Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Хожам (Xojam )


Хожам исерсең, кеберсең,
Өз дәўлетиңе теберсең,
Ешек пишпеге шеберсең
Ешек сүннет еткен хожам.

Бул хожадай хожа қайда,
Усындайдан көрген пайда,
Ешек пишип Даўылбайда,
Ешек сүннет еткен хожам.

Даўылбайға шығыр ектиң,
Шығырыңды миллет еттиң,
Жети ешекти сүннет еттиң,
Ешек сүннет еткен хожам.

Хожам ешекти сыйлады,
Қулақ-қуўрықты жыйнады,
Қазақы қапқа сығмады,
Мамбетқулға сатқан хожам.

Бул хожаның мини бар ма?
Ешек көрсе жини бар ма?
Қарақалпақсыз күни бар ма?
Ешек сүннет еткен хожам.

Ғазийнеси толды ма екен?
Қызыл гүли солди ма екен?
Ешек ҳадал болды ма екен?
Ешек сүннет еткен хожам.

Дәўкемпирге ектиң тары,
Жарымшыға бердиң жары,
Ҳәр қулағы он ағары,
Ешегиңниң жүги, хожам.

Хожа деген сайыл болар,
Не берсең де қайыл болар,
Шын хожа әлпайым болар,
Әдепсизлик еткен хожам.

Етпей әзелде буўрығын,
Жаздырдыңыз ба жыйрығын?
Ешектиң кесип қуйрығын,
Әжайып ис еткен хожам.

Ешекке ҳәўес едиңбе?
Мазалы екен дедиңбе,
Кескен қуйрықты жедиңбе?
Ешек сүннет еткен хожам.

Бул хожаға бар ма хамал,
Ешеклерге берип заўал,
Қулақ кескен Сейиткамал,
Ешек сүннет еткен хожам.

Еткен исиң байқады ма?
Ешек толынды шайқады ма?
Қумарыныз тарқады ма?
Ешек сүннет еткен хожам.

Ешеклер қалды майрылып,
Қуйрық, қулақтан айрылып,
Бердақ пырақтан айрылып,
Зәҳмет шегип қайтқан, хожам.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Қус
Алдынғы бөлимге қайтыў: Алты қыз
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.