Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

МИЙЎЕШИЛИККЕ БАЙЛАНЫСЛЫ ЖУМБАҚЛАР (MÍYWEShÍLÍKKE BAYLANISLI JUMBAQLAR)

Дузсыз пискен,
Қайнамай түскен.
Мийўе
Қыста мазар,
Жазда базар.
Жүзим
Бир анадан жүз бала,
Өз исине мәрдана,
Жүзи бирдей боз бала.
Жүзим
Атасы үш жасында,
Баласы базарға барады.
Жүзим
Ҳәм қызыл, ҳәм татлы,
Татқан жанды таңырқатты.
Алма
Кишкене ғана зеренше,
Иши толы мыйықша.
Әнар
Жипек яңлы жапырағы,
Салланады путағы,
Өзи шынжырлы түкли,
Мазасы палдан татлы.
Шабдал
Азар-азарға кетти,
Әкеси үш жасында,
Баласы базарға кетти.
Ерик
Жерден, суўдан нәр алып,
Тез ўақытта ер жетер.
Атасы үш жасында,
Баласы базарға кетер.
Ерик
Үлкен қара үй,
Үлкен қара үйдиң ишинде,
Кишкене қара үй,
Кишкене қара үйдин ишинде,
Мәҳәррем бий.
Ерик, шаңғалақ, мөжене
Айналасы шардай,
Түси қандай,
Дәми палдай.
Шийе
Әкеси әрең гүрең,
Анасы жайма шуўақ,
Баласы батыр,
Бардан қызы қызыл дүрдана.
Шийе
Ийрек-ийрек әкеси бар,
Желбиреген шешеси бар,
Татлыбийке деген қызы бар.
Шийе
Әкеси әрре-әрре,
Баласы қызыл гүрре.
Шийе
Сырты қызыл, иши ақ,
Арасында бир таяқ.
Жийде
Бир шәҳәрден ун алдым,
Қызыл қапқа қапладым,
Ийлесем уным нан болмады,
Журт мақтаўсыз мақтаўлы,
Бир жумбағым бар еди,
Саған айталмай жүрген сақлаўлы.
Жийде


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: УЛЫЎМА ӨСИМЛИКЛЕРГЕ БАЙЛАНЫСЛЫ ДӨРЕГЕН ЖУМБАҚЛАР
Алдынғы бөлимге қайтыў: ПАЛЫЗ ЕГИНЛЕРИНЕ БАЙЛАНЫСЛЫ ДӨРЕГЕН ЖУМБАҚЛАР
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.