Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Дүз қусларына байланыслы дөреген жумбақлар (Dúz quslarına baylanıslı dóregen jumbaqlar)

Қын-қыналы, қыналы,
Қуйрықлары қыналы,
Жасыл ала тон кийип,
Жайнап турған қыналы.
Қырғаўыл
Қызыл жыңғыл ишинде,
Қыздай бийкеш,
Мойны, басын тараған,
Муздай бийкеш.
Қырғаўыл
Қызыл жыңғыл ишинде,
Қыздай болып отырған,
Етек-жеңин түринип,
Муздай болып отырған.
Қулағы салпы келер деп,
Жылай-жылай отырған.
Қырғаўыл, сағал
Қызыл жыңғыл арасы,
Қыздай болып киятыр,
Үсти-басы малынып,
Жуздай болын киятыр.
Қырғаўыл
Жылт-жылт етти,
Жылғаға түсти,
Ҳасасын ийнине қысты.
Қырғаўыл
Қызыл шапан қийгизди жигитине,
Көрген адам таң қалды тубитине,
Жасыл жипек орайды тамағына,
Тәбият бар келбетти берседағы,
Қас пенен кирпик бермеген қабағына.
Қырғаўыл
Бул-булалы, булалы,
Қуйрықлары қыналы,
Қызыл ала тон кийип,
Сайрап шықты булалы.
Қырғаўыл
Еки жағында көзи.
Ортасында өзи.
Қус жолы
Ҳәм ҳәмнен өтер,
Ҳәм дәрьядан өтер,
Алтын түтиктен суў ишип,
Ел-халқын жайлап өтер.
Ғаз
Шелеклеп қуйсақ да суў жуқпас.
Үйрек
Дүньяны суў алса да,
Үйрекке бир пул.
Үйрек
Ушыўы басқа, маңлайы қасқа.
Қасқалдақ
Узын бойлы булақлаған,
Суўдық түбин сығалаған.
Ақудайшы қалбуғай
Кишкене ғана жүўермек,
Там басынан отын таслайды.
Шымшық
Таў басында,
Түңликсиз отаў,
Есиги де жоқ,
Көрпе-төсеги де жоқ.
Уя
Гүл үстинде сулыў қыз қосық айтар.
Бүлбүл
Ойласа ойлы,
Сөйлесе сөзли,
Айтса аўызлы,
Адамның досты.
Тоты қус
Жазда жасыл гүл,
Қыста инде тур.
Көгершин
Гүл питкен тас тебеге екпесе де,
Түр питкен тула бойға тикпесе де,
Бир көринбес көзиңе қысы менен,
Жазда кетпес қасыннан кет десе де.
Әтшөк
Тәкирарлап атымды,
Бәҳәрде нама саламан,
Мезгилди айтып адамға,
Рәҳәтленип қаламан.
Әтшөк
Биреў бар көпке мәлим жыл қусынан,
Көринбес қарасақ да тум-тусынан,
Қыс көринбес көзиңе гүзли-бәҳәр,
Билесең жаз болғанын даўысынан.
Өпепек
Айтаман мен бир жумбақ тапсаң нусқап,
Басында бар малақайы қара пушқақ,
Үстинде ноғай пишкен ақ бешпенти,
Кийип алып турады еки қолын артына услап.
Ҳәкке
Ала ботам алақлайды.
Ҳәкке
Басына кийип алып қара пушқақ,
Келеди жазды өткерип арқа қыслап,
Ақ бешпент, жеңсиз көйлек кийип алып,
Жүреди еки қолын артына услап.
Ала ғарға
Жайлаўдағы малыма,
Жалтақ күйеў киятыр.
Жайыўлы дәнге ғарғаның келиўи
Зуў-зуў барады,
Әл ҳаўадан қарайды,
Шөп-шарды шоқыйды,
Ылайдан себет тоқыйды.
Қарлығаш
Әкеси тышқан, шешеси қустан.
Жарғанат
Күндизинде шықпайды,
Жарықларда ықлайды,
Түни менен жатпайды,
Ушып тыныш таппайды.
Жарғанат
Өзин көрсең шыбындай,
Исин көрсең зергердей.
Қурқылтай
Бир нәрсе қараңғыда көзин жумған,
Қайғысыз пәрўайлықтан кеўли тынған,
Мағрип-Машырықты ойлап билер,
Пиҳуда басқаларға жаны ашыған.
Байыўлы


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ШЫБЫН-ШИРКЕЙЛЕРГЕ БАЙЛАНЫСЛЫ ДӨРЕГЕН ЖУМБАҚЛАР
Алдынғы бөлимге қайтыў: Үй қуслары
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.