НЕГЕ КЕЛМЕДИҢ? (NEGE KELMEDÍŃ?)
Қәлем қашлы хош қылықлы нигәрим,
Ақ тамақ, қыпша бел сүйикли ярым,
Бул дүньяда ашық болған инкарым,
Зары гирян етти, неге келмеди?
Жолыңа қарайман ертели-кешли,
Күннен де шырайлы, айдан рәўишли,
Ай жүзлим, пал сөзлим ақыллы, если,
Инкарым, дилбәрим, неге келмеди?
Қатарынан артқан ақыл ҳәм ойы,
Сәўирдей келискен қәўмети, бойы,
Жүргенде көринбес онын тен-тайы,
Бас қосқаным лалазарым келмеди.
Келбетли, жәҳәнда табылмас теңи,
Бирақта онда жоқ дүньяның кеқи,
Адамгерлик адамдадур кеўилли,
Зийўар тәрийп етти, айым келмеди.
Ақ тамақ, қыпша бел сүйикли ярым,
Бул дүньяда ашық болған инкарым,
Зары гирян етти, неге келмеди?
Жолыңа қарайман ертели-кешли,
Күннен де шырайлы, айдан рәўишли,
Ай жүзлим, пал сөзлим ақыллы, если,
Инкарым, дилбәрим, неге келмеди?
Қатарынан артқан ақыл ҳәм ойы,
Сәўирдей келискен қәўмети, бойы,
Жүргенде көринбес онын тен-тайы,
Бас қосқаным лалазарым келмеди.
Келбетли, жәҳәнда табылмас теңи,
Бирақта онда жоқ дүньяның кеқи,
Адамгерлик адамдадур кеўилли,
Зийўар тәрийп етти, айым келмеди.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: БАРСАҢ БА?
Алдынғы бөлимге қайтыў: ХИЙЎАЛЫ ҚЫЗ
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: