Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ҲАЙЎАНЛАР ДҮНЬЯСЫ ТУЎРАЛЫ ЖУМБАҚЛАР (HAYWANLAR DÚNYaSI TUWRALI JUMBAQLAR)

Таўдан тас жумалайды,
Оны ғаз қуўалайды,
Он еки жылда бир балалайды.
Жолбарыс
Көк атыма мине алмадым,
Жез қамшымды буўа алмадым.
Жолбарыс-жылан
Ала-ала тоны бар,
Қуйрығының қылы бар,
Жолбарыс
Бир таўда жемис шықты қыясына,
Ҳәрким ашық болады уясына,
Бир қара қус ушып кетти ҳаўасына,
Он еки жылда қайтып түсти уясына.
Жолбарыстың он еки жылда балалайтуғыны
Аўзын ашып ақырған,
Маған бағын деп бақырған.
Жолбарыс
Тап-тап атым, тап атым,
Табаны жүйрик көк атым,
Ақырын басып тисейди,
Адам көрсе киснейди.
Жолбарыс
Жазда жайын жейди,
Қыста майын жейди.
Айыў
Таўда талайман көрдим,
Суўда Сүлайман көрдим,
Үйде елеймен көрдим,
Қумда тезекши көрдим,
Дузсыз пискен ас көрдим,
Қайнап пискен тас көрдим.
Айыў, балық, елек, қоңыз, қаўын, дигирман
Жупар тастың астында,
Қызыл тонлы қыз жатыр.
Түлки
Ғарға көрсе ғақ деген,
Алдап аўзындағыны жеген.
Шағал
Қасқыр минген,
Ешек өңгерген,
Ешки айдаған,
Түйе жетеклеген.
Түлки
Шөлде шуўлайман көрдим,
Шағал
Еккен-еккен, еккен жумбақ,
Еки етегин түрген жумбақ,
Қазалыға барған жумбақ,
Қақтың суўын ишкен жумбақ.
Кийик
Сары қулақ қояндай,
Қумға шыққан бояндай,
Кийик
Пышық мурт, ешек қулақ,
Түйе мойын, ешки қуйрық,
Айтаман жумбақ етип уялмай-ақ.
Қоян
Бул сөзди қәпелимде ким ойлаған,
Алдына ешек өңгерип, артқа ешки бөктерип,
Бир жаяў киятырыпты түйе айдаған.
Қоян
Айлы түнде жүўырғыш,
Нағыз шайтан зын бергиш,
Тез шаққанлық етсең де,
Үлкен қулақ тез сезгиш.
Қоян
Далада жүр шапқылап,
Өзи айрықша саққулақ,
Тек ешектен басқа да,
Оған уқсас жоқ қулақ.
Қоян
Ийтке минген, түйе айдаған,
Бир түнде жердиң жүзин ылайлаған.
Қоян
Ший түбинде шийкили асық.
Тышқан
Бели бүкирейген.
Қулағы тикирейген,
Тышқан
Алыстан қарасаң ләң-ләң,
Қасына барсаң көзи көк,
Пай заңғардың жортыўы,
Тышқан
Бир көк бузаўым бар,
Үйдегилер оннан бийзар,
Базарға алып барсам,
Табылмайды ҳеш қарыйдар.
Тышқан
Асты тас, үсти тас,
Ортасында шандыр бас.
Тасбақа
Қақпақлы, сары аяқлы көрди мийнет,
Түрине қарап турсаң әжеп сүўрет.
Тасбақа
Базардан келген боз үлек,
Бойы аласа көзи көк,
Пай заңғардың жүриси,
Тырмалаңлап желиси.
Тасбақа
Таўдан келер лөк-лөк,
Мойны ала көзи көк,
Пай заңғардың жүриси,
Талтақланып келиси.
Тасбақа
Бассаң бақылдайды,
Тепсең таңқылдайды.
Тасбақа
Асты қара, үсти қара,
Ортасында айпара.
Тасбақа
Бир жанды көрдим аласа,
Әжайып емес тамаша,
Ҳеш бир нәрсе бата алмас,
Қасқыр, айыў, жолбарыс,
Жыйналып келип қалмаса.
Кирпитикен
Өзи әжайып тамаша,
Қасқыр, жолбарыс услай алмас,
Бирден келип қалмаса.
Кирпитикен
Текшелеп тебен түрттим тамашаға,
Тырбаңлап адым атлар оңашада.
Кирпитикен
Әсте ғана жортады,
Жылан көрсе қуртады,
Үстинде толған ийне,
Кирип кетер тийме.
Кирпитикен
Жумбағым бар жүмеке,
Тырнақшасы он еки,
Томар ала тиси бар,
Қуйрығында тиреги.
Ешки емер
Узын-узын, уш киятыр,
Узын бойлы қыз киятыр,
Қасқанасы қалтырап,
Көзгенеси жылтырап.
Жылан
Аўзын ашар,
Зәҳәрин шашар,
Көрингенлер оннан қашар.
Жылан
Жер астында жездемнин аты киснейди,
Барайын десем аяғымнан тислейди.
Жылан
Денеси шубар,
Тоғайлықтан суўырылып шығар.
Жылан
Жол үстинде майлы қайыс.
Жылан
Тыр жалаңаш сүйреткен,
Көрингенди жийренткен,
Жақынласа аяў жоқ,
Сақлыққа бизди үйреткен.
Жылан


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: БАЛЫҚ ТУЎРАЛЫ ДӨРЕГЕН ЖУМБАҚЛАР
Алдынғы бөлимге қайтыў: ҮЙ ҲАЙЎАНЛАРЫ ТУЎРАЛЫ ЖУМБАҚЛАР
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.