәрип-қәсердиң,
Үстине дүр шашып уллар өсирдим,
Халық «Дүр шашпадың», десе нәйлейин.

Өзи тиймегенге сирә тиймедим,
Бирақ душпанға басымды иймедим,
Хан болсам да халықтан зыят киймедим,
Халық «Зыят кийдиң» десе нәйлейин.

Бир ҳақтың жолына қойдым басымды,
Саўаш күни төгип көзден жасымды,
Жигитлерге бердим наным-асымды,
Жигитлер «Жемедим» десе нәйлейин.

Халайыққа бердим асы-нанымды,
Саўаш күни аямадым жанымды,
Халық жаман көрсе Ҳәсен ханыңды,
Халық көзине мәр көринсем нәйлейин.

Бул дүнья дегенниң бәри жалғанды,
Бул дүньядан кимлер өлмей қалғанды?!
Мениң жүрегиме отлар салғанды,
Замзам сеўип өширмесең нәйлейин.

Алма жеп бейиштен шыққан Ҳаўаға,
Сонда да қудайым болды пәрўана,
Ҳақ жолын излесем болып дийўана,
Дийдар несип, ғайып болса нәйлейин.

Хорезмде болдым шаҳлардың шаҳы,
Алланың тобыдур адамның басы,
Қартайғанда етип қудайым әси,
Гүнам артып әси болсам нәйлейин.

Шаҳ болдым, сағыйрдың ҳақын жемедим,
Ким сөз айтса намақул сөз демедим,
Қатарымда қайсы шаҳдан кем едим?!
Қудайым «кем қылдым» десе нәйлейин.

Даңқымды сорап халықтан бил сен!...
«Инам алып кетейин» деп келипсең,
«Пашшаплар жибермеди» деп күйипсең,
Хақ кеўлимди билмей күйсең нәйлейин.

Наймыт болғыр Мордар ҳәдден асыпты,
Я болмаса, аўып, ғәплет басыпты,
Яки «Жансыз ба?» деп жаман сасыпты,
Алла бийабырай қылса нәйлейин.

Буйырған нәрсеңди излеп табаман,
Ҳүрметлеймен, жипек шапан жабаман,
Инамымды алмасаңыз қапаман,
Та өлгенше турмасаңыз нәйлейин.

Көргенсиз Мордардың бердим жазасын,
Аларман халыққа берген ызасын,
Қәте кетсе жеткерейин тобасын,
Ҳақ қабыл етпесе мен сор нәйлейин.
Қәтем болса кешир, уллы бабажан,
Бул дүньядан кетпейин мен бийнышан,
Деп алдында арзы айтар Ҳәсен хан,
Өлгенимше сизге ҳүрмет әйлейин.

Қырқ жигитлерине болып саркарда,
Зийўаржаным жүр еди ҳәзир шикарда,
Болса көрер едик уллы бәргада,
Бар болса келтирмей сизге нәйлейин.

Жылаўында болса Шахимардан,
Төрт-бес күннен келип қалар шикардан,
Болсаңыз кен жай берейин бәргадан,
Келгенинше күтпесеңиз нәйлейин.

Алтын тарақ пенен сақал тараңыз,
Устаз болсаң ҳәр мүшкилге жараңыз.
Керек болса келгенинше қараңыз,
Қарамасаң жолың болсын, нәйлейин.

Сол ўақлары қалендер,
Бул сөзлерди еситип,
Ҳасаны қолға алады,
Белин беккем шалады.
Ҳәсендейин патшаның,
Берген инамын алмады.
Қойған сарпайларына,
Қалендер нәзер салмады.
«Алла ҳуў, я мен!» деп,
Жолға түсип қалендер,
Бәдәр кетип барады,
Сол жүргеннен қалендер,
Жети түн тамам етеди.
Ақжүримниң қасында,
Бир бәлент таў бар еди,
Қырқ жигит пенен ер Зийўар,
Усы таўдың басында,
Қулан атып жүр еди.
«Алла ҳуў» деген қалендер,
Таўға жақын келеди,
Қырқ жигит пенен ер Зийўар,
Усы таўда жүргенин,
Қалендер жақсы биледи,
Таўдың етек шетинде,
Ақжүрим шәҳәр бетинде,
«Аң аўлап болса ер Зийўар,
Усы жолдан өтер», деп
Жолын тосып жүреди,
Қырық жигит пенен Зийўардың
Қулан аўлап елине,
Қайтар ўақты жетеди.
Сегизинши күн азанда,
Әйне сәске болғанда,
Қырқ жигити қасында,
Тилла жыға басында,
Полат қалқан жамылған.
Жамалын көрген адамның.
Ишлери оттай қамылған,
Ақ найзасы қолында,
Көк тулпары астында,
Ғәнимлер шықса алдынан,
Жан алмақтың қастында.
Көк тулпарды ойнатып,
Полат суўлық шайнатып,
Жүзлерин гүл-гүл жайнатып,
Қалендер турған жерлерге,
Ер Зийўар жетип келеди.
Темир ҳаса қолында,
Өзи ҳақтың жолында,
Басында бар сәллеси.
Үстинде бар мәллеси,
Сақалы түскен белине,
Темир ҳаса таянып,
«Жан балам» деп аянып,
Турған әжеп қарияны,
Зийўар батыр көреди.
Балаға кеўли толады,
Сынаған жерден шыққан соң,
Ўақты шандан болады,
Әдеп пенен қалендер,
Бир неше мысал келтирип,
Ўәлийлпк пенен билдирип,
Зийўарға қарап толғады;

—Зийўар балам—Ҳәсен ханның әўлады,
Дәўлет, ҳиммет балам саған мүнәсип,
Сиз болсаңыз Ҳәсен ханның саўлаты,
Сиз екенсиз алтын тахқа мүнәсип.

Зер кекилиң бул қәддиңе жарасар,
Көрген адам жамалыңа қарасар,
Перийзатлар ашық болып таласар,
Сиз екенсиз перийзатқа мүнәсип.

Лийпасың жарасар қәдди-бәстиңе,
Көк саўытың жарасады үстиңе,
Қарағай саплы найза, балам-дәстиңе,
Алып жүрсең жарақларың мүнәсип.

Көк тулпарың жарасады астыңда,
Егер ғаним келе ғойса қастыңда,
Балам, кемисиң жоқ теңи-тусында,
Не ислесең, балам, бәри мүнәсип.

Атаң сениң әдалатлы Ҳәсен хан,
Атаңнан да қусниң бәлент, Зийўар жан.
Бул сөзиме яки инанба, яки инан,
Ҳеш адам көрмедим сизге мүнәсип.

Жарқырап тур белиңдеги қамарың,
Маған керек еди сениң дийдарың,
Қалендериң болсын балам нигарың,
Күннен көрикли гөззал саған мүнәсип.

Балам, зерли алтын жыға басында,
Сайран етсең қырқ жигиттиң қасында,
Нардай күшке толған он бес жасыңда,
Салланған сәрўиназ сизге мүнәсип.

Атынан жерге түседи,
Астындағы тулпарын,
Бир жигитке услатып,
Әдеп пенен ер Зийўар,
Ақсақаллы қарияның,
Тап алдына келеди.
Ҳүрмет пенен мәрт бала,
Көп жасаған қарияға,
Иззетлеп сәлем береди.
Ийман жүзли қалендер,
Сәлемин әлик алады,
Белиндеги қамарын,
Алдына шешип қояды,
—Ата, сизге саўға, — деп,
Жуп қулан және береди.
Жағаларын тағылап,
Зер менен жақсы торлатқан,
Ҳәр өңирине бес-бестен,
Алтын ғубба орнатқан.
Сәрдары шекпенин.
Оң ийнинен шешеди,
—Бизден сизге саўға, — деп,
Қалендерге береди.
Сонда Қалендер Зийўарға қарап ие дейди;

— Жигитликте сүйгениңди алмасаң,
Ақ мойынға билегиңди салмасаң,
Ақ бетинен жуптан поса алмасаң,
Бул болмайды жигитликке мүнәсип.

Қалендермен, гездим балам жаҳанды,
Бир шәҳәрде көрдим маҳитабанды,
Биз билемиз балам жақсы-жаманды,
Шамшикамар екен сизге мүнәсип.

Ол периниң жүзлеринен нур тамар,
Ләбинен сорғанның мийири қанар,
Көрмеген ашықлық отына жанар,
Маҳитабан дийдар сизге мүнәсип.

Қарағанда шуғыла шашар көзинен,
Дәртке даўа поса алсаң жүзинен,
Ўәде берсе өлмей таймас сөзинен,
Бир сөзли перийзат сизге мүнәсип.

Зийўар балам өзиң патшазадасаң,
Әрманлысаң ол перини алмасаң,
Мың жасайсаң кеселине шыдасаң.
Күйип жаныў емес сизге мүнәсип.

«Отыраман», десең — әне алтын тахт,
«Қыз аламан» десең — әне дәўлет-бақ,
Неге керек жигитликте жүриў тақ,
Сондай жупты балам сизге мүнәсип.
Тыңламасаң қалендердиң сөзлерин,
Таса болып жоғалтқан соң көзлерин,
Бул жаҳаннан табалмассаң өзлерин,
Перийзатты болған сизге мүнәсип.

Мен кеткен соң табаныңды тоздырма,
Ўайран етип қалаңызды буздырма,
Бирақ ол периге жат қол создырма,
Ол перийзат, балам, сизге мүнәсип.

Периниң мәканын баян етейин,
Баян етпей балам сизге нетейин?
Қуда қосса мақсетиме жетейин,
Көргенди билдириў бизге мүнәсип.

Айтсам, ол периниң ҳаслы-затыны,
Айнажамал дерлер оның атыны,
Барсаң көрерсеңиз инабатыны.
Несип болып алсаң сизге мүнәсип.

Талўас етсең аттың жалын өресең,
Ҳәўес етсең ол перини көрерсең,
Егер жеңип алсаң дәўран сүрерсең,
Пери қызы шаҳ улына мүнәсип.

Қалендердиң сөзи усы тыңласаң,
Бәри айттым сөз мәнисин аңласаң,
Ықтиярың сөзди бәржай қылмасаң,
Сөзди тамам етиў бизге мүнасип.

Дедидағы қалендер,
Елди гезген сәмендер,
Сөз тыңлаған Зийўардың,
Ғайып болды көзинен.
Ақыллы еди ер Зийўар,
Ҳәр түрли мәни аңлады,
Қалендердиң сөзинен.
Ақша бети қубарып,
Қаны қашты жүзинен,
Денелери түршигип,
Нуры қашты көзинен.
Бийҳуш болып жығылды,
Ер Зийўар кетип өзинен.
Қасындағы қырқ жигит,
Бийҳуш болған Зийўардың,
Барып басын сүйеди.
Көк атына миндирип,
Ақжүримге жөнеди,
Намазлыгер ўақтында,
Шәҳәрге жетип келеди.
Зийўарға бир ис болғанын,
Патша болжап биледи.
Анасы болған Ақжулқун,
—Қағынғанды балам,—деп,
—Ушынғанды балам,—деп,
—Көзиккенди қозым,—деп,
Сергиздан болып жылады,
Көзиниң жасын булады,
«Жалғызым қарар көзим», —деп,
«Аўзымдағы сөзим», — деп,
Бийҳуш жатқан Зийўарға
Көп пәрўана болады.
Жалғызы үнсиз қалған соң,
«Әлле қандай болды» — деп,
«Бир ис болса усыдан,
Ғамға кеўил толды», — деп
«Жалғызымнан айрылсам,
Туяғымнан майрылсам,
Қанатымнан қайрылсам,
Қызыл гүлим солды», — деп
Шаншыў тийди етине,
Тынып еки көзлери,
Суп-сур болып жүзлери,
Бийҳуш болып қулады,
Ярым мезгил өткен соң,
Ақжулқун муңлы анасы.
Қумалақ тартқан палдаман,
Китап ашқан қоррапаз.
Зикир салған порқанлар,
Жин шақырған хожалар,
Дуўа бергиш моллалар,
Пәтиягөй ийшанлар,
Қолын жайған шайықлар,
Ел гезип жүрген қалендер,
Нәзир алған дийўана,
Мәканы жоқ бийгана,
Тамыр услаған тәўиплер,
Бәри келди жыйналып,
Зийўардың аўырғанына,
Күтә қатты қыйналып.
—Бақтыр, — дейди тәўиплер,
—Қақтыр, — дейди хожалар,
—Оқыт, — дейди порқанлар,
—Дуўа ал, — дейди моллалар,
—Пәтия ал, — дейди ийшанлар,
— Әўлийеге апарып,
Түнет — дейди шайықлар,
—Нәзир бер, — дейди дийўана,
—Олай, — дейди масайық,
— Булай — дейди әўлийе...
Жыйналған бундай халайық,
Кеселине Зийўардың,
Ҳеш бир емди таппады.
Орнынан турып қалендер.
—Бәриң де емин таппадың,
Мәрт кеўлине жақпадың.
Зийўарды өзим бағаман,
Жин-пери егер жабысса,
Пешим менен қағаман,
Сизлер емин таппасаң,
Өзим емин табаман.
Зийўаржанды маған бер,
Тартпаса егер қара жер,
Кеселин өзим емлеймен,
Зийўарды маған бер деймен,—
Деп даўрық салады.
Сол ўақтында Зийўардың,
Кесели де қыстады.
Жақын барып қалендер,
Тамырын тез услады.
—Ҳаўлықпанлар, ҳаўлықпан,
Сөзи жоқ жерде даўрықпаң!
Услап көрдим тамырын,
Кесели қатты кетипти,
Зийўар жанға кеселдиң,
Ҳазары жаман өтипти.
Өткенлигин соннан бил.
Қаттылығы кеселдиң,
Жүрегине түсипти.
Тезирек ем етпесең,
Кесели қатты писипти,
Кесели қурсын нетейин,
Емин излеп таппасаң,
Балаң зая болады,
Қызыл гүлиң солады,
«Еми оның не десең?»
Айтайын «Емин айт,» десең;
Шикардан балаң қайтқанда,
Ат үстинде баланы,
Қутырған қаншық қаўыпты,
Кеселди балаң патшаҳым,
Дәрбент жолда таўыпты.
Әдалатлы, Ҳәсен хан,
Керек болса Зийўаржан,
Зийўарды қапқан қаншықты,
Өзиң излеп таппасаң,
Өзим излеп табаман.
Балаңды қапқан ол қаншық,
Болады Гоҳибулырда,
Дәў болмаса ол таўға,
Баралмайды адамзат.
Себеби Гоҳибулырдың,
Барлығын пери жайлайды.
Егер барса адамзат,
Бәнт етип тасқа байлайды.
Қияметқайым болғанша,
Бәнт болып таўда турады.
Бир барса ол таўларға,
Дуўақан молла барады.
Моллалар да бармаса,
Қолларынан келмесе,
Онда Зийўар барады,
Қутырған ол қаншықты
Зийўар таўып алады,
Тутып алып басына,
Ақырзаман салады.
Ол қаншықты өлтирип,
Мәнисине келтирип,
Өкпеси менен жүрегин,
Жулып ғана алады.
Алып барып жыллылай,
Суўық суўға салады,
Қайта-қайта жуўады,
Әбден таза қылады,
Сексеўилдиң отына,
Алып барып салады.
Шоққа Әбден писирип,
Сөйтип сүртип күллерин,
Жеп ғана тойып алады.
Буннан кейин Зийўардың,
Кесели тәўир болады, —
Дедидағы қалендер,
Ҳәсен хан менен Жулқунның,
Көзинен ғайып болады.
Еки бирдей мунлының,
Ишлери ғамға толады,
Еки бирдей сорлының,
Ақша жүзи солады.
Сонын менен арадан,
Бир нешше күнлер өтеди.
Бир күнлери ер Зийўар,
Хуўшына келеди.
Ашықлықтың дәртинен
Күннен-күнге жүдеди,
Айнажамалдың ышқысы,
Жаннан жаман өтеди.
Қызды излеп кетиўге,
Ер Зийўар қәддин дүзеди.
Ақ отаўда илиўли,
Ҳасыл қамқа кийимин,
Кийип жигит гезенди,
Излеўге Айнажамалды,
Ер Зийўар жақсы безенди.
Алтыннан қас қойылған,
Ақ ҳайўанға қойылған,
Ер-турманын алады,
Көк тулпар турған тебилге,
Ер Зийўар жетип барады.
Ойнап турған тулпардың,
Арқасын жақсы сыпырып,
Маңлайынан уўқалап,
Зер менен нағыс салынған,
Ақ терликти алады,
Арқасына салады.
Қуйысқаны қуйма алтын,
Тебингиси терме алтын,
Үзенгиси үзбе алтын,
Ақ баслы ердиң бәри алтын,
Артқы қасы сом алтын,
Алдынғы қасы қуйма алтын—
Ақ терликтиң үстине
Алтын ерди салады.
«Өрме-өрме таў келсе,
Таўға өрмелеп шыққанда,
Ер артына кетер» — деп;
«Атты майып етер», деп,
Қайтпайтуғын гүдардан,
Жуптан айыл шалады.
«Терме-терме таў келсе,
Ат термелеп түскенде,
Ер алдына кетер», деп,
Алғы ғубба қойылған,
Ҳәр ғуббаның бәнтлери,
Алтын менен ойылған —
Жуп қуйысқан салады.
Пешанасын беркиллеп,
Маржан менен гүркиллеп,
Көк тулпарды қунтыйтып,
Қуйрығын түйип шунтыйтып,
Жалын тартып сымпыйтып,
Тулпарды жолға дүзеди.
Бөдене көзли көк саўыт,
Өлсем болар кепин», деп,
Оң ийнинен кийеди,
Қынапқа салса «қылт» еткен,
Суўырып алса «жылт» еткен,
Қәҳәрленсе тас кескен —
Испаҳаны алмасын,
Ишинен белге шалады.
Қарағай сапалы ақ найза,
Оң қолына алады.
Буўырқанып, пурсанып,
Муздай темир қурсанып,
Минди тулпардың белине.
Шар айнасы жалтырап,
Қуйқасы қалтырап,
Зернигарға бармаға,
Атасынан жуўап алмаға,
Ер Зийўар жетип келеди.
Ат үстинде қунтыйып,
Киятырған баласын,
Ҳәсен хан көреди.
Ата-анаға Зийўаржан,
Ийилип сәлем береди.
Баланың берген сәлемин,
Атасы әлик алады,
«Жалғызымның сапары,
Қайда екен, билейин»,
Деп атасы Зийўарға,
Тил қатып сөйледи;

— Астыңа ойнатып тулпар минипсең,
Жигербентим, қайда сапар әйледиң?
Үстиңе жайнатып саўыт кийипсең,
Жаным, қай шәҳәрге сапар әйледиң?

Қарағай саплы найза алып қолыңа,
Қарамассаң балам оңы-солыңа,
Қайрылмай барасаң балам жолыңа,
Қай еллерге балам сапар әйледиң?

Саўытларың жарасады бойыңа,
Ким түседи балам бағлы қуўыңа?!
Қандай әндийшелер түсти ойыңа,
Жаным балам, қандай сапар әйледиң?

Көк тулпарың гүўлер суўлығын басып,
Сен кетерсең таўдан-таўларға асып,
Атаң-анаң қалар бунда жыласып,
Күлип балам қайда сапар әйледиң?

Бизге жаман перзенттиң дағы,
Сен боларсаң көздиң қарасы-ағы,
Сен кетерсең сарғаяр атаң сияғы,
Тәнде жаным, қайда сапар әйледиң?

Зийўар балам, батырлыңтан миниң жоқ,
Гәўир менен саўаш еттиң, кемиң жоқ.
Ҳәзир қасыңда ҳеш кимиң жоқ,
Балам, қай журтқа жаўлан әйледиң?

Жарасады аттың жалын тарасаң,
Қәҳәрленсең тасларды қақ жарасаң,
Балам зарлатып қайда барасаң?
Кимниң қаласына сапар әйледиң?

Тири ғайып болса мөмин баласы,
Анасының көкке жетер наласы,
Машуғыңыз қандай ханның ағласы,
Көрпе қозым, қандай сапар әйледиң?

Таўда жортып тарқатарсаң шериңди,
Майданда төгерсең маңлай териңди,
Баян әйле, балам, барар жериңди,
Мақсетиң не, қайда сапар әйледиң?

Соның менен Ҳәсен хан,
Сөзин тамам қылады,
Атасының сөзине,
Зийўар зейин салады.
Ҳәр сөзиниң мәнисин,
Жақсы уғып алады,
Он төрт жасар бир пери,
Ақыл-ҳуўшын алғанын.
Ышқы отына салғанын.
Ол периниң жолында,
Өзи сергиздан болғанын,
Минип тулпар белине,
Тәғдир қосса әзелде,
Ол перини алыўға,
Жөнемекши болғанын,
Ата-аналарына қарап,
Бир-бир баян қылады;

— Қулақ салың, ата-анам, сөзиме,
Мақсетимди бир-бир баян қыламан.
Нала етип сарғыш салмаң жүзиме,
Тыңлаңыз бар исти аян қыламан.

Ғурыжланып минип тулпар белине,
Зернигарлы Айнажамал елине,
Барып, қоныў ушын бағдың гүлине,
Гоҳибулырға болдым талабан.

Ара шөлде аттың жалын өремен,
Ҳәр не болса ығбалымнан көремен,
Айнажамал менен дәўран сүремен,
Соның ушын Зернигарға бараман.

Душпан шықса ат үстинен алысып,
Табан тиреп, қайтпай найза салысып,
Ақ найзаны қызыл қанға малысып,
Жолда дәўлер менен саўаш қыламан.

Қан орнына төгип маңлайдан терди,
Дәў менен урысып тарқатып шерди,
Жолындағы қайсар дәўперилерди,
Жеңсем Айнажамал қызды аламан.

Ким кепил өмирдиң узақ-азына?!
Ашық болдым Оманшаның қызына,
Жаным қурбан таўландырған назына,
Соның ушын сапар етип бараман.

Таўды-тасты қақ жарады ғайратым,
Дәў перини титиретер айбатым,
Бармағанша жоқтур ҳасла тақатым —
Оманшаның шәҳәрине бараман.

Жиберсеңиз жуўап алып кетейин,
Оманшаның шәҳәрине жетейин,
Дәў перилер менен саўаш етейин,
Руқсат бер! Бермесең де бараман!

Баласының сапардан,
Қайтпасын анық биледи,
«Алдап-арбап көрейин.
Мәдеткер пирлер яр болып,
Жақсылық салып кеўлине,
Бармаса периниң елине,
Алғаны мениң тилимди,
Нәсийҳатым-пәндимди»,
Деп ойланып Ҳәсен хан,
Сапар тартқан Зийўарға,
Көп нәсийҳат қылады,
«Оманшаның елине,
Барма, балам», деп толғады;

— Қәлеген қызыңды алып берейин,
Кетпе балам Зернигардың журтына,
Жан балам, бағыңнан гүллер терейин,
Барма балам Гоҳибулыр журтына.

Бүлбиллер қор болар айрылса гүлден,
Шешенлер қор болар айрылса тилден,
Ер жигит қор болар айрылса елден,
Кетпе қозым Оманшаның журтына.

Көрер жаным, көзим нуры, баламсаң,
Жаў жағымда жығылмастай қаламсан,
Жаным балам, жел жағымда панамсаң,
Тилимди ал, кетпе дәўдиң журтына.

Сен кетсең не кешер бизиң ҳалымыз,
Жылаў менен өтер маҳисалымыз,
Талаўға түспей-ақ дүнья-малымыз,
Кетпе балам, Оманшаның журтына.

Периниң журтына ҳеш ким баралмас,
Гоҳибулыр таўын минген жаралмас,
Пери қызын адамыйзат алалмас.
Нәсийҳатым, кетпе пери журтына.

Перилердиң болмас мәнзил-мәкәны,
Олардың раўана еки жаҳаны,
Оларға дос емес бул дүнья адамы,
Адамзатсаң, барма пери журтына.

Зернигар — ол перилердиң қаласы,
Тилсим менен қоршалған айналасы,
Баралмайды адамыйзат баласы.
Кетпе балам, Оманшаның журтына.

Перилердиң болмайды ҳеш опасы,
Адамзатқа өтер жәбириў-жапасы,
Адам менен болмас заўқы-сапасы.
Кетпе балам, перилердиң журтына.

Кетсең дәў қолында ҳәлек боларсаң,
Хазан урған қызыл гүлдей соларсаң,
Дәў қолында әрман менен өлерсең,
Соның ушын кетпе дәўдиң журтына.

Атаңды зарлатып етпе маҳисал,
Мениң пәндиў-насиҳатларымды ал,
Жолыңа тасаддық, балам, дүнья мал,
Бир яр ушын кетпе душпан журтына.

«Бир перзент» деп ғарип жанды қыйнадым,
Қудай берди, қанама ҳеш сыймадым,
Сениң ушын дүнья малды жыйнадым,
Кетпе балам, геўирлердиң журтына.

Дүнья-малды не қылсаң да ықтияр,
Жолыңызға етпе бизди интизар,
Келгениңше биз боламыз бийқарар,
Атам десең, кетпе пери журтына.

Өзим өлсем сен қаласаң артымда,
Саған ылайық ханзада көп журтымда,
Жолларына дүньямды шаш тартынба,
Кетпе, балам, дин билместиң журтына.

Кетсең, балам, кесер дәўлер басыңды,
Қабыл етпей көзден аққан жасыңды
Көрсе дәўлер тири жейди лашыңды,
Кетпе балам қандарыңның журтына.

Атасының бул сөзин,
Тыңламады ер Зийўар.
Ҳәсен ханның гүл жүзин,
Солдырады ер Зийўар.
Ҳәсенниң ғамға кеўлин,
Толтырады ер Зийўар.
Зернигардың елине,
Минип тулпар белине,
Жылдам жүрип кетиўге,
Күндиз тынбай, түн тынбай,
Тезирек барып жетиўге,
Бел байлады ер Зийўар.
Дүнья-мал менен гөззалға,
Мойын буралмайтуғынын
Зернигардың журтына,
Бармай туралмайтуғынын,
Билдиреди ер Зийўар;

— Ата, жылап кеўлиң ғамгүн болмасын,
Зернигар журтына бармасам болмас,
Қызыл гүлиң ғуншаланып солмасын,
Оманша журтына бармасам болмас.

Яр жолында ҳәр не болсам болайын,
Қазам жетсе қызыл гүлдей солайын,
Дағыстанда алып жолдың қолайын,
Ара шөлде атты шаппасам болмас.

Перийзатсыз дүнья-малды нетейин?!
Айнажамал қызды излеп кетейин,
Жаў жолықса жолда саўаш етейин,
Перийзаттың елин таппасам болмас,

Аттың жалын бестен таллап өрейин,
Ығбалымнан ҳәр не болса көрейин,
Жолында сергиздан болып жүрейин,
Несип болса таўып алмасам болмас.

Мийрим қанып перийзаттың ойнына,
Арам алсам кирип оның қойнына.
Айнажамал қыздың алма мойнына,
Мен барып билекти салмасам болмас.

Поса алып мийримди қандырып,
Көрген адамлардың ишин жандырып,
Ойнағанда қыздың есин тандырып,
Өзим бас ушында турмасам болмас.

Маған керек емес алтын-зериңиз,
Зернигарға талап етти шериңиз,
Перзентиңе, ана, жуўап бериңиз,
Зернигарға, ата, жүрмесем болмас.

Ата, сөзге жақсы қулақ салыңыз,
Маған керек емес алтын-зериңиз,
Кеттим, ана, хош аллаяр қалыңыз,
Тез кетпесем зәрре тақатым болмас.

Бул сөзди тыңлап Ҳәсен хан,
Кетерин билди Зийўардың,
«Усыдан жуўап бермесем,
Жуўабыма қарамас,
«Ата қарғысы оқ», деген,
«Ене қарғысы боқ», деген,
Бир нақыл сөз бар еди.
Ашыўланып усыдан,
Жуўап бермесем де мен,
Сонда да турмай кетер ол,
Мениң абырайымды,
Қара пулдай етер ол.
Қарасындай көзимниң,
Емдей жалғыз балама,
Жуўап бермей жиберсем,
Патшалыққа қарамас —
Оннан да жуўап берейин,
Не түскенин басыма,
Талайымнан көрейин.
Жаратқанға бендемен,
Не салса да көнейин»,
Деген қыялға дөнеди,
Рухсат берип Зийўарга,
Толғаў айтып сөйледи;

— Зернигар журтына жаўлан етерсең,
Қөрер көзим, та өлгенше аман бол,
Руқсат бермесем де өзиң кетерсең,
Сүйер қозым, жан перзентам, аман бол.

Көзим нуры, қуўатысаң белимниң,
Шекер қантлы бүлбилисең тилимниң,
Өзим өлсем шопанысаң елимниң,
Рәўшаны көзимниң, қозым, аман бол.

Тақтаханға әжеп ислер көргиздиң,
Гөрқарадай жуўан мойынын үздиң,
Бүгин жат еллерге көзиңди сүздиң,
Кетер болсаң, жигербентим, аман бол.

Мен аҳымды бәлент таўдан асырдым,
Сол себептен ақыл-ҳуўшым қашырдым,
Сени балам, пирлериме тапсырдым,
Жалғыз балам, кетер болсаң, аман бол.

Өсирдим мен, болып саған пәрўана,
Кешиксең боларман жолда дийўана,
Перилердиң паяны жоқ, бийгана,
Барсаң алла яр болсын, аман бол.

Көзиниң ағы-қарасы,
Басы жерге тийгенде,
Үстине қара кийгенде,
«Енди өлдим», дегенде,
Көрген жалғыз баласы,
Алладан соңғы панасы,
Жигербенти Зийўардың,
Зернигардың журтына,
Қетерин анық билген соң,
Бийшара муңлы анасы,
Қара шашын жаяды,
Бетин жыртып Ақжулқын,
Ет бетинен қулады,
Қасындағы канизлер,
Дәрҳал сүйеп қалады.
Тоқтап қалған Ҳәсенхан.
Сөзин даўам етеди.

— Сен болмасаң тажы-тахттан безермен,
Зар-зар жылап жүрек-баўрым езермен,
Келмесең қалендер болып гезермен,
Белнмниң мәдәри, балам, аман бол.

Сен болмасаң тажы-тахтты нәйлейин,
Бәршесин жолыңа барбат әйлейин,
Келгениңше тилегиңди тилейин,
Периниң журтына барсаң, аман бол.

Келмесең жан балам, излеп кетермен,
Жылай-жылай әрман менен өтермен,
Дүнья-малды жолыңа тәрк етермен,
Мәдеткарың мәўлен болсын, аман бол.

Перини алған соң бизди умытпа,
Сонда мәкән тутып бизди жылатпа,
Ата-анаңыздың баўырын дағлатпа,
Нәсийҳатым усы, балам, аман бол.

Пери халқы сум болады, егленбе,
«Бир яр», дейип жат еллерде тиленбе,
Перийзатты алған замат егленбе,
Мәқсетиңе жетсең тез кел, аман бол.

Ер Зийўардың анасы,
Ақыллы еди Ақжулқын,
Орнынан өрре турады,
Сапар шеккен Зийўарға,
«Арыслан болып туўылыпсаң,
Перилердиң елине,
Кетсең, балам хош бол», —деп,
Анасы нәсийҳат қылады.

— Мен сени арыслан қылып туўыппан,
Бүгин жат еллерге кетсең алла яр,
Саўаш ушын қамарыңды буўыпсаң,
Елден кетсең болсын, балам, алла яр.

Әлпешлеген ана деген бийшара,
Сен кетсең болмай ма бағрым мың пара,
«Кетпе», десек қоймасаң сен не шара?!
Кетер болсаң саў бол, қозым, алла яр.

Нәсийҳат еткенде ата-анасы,
Нәсийҳатын тыңламас па баласы?
Ата-ананың көкке жетер наласы,
Шарам жоқ нәйлейин, балам, алла яр.

Ата-анаң жасы жетип қарыды,
Кетсең балам бизге бәле дарыды.
Сонлықтан анаңның айтқан зарыды,
Тыңламасаң илаж не, алла яр.

Әтирапыңда көпдур атаң душпаны,
Атаңның олардан бардур гүманы,
Атаң еди Хорезмниң султаны,
Кетсең қандай болар, балам, алла яр?

Сен кетсең халықты қалмақ алмай ма?
Ата-анаңды қой кейнине салмай ма?
Хорезмниң халқы қарап болмай ма?
Буны ойламадың, балам, алла яр.

Залым душпан етер пейли тарлықты,
Ата-анаң тартар қорлық-зарлықты,
Өз журтыңда қой баққаның артықты,
Тыңласаң сол нәсийҳатым, алла яр.

Душпанларың таўдың жатыр басында,
Көрсеши жан балам, көздиң жасын да,
Кетпе, балам, отыр анаң қасында,
Отырмасаң нәйлейин мен, алла яр.

Жигит — жигит болар теңи-тусында,
Перийзатлар табылмай ма усында?
Басымнан ушырдым бахыт қусын да,
Бахыт қусы қонбасаң хош, алла яр.

Арыслансаң ҳәр мүшкилге жарарсаң,
Перилердиң мәкәнына барарсаң,
Жеккеликтен жан-жағыңа қарарсаң,
Сол ўақытта сизге болғай, алла яр.

Периниң дәстинен аман қалғайсаң,
Басларына ақырзаман салғайсаң.
Ашық Айнажамалыңды алғайсаң,
Тилегиңде ата-анаңлар, алла яр.

Ата-анаң муңлы екенин билгейсең,
Ара шөлде көк тулпарды желгейсең,
Келинди алып аман-есен жеткейсең,
Аман барып саў келгейсең, алла яр.

Анасының бул сөзин,
Еситкен соң ер Зийўар,
Барса Келмес елине,
Перилердиң журтына,
Барып келер мәнзилин,
Былай баян қылады;

— Зернигардың шәҳәрине бараман,
Көргенимше ата-анам, хош болың,
Алғыс айтпасаңыз бахты қараман,
Қысылғанда мәдет бериң, хош болың.

Көзиңниң рәўшаны, нурың, шырағың,
Көринеди жақын болып жырағың,
Көрмесең артады дәрти пырағың,
Ақ сүт берген анажаным, хош ,болың,

Қолларына сырлы ҳасасын алған,
Алғыс айтып бәрҳа нәзерин салған,
Тилегимди тилеп кейнимде қалған,
Қария устаз, аталарым, хош болың.

Арғымақ атларды сайлап миндирген,
Ҳасыл липасларды сайлап кийдирген,
Қайың-қарағайдың басын ийдирген,
Арысландай ағаларым, хош болың.

Дағыстанды, жазираны гүл еткен,
Қонақ келсе аз асыңды мол еткен,
Қонағыңды «Хош келдиң» деп жөнелткен,
Қарқыранлы жигитлерим, хош болың.

Қара шашын бестен өрип тараған,
Аўыр күнде ҳәр бир иске жараған,
Сийрек барсам жолларыма қараған,
Ақ жүрекли апаларым, хош болың.

«Жан ағам», деп кеше-күндиз ойлаған,
Кеше-күндиз дийдарыма тоймаған,
Қатарыңда абырайсыз болмаған,
Қәдирли қарындасларым, хош болың.

Мерекеде қол алысып көрискен,
Шай кесени сазлап, шағлап жүрискен.
Жарыспаққа ,сәмен жорға сүрискен,
Қәдирданым, қатарларым, хош болың.

Журтта жоқ бахтыны излеп тапқанлар,
Үстине жайнаған сарпай жапқанлар,
Урысқанда әреби атта шапқанлар,
Әдиўли ағайинлерим, хош болың.

Қонақ болса семиз малын сойғанлар,
Татлы тамақларын алға қойғанлар,
Гөрқаў аш көзлердиң көзин ойғанлар,
Татыў тамыр-туўғанларым, хош болың.

Зулпын таўлап жилўа менен наз еткен,
Ҳәр кешеде сәўбет пенен саз еткен,
Қумар әйлеп қақаманды жаз еткен,
Көз қысысқан гөззалларым, хош болың.

Топ ойнап, маңлайдан аққан терлерим,
Асық ойнағанда тарқап шерлерим,
Ата-мәкән ойнап өскен жерлерим,
Ели журтым, қәдирданлар, хош болың.

Жаз болса сейил етип шағлап йошқаным,
Сайраған бүлбилге нама қосқаным,
Гүлшеним, шәменли бағы-бостаным,
Бағы-бостан шәҳәрлерим, хош болың.

Өсирген бағманы дәўлет-бахыттың,
Жарасығы анаў алтын тахыттың,
Әдалатлы ханы ели-халықтың,
Ҳәсен атам, көргенимше, хош болың.

Алтын тахтта Ҳәсен атам аманда,
Бахыты таймаған ҳеш бир заманда,
Атамның қостары еки жаҳанда,
Жулқун анам, көргенимше хош болың!

Астындағы тулпардың,
Дизгинин қолға алады,
Аттың басын оңғарып,
«Шүў!» деп жолға салады.
Жүрисине тулпардың,
Қанаат қылмай барады.
Тебиңгиге тебинип,
«Шүў, жаныўар, шүў!» деди,
Астындағы көк тулпар,
Оннан сайын гүўледи,
Қос қанатын қомлады.
Табаны жерге тиймеди,
Буўданнан туўған жаныўар,
Батпақ шықса набада,
«Қуйрығым ылас болар», деп.
Еспе-еспе қумлардан,
Еспелеп келип жортады.
Дойнағы тасқа тийген соң,
Әптен жоны қызады,
Күн өткен сайын жаныўардың,
Шабыслары артады.
Табан жол менен тарысты,
Төбесинен қыялап,
Ушқан қус пенен жарысты.
Үстиндеги ер Зийўар,
Азыўлық пенен алысты,
Сегбир тартып жол жүрди,
Күни-түни жатпастан.
«Зернигардың журтына,
Жетемен», деп ер Зийўар,
Қысым етти жанына.
Хорезм менен Зернигар.
Екеўиниң арасы,
Асқар асыў бел екен.
Адам түўе қус ушпас,
Дағыстанлы шөл екен.
Қарсақ батпас қарағай...
Мәкән етсе бул жерде,
Қыс отыны мол екен.
Кийиклер келип булақтан,
Суў ишетуғын жазында,
Таўдың ойпат баўыры.
Телегей теңиз көл екен.
Жарық шыққан басынан,
Шақмақ тасы көп екен.
Ол төбе менен бул төбе,
Қулазыған шөл екен.
Неше күн тамақ татпастан,
Муздай темир қурсанып,
Қарсы шықса ғапылда,
Арын алмақ душпаннан.
Жалғыз өзи саҳрада,
Жапа шегип барады,
Қарсақ батпас қалыңнан,
Баратыр Зийўар қайтпастан,
Астындағы көк тулпар,
Таўдың қия тасынан,
Қарғып кетип барады,
Аяғын алжас баспастан
Ақша таўдың басында,
«Қырқ булақ» деген бар еди,
Қырқ булақтың қасында,
Бири кеткен — Юнанға,
Бири кеткен — Қақпанға,
Бири кеткен — Бағдадқа,
Бири кеткен — Тегеранға,
Бири кеткен — Қабылға,
Небир жоллар бар еди.
Шынмашын менен Наҳарға,
Қандар менен Қытайға,
Ҳиндистанның журтына,
Самарқанд пенен Бухараға,
Ташкент пенен Қоқанға,
Кетер жоллар бар еди.
Сол жүриўден жол жүрип,
Аз ғана емес, мол жүрип,
Он бир күн тамам болғанда,
Жетип келди ер Зийўар,
Қырқ булақтың басына,
Ҳәр журтларға тараған,
Тоғыз дәрбенттиң қасына.
Зийўар аттан түседи,
Астындағы тулпарын,
Бир путаға байлады.
Жаздың, ыссы күнинде,
Бийик таўдың басынан,
Ағып атыр булақлар.
Ҳәр тәрепке сарқырап.
Жылға, сайға тарайды,
Сынаптай болып жылтырап,
Қақ жарады мурныңды,
Таўдағы түрли гияның,
Ийислери аңқыған.
Бир дарақтың астына,
Шекпенин бара салады,
Жаў-жарағын дастанып,
Азырақ арам алды да,
Шоршып турып орнынан,
Жан:жағына қарады.
Күн батыўға тақалған...
Атына жақын барады,
Ер-турманын алады,
Жуўсанның көп жерине,
Арқанлады апарып,
Сол ўақта күн батады
Терликлерин төсенип,
Көк тулпарға исенип,
Шаршап жүрген Зийўардың,
Силеси қатып қалады.
Сол жатқаннан жатады...
Белги берип оң жақтан,
Сарғайып таң атады,
Желпилдеген жуўсанды,
Жегеннен соң жаныўар,
Көк тулпар күтә шөлледи,
Тепсинип тулпар қоймады.
Ат дүбирин еситип,
Оянып бала уйқыдан,
Көзин ашып қарады,
Орнынан өрре турады,
Атына жақын барады.
Ағып жатқан булақтан,
Суўғарады тулпарды.
Зам-зам суўға қандырып,
Көк тулпар атты ертлеп,
Лийпасларын кийинип,
Пирлерине сыйынып,
Жаў-жарағын асынып,
Секирип минип атына,
Қарамады артына,
Атына қамшы басады,
Көк тулпар отқа тойған соң,
Суўға әбден қанған соң,
Едилдей гүўлеп тасады,
«Ҳа» дегенше жаныўар,
Жети таўдан асады,
Шығарлығы сегиз күн,
Түсерлиги төрт күндей,
Есап етсек баршасын,
Он еки күнлик жол екен.
Басынан қулан шығалмас,
Алдында сондай таў екен.
Таўдан арман қараса,
Жәдиўлардың журты екен.
Сол таўдың түсер түбинде,
Гүлистан бағлы шәменли.
Бағы-бостан бар екен.
Батыр минген көк тулпар,
Таўдан түсти кулдырап,
Ер Зийўардың көзлери,
Баратырғандай булдырап.
Белес-белес бул таўдан,
Ойнап кетип барады,
Еки көзи батырдың,
Жайнап кетип барады,
Астындағы көк тулпар,
Қайың менен еменди,
Шайнап кетип барады,
Қия тастың басынан,
Ырғып кетип барады.
Бәлент таўдың астында.
Шахсыпасы қасында,
Бағы-бостан үстинде,
Бийик таўдың баўырына.
Мерўерт тастан салынған,
Бир қалаға келгенше,
Талай мийнет көреди.
Астындағы көк тулпар.
«Шүў» деген сайын желеди,
Күн песинге жеткенде.
Сәрҳаўызлы, шарбақлы,
Қалаға жетип келеди.
Бул бостанға қараса,
Қырмызы гүллер ашылған,
Ортасындағы булақлар.
Ҳәр тәреплерге раўан…
Бүлбиллери сайраған,
Шаҳсыпаның қасында.
Қырқ қазанның ишинде,
Түрли тамақ қайнаған,
Бул бағқа кирген адамның,
Жүзлери гүл-гүл жайнаған.
Кийик, қулан, арқарлар —
Шәменли бағдың ишинде.
Маймыллар қызық ойнаған.
Бул бағдағы қызықты,
Көргенниң мийри қанбаған.
Қазандағы тамақтан,
Жегенлер сирә тоймаған,
Таўысқанша қоймаған.
Арыслан туўған ер Зийўар,
Атынан жерге түседи,
Қылышын алып қолына,
Қазанға жақын келеди.
Тилла табақтың ишинде,
Алтын шөмишти көреди.
Қайнап турған қазанға.
Былғалықты салады,
Мазалыларын жеп Зийўар,
Мейлинше тойып алады.
Сол ўақытлары болғанда,
Топпысы тозған,
Арқасы қозған,
Созғанда еки дизеси,
Қулағынан зәрре озған.
Күнге қатқан шеримдей,
Бәтбешер қара жүзлери.
Сүйегиңнен өтеди,
Айтқан ҳәр бир сөзлери.
Суўдан кеме жүргендей,
Егер қумнан жүрсе де,
Билинбейди излери.
Өзи үш жүз жасаған,
Саў сүйеги саўсаған,
Өзи жүдә қаўсаған,
Өлерине аз қалған,
Жолбарыстай ақырып,
Әрўақларын шақырып,
«Жуўапсыз кирип бағыма,
Отырсаң,—деп,—не қылып?!»
Жетип келди бир кемпир.
Жетип келип Зийўарға,
Қарады залым тик турып,
Көбик шашып аўзынан,
Сөйледи кемпир бәт урып.
Сөйлеген сөзи бир дәстан,
Қәҳәрленсе ол кемпир,
Жазды етер зимистан:

—Ара шөлде арықлатып атыңды,
Таўда тулпарыңды қатты желипсең,
Бала, баян әйле ҳаслы-затыңды,
Қай шәҳәрден қайсы журтқа келдиң сен?

Қорықпай бәлент таўдың жаман жолынан,
Қамшы урып аттың оңлы-солынан.
Қаштың бала қандай шаның қолынан,
Келгениңды бир-бир баян әйле сен!

Жетпей кеткир, бәлент таўдан асыпсаң,
Кеўилиң ҳаллас урып суўдай тасыпсаң,
Яки бала ақылыңнан сасыпсаң,
Бала, мақсетиңди баян әйле, сен!
Жетпей кеткир, жудырықтай баласаң,
Жақынласам, жанып турған шаласаң,
Бир муш урсам сеспей қатып қаласаң,
Бул жерлерге не себептен келдиң сен?

Жүўернемек, шығып сапар жағыма,
Ушырастың жерип жүрген шағыма,
Неге кирдиң, қыршын болғыр, бағыма,
Бала, әўладысаң қандай пирдиң сен?

Қәҳәрленсем бирақ жутып қоярман,
Ғәзеп етсем көзлериңди оярман,
Яки етлериңе бир-ақ тоярман,
Баламысаң яки еримисең ердиң сен?!

Ғазап етсем тилла дарға асарман
Айтпасаң етиңе тамға басарман,
Етиңди жеп, жеригимди басарман—
Яки әўлады ма едиң шердиң сен?

Тирилей ет кесип алып саныңнан,
Маўқымды басайын жалап қаныңнан,
Жүўернемек, қорықпай жалғыз жаныңнан,
Не себептен бағдан алма тердиң сен?

Туттың шақасына атыңды байлап,
Қырқ қазан асымды ишипсең жайлап,
Келипсең өзиңди өлимге сайлап,
Бала, маған көп ақырет бердиң сен.

Жалғаншының жабысқыры едиң бе?
Қырқ қазан асымның бәрин жедиң бе?!
Жуўапсыз жеп «ийеси жоқ», дедиң бе?
Жуўапсыз бағыма неге кирдиң сен?

Батыр бала, қандай шаҳдың улысаң,
Яки қандай бийдиң қашқан қулысаң,
Яки жолдан адасқан бир муңлысаң,
Ҳаслы-затыңды бир баян әйле сен?

Ҳеш ким кирмейтуғын еди қалама,
Қорықпай кирген қыршын сендей бала ма!
Бирден урсам бала, жаның қала ма,
Келген жумысыңды бала айтқыл сен?

Қыршын болғыр, ким көтерер буныңды,
Жүўернемек, шығарайын уныңды,
Жоқ еткенде ким сорайды қуныңды,
Жаның барда тез кейниңе қайтқыл сен!

Қимди алым десең оннан бетермен,
Ашыўлансам сени пидә етермен,
Сөйтип, бала, мурадыма жетермен,
Қайтпасаң жат, қыршыныңнан қатқыр сен.

Зийўар қайсар ер еди,
Әзирейилден айбынбай,
Қайтпай шапқан шер еди.
Ерлигин оның соннан бил,
Көпти қуртқан қуў кемпир,
Зәҳәрин жайып жыландай
Қаншама сөз айтса да,
Қатыўланып, қатланбай,
Шамырқанып, шамланбай,
Қайсы журттан шыққанын
Қайсы ханның елине,
Өзиниң ким екенин,
Барыўға сапар еткенин,
Қәҳәрленген кемпирге,
Сонда баян етеди:

—Ана, шықтым Хорезмниң елинен,
Зернигар журтына пәрўаз әйледим,
Он еки күн түспей тулпар белинен,
Келип қалаңызға ҳаўаз әйледим.

Қышқырсам қалаңнан шықпады саза,
Қалаңның халқына келген бе қаза,
Ҳаўаз бермеди ҳеш, тутқан ба аза,
Оннан соң бағыңа мейил әйледим.

Зернигар елинде бир қыз бар, дейип,
Бойыма мүнәсип назлы яр, дейип,
Шықтым, ана, қорқытпаңыз «дар» дейип.
Яр ушын өзимди сейил әйледим.

Атам Хорезмде әдил Ҳәсен хан,
Айбатынан титирер жер менен аспан.
«Қашқыншы» деп қәўип әйлеме анажан,
Ҳаслы-затымды мен баян әйледим.

Ҳәсен ханның улы, атым—ер Зийўар,
Анажан, етпесең сөзимди баўар,
Ғазабыма боларсаңыз сазыўар,
Сизге мен сөзимди аян әйледим.

Зийўар бағың-тағыңызды не қылсын?!
Дүнья-малың, алтын-гәўҳар тағысын...
Жеген тамағымның алың ҳақысын,
Сениң бағы-бостаныңды нәйледим.

Анажан, қызбайман мен дүнья-малға...
Оманшаның қызы Айнажамалға,
Ашықпан; сормаға ләбинде палға,
Жанымды жолында пидә әйледим.

Сол ўақтында кемпирдиң,
Көзи оттай жанады,
Қансыз жүзи қубарып,
«Туўра келген бәле!» деп,
Бежирейип қарады.
Арысландай ақырып,
Анаў-мынаў адамның,
Жүрегин даўысы жарады.
Адамды қуртқан қуў кемпир,
Даўыллатып келеди.
Көк гүркиреп көклемде,
Жалтылдап шақмақ шаққандай.
Жаўынланып келеди.
Бул мәстан кемпирдиң,
Бир қиялға кеткенин.
Ер Зийўарбек биледи.
Шабынып турған Зийўардың,
Қолындағы қылышын,
Мәстан замат көреди,
Ҳасасын жерге урады.—
Сол ўақтында ер Зийўар,
Кийик сүўрет болады!
Көзи ғамға толады.
Ақша жүзи солады.
Налыс етип аллаға,
Зийўар зар-зар жылады.
Еси-ақылынан айрылып,
Ет бетинен қулады.
Арадан азырақ өткен соң,
Ақылына келеди,
Өзиниң кийик болғанын,
Сол ўақта Зийўар биледи.
Қуў мәстанның қолынан,
Қутылмасын билген соң,
«Жаның барда жаныўар,
Қуў мәстаннан қутыл!» деп.
Атына қарап сөйледи:

—Сен, сен едиң мениң еки қанатым
Қай жерлерде қалды мениң елатым?!
Азайымқан мәстан мени бәнт қылды,
Саған да барыўға жоқдур ҳалатым.

Енди мени адамлыққа санама,
Тегинликте мәрт есинен тана ма?!
Мен мәстанға болдым енди гириптар,
Барсаң сәлем айтқыл ата-анама.

Залым кемпир мени естен тандырды,
Кийик етип ишлеримди жандырды.
Мәстанға гириптар болма, жаныўар,
Жәдиў кемпир мени алдап жандырды.

Ойын етсе қуў мәстаннан утылма,
Жаның барда мәстанға сен тутылма,
Жаның болса шайнап үзип жибиңди,
Есабын тап, мәстаннан тез қутыл да.

Айрылдың сен минип келген баладан,
Жаның барда қарғып шық тез қаладан,
Жаныўар, мәстанға болсаң гириптар,
Мендей болып қутылмассаң наладан.

Жалғанаңнан, кекилиңнен жаныўар,
Қуў мәстанға бола көрме сазыўар.
Сен шықсаң қаладан мен де шығарман,
Керек болсаң табысарсаң ийеңе.

Буны еситип көк тулпар,
Көзиниң жасын төгеди,
Қулақларын жымыйтып,
Төрт аяғын бүгеди.
Шайнап қыйып шылбырын,
Қос қанатын қомлады.
Әне-мине дегенше,
Кийик болған Зийўардың,
Көзинен ғайып болады.
Қарғып өтип қаладан,
Бийик таўдың басына,
Барып бир-ақ қонады.
Көзин ашып қуў мәстан.
Жан-жағына қарады.
Байлаўда турған тулпардың,
Қаладан ушып шыққанын,
Қуў мәстан билмей қалады.
«Сеннен болған бәле!» деп,
Зийўарға ғазеп қылады,
Жолбарыстай ақырып,
Әрўақларын шақырып,
Түпиринип қақырып,
Өз-өзине бақырып,
Зийўарға заўал салады.
Балаға дем урады.
Сол ўақтында ер Зийўар,
Тилсиз қатып қалады,
Қулағы жоқ, тили жоқ,
Жағал кийик болады.
Кийик болған Зийўардың,
Иши оттай қайнады,
Ҳәр түрли қыял ойлады.
Мәстан кемпир кеткен соң,
Бағы-ҳәремнен шығады,
«Бул жерде жүрсем сумм кемпир,
Және бир бәле қылар деп»,—
Бийик таўға минеди.
Жан жолдасы көк тулпар,
Оған қарап жүреди.
Бағдан әстен шығыўдан,
Қасына киснеп келеди.
Түймедей басын көтерип,
Танаўлары елпилдеп,
Зийўарды ийискелейди.
Ақыллы еди көк тулпар,
Таўда жүрген кийиктиң,
Кийик емес ол жаныўар,
Хорезмниң елинен,
Минип келген жолдасы,
Ҳәсен ханның баласы,
Зийўар екенин биледи.
Кийиктиң қалмай изинен,
Бир-бирине ес болып,
Таўдан түсип келеди.
Сол ўақлары болғанда,
Күн батып қас қарайды;
Кийик болған Зийўарға,
Кең дүнья енди тарайды.
Бир мерген шықса алдынан...
Қуралы жоқ қолында,
Атлы қуўса изинен,
Не мүшкилге жарайды?!
Тәўекел етип ҳәр иске,
Жан-жағына қарайды,
Желкилдеген жуўсанның,
Ийиси аңқып барады.
Көк майсаның үстинде,
Кийик бара аўнады.
Бас ушында көк аты,
Қараўыл болып турады.
Майсада жатып ер Зийўар,
Сөйлерине тили жоқ,
Муң-мүтәжин айтыўға,
Жақын жерде ели жоқ.
Көк майсаның үстинде,
Бурынғы өткен күнлери
Жүрегине түседи.
Өткенди ойға түсирип,
Кийик болған ер Зийўар,
Ишинен сонда толғады:
Жаздың ыссы күнинде,
Сегиз қанат ақ орда,
Жез шийлерин түрдирип,
Ақ отаўдың төрине,
Қамқа төсек салдырып,
Елден сайлап қасыма,
Жақсы қызды алдырып,
Күн қызарып батқан соң,
Сол төсекте жатқан соң,
Ойын салып қыз бенен,
Мийрим әбден қанған соң,
Таң уйқының ўақтында,
Сыйыр саўар болғанша,
Түн уйқымды бөлмедим.
Алтын табаққа бал салып,
Дәмин татып тамсанып,
Бир күнинде бес ирет,
Чай ишсем де шөлледим.
Тарлық көрмей дүньядан,
Сол кеңликти тәрик етип,
Бир яр таўып алғанша,
Айнымас туўры шәрт етип,
Жалаң аяқ жар кешип,
Қызыл аяқ қыр кешип,
Күнлердиң күни болғанда,
Зернигардың жолында,
Ақ суңқардай желлеттим.
Ат жалын тартып минген соң,
Атымды халық билген соң,
Қарсыласқан душпаннан,
Қайтпайтуғын бенде едим.
Я пайманам толған ба,
Қызыл гүлим солған ба,
Пайтақ елден бездирип,
Аяғымнан тоздырып,
Сергизданға түсирип,
Дағыстанды гездирип,
Баўырымды ездирип,
Бул бәлеге ушыратып,
Я яратқан, яратқан,
Қарғаған бендең менбедим?
Айбатлы мендей ериңди,
Жолықтырдың мәстанға,
Кийик етип қуў мәстан,
Салды маған қысымды,
Аяқ-қолымды лал қылып,
Герең қылып қулақты,
Тилимди әбден гүң қылып.
Жатқан жеримнен қозғатып,
Ата-анадан айырып.
Боталы нардай бозлатып,
Жетим қозыдай маңыратып,
Дағыстанды жаңыратып,
Себеп пенен қудайым,
Дағыстанға ысырдың.
Хорезмниң елаты,
Халық па еди қайырсыз,
Қалмақ шаўып халықты,
Тақта хан келип қол салған?:
Соныңдай залымды,
Қуўып барып елине,
Тилла дарға астырған,
Ер Зийўардай батырды,
Кийик етти қуў кемпир!
Ели-журтымнан қол жуўып,
Қосынан қашқан қояндай.
Бир басымды паналап,
Қонбаған тоғай қоймадым.
Ҳәмелдиң айы болғанда,
Абылайсаң жаўыны,
Нөсер болып қуйғанда,
Төббелеме толғанда,
Мәкән етип булманда,
Таўдың басын жайладым.
Көк-көмбек жуўсаң шайыға,
Ҳайран болдым, жайылдым.
Қанатымнан қайрылып,
Туяғымнан майрылып.
Жатырман тасқа тығылып,
Жүрегим аштан сығылып,
Уйқыласам түске кирмеген
Көрмегенлерди мен көрдим.
Өткизди көз алдынан,
Патшалық болған саў күнди,
Зарлаў менен өткерди.
Кийик болған сол түнди.
Бурынғы өткен күнлерин,
Саҳрада еске түсирип,
Аты менен қосылып,
Зарланып жылап жатады,
Жаздың қысқа таңы да,
Қыйынлық пенен атады.
Таң жулдызы серпилип,
Шашырап қүн шығады.
Жазғы күн қандай жағымлы!
Әлемге нурын шашады.
Кийик пенен көк аттың,
Жол, шуғла зейнин ашады,
Ағып атырған қулдырап,
Булақтан суў ишеди.
Гүзар жолға түседи,
Тулпар менен кийиктиң,
Жортып жоны қызады.
Гаҳи кийик озады,
Гаҳи тулпар озады,
Кийик пенен көк тулпар,
Ойнап таўдың басында,
Ҳеш адам жоқ қасында,
Гә жортып, гә шаўып,
Екеўи шағлап йошады.
Қулақлары сылпылдап,
Кийик жолда болдырды,
Адамнан зыят көк тулпар,
Төрт аяғын бүгеди,
Түйедей болып шөгеди.
Кийиктиң болдырғанына,
Көзден жасын төгеди.
Болдырған досты, кийикти,
Арқасына миндирип,
Арандай аўзын ашады,
Таўға алып қашады,
Бир неше таўдан асады,
Аспан менен таласқан,
Және бир таўға шығады.
Қос қанатын қағады,
Кийик минген көк тулпар,
Жулдыздай болып ағады.
Көзди ашып жумғанша,
Ескен даўыл тынғанша,
Ашқан аўызды жумғанша,
Бәлент таўдың баўырына,
Көк тулпар барып түседи.
Үстиндеги ол кийик,
Қарғып түсти тулпардан.
Қарсы алдына қараса:
Шәменли гүллер ашылған,
Бүлбиллери сайраған,
Қырмызы гүллер жайнаған!
Қырмызы гүлдиң жапырағы
Самал менен шайқалған,
Ҳәреми бағ-бақшалы,
Бағыстанға келеди.
Дийўал менен шәменниң,
Әтирапы қоршалған.
Ол дийўалдың үстине,
Шеңгелден ҳәрем қойылған.
Ол ҳәремниң ишине,
Киретуғын есик жоқ:
Қуслар ушып өтпесе,
Тышқан да кирер тесик жоқ!
Кийик бағды айланса.
Бағы-ҳәремниң сыртында,
Үлкен жапты көреди.
Жағалап жапты жүреди,
Бир жеринде бақшаның,
Бағқа суў апаратуғын,
Бир тоғыртқа бар екен.
Үңилип оған қараса,
Өңири күтә тар екен.
Не де болса жаныўар,
Бағ ишине кириўге,
Сайран етип жүриўге,
Бағ ишинде нелер бар?—
Көзи менен көриўге,
Бағдан мийўе териўге,
Кийик қумар етеди.
Нешше күн тамақ жемеген,
Бели нәзик, қынайған,
Ас ишпеген аш кийик,
Жан-жағына қаранып,
Қаршығадай таранып,
Қуўыршақтай болып қунтыйып,
Жыландай болып сымпыйып,
Қулақларын қайырып,
Көкирегин айырып,
Өзин шотлап туўралап,
Тоғыртқаға урады.
Жары ортаға барғанда,
Яки арман кете алмай,
Яки берман жете алмай,
Тоғыртқадан өте алмай,
Алдынғы еки туяғын,
Алдына қарап созады,
Кейинги еки аяғын,
Арт жағына созады.
Басын төмен буғады,
Еки көзин жумады.
Оқ жыландай жылысып,
Өлдим-талдым дегенде,
Тоғыртқаның аўзынан,
Кийик зорға шығады.
Дүр-дүр қағып силкинип,
Дөгерегине көз салып,
«Ким бар, ким жоқ екен? -деп,
Шәменли бағдың әтирапын,
Кийик барлап биледи.
Жүриңкиреп алдына,
Жан-жағына қараса,
Қызыл алма қызарып,
Сабағынан үзилген;
Ақ алмалар сарғайып,
Әбден писип жетилген;
Бадам, әнжир, жүзимлер,
Писип жерге төгилген...
Жерге түскен жемисти,
Тойғанынша терип жеп,
Жүрсе кийик сайранлап,
Алтын тахттың үстинде,
Алтын жыға басында.
Қырқ кәнизи қасында,
Отыр еди бир сулыў.
Бағқа кирип жемистиң,
Түскенлерин терип жеп,
Мәс болып жүрген кийикке,
Отыр еди қараңлап,
Қасындағы қырқ кызы
Жүр еди бағдың ишинде,
Алма атып жайраңлап.
Бағқа кирип мийўе жеп,
Жүрген жалғыз кийикти,
Ханшайымның алдына,
Қуўып келди тайраңлап.
Көп қызлардың ишинде
Жаўырынлары қақпақтай,
Билеклери тоқпақтай,
Бурымлары бир қушақ,
Мурыны бар пышақтай,
Танаўлары шапшақтай,
Кулағының көлеми,
Журтта қалған ошақтай.
Еки бети қайрақтай,
Сөйлеген сөзи шақмақтай,
Бет ажарын айтсаң,
Қумдағы сары сақсақтай,
Бир кәнизи бар еди.
Кийиктиң бағқа киргенин,
Бағ ишинде жүргенин,
Бағдан мийўе тергенин,
Бағда ойнап жүргенин,
Кийикти қалай көргенин,
Бастан ол баян етеди:
- Қулақ салың ханшайым,
Мениң айтқан сөзиме,
Қызлар менен көшкиден,
Шығып едим сайранлап—
Жүзимлерди ойранлап,
Жүрген кийик көринди,
Бағ ишинде көзиме.
Қуўып кеттим кийикти!
Ҳәзир мынаў турыпты...
Сол ўақтында ханшайым,
Қыздың сөзин тыңлаған,
Шәңкилдеген сөзлери,
Шекесинен жыңлаған.
Шул кийиктиң бул бағқа,
Тоғыртқадан киргенин,
Сонда ханым аңлаған.
Ханым айтқан сөзлерден,
Еситкен ғәрип кийиктиң,
Жүреклери суўлаған:

—Қетип қалар бул жерде көп турсаңыз,
Қырқ қыздың бийлиги сизге тийисти,
Қалай қылсаңыз да барып услаңыз,
Услап мунда тез алып кел, Суўсыма!

Бағқа руқсатсыз кирген кийикти,
Услап тезирек алып келиң, Суўсыма!
Жан тиймеген жемислерге тийипти,
Гүнакар кийикти әкел, Суўсыма!

Кирген ҳайўанды болса жаныңыз,
Барып ҳийле менен услап алыңыз,
Қашпасын, мойнына буғаў салыңыз,
Жазым етпей тез алып кел, Суўсыма!

Бир туттың түбинен ошақ ойыңыз,
Екеў-ара ўаззаҳаны қурыңыз.
Алып барып бул кийикти сойыңыз,
Буйрығымды бежер барып, Суўсыма!

Егер услап алып келсең кийикти,
Онда сизиң мәртебеңиз бийикти,
Қырқ қыздың бийлиги сизге тийисти,
Соның ушын тезирек бар, Суўсыма!

—Әжеп болар, ханым,—деп,
—Сизиң ушын тасаддық,
Болсын әзиз жаным,—деп,
Ўайрақлап жуўырып кетеди,
Бағда жүрген қыдырып,
Қырқ қыз бенен қырқ канизге,
Суўсыма жылдам жетеди,
Ханшайымның буйрығын,
Қызларға баян етеди:

—Сайран етип жүрген сенсең, Арзайым,
Сизлерге жиберди мени ханшайым,
«Басқа қыздан аяқ-қолың жеңил» деп,
Хызмет буйырады маған ҳәрдайым.

Ҳарам өлгир кийик бағқа кирипти,
Көзге сүрме бағдан мийўе терипти,
Жемисти жеп, жаўлан урып жүргенин,
Көшкинде отырып ханым көрипти.

«Суўсыма, сен бийкелерге бар», деди;
«Егер аман кетсе, бизге намыс-ар», деди;
«Қалай болса да кийикти қутқармай,
Услап әкелегөр тезирек», деди.

Усы еди шоршынғаны жанымның,
Қысылып шыққаны сыртқа қанымның,
Жүриң, қызлар, кийикти услап алайық,
Тапсырмасы орынлансын ханымның?

Кийикти усламай барсақ бүлдирер,
Услап барсақ инам берип, күлдирер,
Егер орынламай барсақ буйрығын,
Сексен бийке—ҳәммемизди өлтирер!

Ханшайымның қызыл жүзи қубарып,
Кийиктиң етине ҳәўес болыпты,
Ханшайым нақ он сегизге толыпты,
Қазан урған қызыл гүлдей солыпты.

Ети қызыў, аўырыў болған демекши,
Кийик етин кабап етип жемекши,
Кәбаптан ҳәўеси басыла қойса,
Онда бизлерге раҳымет демекши.

«Жериктиң» жағдайын билесиз сизлер,
Онда оның емин табыўшы бизлер,
Кийикти қашырмай услап алайық,
Жүриңизлер қырқ қыз бенен қанизлер?

Суўсыманың бул сөзин
Қырқ қыз бенен қырқ кәниз,
Бәршеси мақул көреди.
Геўишин таслап көп қызлар,
Жалаң аяқланады.
Он қыз кетип алдына,
Он қыз шықты артына,
Он кәниз шықты оң жаққа,
Он кәниз шықты сол жаққа,
Қол усласып көп қызлар,
Бир кийикти қашырмай,
Дәрҳал услап алады.
Суўмаңлаған Суўсыма,
Ол кийиктиң мойнына,
Айдыллысын салады.
Қырқ қыз бенен қырқ кәниз,
Ҳәр ким бир таяқ урады.
Таяқ жеген кийиктиң,
Көзи кетти алақлап,
Оннан сайын кийикти,
Иши қызған бийкелер,
Ура берди таяқлап,
Таяқтан кийик болдырды.
Қызыл тилин салақлатып,
Алып барды ханымға,
Бенде болған кийикти,
Тазыларындай қәлпениң,
Сексен бийке жалақлап,
Кийикти услап келгенин,
Ханымға баян қылады,
Суўсыма келип алақлап:

—Ғурыжлансаң қүдиретлисең, ханшайым,
Орынланды бизге еткен ҳәмириң.
Ҳеш бир нәрседен жоқ мениң пәрўайым,
Қәлесең, кийиктиң басын кемириң.

Сиз—ханшайым, бизлер—сизге хызметкер,
Не буйырсаң хызметкерлер «Мақул», дер,
Ханымың буйрығын орынламаған,
Өз ўақтында хызметкери қайғы жер.

Тилсим менен бостаныңды орадың,
Патша болып дәўперини сорадың,
Сен буйырдың, бизлер дәрҳал бежердик,
Орынланды ойыңдағы мурадың.

Шашың қара, барқ урады жүзиңде,
Ханым, орынланды айтқан сөзиң де,
«Әкел!» деген кийигиңди әкелдим,
Не қылсаңыз ықтыярың өзиңде.

Ҳәмириңди тутты хызметкериңиз,
Сизиң де тарқайды қайғы-шериңиз,
«Атымды ата, сыбағамды ийтке сал,»
Деген ханым, бизге инам бериңиз.

«Сой»десеңиз, кийикти ҳәзир соямыз,
«Ой» десеңиз, еки көзин оямыз.
«Өлтирмеңиз жаныўарды» десеңиз,
Онда туқымлыққа сақлап қоямыз.

«Кәбап ет» десеңиз – иске тартылар,
«Ас» десеңиз—заматында асылар,
Жемисиңди жеген кийиктиң етин,
Бир жесеңиз хәўесиңиз басылар.

Әўелинде Суўсыма.
Ҳаўлығып қалған бийшара,
Айтар сөзин таппады,
Айта берди ҳәр сөзди,
Сонда да аўзын жаппады.
Аўзын жаўып не қылсын,
Ханшайымның буйрығын,
Орынлап шыққан Суўсыма,
Жеген дузын ақлады.
Ҳаўлықса да әўели,
Ети қызып алған соң,
Сүйреңлеп тили шыққан соң,
Бир сөзиниң кейнине,
Және бир сөз тақлады:
—Кийикти услап әкелдим,
Ханым саўға бериң? — деп;
—Туқымлыққа қойсаңыз,
Тарқатылар шериң, — деп;
—Яки кабап етсеңиз,
Тезирек иске тартылар.
Келсе сорпа ишкиңиз,
Онда шаққан асылар.
Етин жесең кийиктиң.
«Желигиң» жылдам басылар.
Сизиң быйыл жасыңыз,
Он сегизден асты,—деп;
—Түнде қызып денеңиз.
Муҳаббатың тасты, — деп;
—Жигирма жасқа шыққанша,
Бир ғошшақты таппасаң,
Өткердиң бийкар жасты,—деп;
Патшалықтан пайда не?
Алымлықтан пайда не?
Таппасаң жерден асты,—деп;
— Бир жақсыға қосылып,
Қәдирлемесең басты, — деп;
Муҳабатты билмеген.
Жети атаңыз насты,—деп,
Суўмаңлаған Суўсыма,
Сөзин айтып мысаллап,
Ханшайымды баплады.
Тапсырмасын бежерген,
Қызларға инам бермеди,
Суўсыманның сөзлери,
Ханшаға мәгар жақпады.
Суўсыманы ханшайым,
Жиберерде кийикке,
Айтқан сөзинен шықпады,
Сөз қайымға келген соң,
Суўсыма қорқып, буқпады.
Жулынына тийгизип,
Қанша отырып айтса да,
Ханшайымға жуқпады.
Ханымның билип ыңғайын,
Билген соң барлық жағдайын.
Суўсыма тезирек тоқтады.
Сонда турып ханшайым:
—Ҳаў Суўсыма, Суўсыма,
Услап келген кийикти,
Өзиң ғана сой, — деди;
—Баслап келген бағыма,
Еки көзин ой, — деди;
—Өкпеси, ишек-қарнын,
Көмип жеп, өзиң той,—деди;
—Баўыры менен жүрегин,
Бүлкилдеген бүйрегин,
Маған сақап қой, — деди;
—Айналасынан кийиктиң,
Басқа қызларды қуў, — деди;
—Қанын сойып тазалап,
Өз қолың менен жуў, — деди;
—Жүрек, баўыр, бүйрегин,
Кәбап етип писирип,
Маған әкелип бер, — деди;
—Қалған етин асыңыз,
Қырқ қыз бенен қырқ кәниз,
Таласып бәри жер,—деди;
—Тарқатарсыз шер,— деди.
—Әжеп болар ханым, — деп,
Жалақлатып пышағын,
Суўсыма қолға алады.
Еки кәнизди шақырып,
Кийикке жақын барады,
Төрт аяғын топ қылып,
Беккем етип байлады,
Өлерин кийик билген соң,
Ишин суўық жайлады.
Сол ўақытта Суўсыма,
Пышағын алып қолына,
Қадалғанда шалмаға,
Нәзер етип қараса,
Адам сүўрет көринди!
Кийиктиң көрип жүзлерин,
Адамзатқа усатты,
Ашып көрип көзлерин,
Пышағын тартып алады.
«Илая тасқа шапқыр!» —деп,
Қынапқа қайтып салады.
Орнынан қарғып турады,
Ғәрип болған кийикти
Көзи менен жүзлерин,
Адамзатқа усатып,
Ханымға баян қылады.

С у ў с ы м а:
—Суўсымаңның арзасы бар, ханшайым,
Бул кийикти адамзатқа мегзеттим,
Саған мәлим, жаным, мениң ҳал-жайым,
Жаныўарды адамзатқа мегзеттим.

Асығып ханым-аў ҳәўес асыңа,
Жетип бардым ол кийиктиң қасына,
Қарап турып көзден аққан жасына,
Жаныўарды адамзатқа мегзеттим.

Ол кийиктиң аяқ-қолын жыйнадым,
Шалайын деп жаныўарды қыйнадым,
Көзин көрип өлтирмеге қыймадым,
Кийикти мен адамзатқа мегзеттим.

«Шалайын» деп қаўсырғанымда жақты,
«Жаныўардың көзлеринен қан ақты,
«Қара болмасын» деп ханымның бахты»,
Алдыңызға келип ханым арыз еттим.

Пышақты алғаннан қәўметин бүкти,
Шалайын дегеннен көзден қан төкти,
Арқаламайын мен бул аўыр жүкти,
Бул кийикти адамзатқа мегзеттим.

Көзлеринен аққан жасы мүсиндей,
Түслери тап адамзаттың түсиндей,
Кийик болғанына турман түсинбей,
Соның ушын сизге келип арыз еттим.

Жүзлерин көргенде гүл-гүл жайнайды,
Тили жоқ, ишлери ғыж-ғыж қайнайды,
Ким де болса өлтириўге қыймайды,
Минез-қулқын адамзатқа мегзеттим.

Адам болып қызыл гүли солмасын,
Қәпелимде пайманасы толмасын,
Дуўайыбент адамзат болмасын,
Нағыз өзин адамзатқа мегзеттим.

Адамзаттай нур бар еки көзинде,
Адамгерлик мираўат бар жүзинде,
Өлтир я өлтирме еркиң өзиңде,
Мениң өзим адамзатқа мегзеттим.

Адам болса аяқ-қолын шешиңиз,
Өлтирмей бир қасық қанын кешиңиз,
Дуўайыбент болған адамзат шығар,
Адам гөши болмасын кийик етиңиз.

Ара шөлде атын жортып желгенди,
Рухсатысыз бағына киргенди,
Қырқ қазаннан тойып тамақ жегенди,
Терис қайтқан мениң анам дуўалар.

Батыр болса ҳасыллыққа кеткенди,
Сөйтип анам буны кийик еткенде,
«Мәстанның қолынан қутылайын», деп,
Келип, бизиң бағымызға жеткенди.

Ол жоллардан саўдагер көп өтеди,
Саўдагердиң жолын анам күтеди,
Қызығып кәрўанның дүнья-малына,
Анам адамларды кийик етеди.

Анамның жоқ ҳаслы, намысы ары...
Кәр етпейди жанның еңиреген зары,
Кийик етип дүнья-малын алады,
Бул — мәстан анаңнын кәсиби кәри.

3 а ў р и я:

—Көп оқыған азайымның дуўасын!
Қабыл етпей, кәрўанлардың көз жасын,
Нешшелерди кийик етип жиберип,
Мөминлердиң арқалаған гүнасын.

Ким биледи, түйе баққан сәрўанды?
Ким биледи, түйе тартқан кәрўанды?
Ким биледи, Хорезмге хан болып,
Заманында шағлап, дәўран сүргенди?

Ким биледи, журттан асқан палўанды?
Ким биледи, қай журтқа қылған жаўланды...
Мен де сорлы едим «яр» деп жылаған,
Ким билсин, көз жасым қабыл болғанды...

Көз жасымды қабыл әйлеп қудайым,
Даңқымды еситип бағқа киргенди,
Сынамаққа бағдан жемис тергенди,
Кийикти ғайыптан қүдирет бергенди.

Қурдасларым, қабыл болғай көз жасым,
Кийикти көргенше кетти ықласым,
Жүрегим ҳалласлап соғып барады,
Жүрегиме батпай уртлаған асым.

«Яр» деп өртенбеген жерим қалды ма!
Алла көз жасыма нәзер салды ма?
Ким биледи, адам шығар бул кийик,
Урмай-соқпай алып келиң алдыма.

Жақсы липас кийип белди қынайын,
Кийикти өз көзим менен сынайын,
Ҳайўанбекен, адамбекен, айырып,
Не болса да оннан кейин тынайын.

Деген ўақта Суўсыма,
Қырықпа тайдай қунтыйып
Қулақлары жымпыйып.
Майға түскен тышқандай,
Кийикке барды сымпыйып.
Топ болып жатқан кийиктиң.
Аяқларын шешеди.
Орынынан турғызып,
Алдына пал қояды,
Палды кийик ишеди.
Суўсыма желдей еседи,
Ханшайымның алдына,
Кийикти алып келеди.
Қуштар болған ханшайым,
Кийикти барлап көреди,
Кийик емес, ким билсин,
Патшазада турмекен?
Кийик болса бул неге,
Адамзаттан қашпайды?
Бағқа неге киреди?
Бул бағлардың ишинде,
Адам барын биледи...
Үйир көрип адамды,
Кийик болса ҳақыйқат,
Адамға неге келеди?
Кийик болса бул неге,
Адамды душпан демейди?
Жерге түскен жемистиң,
Жаманын неге жемейди?
—Ҳай, Суўсыма, Суўсыма,
Шардараға барыңыз,
Шардараның астына,
Кеңнен төсек салыңыз.
Бир жағынан шөп төсең,
Ортасына төсектиң,
Дәстурханды жайыңыз,
Түрли тамақ қойыңыз.
Шөп төсеген жағына,
Пәшек пенен шайлардан,
Жантақ пенен ақбастан,
Селеў менен жуўсаннан,
Номай етип қойыңыз.
Соннан кейин Суўсыма,
Шардараның ишине,
Кийикти жекке жибериң,
Азған болса адамнан,
Жан-жаққа да қарамас,
Селеўге де қарамас,
Жуўсаңға да қарамас.
Адам болса бул кийик,
Ақ төсектиң үстине,
Бара аўнар бул кийик.
Адамзат, өйткени,
Ҳәзликти жақсы көреди,
Кийик болса—ҳайўан ол,
Қанша ҳүрмет етсең де,
Иззетти ҳеш билмейди,
Шөптиң-шардың басын жеп,
Аўқат етип жүреди.
Адамзаттың белгиси,
Шөп төсекте жатпайды,
Қус төсекте жатады,
Шөпти-шарды татпайды,
Мың түрли жемис қойсаң да,
Әўеле палдан татар ол.
Ҳайўан болса қайғысыз,
Шөп төсекте жатар ол.
Усыны бил Суўсыма,
Тапсырмам мениң саған сол,
—Мынаў сөзиң ақыл,—деп,
Шардараға барады,
Ғалы гилем жаяды,
Ол гилемниң үстине,
Ақ текиймет төседи,
Текийметтиң үстинен,
Мамық төсек салады,
Ҳәр жағына мамықтан,
Жуптан көпшик қояды,
Қус төсектин алдына,
Ушығадан торлаған,
Кең дәстурхан жаяды;
Бир жағында—алма бар,
Бир жағында—әнжир бар,
Бир жағында—бадам бар.
Бир жағында—писте бар;
Бир табаққа—палаўдан,
Бир табаққа—қуўырдақ,
Бир табаққа—кәбаптан,
Бир табаққа—семиз ет,
Бир табаққа—сорпадан...
Түр-түринен қояды.
Жемиске кийик тояды,
Жемистен мийри қанған соң,
Шардараның астында,
Мамық төсек үстинде,
Уйқыға мейил болады.
Қарап турған ханшайым,
Бенде болған кийиктиң,
Кийик емесин биледи.
Секирип түсип тахтынан,
Жуўырып-жортып ханшайым,
Шардараға келеди.
Азайымлық дуўасын,
Қап таўының астында,
Жети жыл жатып оқыған,
Перилерди бәнт етип,
Көкирегине тоқыған,
Азайымлық ислерин,
Ол мәстаннан арттырған.
«Мәстанның бул қылығын,
Көрмейин мен сирә», деп,
Қырқ қыз алып қасына,
Қала салып, бағ егип,
Өзинше шетте ҳәз етип,
Мәстаннан бөлек отырған.
Бир қысым топырақ алып,
Үш мәртебе дем салып,
Қарсы турған кийиктиң,
Маңлайына шашады.
Кийик еткен мәстанның,
Әрўақлары қашады.
Алдында турған ол кийик,
Түшкирип, дүр-дүр қағынып,
Адам суўрет болады...
Жамалына жигиттиң,
Қыздың кеўили толады.
Кийик болған Зийўарға,
Заўрия ашық болады.
Ашықлығын билдирип,
Жилўа етип, наз етип,
Алдында ойнап турады,
Ер Зийўардан Заўрия,
Ҳаслы затын сорады:

Қ ы з:
- Сыйпайсаң жаңа тап берген муртыңды,
Сөйтип қоздырдың сен мениң қуртымды...
Жөн сорасыў бурынғыдан қалған жол,
Маған баян әйле ели-журтыңды?

Ж и г и т:

—Маҳитабан яңлы мениң гүл жүзим,
Ҳәсеншаның әўладыман мен өзим,
Ҳаслымды мен сизге баян әйлейин,
Журтымды сорасаң мениң Хорезм.

Қ ы з:

—Баян еттиң, бала, ҳаслы-затыңды,
Оқып көрдим пешанаңда хатыңды,
Атаңыздың аты болса Ҳәсен хан,
Бала, баян әйле өзиң атыңды?

Ж и г и т:

—Душпанды қәҳриме болған сазыўар,
Бар еди астымда тулпарым қуўар,
Қуда боласаң ба сорап атымды?
Атымды сорасаң мениң—ер Зийўар.

Қ ы з:

—Бала, түсиндиң бе мениң ойыма,
Бойыңды мүнәсип көрдим бойыма,
Маған ылайық ғошшақ жигит екенсең,
Жолың түсип келгенсеңди тойыма.

Ж и г и т:
—Гөззалға мүнәсип мениң бойым бар,
Бирақ сеннен басқа бөлек ойым бар,
Саўалыңыз болса сора еглеме,
Қыстаў баратырған қызық тойым бар.

Қ ы з:

—Бала, қоя турғыл қыстаў тойыңды!
Басқа жаққа аўдармаңыз ойыңды,
Хорезм журтынан келген ғош жигит,
Ашық болдым көрип сәрўи бойыңды.

Ж и г и т:

—Ҳазан урмай ғуншалы гүл солмайды,
Ханның кеўли қарашаға толмайды,
Гөззал, меннен қиялыңды кетиргил,
Зернигарға тез жетпесем болмайды.

Қ ы з:

—Билегиңди салып алда мойныма,
Мийриң қансын перийзаттың ойнына,
Бағыма кир, азырақ арам алып кет,
Кирип жәннет яңлы мениң қойныма.

Ж и г и т:

—Жамалын көрмеге болып интизар,
Мәстан анаңызға болдым гириптар,
Не қылайын қойныңды, жәннетти?!
Зернигар журтында ашық ярым бар.

Қ ы з:

—Ашығыңды қойып мени алмасаң,
Ақ мойныма билегиңди салмасаң,
Анам кийик етсе, мен ийт етемен,
Зийўар, мени ҳаяллыққа алмасаң!

Ж и г и т:

—Алла бағымды ашса қулпы дөнемен,
Әжел жетсе лаўлап оттай сөнемен,
Не болса да ашығымның жолында,
Алла басқа салған иске көнемен.

Қ ы з:

—«Ашығым», деп ара шөлде қыстанба,
Ашығыңыз перийзат па, инсан ба?
Зернигарды, ашығыңды баян ет,
Күн көрсетпей жер астында бақсаң да!

Жигит:

—Сөйлегенде сөзи шийрин, ләби пал,
Ақ жүзине жарасады қоша қал,
Зернигарда ашығымды сорасаң,
Оманшаның қызы, аты—Айнажамал.

Қ ы з:

— Айнажамал болар Гоҳибулырда,
«Барып қызды аламан», деп урынба,
Әтирапын тилсим менен бәнт еткен,
Барсаң, бәнт боласаң қыздың торында.

Жигит:
—Қазам жетсе қызыл гүлдей солайын,
Алла бахтымды ашса тасып-толайын,
Излеп барып ашығымның журтында,
Яр бәнт етсе торында бәнт болайын.

Қ ы з:

—Дәўлерди бәнт етип қойған жолында,
Аждарҳа дем шеккен оңы-солында,
Барып алалмайсаң Айнажамалды,
Барған менен бәнт боласаң қолында.

Ж и г и т:
—Ашықлардың бул дүньяда баўыры қан,
Жол табалмай болдым шөллерде сарсаң,
Қийик болдым сол анаңның қолында,
Яр жолында менде жоқты ҳеш әрман.

Қ ы з:

—Бағларыңды бүлдиреди Мурғызар,
Оянады уйқылап жатқан залымлар,
Тутып алса сени дәўи, периси,
Болма, батыр, залымларға гириптар.

Ж и г и т:

—Саўаш күни қылышымнан ағар қан,
Әжел жетпей тәннен шықпас шыбын жан,
Тутып алса мени дәўи, периси,
Яр жолында өлген мәртте не әрман?!

Қ ы з:
—Араладым Ҳәсер таўдың тасыны,
Алған екен ондай шайтан ҳушыңды,
Ҳәлек боласаң батыр қалаға барсаң,
Дәў периси кәбап етер гөшиңди.

Ж и г и т:

—Қулақ салғыл, Заўриядай перийзат,
Шын ашықлар ҳеш болмайды биймурат,
Меи интизар Айнажамал арыўға,
Нәсияттың бизге болар бул күн дәрт.

Қ ы з:

— Есит Зийўар мениң айтқан дадымды,
Сорамаспысаң ләпте шекер-қантымды...
Ашық қушағыма қайрылмай кетсең,
Умытпаспан сениң берген пәнтиңди!!!

Ж и г и т:

—Атым Зийўар, өзим палўан батырман,
Қаймықпаспан сендей ғәлет қатыннан!
Қолдан келсе кескил мениң басымды,
Мен өлейин сол ярымның артынан.

Қ ы з:
—Қиялмайын саған айттым нәсият,
Ашықлықтан жүрегимде жанар от.
«Бир пери», деп кеше бердиң жаныңнан,
Қәҳәрленсем мен саларман саған дәрт.

Ж и г и т:

—Душпан титирер мениң Зийўар атымнан,
Қоллар салдым ҳәр палўанның бәнтинен,
Айнажамал қызды көрмей жаҳанда,
Мен сүймеспен басқа ләби-қантынан.

Қ ы з:

—Анамның қолынан әйледим азат,
Меннен жақсы емес онда перийзат,
Сал мойныма ақ арыстай билегиң,
Бул дүньяның қызығын көр, адамзат.

Ж и г и т:

—Ҳәй, Заўрия қулағың сал зарыма,
(Айнажамал қызды қушсам баўырыма!)
Тыңламайман айтқанныңды бәри бир,
Наҳақ қалма мендей мәрттиң қанына.

Қ ы з:

—Ашықпан, сөзлерим бар саған минәй,
Менде бардур алтын, гүмис, ақ сарай,
Жилўа менен киргил мениң қойыныма,
Өлмек те адамға емести оңай.

Ж и г и т:

—Сен ҳәм жанан, ақ жүзиңде барды қал,
Баўырың тилип, маған болма интизар,
Қолыңнан тутпаспан жақты дүньяда,
Қойныма кирмейинше сол Айнажамал.

Қ ы з:

- Дүньяда ашықтың ўәдеси жалған,
Анам кийик қылса,—қыламан ҳайўан,
Қайтармағыл гүлдей болған кеўлимди,
Бир ақшам сүрейик еккимиз дәўран?

Ж и г и т:

—Мен билермен ашықлықты—жаман дәрт...
Ақ сийнеңе жарасады тилла бәнт,
Тағамсаң сен шийрин сәўбет қурғанда,
Тилим алсаң таң атқанша арман жат.

Қ ы з:

—Мойынымда алтын ҳәйкел-тумарым,
«Сендей мәрт», деп пидә болды бул жаным,
Ләптен тислеп, тилден сормай палыңды,
Бул Заўрияң бос жибермес дийдарың.

Ж и г и т:

—Атым Зийўар мәңги дүньяда сәрбар,
Сендей қызға мен емеспен миясар,
Бул дүньяда ашықлықтан әрман жоқ,
Өзиме урарман қайғылы қанжар.

Қыз:

—Атымдур Заўрия дүньяда жанан,
Адамына шийрин болар жалғыз жан,
Ақ билегим енди салдым мойныңа,
Еки ашық өлсе жоқты ҳеш әрман.

Ж и г и т:

—Батырман питкенди маған күш-ғайрат,
Мен өлсем басыңа болар көп мийнет
Ыразыман енди сениң өзиңе,
Қазама қалмайжақ болсаң ары кет.

Қ ы з:

Қеўилиме келипти бир бөлек гүман,
Көзлерим сарғайды қурып ҳәл-дәрман,
Ур қолыңды қылдай болған белиме,
Баўырыңа кирип өлсем жоқ әрман.

Қыз тыңламай ғош жигиттиң тилини,
Жан алып солдырды қызыл жүзини,
Аямайын батыр туўған ер Зийўар,
Урды қанжар қәҳәрленип өзине.

Сонда қыз көзин жаслап, жигиттиң билегинен услады. Бир өзиниң күши жетпей, қара баўыры қан болып, жигиттиң шыннан өлерин билди. Жаҳан деген канизеги бар еди, Заўрия Зийўарды өлимге қыймай, оған бир-еки аўыз сөз айтады:

3 а ў р и я:

Кел қасыма енди мениң Жаҳанжан,
Ашықлық жолында болды баўырым қан,
Мен көргенмен ғош жигиттиң ўәдесин,
Төсеклерден ақты бүгин қызыл қан.

Зийўар өз жанына қылып тур қәҳәр,
Зәҳәрге дөнгенди ишкен шекер-пал.
Қүдиретим жетпес батыр палўанға,
Жаҳан жери, әтирап-дашқа хабар сал.

Тыңламады Зийўар айтқан зарымды,
Төсек толды тәннен аққан қанына,
Ырас екен мәрт жигиттиң ўәдеси,
Жаҳан пери, тезирек бар жанына!
Турды орнынан сол ўақытта қыз Жаҳан,
Сыйқыр урды, титиреди жер-аспан,
Таяр болып Заўрияның қызлары
Келип ер Зийўардың тутты қолынан.

Енди Жаҳанның Зийўарға айтқан сөзин еситиң:

—Ҳәй, палўаным, Зийўар атлы салтанат,
Ғапыл болды сырың билмей перийзат,
Тәниңнен тарт мениң ушын қанжарды,
Сен өлсең бизлерге қалар жаман ат.

Ҳасыл болар ер жигиттиң мурады—
Көп узамай шәни-шәўкет қурады,
Қапалан ба, елжирет пе кеўлиңди,
Хорезмли Ҳәсен ханның зүрияты.

Атымды айтады, мен қызбан Жаҳан,
Сен өлсең қуўанар есапсыз душпан,
Питкерейик кеўилиңдеги мақсетиң,
Қанжарыңды тарт жүректен Зийўаржан?

Бул гәплерди еситип,
Зийўар атлы батыр ер,
Қанжарды тартып алғанда—
Еки бармақ терисин,
Жүрегине тийдирмей,
Сыйырып түсти ол қанжар.
Шар тәрепке қырқ қыз,
«Қарағым» деп жуўырды,
Ҳасыл-ҳасыл гүллерден,
Қызлар терип алады,
Ол қанжардың орнына,
«Ем болсын» деп салады,
Жарасын беккем байлады,
Барлық жерин сыпырып.
Қызлардың сонда ер Зийўар,
Шарап ишип қолларынан
Таң атқанша шағлады.

Бир нешше күн арадан өтти, Зийўардың жарасы питти. Заўрия бағды қыдырмаға Зийўар менен сайланды. Заўрия алтын, гүмис тағы бир тәрепке созылған қулпырып турған бағын аралап, Зийўарды билегинен услап, нешше түрли ойынлар менен жигиттиң ўақытын хошлады. Зийўар ҳәр тәрепке қарады. Бир ўақытта атына көзи түсип, өксип-өксип жылады. Сол жылап турған ўақытында бир-еки аўыз нақыл менен Заўрия жигиттиң ҳалын сорады:

Қыз:
— Сен шығыпсаң Хорезмнен жалғыз бас.
Ашықлық зәҳәри болар жанға қас,
Жаныңда турғанда мендей перийзат,
Не себептен көзге алдың қанлы жас?

Ж и г и т:
— Арзымды еситкил гүл жүзли жанан,
Ашьңқлық дегениң көргенше жаман.
Салдың мойыныма жумыры билегиң,
Бағ емес, гүл емес, ойының зиндан.

Қ ы з:
— Сен көрип еснегенди әреби ат,
«Ер жигит көрмесин,—дейди,—машақат»,
Сен кетерсең сәўбетимнен айрылып,
Заўрияны қалдырарсаң биймурат.

Жи г и т:

— Биймурат болмағыл, жаным Заўрия,
Еккимизге тарлық етпес бул дүнья,
Қыймай турсаң, жолдас болғыл биз бенен,
Еле де кешермиз бир нешше дәрья.

Қы з:

— Бир сен ушын болмас мениң тәқәтим,
Мудам саяңызда жүрмек мақсетим.
Ҳаслы затым айтсам өзим дуўақан,
Мен билермен сол жоллардың сыпатын.

Ж и г и т:

— Ашылғай сениң де бағдағы гүлиң,
Мен билермен жалғаншыда қәдириң.
Ҳеш ўақ қайтпас ғош жигиттиң қәдеми,
Ыразы болсаңыз биз бенен жүриң.

Қы з:

— Жарқырайды «өңиримде тумарым,
Жолларыңда! пидә болар бул жаным,
Мәртлигиңди мен билгенмен, ер Зийўар,
Бирге жүриў, сениң менен қумарым.

Жигит:
— Қолларыңнан иштим касалап шарап.
Кеўлимсең, жүрсеңиз Зернигарға қарап.
Ашықлықтың зиндан болар қумары,
Атланайық, сонда кетеди тарап.

Буны еситип Заўрия,
Көзи оттай жанады,
Ақылдан питкен данады,
Зийўар менен қосылып,
Сарайына барады.
Қәлемдей қасы қыйылып,
Айнасына қарады.
Сүрме сүртип қасына,
Басын төмен ийеди.
Нешше түрли ҳасыл заттан.
Үстине тартып кийеди.
Мойнына тулға байлады.
Қумар көзи жайнады.
Жаў-жарағын асынып,
Тулпарын алды шақырып.
Кетермен болып Заўрия...
Өзин жолға сайлады.
Соған дейин ер Зийўар,
(Жүриўге еди көп қумар!)
Қолға қамшысын алып,
Муздай темир қурсанды.
Еки батыр саз болды.
Сыйқыр урды Заўрия—
Жаңғырады жер-аспан.
Қырқ қыз бенен Жаҳаны,
Ат ойнатып таўларда,
Көкти қаплап шаңлары,
Келип қалды сол заман.
Жаҳан пери қараса:
Заўриядай арыўың,
Еркекше кийим кийинген,
Белине қылыш илинген;
Зийўар менен екеўи,
Бир сапарды ойлаған.
Буны көрип қыз Жаҳан,
Бир-еки аўыз сөз сөйлеп,
Кетер жолын сорайды,
Әдеп пенен сол заман:

Арзым есит, ай сәўлели перийзат,
Бул сапарың бизге болды жаман дәрт,
Жолларыңның барды жетпис бәлеси.
Сен шегерсең Зийўар ушын көп мийнет.

Белиңе байлапсаң қанжарыў-алмас,
Қумар көзден ҳәр жайларда ағар жас.
Гөриң екен, ақылың екен ер Зийўар,
Сизиңдей дананы етипти жолдас.

Зийўар ердиң ҳаслы заты—адамзат,
Жалғыз кетсе шегер еди машақат,
Аман барып, саў келгейсен, Заўрия,
Барғаныңды ҳеш сезбесин перийзат.

Саўаш болса қылышлардан ағар қан,
Геллесинен жуда болған нешше жан,
Ер Зийўарға қиянетлик әйлеме,
Узақ сапарыңнан келгейсиз аман.

Сонда 3 а ў р и я сөйледи:

— Меннен зият ғайратыңыз, Жаҳанжан,
Душпанлар етпесин ел-журтты талан,
Мен көрейин ер жигиттиң ўәдесин,
Зийўарға болмасын сөзлерим жалған.

Бағларымда қалды ашылған гүлим,
Палўанлықтан жоқдур сениң ҳеш миниң,
Мен етейин жақсылықты Зийўарға,
Шын мәрт болса билер мениң қәдирим.

Ер Зийўар билмейди ҳеш бир илимди,
Жалғыз жанға салар зорлық-зулымды,
(Ол пери ҳеш ўақта болмайды қатын...)
Көрсетейин тилсиматтың жолыны.

Қолымда жарағым, астымда атым.
Көрсетейин дәўпериниң айбатын,
Қыйыншылық көрген мәртке жақсырақ,
Өлгенимше аямайман хызметим.

Сөзим тыңлаң, хош қылықлы перийзат,
Шарап ишип, мен келгенше жеңиз қант,
Қутқарайын ашықлықтың дәртинен,
Зийўарды әйлейин бул дәрттен азат.

Биз барғанда шақырмағай Мурғызар,
Ер Зийўарға болмағайды дүнья тар,
Биз атландық шәри-шаман бағына
Хош қалыңыз бирге ойнаған перилер.

Пери ҳалқында атланған жигитке пәтия қылыў, көп тилек тилеў бурында әдет емес екен. Жаҳан менен қасындағы қызлары тарасып сарайларына кетти. Екеўи атын жетелеп, қыйсық жолды төтелеп, ер Зийўар менен Заўрия дәрўазаны бәнт етти. Атларына минип алып, Гоҳибуларға сапар шекти. Жан-жағына көз таслап, нешше жайдан сөз баслап (ақыллы еди Заўрия!,) сөзине қосып нәсият, «Болмасын батыр биймурат», деп Зийўардың кеўлин хошлап, бир-еки аўыз сөйледи:

— Мен айтайын, батыр Зийўар, нәсият,
Бул сапарда болсын сениң кеўлиң шад,
Билмегениң көпти сениң, султаным.
Тыңласаң сөзимди жетерсең мурат.

«Зийўар» дейди халық сениң атыңды,
Ҳақ көтерсин сениң кеўил-шадыңды,
Сен адамсаң қам сүт емген анадан,
Алжып жүрме, писент тутпай қатынды.

Қасыңда жолдасың —бир гөззал жаҳан,
Үйренген илими-билимлери кән.
Ғапылсаң адамзат өзиң дүньяда.
Мийнетти шеккенде муңайма, султан.

Екеўимиз қосылып миндик әреби ат.
«Бир нашардан көрдим», деме ақырет,
Айда атың әўел баслап, Ер Зийўар,
Шын ашық болсаңыз көрермиз мийнет.

Қулағың сал тағы, батыр ер Зийуар,
«Изде қалды», дейип қылмағыл қыял,
Бул жоллардың көпдур айтсам ҳийлеси.
Ақылыңды алар, барсақ Айнажамал.

Айтылған сөзлерге ер болсаң инан.
Қанат байлап ушар астыңда ҳайўан.
Дәркарыңды жеткеремен тарықпа.
Издеги достыңнан етпегил гүман.

Зийўар атлы палўаның,
Атқа қамшы урғанда,
Көкке шықты бурқып шаң!
Артта қалды Заўрия...
Мәрт болды жолларда сарсаң,
Жүрген жери батырдың,
Таўдың сайлы саҳрасы,
Бир күн тамам жол жүрди,
Көринбейди изинен,
Заўрияның қарасы.
— Бир шайтаннан қутылдым!—деп.
Шақақ урып күледи.
Геллеғардың «баласы» —
Батыр минген гүреңше,
Әне-мине дегенше.
Бес күн тамам жол жүрди.
Бир дәрьяға барады.
Ағып турған сала жоқ..
Аттан түсти ер Зийўар,
«Ишейин суўдан», дегенде,
Суў дөңгелеп барады.
«Айнажамал периге.
Жете алмай әрманлы,
Бул дүньядан өттим», деп.
Дәрьяның қорқып түринен.
Мәрт қайғыға батады.

Ер жигит қайғыға батты, атының жылаўынан услап, сол жерде қырынлап жатты. Жатып батыр уйқылады, сол заматта бир сыңсыған даўыс ер Зийўардың қулағына тал-тал келди. Көзин ашып қараса—дөгерегинде омма турған, ярым белинен бөлинип қалған сансыз өликлерди көрди. Заўрия қылышын қанлап, «турҳа-тур» деп Зийўарға үш-төрт аўыз сөз айтып зарлады:

— Данқы шыққан Зийўар атлы султаным,
Жалғыз қашпақ еди сениң әрманың,
Шақақ урдың «қутылдым—деп—шайтаннан»
Қәне жигит Мурғызарға барғанын?!

«Маған несип,—дейсең,—барсам Мурғызар»,
Бизди душпан билип етипсең қиял.
Мен болмасам кеспеспеди басыңды.
Мына қатар жатқан сансыз душпанлар?

Заўрия—танысаң, билесең атым.
Минекей көрдиң бе мениң ғайратым,
Мени жолдас етпей қалдырсаң кейин,
Жене алмассаң бул жоллардың зулматын.

Секирип турды орнынан,
Сол ўақытта ер Зийўар.
Тар көринди көзине,
Жер менен оған аспан.
Ишейин деген суўы.
Ағыл-тегис қызыл қан.
Өлик пенен ол қанды,
Көргеннен соң ер Зийўар,
«Қәте екен—деп—меники»
Қалмады жан-ийманы.
Сол ўақлары болғанда,
Аттың басын бурады,
«Не келтирдиң кеўлиңе,
Ырас айт?» деп ер Зийўар.
Заўриядай гөззалдан,
Қайта-қайта сорады:
— Қулағың сал, перийзат,
Шуғыл сөзге инанба.
Шуғыл сөзге инанып,
Мен болдым бүгин биймурат.
Алмадым яр өзиңнен,
Баҳасы артық нәсият.
«Кет» дегенде инанып,
Жылаўды қағып, шаптым ат.
Бир күн тамам аш жүрдим—
Көринбеди қараңыз.
Үш күн тамам аш жүрдим—
Көринбеди қараныз.
Шийрин жанды қыйнадым,
Ерип шуғыл сөзине,
Мен сумлықты ойладым,
Шайтан аўлап кеўлимди,
Соны «яр» деп ойладым.
Жетип келип дәрьяға,
Ише алмай аққан суўынан,
Әрманлы болып сорладым.
Тулпарымды жылаўлап,
Қалыппан сонда уйқылап,
Сол уйқының арасында,
Бир даўыс келди сыңғырлап,
Көзимди ашсам сол заман,
Жанжағыма қарасам—
Жатқан өлик ағып қан...
Баўырым мениң, Заўрия,
Қала көрме жанымнан.
Тарыққанда қорған бол,
Сақлайгөр бундай бәледен.
Сонда турып Заўрия,
Толғай берип сөйледи:
— Шуғыл сөзге сен ерип.
Шақақ урып бир күлип,
Бунда көрдиң ақырет.
Жигитликтиң мен-мени,
Болар басыңа мийнет.
Жуўық көрсең сен мени,
Келген сансыз бәлеге,
Көрсетермен кәрамат.
Мынаў жалғыз тилсимниң,
Тата алмай суўынан,
Шектиң азап-ақырет.
«Бисмилла» деп мин атқа,
Өткен иске тәўбе ет.
Жаныңда жатқан өликлерди,
Қырғанда көрдим машақат.
Жаңа келдик ер Зийўар,
Тилсиматтың кәнине,
Түсемисең сен булай
Енди мениң алдыма?!
Көрсетейин ғайратым,
Сендей паўлан батырға.
Сонда турып ер Зийўар,
Қызға қарап сөйледи,
Сөйлей берип не деди:
— Бәҳәрим етсе—жаз ғана...
Қолыңда тилла саз ғана.
Батыр аңқаў, ер гөдек,
Ықтиярым берейин,
Саған енди қыз ғана.
Көзим менен мен көрдим,
Сениң қылған дослығың,
Мен изиңнен жүрейин,
Жолым солдур қыз ғана.
Сен екенсең бағда нар,
Басыма салма қайғы-зар,
Яки өлтир, я күлдир,
Өзиңе бердим ықтияр.
Басымның еркин мен бердим,
Сендей ақыл-данаға,
Зорлығымнан пайда жоқ,
Қүдиретим жетпеди,
Бурқып аққан дәрьяға.
Мин атыңа, Заўрия.
Қалқан болғыл, батырым,
Бизге келген бәлеге.
Ғайратыңды көрейин,
Ҳийле қылғыл дәрьяға.
Сол ўақлары Заўрия,
Шақалақлап күледи,
Тәўбе қылғанын батырдың,
Ишинен танып биледи.
Атына минип екеўи,
Дәрья бойын жағалап,
Бир мезгил жол жүреди.
Ашықлардай ойнасып,
Бир жайларға келеди.
Ақ сәллеси басында,
Бир дарақтың түбинде,
Жай намаздың үстинде,
Тәсписи бар қолында,
Аўзы-басы жалаңлап,
Отырған жандар көреди.
Қарады сонда ол ғарры,
Оңы менен солына,
Сол ўақтында ер Зийўар,
Аттың басын бурады,
Заўриядай арыўға.

Ж и г и т:
— Ғаррының үстине шаўып барайық,
Дәрьядан өтиўдиң жөнин сорайық,
Мен ойласам жақсы адам қусайды,
Аттан түсип биз қолынан алайық?

Қ ы з:
—Қайғыраман сендей мәрттиң жаныны!
Көп саўдагерлердиң ишкен қаныны,
Инанбағыл қолындағы қуранға,
Дүнья ушын сатқан бул ийманыны!

Алдаў менен сеннен сорар сыбаға,
Сәл егленсең, қолын салар жағаға,
Мәрт болсаңыз маңлайынан байлап ат,
Өлигин ылақтыр аққан дәрьяға.

Батыр туўған ер Зийўар,
Заўриядай арыўдың,
Қайырмай тилин алады.
Ат үстинде паналап,
Жайға оқты салады.
Ширене берип өкшелеп,
Жайды тартып қалады.
Еки көздиң арасы—
Қақ маңлайдан урады.
Басы теңнен бөлинди!
Аттан түсип Заўрия,
Бабаға қарап жуўырды.
Өзи палўан геллеғар,
Сыйрағынан тартады,
Айналдырып басынан,
Бабаны суўға атады
«Кәраматым көргил», деп,
Заўрия минип атына,
Дәрьяға өзин урады.
Турсын ба енди ер Зийўар?!
Бул да атты салады.
Әллен ўақыт болғанда,
Дәрьядан өтип барады.
Сол мәҳәлде Заўрия,
Ўақытын хошлап Зийўардың,
«Қутқарылдың мәртим», деп,
Сөйлеп турған қусайды:

— Ат ойнатып астың нешше даладан,
Сен екенсең көз ашпаған палапан,
Қайсарлықты мендей қызға қылмағыл,
Қутқарылдың алдындағы бәледен.

Дәрьяға ҳәлек болды не бир батырлар,
Нешше мәртке баба салған қайғы-зар,
Азат болдың жолың тосқан бәледен,
Енди саған несип болсын Мурғызар.

Ҳаққа жетер ол бабаның наласы,
Оған жоқдур адамзаттың шарасы,
Узақ жолға сапар шеккен, мәрт жигит,
Жақын қалды Айнажамал қаласы.

Кеўлине алғансаң ашықлықты ҳақ,
Мудам сениң хызметиңде турсам тақ,
Алдыңды кес-кеслеп шыққан бәлелер,
Көзиңе көринбей болады жырақ.

Тағы тыңла жолдасыңның сөзини,
Сыйқыршы бабаның көрдиң өзини ..
Дәўпериниң он жетти күн уйқысы—
Соған дейин ҳәргиз ашпас көзини.

Мен қарасам үш күншилик жолы бар,
Қамысы көп, қара батпақ көли бар,
Өзиңди аман өткизермен буннан да,
Ҳәр жайларда «нашар» демей ақылымды ал.

Қалаға барғанда қылғайсаң ғайрат,
«Жүр» дегенде болма Зийўар нәмәрт,
«Ур» дегенде кескил баўдай басыны,
Душпаныңа көрсет аўыр сиясат.

Бул жайларда жоқдур ағайин-жигер,
Күшиң жыйнап шар тәрепке салғыл сер,
Қылыш урғыл аянбайын малгүнге,
Абырайыңды қолдан берме, батыр ер.

Буны еситип ер Зийўар,
Ўақты қыздан хош болып,
Атқа қамшы урады.
Еки бедеў қосылып,
Ҳәсер таўдан асады.
Суўлықты шайнап жаныўарлар,
Ҳәр таўды бир басады.
Таўдан аққан булақтай,
Майданда алып қашады.
Еки бирдей бедеў ат,
Аўызынан көбик шашады.
Маңлайдан терлер төгилди,
Өз теринен тулпарлардың,
Жал-кекили өрилди,
Оманшаның қаласы,
(Он еки дәрўазасы,
Бир пақсасы—алтыннан,
Бир пақсасы—маржаннан,
Бир пақсасы—гаўҳардан,
Жарқырап турған алдында,
Әшекейлеп таслаған)
Ер Зийўарға көринди.
Заўриядай билгир қыз,
Қолына алып китапша,
Баслай берди түрли сөз.
Бир дем урған ўақтында,
Қарсы алдынан шошаңлап,
Шыға келди бир таўшан.
Адамзаттай кекирди,
Зийўар менен Заўрияның,
Алдына түсип қулдырап,
Жолды баслап секирди.
Өзи адамзат болған соң,
Зийўар атлы батыр ер,
Бул бәледен айбынып,
Келгенине өкинди.
Өкинсе де не қылсын,—
Заўрия кетип барады!
Қыздың ерип кейнине,
Атқа қамшы салады.
Намазлигер ўақтында,
Дәрўазаның алдында,
Заўрия аттан түседи.
Атларының шылбырын,
Бир-бирине байлады.
Қаланың жаны көл еди—
Көлге қарап айдады.
Дәрўазаға барады,
Тулғасын алып қолына,
Қарамай оңлы-солына,
Жети гилтти салады.
Сегизленши гилтинде,
Сегиз қабат дәрўаза,
Бир исимнен ашылды.
Жаңғырған алтын, гүмислер,
Сыртқа қарап шашылды.
Қолынан услап Зийўардың,
Дәрўазадан киреди.
Заўриядай перийзат.
Азыўлары айланған,
Бармақлары жабадай,
Үш айланған айдарҳа,
Минардай болып жатыпты,.
Буны көрип ер Зийўар,
«Ўах, дарих» деп өкинди.
Сонда турып Заўрия:
—Қылышты қолға ал!—деди;
—Аяғын көтерген ўақтында,
Тартар сени демине,
Жан алқымға келгенде,
Қәҳәрленип сал!—деди.
Мәрттиң көзи жанады.
Қолына қылыш алады,
Ҳарлатып тартса айдарҳа,
Ҳәр аяғы бир жерде,
Тентиреклеп барады.
Күшин жыйнап ер Зийўар,
«Белбуўарың усы» деп,
Алмас қылыш салады.
«Тағы урайын» дегенде,
Бөлинип қалған сол жылан,
Ер Зийўардай баланы,
Қуйрыққа орап алады.
Шырмаўықтай шырмалып.
Дәл белине оралып.
Қатты қыса қалады.
Босана алмай ер Зийўар,
Муңын айтып зарлады:

—Жарақтан айрылдым душпан зорынан,
Өлер болдым айдарҳаның қолынан,
Әжелге жоқ екен жигит шарасы,
Оқый көр, кетпейин сорлап бийийман.

Жақсылығың умытпасқа бердим шәрт,
Ярды көрмей иште кетти гүллән дәрт,
Наҳақтан шықпасын бул шийрин жаным,
Азат әйле, гөззал Заўриядай мәрт.

Заўриядай перийзат,
Қанжарын қолға алады.
Айбатланып ақырып,
Айдарҳаға салады.
Шыйратылып қуйрығы,
Тең бөлинип қалады,
Қолынан услап Зийўардың,
Нешше дәўдиң басынан,
Нешшесиниң аўзынан,
Басып өтип барады.
Қарғыў-қарғыў перилер—
Үстинен өтип барады.
Көшелерди айланып.
Бир қапыға келгенде.
Мурғызардай жаныўар,
Жатыр екен уйқыда,
Қәпесиниң үстинен,
Заўрия келип қалады.
Топыраққа дем салып.
Қәпеске шашып жиберди —
Хабаршысы Мурғызар,
Сол турысында сеспестен,
Бул да қатып қалады.
Шаҳсыпаның үстинде.
Шаҳсыпаның астында.
Қызыл гүллер ашылған.
Ақ сарайдың ишинде,
Алтын отаў қурылған.
Есиклери—қубба алтын.
Отаўына қарасаң,
Барлық жери қуйма алтын.
Он жағында—он бир қыз.
Сол жағында—он бир қыз
Силеси қатып қалыпты.
Ортасына қарасаң—
Айнажамал пери қыз!!!
Буны көрип ер Зийўар,
Естен танып қалады.
Бар еди ашық ҳийлеси,
Заўриядай арыўда—
Келе қылып алады.
Үшке дейин бул Зийўар,
Қызға жақын барады.
Қасында турған Заўрия,
Көп қызыққа қалады...
«Нәмәртлигин» Заўрия,
Сол жерлерде биледи.
«Мийнетим босқа кетти», деп.
Ишинен жанып-күйеди.
Бир ғана кесе шарапты.
Қалтадан алып Заўрия,
Ер Зийўарға береди.
Шарапты ишип алған соң,
Мәрт қушағын кереди.
Буны билип Заўрия.
Желкеден түйип жиберди.
Қызығып мойнын созады,
— Сорқайнаған, пайыңды ал!—деп.
Арқасы әптен қозады.
Көзи оттай жанады,
Айнажамал арыўдың,
Үстине барып ер Зийўар,
Қушағын ашып қулады...
Қәлем алып киседен,
Айнажамалдың қолына,
Атын айтып жазады.
Буғағынан бир сүйип,
Қолындағы жүзигин.
Билдирмей ғана алады.
«Орыны қуры қалмасын» деп.
Өз жүзигин салады.
Алмастырып жүзиклерди.
Шығып қыздың қойнынан.
Босағаға келгенде,
Заўриядай сол арыў.
«Питти исиң бала»,—деп;
— «Ҳарам саған қала», —деп,
Дәўперини басып-женшти.
Қыздың тағамын жеп,
Кеселеп шарабын ишип,
Заўриядай сулыўдың,
Ғайратын көрип сол заман,
Екеўи бирге қосылып,
Шықты олар дәрўазадан.
Сегиз қабат қулыпты,
Бурынғыдай урады.
Атқа минип ер Зийўар,
Заўриядай арыўдан.
Уяла берип сорады:

— Көзимниң алдынан кетпес қос анар,
Ярға жетпей, жолда шектим қайғы-зар,
Оянғанда мени түтип жер еди,
Уйқлап жатқан гилең бахты қаралар.

Перийзат қыз, алдың мениң тилимди,
Ерлик еттиң, ҳеш көрмедим миниңди,
Ашығыма сен жеткизип дүньяда,
Ашылдырдың бәҳәр алды гүлимди.

Қылышыңнан нешше жайда ақты қан,
Кеўлимде қалмады зәрре бир әрман,
Қыз қасына қайта барсам Заўрия,
Тағы да алмас па бир ақшам мийман?

—Рәҳим әйледим көзден аққан жасыңа,
Енди барып болмас оның қасына,
Бурынғының айтып кеткен сөзлери:
«Батырлардың мийи болмайды басында».

Енди барсаң хазан урар гүлиңе,
Қайғылы сапарды алма тилиңе.
Әрман менен еки көзиң төрт болар,
Дәўперилер күш жыйнаса белине.

Буны еситип ер Зийўар,
Минди аттың белине,
Шықты қызыр шөлине.
Батырлар кеўилин хошлады.
Заўрия жолды баслады,
Атқа қамшы басады.
Үш күн удай жол жүрип,
Бир жайлаўға барғанда,
Баяғы кеткен ол таўшан,
Қулақлары ербейип,
Тайын болды алдынан.
Аттың жалын тарады,
Ҳаял да болса геллеғар,
Заўриядай мәрт сулыў,
Ҳәр бир күнге жарады.
Таўшан баслап жолларды,
Алдында кетип барады.
Ақыллы еди ер Зийўар.
Ҳәр мезгилдиң өзинде.
Келерде жүрген жолында,
Шөптиң басын түйип кеткен...
Белги еткен жайлардан,
Өзгерилди жоллары,
Қарсы алдында көринди,
Перилердиң еллери.
Ярым ақшам ўақтында,
Батыр аң-таң болады.
Оң қолтықтан үш адам.
Аяғын жерге тийдирмей,
Көтерип мәртти алады,
Алтын сарай, пәр төсек,
Төсекти кеңнен салады.
Шарап берди қолына.
Анда батыр мәс болып.
Қызларға қылды марапат.
Сазы-шәўкет артынан,
Уйқыға кетти парақат.
Уяға шыққан күн батты.
Күнниң батқан шағында,
Рәҳимилин алды Заўрия.
Қәҳәрленип қолына,
Қәлемин қойып солына.
Сыйқырын тутып алдына,
Жер жүзине көз салды.
Жер жүзине көз салса...
…Айнажамал перийзат.
Ғапыл болып қалыпты:
Қолындағы жүзикти,
Оны да биреў алыпты:
Сайрамайды Мурғызар;
Жуўырып барып қараса.
Қалыпты өлип жаныўар;
Дәўлерине қараса—
Баслары қалған кесилип;
Дәрўазаға қараса—
Айдарҳа қалған ол өлип;
Қулып урылған сыртынан.
«Бул қалай ис болды» деп,
Айнажамал сол пери,
«Анадан неге туўдым?» деп.
Болыпты сонда пушайман.
Дәўперини оятпай.
Қайтып келди отаўға.
Болған исти билдирмей,
Душпанларды күлдирмей.
Көрмегендей жуўынып.
Аясына қараса,
Адамзаттың аты бар.
«Хорезмниң шәҳәринде.
Атам Ҳәсенша деген.
Айнажамал арыўға.
Ашықпан.» деген шәрти бар:
«Арыўсаң-ғой, ҳай ярым,
Жүзлеринде барды қал.
Тамағыңнан мен сүйип,
Ләблериңнен сордым пал.
Қорқыў менен отаўдан.
Жуўырып шықтым далаға.
Адамзатты көрмеген.
Жүреклери жарылып,
Өлди қусың Мурғызар.
Айдарҳаңыз бар екен,
Тартты мени дем шегип.
Өлим—ашшы, жан—татлы,
Қәҳәр менен силтедим.
Шығарып қыннан алмасты.
Бир сен ушын Айна қыз,
Қус-жыланды өлтирдим.
Шығып кеттим қалаңнан,
Қутқарылдым, қызғанам,
Жүз мыңлаған бәлеңнен.
Жер жүзинде жүремен,
Өмиримди ҳақтан тилермен,
Мен өлимге ыразыман,
Ықтиярың арыў», деп.
Жазған хатын ол пери.
Қолын жайып оқыды...
...Рәҳимилди тағы алады,
Кеңликке талап салады,
Еринбейди отырып,
Сол ўақтында қараса...
...Айнажамал перийзат,
Дәўперисин оятып,
Көк аспанға оқ атып,
Ғаздай болып сайланып,
Хорезмниң үстинен,
Киятырғанын көреди.

* * *
Ендиги сөзди пери патшасы Оманшаның қызы Айнажамалдан еситиң. Тахтын қурып сарайдың ишине кирип, ҳеш бир тири жан таппай, аттың изинен басқа нәрсеге көзи түспей Айнажамал болды ҳайран. Қыз дәў ҳәм перилерине қарап «Адамзатты излеп, таўып бериң. Ол усы дөгеректен басқа ҳеш жаққа кеткен жоқ», деп ғазап етти. Дәўлер қалып, перилери шар тәрепти излеп кетти.
Зайрат деген кемпирдиң бағында, Зийўар кийик болар алдында өзиниң саўытын бағдың бир шақасына илдирип кеткен еди. Сол саўытты Айнажамалдың Марғун деген бир периси таўып алды. Ер Зийўардың атын, ҳаслы затын, саўыттың қатар өңирине тағылған түймесиниң биреўинен оқып көрип, Марғун кемпирге қарап не деп сөйлеп турыпты:

— Ашықлардың таза болған ҳақ дәрти,
Мийманлардың үлкен болар ҳүрмети,
Билсең егер ырасыңнан келе бер,
Қолымдағы қайсы мәрттиң саўыты?

Сарлап келген суўдың питти сағасы,
Сен кемпир екенсең ақыл данасы,
Саўытына қарап тапсақ ийесин,
Жазылады патша қыздың жарасы.

«Саўыт болмас ҳаялларға аманат,
Ғазеп қылды Айнажамал перийзат,
Жаның барда таўып келгил батырды,
Бизге дәркар Зийўар атлы адамзат!».

Сол ўақлары, кемпириң,
Ырғып-ырғып түседи:
— Билмеймен,—деп ант ишеди.
Өзиң көрген дәўпери,
Кемпирдиң жыйған алтынын,
Зери менен гүмисин,
Қырқ жылғы жемисин,
Сыпырып қолдан алады.
Ийт қуйрықтай шашынан,
Таўлап алып еки дәў,
Диң аспанға көтерип,
Тиккесине урады.
Кемпир деген бийдәўлет,
Мурдемлер қатып қалыпты,
Буны көрип перилер,
Сыйрағынан тутады.
Маўқын басып аспанға,
Зайратты топтай атады.

***
Енди сөзди Заўриядаи еситиң. Ол раҳимилин қолына алып, Айнажамалдың пүткил жер жүзин шолып киятырғанын анық көрген еди.

Заўрия қызларының бири,
Алтыннан чайнек-кесеси,
Тәжим берип перийзатқа,
Алдына жайды дәстурхан
Арақ-шарап келтирди.
Ҳәммесиниң ортасын,
Ишимлик-асқа толтырды.
Шарап ишип сол жайда,
Сайран етти перийзат.
Бул хызметти көрген соң,
Дәўдиң болды кеўли шад,
Хызмет еткен алдында
Шебер еди Заўрия
Шийрин шекер тил менен,
Айтажақ болған сөзлерин,
Тийимли етип баслады.

Билмек болып барлық жайды Айнажамал перийзаттан «Жол болсынға» араластырып, кеўилин алып барластырып, излеген жоғының дерегин сорап турған қусайды:

— Бағларыңда сайрар сениң Мурғызар,
Жамалың көрмеге болдым интизар,
Қутлы болсын бунда басқан қәдемиң,
Жол болсынды мен сорадым, перийзат.

Атыңды еситип болды кеўлим шад,
«Қандай жан екен?» деп етпедим тәқәт,
Қутлы болсын сапар шегип шығыпсыз,
Баян әйле барар жериң, перийзат?

Сен иштирдиң бир нешшеге қайғы-зар,
Нешше ашық жолларыңда гириптар,
Себеп пенен сиз келипсиз бағыма,
Отырыңыз, хош келипсиз, мийманым?

Жақсы қонақ келсе болар әсли-ҳал,
Жаман келсе мәләл көз салар.
Айтар болсаң мен тыңлайын сөзиңди,
Айнажамал, бул кеўлиңде кемлик бар.

Тарыққанда сайлап миндим әреби ат,
Ерлер болар ғапыллықтан биймурат,
Бизиң менен сизиң теңдей жасың бар,
Қурдасжан, қуўантып жақсы хабар айт.

Бағымда ашылған гүллер лалазар,
Шын ашықлар қосылғанша «аҳ» урар,
Қәте болса кешир мениң, гүнайым,
Айтың бизге жыллы жүзден хош хабар.

Теңимсең, болайын бойыңа қурбан,
Ашыўлансаң сен төгерсең наҳақ қан,
Иштен күйип, запырандай сарғайып,
Узаққа созылған ашықлық жаман.

Бул сөзди қыз еситип,
Түрли ойды ойлады,
Тереңге түсип бойлады
Дәўперисин далаға,
«Сайран етип келсин», деп,
Жиберип өзи қалады.
Айнажамал аўыз сөз бенен,
Зииўардан дерек сорады:

— Сөз айтайын сендей, ҳасыл данаға,
Мен атадан жалғыз қалған бийнаўа,
Патша едим-атам өлгели бери,
Сонда адамзат барған емес қалама.

Мен жатырсам өлген екен Мурғызар,
Айдарҳа шыңғырып бермеди хабар,
Ашықлығын айтып кеткен өзиме,
Хорезм елинен батыр ер Зийўар.

Дүнья жүзи маған болды қараңғы,
Басқа салған аўыр қайғы заманды,
Қыласынды қылып қаламнан қашқан,
Сорап келдим Зийўар атлы мийманды.

Маған салған естен шықпас қайғы-зар,
Енди меннен көшти перилик ажар,
Ашық болса кетпес еди жанымнан—
Мен өлимди көрдим оған миясар.

Ағызды көзимнен қанлы жасымды,
Өлтирипти Мурғызардай қусымды,
Таўып берсең Зийўар атлы батырды,
Кабап қылып қақлар едим гөшини.

Айнажамал арыўға,

Сонда З а ў р и я сөйледи:

— Айнажамал, сизге айтар сөзим бар,
Таўсипинди жеткерипти ахмақ шал,
Ашық болып айдай болған жүзиңе,
Бир шыбын жанына салыпты азар.

Сендей қыз, деп шығыпты ол журтынан,
Азап шеккен, ақырет көрген, жутып қан,
«Қыйлансам, өзим-ақ қыйланайын», деп,
Изине ертпеген ҳасла ҳеш бир жан.

Нешше күнлер жоллар жүрген далада,
Ушыраған жан көрмеген бәлеге,
Сениң ушын шеккен жәбир-зулымды!
Айналып келипти анам бағына...

Сол жерден жегенди сорамай тағам,
Зийўарға жегени болған қарақан,
Қәҳәрленип, дуўа менен бәнт етип,
Кийик қылған ғош жигитти сол анам.

Бир кийик жетелеп келди атыны,
Мен өширдим анам жазған «хатыны»,
Сер салып қарасам турған бир гөззал,
Соң сорап таныдым ҳаслы-затыны.

Шарап берип тарқаналы қолымнан,
Қырқ қыз хызмет етти оңлы-солынан,
Үш күн удай оған қылдым зияпат,
Бирақ ол жүрмеди айтқан жолымнан,

Ашық болдым гирбиңи жоқ етине,
Қар үстине қан тамғанда, бетине,
Ашылған қушағым орнына түспей,
Қайыр тепти жүрегимниң шетине.

Арзымды еситкил ҳәй, Айнажамал,
Қанжар урды, аямады өз тәнин—
Ол өлгенше саған болған интизар,
Ашыўдың дуўасын оқыды қызлар.

Ол көрмеди мени өзине миясар,
Жарамайды сеннен өзге ҳеш бир яр,
Аманатын алып қайтқан қалаңнан,
Усы күн бизлерге мийман ер Зийўар.

