Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

АТЛАР (ATLAR)

Атлар, – атлар! Алыс кеткен қыялдай,
Төрт аяқтан төгилген гүл ҳөнери!
Жулдыздай, дәрьядай, сулыў ҳаялдай –
Тәбияттың йошлы дөретпелери.
Дойнақ пенен жазып дүнья тарийхын,
Планетаны дүсирлетип өттиңиз.
Үркип даўысынан машиналардың,
Сахна артына шапқыласып кеттиңиз.
Адам жүрисиңнен қәнәәт қылмай,
Жуўениңди бастан сыйырып алды.
Баяғы даўрықлы даңқыңыз, ай-ҳай,
Енди тек шайырдың қосығында қалды.
Заман қатты кетти. Ете алмас қайыл
Оны ҳәтте лайнерлердиң пәрўазы.
Жер танабын қанша қуўырған сайын,
Сонша асығады болмай ыразы.
Ийең сени минбес жаяў қалса да,
Машинада оның ғәрези қасты.
Жолда авария аңлып турса да,
Олар мотоцикллерге жармасты.
Сиз тек мал атыңыз бенен бул күнде
Елден аўлақ дүркиресип жүресиз.
Техас даласында, қырғыз жеринде
Поездлар даўысына қулақ түресиз.
Ал енди уллы той күни шаў-шуўлы
Бәйги ҳәм ылаққа шыққанда сизлер,
Адам намысы ушын қәйтип шабыўды
Ат намысы менен көрсетесизлер...

Әне, жылқы үйири көлге қулады,
Жаныўар бир жийрен қасқа тайыншақ,
Таң алдында не деп киснеп турады,
Жаңа туўған Шолпан жулдызға қарап!

Атлар, атлар!
Мәңги досты адамның...

Июнь. 1974-ж.


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: НЕСИБЕҢ АҚ БОЛСЫН ҚЫСҚЫ ДАЛАДАЙ
Алдынғы бөлимге қайтыў: ЭПИГРАММАЛАР
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.