ХАБАРЫН СОРАЙЫН ДИЛДАРНЫҢ КИМДИҢ... (XABARIN SORAYIN DÍLDARNIŃ KÍMDÍŃ...)
Хабарын сорайын дилдарның кимдин,
Бир қүш болуб түшсәм ярнын торына,
Бүлбил болуб барыб гүлинә қонуб,
Әлим ашыб барыб тутсам белинә.
"Аҳ" десәм тутанур мениң ишләрим,
Қудрәт билән қыйылыбдур қашларың,
Ҳәр яныңдә тоққуз өрим сашларың,
Сылағанда тушәр ярның белинә.
Пәрўаз етсәм келмәс шул ярым мунда,
Ашық деб шарласам келмәс ҳәр күндә,
Мени йоқлап ол ҳәм шарлайур анда,
Ашық болуб йурмән ярның дилинә.
Назлана, мәстанә басып йургәним,
Қызлар билән заўқы-сапа сүргәним,
Бийкар болды ярның йузин көргеним,
Ашық болып йүрмән ярның өзинә.
Бир қүш болуб түшсәм ярнын торына,
Бүлбил болуб барыб гүлинә қонуб,
Әлим ашыб барыб тутсам белинә.
"Аҳ" десәм тутанур мениң ишләрим,
Қудрәт билән қыйылыбдур қашларың,
Ҳәр яныңдә тоққуз өрим сашларың,
Сылағанда тушәр ярның белинә.
Пәрўаз етсәм келмәс шул ярым мунда,
Ашық деб шарласам келмәс ҳәр күндә,
Мени йоқлап ол ҳәм шарлайур анда,
Ашық болуб йурмән ярның дилинә.
Назлана, мәстанә басып йургәним,
Қызлар билән заўқы-сапа сүргәним,
Бийкар болды ярның йузин көргеним,
Ашық болып йүрмән ярның өзинә.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: СҮЙГЕН ЯРЫМ БАР
Алдынғы бөлимге қайтыў: ТҮШТИ
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: