Алты қыз (Altı qız )
Алты қыз минип арбаға,
Азық салыпты дорбаға,
Ҳайтыў-мереке бармаға,
Қызлар талап еткен екен.
Ең үлкени мениң дайым,
Атын сорасаң Бийбайым.
Сәрдар жеңгеси Гүлайым,
Бул да арбаға минген екен.
Екинши қызы Мәҳийда,
Ақ жүзи айдап зыяда,
Жол жүрмеймиз деп пыяда,
Ат арбаға минген екен.
Үшинши қызы Арыўхан,
Көргенлердиң мийри қанған,
Оның жеңгеси Гүлимхан,
Бул да арбаға минген екен.
Атлары шыққан ҳәр қашан,
Қарақалпақ ҳаслын сораң,
Бесинши қызы Рәўшан,
Ол да арбаға минген екен.
Оннан кейинги отырған
Перийден зыят Мийрихан.
Қосымбет таз арба айдаған,
Бәриси жәм болған екен.
Арба айдаған Қосымбет таз,
Есерликте ақылы аз,
Қаҳәрли суўық болып жаз,
Қызлар менен кеткен екен.
Қысылысқан соң ҳәммеси,
Қызлардың тийип мәммеси,
Ҳәкери таздың дәмеси
Шул қызлардан болған екен.
Жаман арба барып қайтып,
Қызларды бийжай қозғалтып,
Ҳәкери таз қосық айтып,
Жолсыз жүрип кеткен екен.
Таздың мәлим минез қулқы,
Дәртти қозғар неше жылғы,
Сондағы айтқан қосығы,
Халық аўзында қалған екен:
-"Мениң өзим ерке болсам,
Қыз жамылған көрпе болсам,
Көрпедеги бүрге болсам,
Ақ сийнеңде турмаспедим?
Мениң өзим торқа болсам,
Суў шайпалмас жорға болсам,
Қызлар салған сырға болсам,
Қулағыңда турмаспедим?
Мениң өзим кийик болсам,
Ҳәмме таўдан бийик болсам,
Қыз ийирген ийик болсам,
Тусақанда турмаспедим?
Мениң өзим ылақ болсам,
Таўдан аққан булақ болсам,
Қызлар кийген тумақ болсам,
Тас төбеңде турмаспедим?
Мениң өзим ашық болсам,
Ишим толған қосық болсам,
Қызлар ишкен қасық болсам,
Ләбгенеңде турмаспедим?
Мениң өзим патша болсам,
Пухараға жар салдырсам,
Қасыма қырқ қыз алдырсам,
Хийўа хандай болмаспедим?
Олар да қанса ойыныма,
Қолларын салса мойыныма,
Қырққызды алып қойныма,
Қушып-сүйип жатпаспедим?..."
Қызлардың алып мазасын,
Ҳәкери таз тығып басын,
Жөнли айдамай арбасын,
Жолсыз жүрип кеткен екен.
Қамшыны урып ябыға,
Алды түсип кетти ойға,
Үш қулаш гөне қуйыға,
Арба түсип кеткен екен.
Бул қуйы күтә тар екен,
Еки жағасы жар екен,
Ишинде пери бар екен,
Ақыл-ҳуўшын алған екен.
Қудық белинен көмилип,
Түскен кесек басын бөлип,
Әрманлықта қызлар өлип,
Шул қуйыда қалған екен.
Кимлердиң кетип жесири,
Жигитшиликтиң ҳәсери,
Ҳәкери таздың кесири,
Шул қызларға тийген екен.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Хожам
Алдынғы бөлимге қайтыў: Қашан рәҳәтланадурсаң
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: