Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Үй қуслары (Úy qusları)

Ерте турған,
Турыңлар деп жар урған.
Қораз
Буйрық берип епсейди.
Ерте турып тепсейди.
Қораз
Аўылымызда бир молла,
Ўақтында азан оқыйды,
Азанын оқып болған сон,
Шөпти-шарды шоқыйды.
Қораз
Басы тарақ, қуйрығы орақ.
Қораз
Киятыр едим өктен,
Биреў шықты бүктен,
Аўзы-басы сүйектен,
Сақаллары еттен.
Таўық
Арқадан келди еки пил,
Арқасында таспа тил,
Жанлыдан жансыз туўады,
Ақылың болса ойлап бил.
Таўықтын мәйеги
Ақ болды, ала болды,
Ишинен шықты қара болды.
Таўықтын шөжеси
Бир гүзеде еки суў.
Мәйек
Қазық басында қар турмас.
Мәйек
Асты пахта, үсти пахта,
Ортасында мелле пахта.
Мәйек
Ақ үйдиң аўзы пүтин, есиги жоқ,
Күн түсер төбесинде тесиги жоқ,
Ишинде бесиги жоқ, көп бала бар,
Оларды бөлейтуғын бесиги жоқ.
Мәйек
Бир қудықтың икки түрли суўы бар,
Ол не суўдурким от қасында муз булур,
Өзге суўлар от қасында суў болур.
Мәйек
Бир қуйыдан еки түрли суў шығады.
Мәйек
Бир кеседен еки түрли суў иштим.
Мәйек
Тириден өли туўады,
Өлиден тири шығады.
Мәйек
Әй тәбият қүдиретли пәрманадар,
Бир қудықтың еки турли суўы бар,
Ол не суўдур от басында муз болур,
Өзге суўлар от қасында суйылар.
Мәйек
Қуў тақырда ақ сандық,
Аўзы-мурны жоқ сандық.
Мәйек
Аўзы жоқ, ақ мешит.
Мәйек
Есиги де жоқ, тесиги де жоқ,
Ақ отаў.
Мәйек
Кийизи ақ отаўдың палдан татлы,
Көги жоқ, керегеси тастан қатты,
Күн кермеген ишинде бир қыз жатыр,
Салтанатлы.
Мәйек


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Дүз қусларына байланыслы дөреген жумбақлар
Алдынғы бөлимге қайтыў: ҚУСЛАРҒА БАЙЛАНЫСЛЫ ДӨРЕГЕН ЖУМБАҚЛАР
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.