ЕСКИ ЖОЛ ДӘРБЕНТИНДЕ (ESKÍ JOL DÁRBENTÍNDE)
Ески жол дәрбентинде бир әжеп сарай көрдим,
Ғайры нағыс саўлатына телмирип қарай бердим.
Күндиз жуп қумыры отыр қыйраған пештағында,
Ақшамы пәнжиреден сығалаған ай көрдим.
Шаң басқан дәўирлер руўҳы гүңгирлер гүмбезинде,
Ышқы дәртинен ғам шеккен көзлери қумай көрдим,
Шырша таста сулыў әрман нағыслы из қалдырған,
Устасы уллы ойшыл, кеўлин ҳатам тай көрдим,
«Қайсы шаның сарайы бул, қашан ҳәм ким салған?» деп,
Ҳәр өткен жолаўшыдан ынтығып сорай бердим.
Биреўлер жорамаллап, биреўлер қысты ийнин,
Ақыры анық жуўабын былай билдим, былай билдим:
Бул сарайды салдырған патшаны журт умытыпты.
Буны салған «уста қуш» дер, – ертекке қолай көрдим.
Журт ядында қалған мәзи: Саадий бунда түнеп,
Патшаға гүрриң етипти жаңалығын талай жердиң,
Шараплы гүзеден шаның бас сүйегин танып Ҳайям,
Бунда бир рубаи тоқыпты, – өлмесликке сай көрдим.
Журт және есте сақлапты: бул – Наўайы жырлаған
Жети гүмбездиң бири – сәбғаи сайяр көрдим.
Аязий дер, қол жаратқан гөззалықты мәңгиге
Тил жаратқан гөззаллық қорғап турардай көрдим.
(Сәбғаи сәйяр – «Жети ықлым» – Наўайының «Хамса»сындағы бес дәстанның бири. (И. Ю.))

Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ҒАРРЫЛАР
Алдынғы бөлимге қайтыў: ДАҢҚ АРБАСЫ
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: