Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

МАДАЎАР (MADAWAR)

Қырық күнде ҳәўледиң, еки айда күлдиң,
Бир йылда отырдың, еккиңде йүрдиң,
Үштен өтип, төрт яшыңда сөзләдиң,
Бештен алты яшқа өттиң Мадаўар.

Етти яшта түшәр дәндан бүбагиң,
Сәккиз яшта нақыш үйледиң көйләгин,
Тоққызда жизлайып жүмлә сүйәгин,
Он-онбир яшыңдын көштиң, Мадаўар.

Он еккидә қоша мәммәң билинип,
Он үш яшта тақыйық көзге көринип,
Он беш яшта йигит әли урылып,
Ышқ шарабыдан иштиң, Мадаўар.

Он алтыда бир нәўбәҳәр қыз олдың,
Он еттидә шәшми қамар йүз олдың,
Он сәккизде шийрин-шәкар сөз олдың,
Он тоққызда толып таштың, Мадаўар.

Иигирма яшыңда кәмала келип,
Ышқ қанжарый билән бағрыңны тилип,
Буў паный дүньяның өтәрин билип,
Ышқының тарийхына түштиң, Мадаўар.

Ҳеш тәлим алмадың ойнап-күлмәктин,
Яқшыға бас қошып, дәўран сүрмектин,
Айбүйир атаў билән Кесе етектен,
Несип болып Шөркөл көштиң, Мадаўар.

Шөркөл, Шөркөл дийип, меҳнатлар көрип,
Нешше мүддет, нешше күнлер йол йүрип,
Хош ўақыт, хоррам болып, Шөркөлге келип
Несийбе еткен тузны иштиң, Мадаўар.

Келип буў Шөркәлде сүрдиң дәўраный,
Ашықларға салдың йүзмың әрманый,
Көрип кимса яхшый, кимса яманый,
Бир яқшыға башын қостың, Мадаўар.

Ышқы ғәлиб болып, таппай парахат,
Бир, еккигә нәпсиң қылмай қанаат,
Ашықлар көңлини әйлеп жарахат,
Ол яқшыдан айра түштиң, Мадаўар.

Көрдиң бирнеше күн ышқың меҳнатин,
Шектиң айралықтың яне зәҳмәтин,
Ақыр татып ашықлықтың ләззетин,
Атадан, анадан кештиң, Мадаўар.

Қыз өзин гизнәмак лазымдур билсәң,
Бийғаят, айиб йерир, бийпәрўа йүрсәң,
Бнр йигитниң атын, жөнин жай көрсең,
Әлиң былғап, қушақ аштың, Мадаўар.

Беш күн бул дүньяда ойнап-күләм деп,
Әйши-әшират, заўқы-сапа сүрәм деп,
Көңлүм сүйгән йигит билән йүрәм деп,
Уяттан, абыройдан кештиң, Мадаўар.

Көңлиңе алған иштин бәршәсин етип,
Уят, иззет, абыройыны тәрк етип,
Көңлиңни сен гүнә ишке беркитип,
Ҳараммеди етти пуштың, Мадаўар?

Мадаўар қыз ерте турып гүңиренди,
Яш башыдан гүнә ишни үгранди,
Кимни көрсе бойын қушып имиранди,
Ышқ отына күйип-пиштиң, Мадаўар.

Таўсыпыңды айта берсем түкәнмас,
Тәрийпиңни шунша язсам кешалмас,
Яранлар, мен болдым, имди йүрир бас,
Буў сөз бирлә таптым пуштын, Мадаўар.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ПОЭМА
Алдынғы бөлимге қайтыў: ҮЗИЛДИККЕ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.