Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ЯҢЛЫДЫ (YaŃLIDI)

Ағалар, ярымның тәрийпин десем,
Туўбы ағаш, аның қадди далыды,
Қулқы, пығлы, ҳалы-аўҳалын десем,
Мисли Мәжнүм сүйген Ләйли яңлыды.

Беглер, тәрийп етсем гезген елатты,
Ол елде көрмишем бир пәрийзатты,
Бақсам гүл жүзине әтир, ай бетли,
Жәннет руўқынында тоты яңлыды.

Айтсам тең келмейди әлемниң бәрин,
Ҳүрлер жолдас емес, десем тәрийпин,
Баян етсем аның исми шәрийпин,
Өткен бир яқшының аты яңлыды.

Аны өз сүнийдиң яратмыш субҳан,
Йүзи он төрт күнлик айдек нәмаян,
Көрген бийҳүш болур аны шул заман,
Сәйил етип беҳиштен шыққан яңлыды.

Қантыў-набат, шаҳди-шәккәр ашлары,
Қундыздан қарадур аның шашлары,
Зәйин етсеңиз аның қалем қашлары,
Қәтип қәлем менен жазған яңлыды.

Отырышы – тырна, йүриши – ғаздур,
Бастан аяқ тамам ағзасы наздур,
Хош сүўрет, хош әдеп, бир алғыр баздур,
Мысалы, бақышы лашын яңлыды.

Зайығ болур бийўәпаның йүргени,
Айшы әшрет, заўқы-сапа сүргени,
Бир күн алып кетсе малын бергени,
Мисли, қуш қашырған қәлпе яңлыды,

Зийўар айтар, енди не ҳалың кешәр,
Я шу күн, я таңла кәрўаның көшәр,
Саў болсаң басыңа ҳәрбир ис түшәр,
Бийўәпа яр паний дүнья яңлыды.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: САДАҒА
Алдынғы бөлимге қайтыў: ДИЛДАРЫМ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.