Перийзада Айнажамал,
Бир ақшамғы түсинде,
Әйлеген еди Зийўарға,
Аппақ тәнин миясар.
— Өзим болсам патшаман,
Жаныма келтирип сөйлессем,
Сүйген ярым Зийўарды.
Дәўпери маған не қылар?
Кимниң менде ҳақы бар?—деп,
Заўрияға қарап,
Айта берди шешилип,
Ер Зийўар жайлы сөз сорап:

— Заўрия, еситкил, айтайын зарым,
Жигитти көрмекти мениң әрманым,
Айттың маған ҳақыйқатлық сөзиңди,
Енди алдыма келтир батыр мийманың.

Бағларың ашылып дөнген лалазар,
Яр менен сөйлеспе, тарқамас қумар,
Дәўпери келмей алып келгил Зийўарды,
Егер көрсе қияметлер қурылар.

Патша болмас дәўпериге ҳаялдан...
Бизге буйырғандур бундай ер султан,
Билип болмас адам алдындағыны,
Дийдар қияметке қалмасын мийман.

Шақырсаңыз бунда келер мәрт палўан,
Адамзат ишинде өзи ер султан.
Келгенде бермей-ақ қойсын сәлемин,
Ер өзин жоқары тутса қатыннан!

Бул сөзлерди еситип,
Заўрия турды буралып,
Үстине кийген көйлеги,
Пәшек гүлдей оралып.
Нәзери төмен баладай,
Жетип келди қыйланып,
Сөз айтады Заўрия,
Ер Зийўарға толғанып:

— Қасларың қыйылған, келискен сымбат,
Жамалың болыпты қызларға қымбат,
Саҳраға кетипти «дәўи, периси, —
Оңашада келсин», дейди перийзат.

«Өлтирер», деп шекпе батыр уўайым,
Сарғаймасын сәўле шашқан шырайың,
Мениң менен жүргил ярдың қасына,
Сол ярыңнан мен тиледим гүнайың,

Деген ўақта ер Зийўар,
Ырғып турды орнынан,
Алтын қамарды буўып,
Шәмсиден шекпен кийеди,
Еки алма қолында,
Қонақлар жатқан сарайға,
Әдеп пенен киреди.
Қыз орнынан турады.
— Көрисиңиз, ханым,—деп,
Ортадағы Заўрия,
Қыздан руқсат сорады.
Қол узатты ер Зийўар,
Айнажамал сулыўға,
Сыңқылдап сырттан күлисти,
Пейли тар, қызғаншақ қызлар
Еки ашық сол жайда,
Душпанларға билдирмей,
Бир-бириниң жүзигин,
Еки ашық өз қолына,
Ийба менен салады.
Мойынынан қушақлап,
Тарса қатып сүйисип,
Шырмаўықтай шырмалып,
Отырыса қалады,
Кеўлинен дәртти кетирип,
Маўқын басып сүйисип,
Ашықлық машқын жетирип...
Отырғанлардың үстине,
Самандун деген ол залым,
Аспаннан түскен бәледей,
Жети қат көктен секирип,
Қәпелимде келип қалды,
Айнажамал перийзаттың,
Жағасына қол салды.
«Қолындағы жүзикти,
Бергил, алып кетейин», деп:

— Арзым есит, Айнажамал, эй жанан,
Көп жыллар болдың сен бизлерге султан.
Мурғызарды әрман менен өлтиртип,
Сен бүгин айрылдың патшалығыңнан'

Ашықлық дәртине табалмай даўа,
Мениң менен қус сап шықтың саҳраға...
Алдым басыңдағы алтын тажыңды,
Енди бергил мөр салдырған жүзикти!

Қол жуўдың басыңа келген бахытыңнан,
Атлап өттиң сирә сөнбес сақтыңнан.
Ата жолы орның босқа қалдырып,
Сен айрылдың алтын тажы-тахтыңнан!

Дусласыпсыз бириң бүлбил, бирин, гүл, —
Саған несип болды Хорезмдей ел,
Хызметиңде мудам болған дәўпери,
Бүгинги күн таслап кетти сени тул.

Жүрегиңниң майын таўыпсаң жас жан,
Өлгенше сүргейсиз әрмансыз дәўран,
Зәлел бермей бизлер буннан кетейик?
Бериң қолды, дийдарласың хош аман.

Айнажамал бул сөзди еситип, «Дәўперилер, ярыма зәлел бермей кетсин», деп қолындағы жүзигин алып, Самандунге берди. Дәўперилер сарайды үш айланып, Айнажамалдың азасын тутып, көкти жанғыртып, үш мәртебе шақырып, көзден ғайып болды. «Бир яр» деп патшалықтан айрылып, дүнья жүзине сыймай, Айнажамал ер Зийўарды қыймай, оңашада ғана сөйлесер еди. Бир-бириниң мойнына қолларын салысып, үсти-үстине поса алысты. «Аҳ» урғанда аўзынан отлар шығып, Хорезм елинде, Хәсеншаның шәҳәринде көрген ўақыясын бир-бир тәрип қылып Айнажамал ер Зийўарға не деп турыпты:

— Яр излеп елинен шығынған султан,
Хаслың адамзатдур ғайратың тасқан,
Дослық сырын бир-бир баян әйлейин.
Бул жолларда жақсылық аз, көп жаман.

«Тахттан айрылдым», деп қылмайман әрман,
Тарықсам дәртиме сен болғыл дәрман,
Азап шектиң мениң ушын дүньяда,
Сени қосқан қудайыма ырзаман.

Сен билмессең—мениң жүрегим сызлар,
Жанынан жибермес әмеңгер қызлар...
Ғарры атаң бенде болды қалмаққа,
Болмас бул дәўран сизге миясар.

Елиңди уйқыда шапқанды душпан...
Тулпарың жүйрикдур қанатлы қустан,
Ырза болсын қублагаҳиң атаң да,
«Халқым», десең тезирек атлан мәрт палўан.

Ойыңды аўдар айтқан ҳәр бир сөзиме,
Тилсим менен көрсетейин өзиңе,
Мәслик қурып жата берсең, ер Зийўар,
Жаслар толар сениң гәўҳар көзиңе.

Ноғайлыдан сел-сел ақты қызыл қан,
«Ер Зийўар» деп налыс етер сансыз жан,
Минсең батыр тулпарыңның белине,
Рахмет аларсаң туўған халқыңнан.

Айнажамал бул сөзди айтып болған соң ер Зийўар ақылына келип, кимниң дос, кимниң душпан екенин билип, қызға қарап, айтып турған қусайды бир-еки аўыз жуўап:

Кеўилимди хошладың көрсетип ҳүрмет,
Мен ушын Заўрия шекти көп мийнет,
Сол баслап апарған шәмен бағыңа,
Таслап кетсек оны болмаспекен ақырет?

Сөзимди тыңлағыл турып бетпе-бет,
Сениң жолыңда етти маған мириўбет,
Заўрияны бирге алып кетпесек,
Дүньяда адамлар айтпай ма нәлет?

Зийўар менен Айнажамал бул ойласықтан кейин жүзлери солып Заўрияның алдына барды.
Гүләән азық-түлик, жаў жарағын тайынлап, Заўрия қолына тулға-рәҳимилин алып, жер жүзине көз салып, ер Зийўарға қарап не деп турыпты:
— Бағдың гүли әлўан-әлўан лала ма?
Дослық қылған мәрт айралық сала ма?
Күлип-ойнап кетиң мениң жанымнан.
Қосылған яр бундай қапа бола ма?

Ўақты жетсе сарғайып атар таң,
Жамалыңды көрип шықты тәннен жан,
Қайта-қайта «аҳ» урасаң, ер Зийўар,
Кимлер салды кеўилиңизге қайғы, әрман?

Душпан болса мәртке салар бәлемат,
Екеўиңди қосып болды кеўилим шад,
Сен муңайып неге қапа боласаң?
Ойыңдағы әрманыңды тезирек айт.

Сонда турып ер Зийўар,
Жылай берди зар-зар:
—Қәўендерим Заўрия,
Ашықлықтың зардабы,
Көкейимди тиледи.
Жақсының айтқан сөзлери,
Ақыры бир күн келеди.
Оқыған адам шамалап,
Алдындағыны биледи.
Оқымай надан қалғанның,
Қылған исин қәйтейин?!
Рәҳимилин алса қолына,
Дүньядағы көринисти,
Сендей гөззал биледи.
Арыўлығына жарасқан,
Ақ жүзинде барды қал.
Келген шығар ойына,
«Өзине мени ер Зийўар,
Көрмейди,—деп, —миясар».
Алдыңа басты қойғаным,
Жалғыз жаным саў болса,
Ортаға салып дослықты,
Бирге өлмек әрманым.
Сол ўақтында Заўрия,
Рәҳимилин қолға алып,
Жер жүзине қарады,
Қиялын берип көз салып...
Ер Зийўардың елин көрди,
Жылап жүрген естен танып.
Мәртти жоқлап турған екен,
Аға, ини, туўған халық.
Буны анық билип Заўрия,
Зийўарға қарап иркилмей,
Көргенин етти жәрия:

—Қулақ салып, арзым есит Зийўаржан,
Атланбасаң сен қыларсаң пушайман,
Қоршап апты Ақжүримди душпанлар,
«Зийўар» деп жанғырар жер менен аспан.

Иркилсең еллериң қурыр нәўбәҳәр,
Ноғайлыға душпан төккен уў-зәҳәр,
Атланагөр туўып-өскен жериңе,
Тез бармасаң қарап қылар қалмақлар.

Дәркәр емее бул күнлерде сәўер яр,
Сәл егленсең олжа болар ноғайлар,
Сен бармасаң халқың түсер қуллыққа,
Қартайғанда ата-анаңды көрип қал.

Ғазы-үйрек атыўды енди қоялы,
Шер тарқатып қан төккенди қыралы,
Дәўперилер бул бағыма келалмас,
Ашыўлансам бағым мың жыл турады.

Сол гәпти айтып Заўрия
Айнажамал арыўға,
Таярлады бир атты,
Кескир қылыш полатты.
Жети нардың үстине,
Азық-түлик сайлады;
Жети нардың үстине,
Қарыў-жарақ тайлады;
Жети нардың үстине,
Алтын, гүмис жыйнады.
Тазартпаға жерлерин,
Аспаз, суўшы, ерлерин,
Үш күн бурын Хорезм,
Шәҳәрине айдады,
Үш күнге дейин Заўрия,
Қызлар менен ер Зийўар,
Бағы менен сарайды.
Жан кирместей бәнт қылды,
Дөгерөгин тилсиматлап.
Заўрия тулпарға минип,
Қыз бенен Зийўарға қарап,
Бир-еки аўыз сөйледи:

Зийўар батыр, сизге айтар арзым бар,
Сабырәйле, жан өлтирме, төк қәҳәр
Ҳийле менен тутып алсақ душпанды,
Наҳақ қанлар бизге болмас миясар.

Зийўар мәлим болса журтыңа атың,
«Адам қырмақпеди сениң мурадың?!
«Душпан-ғой» деп ат қоймағыл қалмаққа,
Аман барсаң көргил мениң ғайратым.

Сабыр етсең, дос болады көп душпан,
Адам болған бийгүнадан төкпес қан,
Еки жақтың тыныш елин азғырып,
Бир-бирине қарсы қойған мола-ийшан.

Елиңде алжыпты мола-ийшанлар,
Парахат халыққа салған қайғы-зар,
Көрсетейин барсам оларға күшимди—
Адамзат кеўилини сөз бенен бузар.

Қылыш урсақ жоя-жоя ағар қан,
Сөйтип мәртлер көп халқынан айрылған.
Сырын айтып бир-бирине жаманлап,
Еки елди жаўластырған молла-ийшан.

Батыр қылар саўаш күни ерликти,
Молла ислер хан қасында пирликти,
Тайпа елде гүнә болмас ер Зийўар,
Есиңде сақлағыл аўыз бирликти.

Қалмақтың еллери—ноғай еллери,
Аўзы ала болған өңкей беглери,
Қан төгиўге себепкерди өлтирсең,
Көпшилик халықтың тарқар шерлери.

Хаққа жетсин бул зарым,
Айтып болдым сөзимди,
Ат ойнатқан жырағың,
Ойға алған бирли-ярым.
Еменқиял еллери,
Болсын сениң байрағың.
Бул сөзлерди айтқанда,
Қызлардың көзи жайнады.
Астындағы тулпарлар,
Көкке шапшып ойнады,
Таўдың басы тарады.
Күнлердиң күни туўғанда,
«Билимли» күнге жарады.
Шапқан аттың дүбири,
Жаңғыртып таўды барады.
Мезгилсиз атты айдады,
Мийнет етпей, азап шекпей,
Парахат турмыс қайдады?!
Қуўырмаштай қуўырып,
Жердиң шаңын суўырып,
Өзиң көрген Заўрия
Жолларды баслап барады…
Буның билгирлигине,
Ер Зийўар ҳайран қалады.
Үш ярым күн болғанда,
Жаңлаған мылтық даўысы,
Шуўлаған елдиң наласы,
Қулақты жарып барады.
Омыраўына қадалады,
Оқ болып халықтың көз жасы,
Елдин ғамын ойлағанның.
Сарай ишинен шығады,
Бир қара шор көп адам...
Арасына қараса:
Бир қолында, тәсписи,
Қыдыр деген молласы,
(«Ақылгөй», Қалмақ данасы»),
Әдил патша Ҳәсенниң,
Қолын байлап артына,
Жүрсе, жанын азаплап,
Сақалынан тутады:
—Зийўарың қайда сениң? – деп,
Басына қамшы урады.
Буны көрип ер Зийўар,
Көзлери оттай жанады.
Жаўдың берген қорлығына,
Иши-ғыж-ғыж қайнады.
«Ат қояман қалмаққа», деп,
Аш арысландай ҳарлады.
Сол ўақтында Заўрия,
Бир-еки аўыз тәселле айтып,
Зийўарға қарап зарлады:

— Ушырмағыл басқа қонған қусымды,
«Сен» деп ерттим бирге ҳәмме қызымды,
Ғош жигитке сабырлылық пайдадур,
Қулақ салып тыңла мениң сөзимди.

Барған менен қарсы турар қалмақлар,
Қайта оған биз салармыз қайғы-зар,
Кейнимизден Жаҳан келип жеткенше
Сен бир заман сабыр еткил, ер Зийўар.

Атты шаўып алмағыл сен қаланы,
Үйме өликлерге жасыл даланы,
Қылыш жумсап, гелле кесип, қан төгип,
Зар жылатпа қатын менен баланы.

Сениң ушын мен жумсайын зибанды,
Қырсаң танымассаң досты, душпанды,
Мәрт болған соң сеннен саўға тилеймен,
Сәл сабыр ет, шақырайын Жаҳанды.

Сол ўақлары болғанда,
Әжайып сыйқыр урады,
Заўриядай перийзат.
Ғарры менен кемпирдиң,
Қатын менен баланың,
Тиришилик еткен инсанның,
Бул даўысты еситип,
Ақылынан айрылып,
Сам-сазы шығып қалады.
Шийрин жанын қыз Жаҳан,
Халық қаны ушын қыйнады.
Урыспазларды ләң қылыўға,
Белине күшин жыйнады,
Атты ойнатып жиберип
Сансыз қалмақ ләшкериниң,
Дөгерегин үш айланды.
Ақырында бул Жаҳан,
Ортаға өзин урады!!!
Адам билмес көзи илмес,
Шеберлигин қылады.
Сол илимниң күши менен,
Жанай менен Абақандай,
Сумлардың тилин байлады.
Изине ерип сансыз адам,
Зийўар атлы батырға,
«Бағындық», деп зарлады;
«Алпыс еки ҳәмелдар,
Жетпис еки мөҳирдар,
Молла менен ийшаннан,
Алдандық», деп шуўлады.
Бул оқыўдың қүдиретинен,
Қалмақтың не бир бийлери,
Мектептеги балалары,
Қуўанып күлип ойнады.
Әўел—урыс, кейин—дослық,
Халықтың ишин жайлады.
Ғайратын көрип Жаҳанның,
Батыр туўған ер Зийўар,
Атасын барып қушақлап,
Сүйип сонда зарлады.
Атасының қасында,
Қыдыр менен Абақан.
Ер Жанайды айнытқан.
Бир жүз жетпис бар еди,
Қалмақтың ийшан-молласы—
Бәрин қойдай байлады!
Алып барып ер Зийўар,
Атасын тахқа миндирип,
«Отыр ата», дегенде,
—Мурадыма жеттим,—деп,
Атасы еңиреп бийшара,
Тахтан таслап өзини,
Ет бетинен қулады:
—Хан тухымы қурысын,
Бек тухымы жоқ болсын,
Халықтың ери ел ушын,
Хорезмге хан болсын.
Меннен қалсын бул нәсият,
Балам болғыл саламат,—деп,
Ҳәсен деген атасы,
«Ҳақ» деп өтти дүньядан.
«Алпыс еки әмелдар,
Жетпис еки мөҳирдар,
Алынды,—деп,—орнынан».
Шыңғырып кетти салған жар.
«Хан тухымы қурысын», деп,
Ақтамақтай арыўды.
Ол зыйыққа миндирди,
Бир жүз жетпис молласын.
Парахат елди шуўлатқан,
Шыны менен ант айтқан,
Жанларды дарға астырды,
Адам қанын ишиўге.
—Улды айырдың атадан,
Ерди қылдың сергиздан.
Дос елди еттиң сен душпан,—деп,
Дүмше молла Қыдырды,
Гүржилерге тарттырды.
—«Мен», «мен» деген беглерди,
Жас баладай еңиреттиң,
Ғарры менен кемпирди,
Аш гүзендей зарлаттың,
Ҳәсеншадай патшаның,
Халқына келип оқ аттың.
Хан жазасы сол саған,—деп.
Абақандай патшаның,
Аўзына қазық қақтырды.
Басшы болған бийлерин,
Әрманлы қылып өлтирди,
Молла менен ийшанның,
Ер Зийўар үнин өширди.
Көзи қыймады Зийўардың...
...Өлтириўге Жанайды.
Жаҳанды берип Жанайға,
Әдиллик пенен сорады.
Он жети ай дегенде,
Қалмақ пенен ноғайлы,
Араласып ел болып
Қатын менен баласы,
Ойнап-күлип қосылды.
Душпанларды (қыйратып,
Дәўран сүрип нешше жыл,
Оқыўдың күшин ер Зийўар,
Сол заманда сынады,
Ақжүримдей шәҳәрде,
Көрди шадлық заманды.
Ядында сақлап Қурбанбай,
Халық арасына таратты,
Ер Зийўардай дәстанды.


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Қурбанбек
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.