АНАЛАР (ANALAR)
Анамсаң, кәбамсаң өзиң өсирген,
Көп азапты шул басыңнан кеширген,
Өтти ўақтың, ғәрийп, жетим-жесирсең,
Мүсийбетти көп кеширген, аналар.
Ҳаслы нәкас ҳәйеллерди зорлайды,
Шәриятқа тутып, нәпсин хорлайды,
Сан мың ғумша залымлардан зарлайды,
Әдалатсыз сум заманда, аналар.
Дүньяда адамның теңи-тайы жоқ,
Залым фәлек буған қарсы жумсар оқ,
Қазы, бегиў, шәриятта инсап жоқ,
Жәбириў-жапалықты шеккен, аналар.
Жүрек, бағрың перзент дейип бәнт болыр,
Тири ғайып шул дүньяда дәрт болыр,
Ядқа түссе ишкен асың ант болыр,
Жүрек-бағрын дағлап жүрген, аналар.
Ҳаслыңыз – Бийпатма дийер сизлердиң,
Ҳалы нешук болыр ғәрийп қызлардың,
Ҳәсиретликтен жаўдырасқан көзлериң,
Зийўарды ҳәм ҳайран етти, аналар.
Ғәрийп анам, не болмақшы ҳалларың,
Мундай иске гирипдар болып балларың,
Сүргинге айдалды уғыл-қызларың,
Арасатлы сум заманда, аналар.
Аналар, йығламаң көз жасты төгип,
Көзиңдн яшартып, бағрыңды сөкип,
Қайғы-ҳәсирет, билен ҳәм нардай шөкип,
Жолға қарап ғам шекпеңиз, аналар.
Сунқар гезмес қанатынан қайрылса,
Бийҳуш болыр ана улдан айрылса,
Залымлар қолынан жан аман қалса,
Перзентлериң қайтып келер, аналар.
Қанлы яшқа толып еки көзлериң,
Қапалықта сарғайып тур йузлериң,
Бағрымны тиледи айтқан сөзлериң,
Қайғыў-ҳәсиретте жүрген аналар.
Не илаж, башартпай қалдың атаўда,
Нешше мың, билмедим, бул келген жаўда,
Алып кетти аяқ-қолым матаўда,
Қолға түсти перзентлериң, аналар.
Залымлар дүньяда билгенин етер,
Шарам жоқ, перзентиң айдаўда кетер,
Ай өтер, жыл өтер, бир нәўбет жетер,
Жүрек-бағрын кәбаб етпең, аналар.
Ул-қызларын түсти залым қолына,
Кимлер хабар алар арзыў-ҳалына,
Нәлет жаўғай залымлардың жолына,
Ғам шекпең, перзентиң келер, аналар,
Залымлар жүреди еллерди жайлап,
Мийримсиз, гүнасыз адамды айдап,
Гәззаптың қолында көзлери жайнап,
Ғәпилетте қолға түсти, аналар.
Қаяққа айдайды, қайда бармақшы.
Ҳәммесине залым қармақ салмакшы,
Ўақты жетпей гүлге пәнже урмақшы,
Жүрек-баўрың дағлап кетти, аналар.
Ҳақ Бәзерген яратқанға ялбарып,
Мен язмышам қағаз, қәлем қолға алып,
Әўладтан-әўладқа нусқа қалдырып,
Тәрийпини баян еттим, аналар.
Дүньяда зүриядың сениң мәдарың,
Қол-қанатың, заўқың сениң дәрманың,
Бир көрсең кетеди шеккен әрманың,
Мәдаткарың ул-қызларың, аналар.
Ағаш көрки болыр гүл ҳәм жапырақ,
Адам көрки – рәўиши перзент, бағ,
Ялғаншыда өтер болдың сынып сақ,
Дүньяның гүли ҳәм көрки, аналар.
Көп азапты шул басыңнан кеширген,
Өтти ўақтың, ғәрийп, жетим-жесирсең,
Мүсийбетти көп кеширген, аналар.
Ҳаслы нәкас ҳәйеллерди зорлайды,
Шәриятқа тутып, нәпсин хорлайды,
Сан мың ғумша залымлардан зарлайды,
Әдалатсыз сум заманда, аналар.
Дүньяда адамның теңи-тайы жоқ,
Залым фәлек буған қарсы жумсар оқ,
Қазы, бегиў, шәриятта инсап жоқ,
Жәбириў-жапалықты шеккен, аналар.
Жүрек, бағрың перзент дейип бәнт болыр,
Тири ғайып шул дүньяда дәрт болыр,
Ядқа түссе ишкен асың ант болыр,
Жүрек-бағрын дағлап жүрген, аналар.
Ҳаслыңыз – Бийпатма дийер сизлердиң,
Ҳалы нешук болыр ғәрийп қызлардың,
Ҳәсиретликтен жаўдырасқан көзлериң,
Зийўарды ҳәм ҳайран етти, аналар.
Ғәрийп анам, не болмақшы ҳалларың,
Мундай иске гирипдар болып балларың,
Сүргинге айдалды уғыл-қызларың,
Арасатлы сум заманда, аналар.
Аналар, йығламаң көз жасты төгип,
Көзиңдн яшартып, бағрыңды сөкип,
Қайғы-ҳәсирет, билен ҳәм нардай шөкип,
Жолға қарап ғам шекпеңиз, аналар.
Сунқар гезмес қанатынан қайрылса,
Бийҳуш болыр ана улдан айрылса,
Залымлар қолынан жан аман қалса,
Перзентлериң қайтып келер, аналар.
Қанлы яшқа толып еки көзлериң,
Қапалықта сарғайып тур йузлериң,
Бағрымны тиледи айтқан сөзлериң,
Қайғыў-ҳәсиретте жүрген аналар.
Не илаж, башартпай қалдың атаўда,
Нешше мың, билмедим, бул келген жаўда,
Алып кетти аяқ-қолым матаўда,
Қолға түсти перзентлериң, аналар.
Залымлар дүньяда билгенин етер,
Шарам жоқ, перзентиң айдаўда кетер,
Ай өтер, жыл өтер, бир нәўбет жетер,
Жүрек-бағрын кәбаб етпең, аналар.
Ул-қызларын түсти залым қолына,
Кимлер хабар алар арзыў-ҳалына,
Нәлет жаўғай залымлардың жолына,
Ғам шекпең, перзентиң келер, аналар,
Залымлар жүреди еллерди жайлап,
Мийримсиз, гүнасыз адамды айдап,
Гәззаптың қолында көзлери жайнап,
Ғәпилетте қолға түсти, аналар.
Қаяққа айдайды, қайда бармақшы.
Ҳәммесине залым қармақ салмакшы,
Ўақты жетпей гүлге пәнже урмақшы,
Жүрек-баўрың дағлап кетти, аналар.
Ҳақ Бәзерген яратқанға ялбарып,
Мен язмышам қағаз, қәлем қолға алып,
Әўладтан-әўладқа нусқа қалдырып,
Тәрийпини баян еттим, аналар.
Дүньяда зүриядың сениң мәдарың,
Қол-қанатың, заўқың сениң дәрманың,
Бир көрсең кетеди шеккен әрманың,
Мәдаткарың ул-қызларың, аналар.
Ағаш көрки болыр гүл ҳәм жапырақ,
Адам көрки – рәўиши перзент, бағ,
Ялғаншыда өтер болдың сынып сақ,
Дүньяның гүли ҳәм көрки, аналар.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ХОШЛАСЫЎ ҲӘМ СӘЛЕМНАМАЛАР
Алдынғы бөлимге қайтыў: БАРДЫ
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: