Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ПАЛЫЗ ЕГИНЛЕРИНЕ БАЙЛАНЫСЛЫ ДӨРЕГЕН ЖУМБАҚЛАР (PALIZ EGÍNLERÍNE BAYLANISLI DÓREGEN JUMBAQLAR)

Атасы баласын жүклейди,
Баласы атасын жүклейди,
Сойсаң қаны жоқ,
Шөжесиниң саны жоқ.
Қаўын
Баласынын ишинде,
Анасы жатыр.
Қаўын
Айтайын мен жумбақ сересинен,
Бес қала менен Түркистанның арасынан,
Қүдиретин тәбияттын көрмейсең бе,
Әкеси туўар екен баласынан.
Қаўын туқым
Көрсең көзиңди тындырады,
Жесен мийриңди қандырады.
Қаўын
Дузсыз пискен ас көрдим,
Домаланған тас көрдим.
Қаўын
Бир үйдиң ишинде үш көрпеше жыйыўлы тур,
Есиги де жоқ, тесиги де жоқ,
Қонақ келсе ашылар.
Қаўын
Көк ылағым гүўенде жатып семиреди.
Қаўын
Әкеси жасына жетпей-ақ,
Баласы базарға барады.
Қаўын
Саўысқан ала болады,
Шийрин-шекер жемиске,
Иши толған болады.
Қаўын
Бир көйлегим бар шым кесте,
Оны көрген ҳәўесте,
Жасы жигирма бесте.
Қаўын
Жерден шығар сайланып,
Алпыс бес күн толғанда,
Алдыңа келер таўланып.
Қыяр
Шығарында еки қулақ,
Үш айдан соң бир қушақ.
Ғарбыз
Көк өгизим көгинде жатып семиреди.
Ғарбыз
Кишкене ғана тандырша,
Иши толы шөрекше.
Ғарбыз
Өзи семиз мойны жоқ,
Териси қалын түги жоқ.
Ғарбыз
Есиги жоқ, әйнеги жоқ,
Иши толған бала.
Ғарбыз
Өзи семиз, түксиз егиз,
Дәмин татып жеп көриңиз.
Ғарбыз
Балам-балам, балдайды,
Балық суўы қайнайды,
Өмиринше жалынса да,
Өлемен деп зарлайды.
Ғарбыз
Узын-узын әўлийе,
Оннан да узын әўлийе,
Тораңғылдың түбинде,
Тонқайып жатқан әўлийе.
Асқабақ
Пәлегинен туўдырған,
Алқымынан буўдырған.
Суўқабақ
Аспанға қарап аўзын ашқан,
Төменге қарап суўын шашқан.
Суўқабақ
Кишкене ғана бойы бар,
Қабат-қабат тоны бар.
Пияз
Жер астында постынлы шешем.
Пияз
Өзи жер астында турады,
Сақалы сыртқа шығып турады.
Пияз
Пәп-пәкизе бойы бар,
Пәрше-пәрше тоны бар.
Пияз
Жазда инге тығылып,
Жатырған қызыл түлкини,
Қуйрығынан суўырып,
Әкелди ағам бир күни.
Гешир
Жер астында қатара қазық.
Гешир
Қып-қызыл қыз жер астында,
Шашбаўлары жер үстинде.
Гешир
Кишкене ғана бойы бар,
Қырмызыдан тоны бар.
Бурыш
Сопайған ғана бойы бар,
Қызыл мақпал тоны бар.
Бурыш
Биз-биз, биз едик,
Биз бир талай қыз едик,
Бизлерди бизип кетти,
Бир жипке дизип кетти.
Бурыш
Ол не нәрсе қанға мегзер, қаны жоқ,
Тула бойын қан алып тур, жаны жоқ,
Ҳәм онын жупты жолдасы жоқ,
Көтерип жүрген баласының саны жоқю
Бурыш
Бир арқанда отыз қой,
Гүўенде жатыр.
Бурыш
Алтын қорада ас көрдим,
Айғабағар
Күнниң нурын сүйемен,
Күнге басымды ийемен.
Айғабағар
Бир ылағым алабас,
Жән-жағына қарамас.
Айғабағар
Ул туўып қыз болар.
Гүл


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: МИЙЎЕШИЛИККЕ БАЙЛАНЫСЛЫ ЖУМБАҚЛАР
Алдынғы бөлимге қайтыў: ДИЙҚАНШЫЛЫҚҚА БАЙЛАНЫСЛЫ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.